УЛЛЫ ҚАЗАҚ ШАЙЫРЫ ҲӘМ ОЙШЫЛЫ АБАЙ ҚУНАНБАЕВТЫҢ ДӨРЕТИЎШИЛИК МИЙРАСЫН КЕҢНЕН ҮЙРЕНИЎ ҲӘМ ҮГИТ-НӘСИЯТЛАЎ ҲАҚҚЫНДА
Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Уллы ағартыўшы шайыр ҳәм ойшыл, жақсылық ҳәм дослық жыршысы Абай Қунанбаевтың мақтанышлы исми ҳәм бай дөретиўшилик мийрасы тек ғана қазақ халқының емес, ал, соның менен бирге, пүткил түркий халықлардың, соның ишинде, өзбек халқының да жүрегинде мәңги жасап келмекте.
Өзбекстан ҳәм Қазақстан мәмлекетлери арасындағы дослық ҳәм бирге ислесиў қатнасықлары жаңа басқышқа көтерилип атырған бүгинги күнде Абай Қунанбаев сыяқлы уллы ойшыллардың өшпес мийрасы халықларымыз ушын буннан былай да үлкен мәниске ҳәм әҳмийетке ийе.
Абай Қунанбаевтың улыўма инсаныйлық қәдриятлар ҳәм мийрим-шәпәәт сезимлери жоқары перделерде жырланған жетик көркем шығармалары, ибратлы өмири ҳәм мийнет жолы менен халықларымыз мәдениятының раўажланыўына қосқан үлкен үлесин еспақа алып және өз-ара мәдений-гуманитарлық байланысларды буннан былай да раўажландырыў, ел-журтымызды қазақ әдебиятының уллы ғайраткерлериниң дөретиўшилиги менен кеңнен таныстырыў мақсетинде:
1. Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Халық билимлендириў министрлиги, Сыртқы ислер министрлиги, Өзбекстан Баспасөз ҳәм хабар агентлиги, Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы, Өзбекстан Илимлер академиясы, Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы, Министрлер Кабинети жанындағы Миллетлераралық қатнасықлар ҳәм шет еллер менен дослық байланыслары комитети ҳәм жәмийетшлик ўәкиллериниң халқымыздың туўысқан Қазақстан халқына, оның бийтәкирар әдебияты менен мәдениятына, айдын келешегине болған ҳүрмети исениминиң айқын көриниси сыпатында елимизде уллы қазақ шайыры ҳәм ойшылы Абай Қунанбаевтың дөретиўшилик мийрасын кең түрде үйрениў ҳәм үгит-нәсиятлаў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.
2. Уллы қазақ шайры ҳәм ойшылы Абай Қунанбаевтың дөретиўшилик мийрасын кең түрде үйрениў ҳәм үгит-нәсиятлаўды шөлкемлестириў бойынша шөлкемлестириў комитети (кейинги орынларда Шөлкемлестириў комитети деп аталады) қурамы қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
3. Шөлкемлестириў комитети бир ай мүддетте Абай Қунанбаевтың дөретиўшилик мийрасын кең түрде үйрениў ҳәм үгит-нәсиятлаў бойынша илажлар режесин ислеп шықсын.
Бул илажлар режесинде:
Абай Қунанбаевтың сайланды шығармаларын ҳәм «Өзбек ҳәм қазақ әдебий байланыслары» атамасында әдебий-талқылаў мақалалар топламын баспаға таярлаў ҳәм басып шығарыў;
Низамий атындағы Ташкент мәмлекетлик педагогика университетинде «Абай ҳәм өзбек әдебияты» атамасында турақлы экспозицияны шөлкемлестириў;
ҳәр жылы шайыр туўылған 10-август сәнесинде Ташкент қаласында орнатылған Абай Қунанбаевтың естелигине гүл қойыў мәресимин ҳәм мушайра өткериў;
оқыўшы ҳәм студент-жаслар арасында «Абай шығармаларының билимданы» жабза жумыслар таңлаўын өткериў;
ғалаба хабар қуралларында Абай Қунанбаевтың өмири ҳаққында дүрким көрсетиўлер менен еситтириўлер, мақалалар берип барыў;
Абай Қунанбаевтың өмири ҳәм дөретиўшилик жолы ҳаққында жаратылған көркем ҳәм ҳүжжетли фильмлерди Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы телеканаллары арқалы көрсетиў;
Елимиздеги жоқары ҳәм орта арнаўлы, кәсип-өнер, улыўма орта билимлендириў мәкемелери, әскерий бөлимлер, мийнет жәмәәтлери, ҳәм мәҳәллелерде белгили шайыр ҳәм жазыўшылардың, илимпазлардың қатнасыўында ушырасыўлар, әдебий кешелер шөлкемлестириў илажлары нәзерде тутылсын.
4. Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, «Жаҳон» мәлимлеме агентлиги ҳәм басқа да ғалаба хабар қуралларына қарардың орынланыўына байланыслы илажларды кеңнен сәўлелендириў усыныс етилсин.
5. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик кеңесгөйи Х.Султановқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ,
Ташкент қаласы,
2018-жыл 13-март