Өзбекстан Республикасы Президентиниң п ә р м а н ы
Кейинги жыллары республикамызда туризм ҳәм спорт тараўларын буннан былай да раўажландырыў, халықты денетәрбия ҳәм спортқа кеңнен тартыў, инфраструктураны жақсылаў, туризм потенциалы жоқары болған аймақлардың өз-ара байланыслылығын тәмийинлеў арқалы туристлердиң саяхаты ушын қолайлы шараятлар жаратыў, мәдений мийрасты қорғаўға қаратылған комплексли илажлар басқышпа-басқыш әмелге асырылмақта.
Соның менен бирге, жаратылған имканиятларға қарамастан туризм, спорт ҳәм мәдений мийрас тараўларын раўажландырыў бағдарындағы жумыслар талап дәрежесинде шөлкемлестирилмеген, санластырыў ҳәм мәмлекетлик-жеке меншик шериклик, соның ишинде, жеке меншик сектордың бул бағдарлардағы ролин арттырыў бойынша өз шешимин таппаған мәселелер бар.
Туризм, спорт ҳәм мәдений мийрас тараўларында заманагөй басқарыў механизмлерин енгизиў, алдыңғы сырт ел тәжирийбесине сүйенип бул бағдарларда инфраструктураны жедел раўажландырыў, объектлерден нәтийжели пайдаланыў, халыққа жетерли шараятлар жаратыў мақсетинде:
1 Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги және Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети тийкарында Туризм ҳәм спорт министрлиги;
Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги және Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитетиниң тийисли аймақлық бөлимлери тийкарында Туризм ҳәм спорт министрлигиниң Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы бас басқармалары, районлық (қалалық) бөлимлери шөлкемлестирилсин.
Туризм ҳәм спорт министрлиги Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги және Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитетиниң ҳуқықлары, миннетлемелери ҳәм шәртнамалары, соның ишинде халықаралық шәртнамалары бойынша ҳуқықый мийрасхоры болып есапланатуғыны белгиленсин.
- Туризм ҳәм спорт министрлиги туризм, денетәрбия, спорт ҳәм мәдений мийрас тараўларында бирден-бир мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыўшы мәмлекетлик басқарыў уйымы болып есапланатуғыны;
Туризм ҳәм спорт министрлиги өз ўәкилликлери шеңберинде улыўма мәжбүрий болған нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер қабыл етиўге ҳақылы екени;
мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер, сондай-ақ, республикамыздың сырт елдеги дипломатиялық ўәкилханалары Туризм ҳәм спорт министрлигиниң мүрәжатына бола тийисли мағлыўматларды орнатылған тәртипте беретуғынлығы;
туризм, денетәрбия, спорт ҳәм мәдений мийрас мәселелерине байланыслы нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарлары мәжбүрий тәртипте Туризм ҳәм спорт министрлиги менен келисилетуғыны белгилеп қойылсын.
- Туризм ҳәм спорт министрлигиниң тийкарғы ўазыйпалары және жумыс бағдарлары етип төмендегилер белгиленсин:
а) туризм тараўында:
туризм объектлерин мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында нәтийжели басқарыў және бул тараўға заманагөй мәлимлеме технологияларын енгизиў;
мәмлекеттиң туризм потенциалын түп-тийкарынан арттырыўға, туризм тараўында бирден-бир мәмлекетлик сиясаттың жүргизилиўине қаратылған туризмди раўажландырыўдың бир пүтин концепциясын қәлиплестириў ҳәм әмелге асырыў;
туризм хызметлериниң сыртқы ҳәм ишки базарларында маркетинг изертлеўлерин алып барыўға, тарийхый-мәдений мийрасты кеңнен үгит-нәсиятлаўға, елимиздиң туризм көринисин сақлап қалыў ҳәм раўажландырыўға, миллий туризм өнимлери ҳәм брендлериниң халықаралық туризм базарларына кирип барыўына қаратылған жедел реклама-мәлимлеме сиясатын әмелге асырыў;
ишки, кириў ҳәм шығыў туризмин комплексли раўажландырыўдың миллий ҳәм аймақлық бағдарламаларының ислеп шығылыўын муўапықластырыў, халықаралық стандартларға муўапық болған туризм инфраструктурасын раўажландырыўға инвестицияларды, сондай-ақ, халықаралық финанс институтлары ҳәм басқа да шөлкемлердиң кредитлери менен грантларын тартыў;
туризм түрлерин диверсификациялаў, бәринен бурын, зыярат туризми, экологиялық туризм, этнотуризм, исбилерменлик туризми, спорт, гастрономиялық, медициналық, билимлендириў ҳәм илимий туризмди және олардың инфраструктурасын раўажландырыў бойынша комплексли илажларды әмелге асырыў;
туризм тараўында хызметлерди лицензиялаў ҳәм сертификатластырыў және туризм хызметлериниң белгиленген талаплар ҳәм стандартларға муўапықлығы бойынша инспекция қадағалаўын әмелге асырыў;
туризм хызметлерин шөлкемлестириўде туристлердиң қәўипсизлиги ҳәм денсаўлығын тәмийинлеўге қаратылған туризм хызметлерин көрсетиў сапасы ҳәм қәўипсизлиги стандартларын ислеп шығыў;
туризм хызметлери базарында бәсекини раўажландырыў, туризм тараўында исбилерменликтиң жеделлесиўине ҳәр тәреплеме жәрдемлесиў, бул тараўға алдынғы мәлимлеме-коммуникация технологияларын жедел енгизиў;
туризм объектлерин жайластырыў ушын потенциаллы аймақларда режелестириў ҳәм жойбарластырыў жумысларын шөлкемлестириў, оларға инвесторларды тартыў ушын қолайлы шараятларды жаратыў;
туризм жумысы тараўында туризм бойынша абырайлы халықаралық ҳәм миллий шөлкемлер және туризм тараўында жумысты әмелге асырыўшы сырт ел шөлкемлери менен халықаралық бирге ислесиўди кеңейтиў, халықаралық ҳәм мәмлекетлераралық стандартлар және нормаларды туризм жумысы ҳәм әмелиятына енгизиў;
туризм тараўында кадрларды таярлаў, қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыўды жоқары дәрежеде шөлкемлестириў, тармақ туризм илимлерин раўажландырыўға жәрдемлесиў;
б) денетәрбия ҳәм спорт тараўында:
спорт объектлерин мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында нәтийжели басқарыў және усы тараўға заманагөй мәлимлеме технологияларын енгизиў;
халықтың кең қатламларын спорт пенен шуғылланыўға ҳәм саламат турмыс тәризин енгизиўге тартыў, физикалық саламат болып өсип киятырған әўладты тәрбиялаў, спорт индустриясы ҳәм инфраструктурасын раўажландырыў, жоқары спорт шеберлиги тараўында елимиздиң халықаралық спорт майданында мүнәсип қатнасыўын тәмийинлеўге қаратылған бирден-бир сиясатты әмелге асырыў;
министрликлер ҳәм уйымлардың денетәрбия ҳәм спорт жәмийетлери менен клубларының, спорт федерацияларының (ассоциациялары) жумысын муўапықластырыў, сондай-ақ, республикалық мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери, улыўма орта ҳәм орта арнаўлы билимлендириў, профессионал билимлендириў және жоқары билимлендириў мәкемелериниң денетәрбия оқытыўшылары, инструктор ҳәм тренерлериниң жумысына шөлкемлестириўшилик-методикалық басшылықты әмелге асырыў;
жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, денетәрбия ҳәм спорт жәмийетлери, билимлендириў мәкемелери, жәмийетлик шөлкемлер менен биргеликте халық, әсиресе, балалар ҳәм жаслар арасында денетәрбия ҳәм спорт пенен шуғылланыўды ғалаба ен жайдырыў, ғалабалық спорт түрлерине кеңнен тартыў бойынша кең көлемли жумысларды шөлкемлестириў;
балаларды спорт пенен турақлы түрде шуғылланыўға тартыў, балалар спорт билимлендириўи сапасын арттырыў, барлық аймақларда, әсиресе, аўыл ҳәм шетки аймақларда спорт объектлери тармағын және де кеңейтиў арқалы балалар спортын буннан былай да раўажландырыў;
Олимпиада, Паралимпиада ҳәм Азия ойынлары, жәҳән, Азия чемпионатлары ҳәм басқа да халықаралық жарыс ҳәм турнирлерде табыслы қатнасыўын тәмийинлеў ушын перспективалы спортшыларды таңлаў (селекциялаў), таярлаў ҳәм шеберлигин арттырыўдың, олардың арасынан мәмлекеттиң сайланды командаларының сапалы спорт резерви менен қурамын қәлиплестириўдиң нәтийжели системасын жаратыўда Өзбекстан Миллий олимпиада комитети, спорт федерациялары (ассоциациялары) менен бирге ислесиў;
республикамыздағы барлық министрликлер ҳәм уйымлар (соның ишинде ҳуқық қорғаў уйымлары) ушын спорт нормативлерин ислеп шығыў ҳәм қабыл етиў бойынша бирден-бир сиясатты алып барыў;
елимизде ғалабалық ҳәм профессионаллық спортты, соның ишинде, спорт ойынлары, экстремал ҳәм қысқы спорт түрлерин раўажландырыўды хошаметлеў ҳәм қоллап-қуўатлаў, алдынғы халықаралық тәжирийбени есапқа алған ҳалда, спорт таярлығы процесине заманагөй технологияларды енгизиў, барлық спорт түрлери бойынша миллий чемпионатлар дәрежеси ҳәм сапасын арттырыў, халықаралық ҳәм регионаллық жарыслар шөлкемлестириў, саламат емес спорт бәсекисине ҳәм қадаған етилген препаратлар қолланылыўына қарсы системалы илажлар көриўди тәмийинлеў;
ғалабалық ҳәм профессионаллық спорт бағдарлары бойынша материаллық-техникалық базаны раўажландырыў және беккемлеў, олардан максимал дәрежеде ҳәм нәтийжели пайдаланыўды тәмийинлеў, спорт әсбап-үскенелери және инвентарларының елимизде ислеп шығарылыўын шөлкемлестириў ҳәм кеңейтиў бойынша усыныслар таярлаўда қатнасыў;
денетәрбия ҳәм спорт тараўында кадрларды таярлаў, қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыўды шөлкемлестириў, денетәрбия-саламатландырыў ҳәм спорт шөлкемлерин, билимлендириў ҳәм спорт-билимлендириў мәкемелерин жоқары қәнигели тренерлер ҳәм басқа да спорт қәнигелери менен тәмийинлеў;
халықаралық спорт шөлкемлери менен бирге ислесиўди жолға қойыў ҳәм беккемлеў;
денетәрбия ҳәм спорт тараўында халықаралық ҳәм мәмлекетлераралық байланысларды кеңейтиў және беккемлеў, сырт ел инвестициясы ҳәм грантларын тартыў бағдарындағы жумысларды шөлкемлестириў, ғалабалық спорт бағдарламаларын шөлкемлестириў;
в) материаллық мәдений-мийрас тараўында:
мәдений мийрас объектлерин мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында нәтийжели басқарыў ҳәм усы тараўға заманагөй мәлимлеме технологияларын енгизиў;
мәмлекетлик қадағалаўды әмелге асырыў және материаллық мәдений мийрас объектлериниң, соның ишинде, музей экспонатлары ҳәм коллекцияларының мәмлекетлик есабын жүргизиў, оларды қорғаў, илимий изертлеў ҳәм ғалаба ен жайдырыў, сондай-ақ, олардан ақылға уғрас пайдаланыўды тәмийинлеў;
Өзбекстан Республикасының шәртнамалары, соның ишинде, Улыўма жер жүзилик мәдений ҳәм тәбийғый мийрасты қорғаў ҳаққындағы конвенция талаплары және ЮНЕСКО ҳәм басқа да тийисли халықаралық шөлкемлердиң усынысларын нәтийжели орынлаў, халықаралық ҳәм сырт ел шөлкемлери, илимпазлар, және кең жәмийетшилик пенен тығыз бирге ислесиў;
айрықша қорғалатуғын тарийхый-мәдений аймақлар, Улыўма жер жүзилик мәдений мийрас дизимине киргизилген аймақлар ҳәм тарийхый мәҳәллелердиң тарийхый-мәдений баҳалығы, бийбаҳа, тәбийғый ландшафты ҳәм өзине тәнлигин сақлап қалыў;
сырт еллерде сақланып атырған, мәмлекетимиздиң тарийхы ҳәм мәдениятына тийисли мәдений байлықларды анықлаў, олардың толық мағлыўматлар базасын жаратыў ҳәм оны турақлы түрде жаңалап барыўды шөлкемлестириў.
- Туризмди раўажландырыў бойынша муўапықластырыўшы кеңес Туризм, спорт, мәдений мийрас, транспорт логистикасы ҳәм хызметлер тараўларында, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик және санластырыўды раўажландырыў мәселелери бойынша муўапықластырыўшы кеңес (кейинги орынларда – Кеңес) етип қайта шөлкемлестирилсин ҳәм оның қурамы қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Кеңес туризм, спорт ҳәм мәдений мийрас объектлериниң мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында нәтийжели басқарылыўын және усы тараўларға заманагөй мәлимлеме технологиялары енгизилиўин муўапықластыратуғыны белгиленсин.
- Министрлер Кабинети:
а) үш ай мүддетте:
мәдений мийрас объектлериниң өзине тән өзгешелигин инабатқа алып, оларға ҳәр қандай унамсыз тәсирлердиң алдын алыў, үзликсиз түрде мәмлекетлик ҳәм илимий-техникалық қадағалаў алып барыўды нәзерде тутқан ҳалда тараўда мәмлекетлик-жеке меншик шерикликти енгизиў тәртибин;
туризм, спорт ҳәм мәдений мийрас объектлери, соның ишинде, олардың жер участкалары, имаратлары ямаса бөлимлери ҳәм ханаларын мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында бериў бойынша хатлаўдан өткерилиўин және оның нәтийжелеринен келип шығып, усы объектлердиң дизими (кейинги орынларда – дизим) тастыйықланыўын тәмийинлесин;
б) дизимге киргизилген ҳәр бир объект бойынша мәмлекетлик-жеке меншик шериклик жойбарын ҳәм оның концепциясын, келисимлерин және тендер ҳүжжетлерин таярласын.
Кеңеске дизимге киргизилген улыўма баҳасы бир миллион АҚШ долларынан артық болған эквиваленттеги мәмлекетлик-жеке меншик жойбары бойынша тиккелей сөйлесиўлер өткериў тийкарында тендер өткермей мәмлекетлик-жеке меншик шериклик ҳаққындағы келисим дүзиў бойынша руқсат бериў ҳуқықы берилсин.
- Министрлер Кабинетиниң атқарыўшы структурасында:
Бас министрдиң орынбасары – Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитетиниң баслығы лаўазымы сапластырылсын;
Бас министрдиң орынбасары – туризм ҳәм спорт министри лаўазымы киргизилсин;
Спорт ҳәм туризмди раўажландырыў мәселелери секретариаты Туризм, спорт, мәденият ҳәм ғалаба коммуникациялар мәселелери секретариаты етип қайта аталсын ҳәм оның басқарыў хызметкерлериниң улыўма шекленген саны 15 етип белгиленсин. Онда, қосымша ажыратылып атырған 3 штат бирлиги Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги және Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитетиниң қысқартылып атырған хызметкерлери саны есабынан қәлиплестириледи;
Билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, мәденият, жаслар, руўхыйлық ҳәм жәмийетлик шөлкемлер, мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў мәселелери секретариаты Билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, жаслар, мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў мәселелери секретариаты етип қайта аталсын ҳәм оның басқарыў хызметкерлериниң улыўма шекленген саны 18 етип белгиленсин;
Мәмлекетлик тилди раўажландырыў департаменти Мәнаўият ҳәм мәмлекетлик тилди раўажландырыў мәселелери департаменти етип қайта аталсын ҳәм оның басқарыў хызметкерлериниң улыўма шекленген саны 7 етип белгиленсин;
10 штат бирлигинен ибарат Мәдений мийрасты қорғаў инспекциясы шөлкемлестирилсин.
Мәдений мийрасты қорғаў инспекицясының штат бирликлери Өзбекстанға тийисли сырт елдеги мәдений байлықларды изертлеў орайының 10 штат бирлигин қысқартыў есабынан қәлиплестирилетуғыны белгиленсин.
- Мәденият министрлиги жанындағы Мәдений мийрас департаменти, оның Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы басқармалары және Өзбекстанға тийисли сырт елдеги мәдений байлықларды изертлеў орайы тийкарында Туризм ҳәм спорт министрлиги жанында Мәдений мийрас агентлиги және оның Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық басқармалары шөлкемлестирилсин.
Мәденият министрлигиниң аймақлық мәденият басқармалары структураларындағы материаллық мәдений мийрас объектлеринен ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм қорғаў бөлимлери сапластырылсын ҳәм оның штат бирликлери тийислилигинше Мәдений мийрас агентлиги ҳәм оның аймақлық басқармаларына өткерилсин.
- Мәденият министрлиги системасындағы мәмлекетлик музейлер, музей қорықханалары ҳәм үй музейлери, материаллық мәдений мийрастың көшпес мүлк объектлери ҳәм «Мозийдан садо» журналы бар штат бирликлери ҳәм материаллық-техникалық базасы менен толық көлемде, қаржыландырыў, мийнетке ҳақы төлеў ҳәм материаллық хошаметлеўдиң әмелдеги тәртибин сақлап қалған ҳалда Мәдений мийрас агентлигине өткерилсин.
- Мәдений мийрас агентлиги Мәденият министрлиги жанындағы мәдений мийрас департаменти ҳәм Өзбекстанға тийисли сырт елдеги мәдений байлықларды изертлеў орайының ҳуқықлары, миннетлемелери ҳәм шәртнамалары, соның ишинде, халықаралық шәртнамалар бойынша ҳуқықый мийрасхоры болып есапланатуғыны;
2021-жылы ҳәм келеси жыллары Мәденият министрлигине Мәмлекетлик бюджеттен мәдений мийрас объектлерин реставрациялаў ҳәм тиклеў, сондай-ақ, археологиялық жумыслардың қәрежетлери ушын ажыратылатуғын қаржылар Туризм ҳәм спорт министрлигине ажыратылатуғыны;
Мәмлекетлик бюджеттиң қаржылары есабынан материаллық мәдений мийрастың көшпес мүлк объектлерин қәстерлеп сақлаўға байланыслы жумысларды әмелге асырыў бойынша Мәдений мийрас агентлигиниң буйыртпашы болып есапланатуғыны белгилеп қойылсын.
- Министрлер Кабинети бир ай мүддетте:
Туризм, спорт, мәденият ҳәм ғалаба коммуникациялар мәселелери секретариаты, Билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, жаслар, мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў мәселелери секретариаты, Мәнаўият ҳәм мәмлекетлик тилди раўажландырыў мәселелери департаменти және Мәдений мийрасты қорғаў инспекциясының структуралары, жаңаланған штат кестелери және секретариат ҳәм инспекция ҳаққындағы режелерди тастыйықласын;
Бас министрдиң орынбасары – туризм ҳәм спорт министри және Бас министрдиң социаллық раўажландырыў мәселелери бойынша орынбасарының функционал ўазыйпаларын тастыйықласын;
Туризм, спорт, мәденият ҳәм ғалаба коммуникациялар мәселелери секретариатын заманагөй талапларды есапқа алған ҳалда, қойылған ўазыйпалардың нәтийжели орынланыўын жоқары профессионал дәрежеде тәмийинлеўге уқыплы болған маман қәнигелер менен толықтырсын;
Мәдений мийрас агентлигиниң жумысын шөлкемлестириўге байланыслы Ҳүкиметлик қарарды қабыл етсин.
- Туризм ҳәм спорт министрлиги Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги, Кадастр агентлиги, Мәмлекетлик хызметлер агентлиги менен биргеликте 2021-жылдың ақырына шекем:
Туризм ҳәм спорт министрлигиниң бюджеттен тысқары қаржылары, Мәдений мийрас қоры, мәдений мийрас тараўына Мәмлекетлик бюджеттен ажыратылған қаржылар есабынан арнаўлы электрон порталды жаратсын, бул порталға барлық спорт ҳәм мәдений мийрас объектлери ҳаққындағы мағлыўматлардың (соның ишинде паспорты, мәмлекетлик кадастры) жайластырылыўын ҳәм оны мәмлекетлик электрон хызметлер менен интеграцияланыўын тәмийинлесин;
барлық материаллық мәдений мийрастың көшпес мүлк объектлерин қайтадан тарийхый-мәдений экспертизадан өткерсин және Материаллық мәдений мийрастың көшпес мүлк объектлери мәмлекетлик реестрин, электрон каталогин, паспортын ҳәм мәмлекетлик кадастрды толық қәлиплестирсин.
- Транспорт министрлигиниң белгиленген штат бирликлери шеңберинде министрдиң туризм тараўында транспорт логистикасын раўажландырыў мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси лаўазымы енгизилсин.
- Транспорт министриниң туризм тараўында транспорт логистикасын раўажландырыў бойынша мәсләҳәтшиси:
Кеңестиң усыныс хатына муўапық Министрлер Кабинети тәрепинен тайынланатуғыны;
өзиниң жумысы дәўиринде әмелге асырған жумыслары бойынша ҳәр айда Кеңеске есабат берип баратуғыны белгиленсин.
- Материаллық мәдений мийрас объектиниң өзгертилиўи мүмкин болмаған өзине тән өзгешеликлерин ҳәм оның тарийхый орталығын сақлап қалыў мақсетинде оған тутас аймақтағы қорғаныў аймақларында капитал қурылыс жумысларын және оларға зыян жеткериўге байланыслы жумысты;
руқсатнама алмастан турып материаллық мәдений мийрастың көшпес мүлк объектлерин консервациялаў, реставрациялаў, оңлаў, ҳәзирги заманда пайдаланыўға бейимлестириў, сондай-ақ, олар менен байланыслы илимий ҳәм илимий-техникалық изертлеўлер, жойбарлаў және өндирис жумысларын әмелге асырыў қадаған етилетуғыны белгилеп қойылсын.
- Туризм ҳәм спорт министрлиги, Илимлер академиясы, Қурылыс министрлиги, Кадастр агентлиги, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери:
а) еки ай мүддетте қаржыландырыў дәреклерин анық көрсеткен ҳалда мәдений мийрас объектлерин олардың қорғаныў зоналары бойлап орап алыў (тосып қойыў) ҳәм қорғаў және қорғаныўдың жаңа системасын енгизиў бойынша усыныс ислеп шығып, Министрлер Кабинетине киргизсин;
б) үш ай мүддетте Бас прокуратура менен биргеликте мәдений мийрас объектлериниң қорғалатуғын зоналарында нызамсыз қурылған қурылмалар ҳәм объект-имаратларды сапластырыў, олардың жер майданларынан нызамсыз пайдаланыўдың алдын алыў бойынша илажлар белгилесин;
в) 2022-жыл 1-январьға шекем:
тарийхый, илимий, көркем ямаса өзгеше мәдений баҳалылыққа ийе болған көшпес мүлк объектлерин ҳәр бириниң орнына барған ҳалда анықлаў, жаңа объект бойынша тарийхый-мәдений экспертизадан өткериў ҳәм оларды мәмлекетлик қорғаўға алыўды тәмийинлесин;
материаллық мәдений мийрас объектлериниң қорғалатуғын зоналарын, соның ишинде, қорғаныў аймақлары, имаратлар қурыў ҳәм хожалық жумысын тәртипке салыў аймақлары, қорғалатуғын тәбийғый ландшафт аймақларын белгилесин;
халықаралық экспертлерди тартқан ҳалда мәдений мийрас, соның ишинде археология мийрасы объектлери, мәдений байлықларды алып кириў ҳәм алып шығыў, материаллық мийрас емес тараўға байланыслы нызам ҳүжжетлери ҳәм халықаралық шәртнамалардың нормаларын улыўмаластырып, тиккелей әмел етиўши бирден-бир нызам жойбарын ислеп шығып, Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Бас прокуратураның шөлкемлестириў-штат структурасында 3 штат бирлигинен ибарат болған мәдений мийрас тараўындағы нызамшылықтың орынланыўы үстинен, соның ишинде, мәдений мийрасты қорғаў, қәстерлеп сақлаўға байланыслы жумыслар ҳәм олардан пайдаланыўдың ақылға уғрас шөлкемлестирилиўин қадағалаў бойынша тийисли бөлим шөлкемлестирилсин.
Онда, 3 штат бирлиги Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги және Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитетиниң аймақлық бөлимлери хызметкерлериниң санын қысқартыў есабынан ажыратылады.
- Туризм ҳәм спорт министрлиги Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги менен биргеликте еки ай мүддетте Денетәрбия ҳәм спорт университетине қабыллаў талапларын қайта көрип шықсын және Министрлер Кабинетине усыныс киргизсин.
- Министрликлер ҳәм уйымлар аймақларда исбилерменлик туризмин (MICE – туризм) және де раўажландырыў мақсетинде 2021-2022-жыллары өткерилиўи режелестирилген спорт, мәденият, илим-ағартыўшылық, экономика, инвестиция және басқа да бағдарлардағы ири халықаралық илажларды Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятларда шөлкемлестириў илажларын көрсин.
- Туризм ҳәм спорт министрлиги мәпдар уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызамишылық ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине тийисли нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарларын белгиленген тәртипте киргизсин.
- Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдувахитовқа жүкленсин.
Әмелге асырылып атырған илажлардың нәтийжелилиги бойынша 2021-жыл 1-июль ҳәм 2022-жыл 1-январьға шекем Өзбекстан Республикасы Президентине мәлимлеме берилсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2021-жыл 6-апрель