Өзбекистан Республикасы Президентиниң қарары
Ишки тармақ ҳәм тармақлараралық кооперацияны раўажландырыў, исбилерменлик субъектлерине өзлери ислеп шығарған өнимлерди сатыўға көмеклесиў, жергиликлилестириў процесслерин кеңейтиў, халықтың бәнтлигин ҳәм санаат өнимлери көлеминиң өсимин тәмийинлеў елимиздиң экономикасын жедел раўажландырыўдың ең әҳмийетли шәртлеринен есапланады.
Усы мақсетте дүзилген «Халықаралық санаат ярмаркасы ҳәм Кооперация биржасы Дирекциясы» мәмлекетлик кәрханасы (кейинги орынларда Дирекция деп аталады) тәрепинен көргизбе-ярмарка саўдаларын шөлкемлестириў, оларда қатнасыўға товарлар (жумыслар, хызметлер) жеткерип бериўшилерди тартыў бойынша белгили бир жумыслар әмелге асырылды.
Соның менен бирге, өткерилген талқылаўлар Дирекция жумысын шөлкемлестириўдиң әмелдеги тәртиби мәмлекетлик ҳәм корпоративлик сатып алыўлардың ашық-айдынлығын зәрүр дәрежеде тәмийинлемей атырғанын көрсетти.
Атап айтқанда, тендерлер өткерместен тиккелей шәртнамалар тийкарында Кооперация биржасы шеңберинде әсбап-үскенелер, комплектлеўши буйымлар, қайта исленген шийки затлардың ҳәм материаллардың сатып алыныўын әмелге асырыўға имканият беретуғын әмелдеги тәртип ҳәр қыйлы коррупция көринислери, соның ишинде, алдын ала белгиленген жеткерип бериўшилер менен шәртнама дүзиў мақсетинде биржалардан пайдаланыў ушын шараят жаратпақта.
Көргизбе-ярмарка илажларын өткериўдиң тәртип-қағыйдалары, бәринен бурын, киши бизнес субъектлериниң товарлар (жумыслар, хызметлер) жеткерип бериў ушын мәмлекетлик ҳәм корпоративлик буйыртпаларды алыўға болған имканиятларын, ақыбетинде саламат бәсеки орталығын буннан былай да раўажландырыўды зәрүр дәрежеде тәмийинлемей атыр.
Дирекция тәрепинен дүзилген шәртнамаларды талқылаў ҳәм солар тийкарында тийисли жойбарларды Жергиликлилестириў бағдарламасына киргизиў бойынша усынысларды қәлиплестириў, жергиликли шийки зат базасында таяр өнимлерди жергиликлилестириўди кеңейтиў ушын санаат кооперациясының ролин ҳәм әҳмийетин арттырыў бойынша тийкарғы ўазыйпалар әмелде орынланбаған.
Буннан тысқары, Дирекцияның жумысына алдынғы мәлимлеме-коммуникация технологияларының төмен дәрежеде енгизилгени мәмлекетлик ҳәм корпоративлик сатып алыўдың ашық-айдынлығын тәмийинлеўге унамсыз тәсир етпекте.
Шәртнамаларды дизимге алыўдың нәтийжесиз системасы, дүзилген шәртнамалардың орынланыўын қадағалаўдың тәсиршең механизмлериниң жоқ екенлиги көпшилик жағдайларда қабыл етилген шәртнамалық миннетлемелериниң ҳәм тастыйықланған тармақ кестелериниң орынланбаўына себеп болмақта.
Өзбекистан Республикасының Мәмлекетлик бюджети, мәмлекетлик мақсетли қорлардың қаржыларынан нәтийжели пайдаланыўын, бәсекиниң буннан былай да раўажланыўын және исбилерменлик субъектлери ушын товарлар (жумыслар, хызметлер) жеткерип бериўге мәмлекетлик ҳәм корпоративлик буйыртпалардан теңдей пайдаланыў имканиятларын, сондай-ақ, усы процесстиң ашық-айдынлығын тәмийинлеў мақсетинде:
- Өзбекистан Республикасы Экономика министрлиги, Қаржы министрлиги, Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети, Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитетиниң «Халықаралық санаат ярмаркасы ҳәм Кооперация биржасы Дирекциясы» мәмлекетлик кәрханасын сапластырыў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
- Өзбекистан Республикасы Сыртқы саўда министрлиги Әдиллик министрлиги және Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети менен биргеликте Дирекцияны сапластырыў бойынша нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте зәрүр илажларды көрсин.
- Өзбекистан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги Қаржы министрлиги, Экономика министрлиги, Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети менен биргеликте еки ай мүддетте товарлар (жумыслар, хызметлер)дың мәмлекетлик ҳәм корпоративлик сатып алыў системасын түп-тийкарынан жетилистириў бойынша, соның ишинде, Өзбекистан Республикасы Жойбарлаў басқармасының бирден-бир миллий мәлимлеме системасы шеңберинде мәмлекетлик сатып алыўлардың бирден-бир мәлимлеме порталын ҳәм ресурслардың бирден-бир миллий мағлыўматнамасын жаратыў арқалы олардың ашық-айдынлығын арттырыўға қаратылған усыныслар киргизсин.
- Өзбекистан Республикасы Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети, Сыртқы саўда министрлиги Әдиллик министрлиги, басқа да министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте бир ай мүддетте:
«Өзбекэкспоорай» Миллий көргизбе комплекисиниң көргизбе-ярмарка жумысын буннан былай да раўажландырыў бойынша усынысларды;
нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер менен қосымшалар ҳаққындағы усынысларды Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Министрликлер менен ведомстволар бир ай мүддетте өзлери қабыл еткен нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди усы қарарға муўапықластырсын.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекистан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекистан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлигиниң директорына жүкленсин.
Өзбекистан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2017-жыл 31-июль
***
Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Товарлар (жумыслар, хызметлер)дың мәмлекетлик ҳәм корпоративлик сатып алыў системасын буннан былай да реформалаў илажлары ҳаққында»ғы қарарына
Т Ү С И Н И К
Ишки тармақ ҳәм тармақлараралық кооперацияны раўажландырыў, исбилерменлик субъектлерине өзлери ислеп шығарған өнимлерди сатыўға көмеклесиў, жергиликлилестириў процесслерин кеңейтиў, халықтың бәнтлигин ҳәм санаат өнимлери көлеминиң өсимин тәмийинлеў елимиздиң экономикасын жедел раўажландырыўдың ең әҳмийетли шәртлеринен есапланады.
Усы мақсетлерде көргизбе-ярмарка саўдалары, соның ишинде, ҳәр жылы шөлкемлестирилип атырған Халықаралық санаат ярмаркасы ҳәм Кооперация биржасы шеңберинде өткерилмекте.
Соның менен бирге, өткерилген талқылаўлар көргизбе-ярмарка саўдаларын шөлкемлестириўге ҳәм өткериўге жуўапкер болған «Халықаралық санаат ярмаркасы ҳәм Кооперация биржасы» мәмлекетлик кәрханасы (кейинги орынларда Дирекция деп аталады) жумысында анық кемшиликлердиң бар екенин, бул болса мәмлекетлик ҳәм корпоративлик сатып алыўлардың ашық-айдынлығын тәмийинлеўге унамсыз тәсир етип атырғанын көрсетти.
Атап айтқанда, тендерлер өткерместен тиккелей шәртнамалар тийкарында көргизбе-ярмарка шеңберинде әсбап-үскенелер, комплектлеўши буйымлар, қайта исленген шийки зат ҳәм материалларды сатып алыўдың әмелдеги тәртиби ҳәр қыйлы коррупция көринислери, соның ишинде, реал базар конъюнктурасын инабатқа алмастан шәртнамалар дүзиў, баҳаларды арттырыў ҳәм сапасынз өнимлерди жеткерип бериў ушын шараят жаратпақта.
Көргизбе-ярмарка саўдаларын өткериўдиң тәртип-қағыйдалары, бәринен бурын, киши бизнес субъектлериниң мәмлекетлик ҳәм корпоративлик буйыртпаларды алыўға болған имканиятларын зәрүр дәрежеде тәмийинлемей атыр, бул болса базарда саламат бәсекини раўажландырыўды шеклеп қоймақта.
Көрсетилген машқалалар келисимлерди дүзиўдиң ашық механизми жоқлығы, усы салаға алдынғы мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизиў бойынша жумыслардың жетиспеўшилиги себебинен күшеймекте.
Буннан тысқары, алдын өткерилген халықаралық санаат ярмаркалары ҳәм кооперация биржалары шеңберинде дүзилген шәртнамалардың орынланыў жуўмақларының талқыланыўы шәртнамалық миннетлемелер менен тастыйықланған тармақ кестелериниң орынланыўы толық тәмийинленбей атырғанын көрсетти.
Бул жағдай көргизбе-ярмарка саўдаларында дүзилген шәртнамаларды орынлаў процеси үстинен зәрүр дәрежеде қадағалаў орнатылмағанынан, оларды дүзиўде, соның ишинде, Дирекцияның жумысын шөлкемлестириўдеги қәтелердиң ақыбетинде жүз берген өз мәпине пайдаланыўшылықлардың бар екенинен дәрек бермекте.
Соның менен бирге, Дирекция тәрепинен дүзилген шәртнамаларды талқылаў ҳәм солар тийкарында тийисли жойбарларды Жергиликлилестириў бағдарламасына киргизиў бойынша усынысларды қәлиплестириў, жергиликли шийки зат базасында таяр өнимлерди жергиликлилестириўди кеңейтиў ушын санаат кооперациясының ролин ҳәм әҳмийетин арттырыў бойынша тийкарғы ўазыйпалардың орынланыўы әмелде тәмийинленбеген.
Көргизбе-ярмарка саўдаларын нәтийжели өткериў ушын повильон майданлары менен басқа да инфраструктуралардың жетиспеўшилиги жеткерип бериўшилердиң талапларын толық дәрежеде қанаатландырмаған, сондай-ақ, оларда қатнасыўшылардың шеңберин, айрықша, киши бизнес субъектлери есабынан кеңейтиў имканиятын бермеген.
Билдирилгенлер инабатқа алынып, Өзбекистан Республикасы Президентиниң усы қарары менен Дирекция сапластырылды.
Усы бағдарда Өзбекистан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлигине Өзбекистан Республикасы Қаржы министрлиги, Экономика министрлиги, Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети менен биргеликте еки ай мүддетте товарлар (жумыслар, хызметлер)дың мәмлекетлик ҳәм корпоративлик сатып алыўлар системасын түп-тийкарынан жетилистириў бойынша усыныслар киргизиў тапсырылды. Усыныслар Өзбекистан Республикасы Жойбарлаў басқармасының бирден-бир миллий мәлимлеме системасы шеңберинде мәмлекетлик сатып алыўлар бирден-бир мәлимлеме порталының ҳәм бирден-бир миллий ресурслардың мағлыўматнамасын шөлкемлестириў арқалы усы системаның ашық-айдынлығын арттырыўды нәзерде тутыўы зәрүр.
Өзбекистан Республикасы Жойбарлаў басқармасының бирден-бир миллий мәлимлеме системасы Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 24-июльдеги «Өзбекистан Республикасында жойбарлаў басқармасы системасын енгизиў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманының орынланыўы бойынша шөлкемлестирилмекте және ҳәр бир ресурстың (товарлардың, жумыслар менен хызметлердиң) ҳақыйқый базар баҳасын қәлиплестириў имканиятын беретуғын Ресурслардың бирден-бир миллий мағлыўматнамасын енгизиўди, сондай-ақ, мәмлекетлик сатып алыўлардың ашық-айдынлығы ҳәм өз мәпине пайдаланыўшылықлардың алдын алыўды тәмийинлейтуғын бирден-бир автоматластырылған системаны жаратыўды нәзерде тутады.
Улыўма алғанда, Өзбекистан Республикасы Президенти тәрепинен қабыл етилген қарар мәмлекетлик ҳәм корпоративлик сатып алыўлар процесиниң ашық-айдынлығын буннан былай да арттырыў, көргизбе-ярмарка саўдаларынан нызамға қайшы мақсетлерде пайдаланыў имканиятларына шек қойыў, дүзилетуғын шәртнамалардың орынланыўы үстинен қадағалаўды тәмийинлеўге, соның нәтийжесинде бюджет қаржыларынан нәтийжели пайдаланыўда, бәсекиликти буннан былай да раўажландырыўда ҳәм исбилерменлик субъектлериниң мәмлекетлик ҳәм корпоративлик сатып алыўларда қатнасыўы ушын теңдей имканиятлар жаратыўға көмеклеседи.