Өзбекистан Республикасы Президентиниң қарары

Соңғы жылларда Ташкент ўәлаятының өндирислик ҳәм санаат тармақларында терең структуралық өзгерислер, оны модернизациялаў ҳәм диверсификациялаў бойынша комплексли илажлардың әмелге асырылғаны атап өтилсин.

Инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў шеңберинде «Ангрен» еркин-экономикалық зонасы шөлкемлестирилди.

Жанылғы-энергетика, таў-кән, химия ҳәм басқа да тармақларда заманагөй жоқары технологиялы өндиристи шөлкемлестириў, жергиликли шийки зат тийкарында жаңа түрдеги өнимлерди ислеп шығарыў бойынша инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў даўам еттирилмекте.

Санаат өндирис тармақларының узақ мүддетли ҳәм турақлы раўажланыўы, жаңа өндирислик қуралларды әмелге енгизиў, олардың өним ислеп шығарыў көлемин арттырыўдағы нәтийжелилигин тәмийинлеў ҳәм жоқары арттырылған баҳадағы өнимлерди экспорт етиў бойынша белгиленген ўазыйпалар алдынғы халықаралық тәжирийбелер тийкарында жоқары маманлықтағы инженер-техник кадрларды таярлаўды ҳәм қайта таярлаўды талап етеди.

Ташкент ўәлаятында санаат өндирис саласы ушын жоқары маманлықтағы инженер-техник кадрларды таярлаў системасын буннан былай да раўажландырыў ҳәм жетилистириў және жоқары техникалық билимлендириў саласында халықаралық бирге ислесиўди кеңейтиў мақсетинде:

  1. Ислам Кәримов атындағы Ташкент мәмлекетлик техника университетиниң Алмалық филиалы (кейинги орынларда – Филиал деп аталады) шөлкемлестирилсин.
  2. Филиалдың тийкарғы ўазыйпалары етип төмендегилер белгиленсин:

Ташкент ўәлаятында санаат өндирис саласы ушын жоқары маманлықтағы инженер-техник кадрларды таярлаў;

фундаменталлық ҳәм әмелий изертлеўлер саласындағы халықаралық табысларды үйрениў тийкарында пайдалы қазылмаларды қазып алыў ҳәм қайта ислеў саласындағы жергиликли илимий ҳәм интеллектуаллық потенциалды раўажландырыў;

пайдалы қазылмаларды қазып алыў ҳәм қайта ислеў бойынша жаңа алдынғы технологияларды ислеп шығыў, оларды республиканың геологиялық ҳәм ықлым шараятынан келип шыққан ҳалда әмелиятқа енгизиў;

таў-кән өндирис ҳәм қайта ислеў саласындағы қәнигелердиң маманлығын арттырыў, олардың ең заманагөй халықаралық илим менен технологиялардың табыслары тийкарында қайта таярлаў;

ең алдынғы шет ел жоқары билимлендириў мәкемелери ҳәм илимий-изертлеў орайлары менен кеңнен бирге ислесиўди әмелге асырыў.

  1. Ислам Кәримов атындағы Ташкент мәмлекетлик техника университети Алмалық филиалының структуралық қурамы 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Өзбекистан Республикасы жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрине, зәрүрлик туўылғанда, Ислам Кәримов атындағы Ташкент мәмлекетлик техника университети Алмалық филиалының тастыйықланған структуралық қурамына хызметкерлердиң тастыйықланған улыўма шекленген саны ҳәм мийнетке ҳақы төлеў фонды шеңберинде өзгерислер киргизиў ҳуқықы берилсин.

Филиал Ислам Кәримов атындағы Ташкент мәмлекетлик техника университетиниң юридикалық шахс статусындағы структуралық қурамы есапланып, күндизги, арнаўлы сыртқы ҳәм кешки билимлендириў түринде кадрларды таярлаўды әмелге асырады.

  1. Өзбекистан Республикасы жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги 2017-жыл 1-сентябрьге шекем:

Филиал Уставының ислеп шығылыўын ҳәм тастыйықланыўын және оның мәмлекетлик дизимнен өткерилиўин тәмийинлесин;

Филиалды таңлаў тийкарында жоқары маманлықтағы профессор-оқытыўшылар менен, соның ишинде, жумысы сапластырылып атырған Наўайы мәмлекетлик кәншилик институтының Алмалық факультети профессор-оқытыўшылары есабынан тәмийинлеў илажларын көрсин;

Филиалда оқыў-методикалық процесстиң шөлкемлестирилиўин тәмийинлеў, штатлар кестеси менен қәрежетлер сметасын тастыйықлаў, оны оқыў әдебиятлары, заманагөй оқыў лаборатория үскенелери ҳәм компьютер техникасы менен тәмийинлеў бойынша анық илажларды әмелге асырсын.

  1. Төмендегилер Филиалдың жумысын қаржыландырыў дәреклери етип белгиленсин:

Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қаржылары;

хожалық жумысынан ҳәм шәртнама тийкарында хызметлер көрсетиўден, студентлерди төлемли контракт тийкарында оқытыўдан түсетуғын түсимлер;

физикалық ҳәм юридикалық шахслардың қәўендерлик ислери менен мақсетли төлемлери;

халықаралық қаржы шөлкемлериниң грантлары;

нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер.

  1. 2017/2018 оқыў жылы ушын Филиалдың бакалавриат билимлендириў бағдарларына қабыллаў оқытыў түрлери бойынша төмендегише белгилеп қойылсын:

күндизги бөлимге Наўайы ўәлаятлық кәншилик институтының Алмалық факультетине 2017/2018 оқыў жылы ушын белгиленген квота есабынан;

арнаўлы сыртқы ҳәм кешки бөлимлерге 2-қосымшаға муўапық әмелге асырылады.

  1. Төмендегилер:

2017/2018 оқыў жылында Филалдың арнаўлы сыртқы ҳәм кешки бөлимине мақсетли қабыллаў орта арнаўлы, кәсип-өнер мағлыўматына, кеминде үш жыллық әмелий жумыс стажына ийе болған ҳәм «Алмалық КМК» АЖ, «Наўайы КМК» МК, «Өзбекистан металлургия комбинаты» АЖ, «Өзбеккөмир» АЖ ҳәм Өзбекистан Мәмлекетлик геология ҳәм минерал ресурслар комитетиниң жолламасы берилген кадрлардың есабынан сәўбетлесиў тийкарында әмелге асырылатуғыны;

сәўбетлесиў Өзбекистан Республикасы жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Ислам Кәримов атындағы Ташкент мәмлекетлик техника университети ҳәм «Алмалық КМК» АЖ тәрепинен тастыйықланатуғын арнаўлы комиссия тәрепинен өткерилетуғыны;

арнаўлы сыртқы ҳәм кешки бөлимлерге оқыўға қабыл етилгенде оқыўды жуўмақлағаннан соң көрсетилген орында мәжбүрий түрде бес жылдан кем болмаған мүддетте ислеп бериў шәрти менен тийисли шөлкем, Филиал ҳәм студент арасында үш тәреплеме шәртнама дүзилетуғыны белгилеп қойылсын.

Өзбекистан Республикасының билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыллаў бойынша Мәмлкетлик комиссияға Филалда билим алыў ушын жоллама беретуғын шөлкемлер менен кәрханалардың дизимине өзгерислер менен қосымшалар киргизиў ҳуқықы берилсин.

  1. Өзбекистан Республикасы Экономика министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигине «Алмалық КМК» АЖ, «Өзбекистан металлургия комбинаты» АЖ, «Өзбеккөмир» АЖ, Ташкент ўәлаяты ҳәкимлиги ҳәм басқа да мәпдар мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары менен биргеликте ҳәр жылы жоқары маманлықтағы кадрларға болған талапты талқылаў ҳәм оның нәтийжеси бойынша Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетине кейинги оқыў жылларында Филиалға билимлендириў түрлери, бағдарлар менен қәнигеликлер бойынша қабылланатуғын студентлер саны бойынша усыныслар киргизиў жүкленсин.
  2. Өзбекистан Республикасы жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги Өзбекистан Республикасы Қаржы министрлиги менен биргеликте бир ай мүддетте Жоқары билимлендириў мәкемелери арнаўлы сыртқы (сыртқы) ҳәм кешки бөлимлери ҳаққында Режени ислеп шығып, тастыйықлаў ушын Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин.
  3. Өзбекистан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, «Наўайы КМК» МК, «Алмалық КМК» АЖ ҳәм Ташкент ўәлаяты ҳәкимлигиниң:

Наўайы мәмлекетлик кәншилик институтының Алмалық факультетиниң жумысын сапластырыў;

факультеттиң 2016/2017 оқыў жылы бакалавриатының 1-3-курс студентлери оқыўын бирдей ҳәм сәйкес бағдарлар бойынша Наўайы мәмлекетлик кәншилик институтына ямаса жаңадан шөлкемлестирилип атырған Филиалға көшириў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.

  1. Наўайы мәмлекетлик кәншилик институтының Алмалық факультетиниң студентлери арасынан оқыўды Өзбекистан Республикасының басқа да жоқары билимлендириў мәкемелеринде даўам еттириўди қәлегенлер оқыўын көшириў Өзбекистан Республикасының билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыллаў бойынша Мәмлекетлик комиссиясы тәрепинен белгиленген тәртип тийкарында әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын.

Филиалды сақлаў қәрежетлери 2017-жылда «Маориф» саласы бойынша тастыйықланған бюджет параметрлери шеңберинде, 2018-жылдан баслап болса, усы салаға ҳәр жылы ажыратылатуғын қаржылар шеңберинде әмелге асырылады.

  1. Өзбекистан Республикасы Экономика министрлиги ҳәм Қаржы министрлиги Өзбекистан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң тийкарланған есап-санақлары бойынша Өзбекистан Республикасы Инвестициялық бағдарламаның 2018-жылға ҳәм кейинги жылларға парметрлерин қәлиплестириўде Ислам Кәримов атындағы Ташкент мәмлекетлик техника университети Алмалық филиалының объектлерин реконструкциялаў, капитал оңлаў ҳәм үскенелеў ушын Өзбекистан Республикасы Қаржы министрлиги жанындағы Бюджеттен тысқары билимлендииў ҳәм медицина мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын раўажландырыў қоры есабынан қаржылардың ажыратылыўын нәзерде тутсын.
  2. Өзбекистан Республикасы Қаржы министрлигине:

Филиалға еки, соның ишинде, бир хызмет ҳәм бир нәўбетши жеңил автотранспорт қуралын сақлаўға лимит ажыратсын;

Өзбекистан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги ҳәм Наўайы мәмлекетлик кәншилик институтының тийкарланған есап-санақлары бойынша Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик бюджетиниң 2017-жыл қәрежетлер параметрине усы қарар тийкарында тийисли өзгерислер киргизсин.

  1. Өзбекистан Республикасы Ишки ислер министрлиги Филиалдың буйыртпалары бойынша Филиал оқыў процесинде қатнасатуғын шет елли қәнигелерге мәмлекетлик бажы төлеместен көп мәртелик кириў визаларын рәсмийлестириў ҳәм созыў, сондай-ақ, профессор-оқытыўшылар қурамының ўақтынша дизимнен өткерилиўин ўәм ўақтынша дизимнен өткериў мүддетиниң созылыўын тәмийинлесин.
  2. Филиалға оқытыўшылық ҳәм илимий жумыс ушын шәртнама тийкарында мирәт етилетуғын шет елли профессор-оқытыўшылардың жасаўы ҳәм транспорт қәрежетлери ушын төлемлерди Өзбекистан Республикасы пуқаралар ушын белгиленген тарифлер бойынша милий валютада төлеўге руқсат берилсин.
  3. Ташкент ўәлаяты ҳәкимлиги ҳәм Өзбекистан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң Алмалық қаласы, Мырза Улығбек көшесинде жайласқан Наўайы мәмлекетлик кәншилик институты жанындағы Алмалық академиялық лицейиниң имаратлары менен объектлерин Филиалға оператив басқарыў ҳуқықы менен бийпул пайдаланыўға бериў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
  4. «Алмалық КМК» АЖға басқа да тийкарғы кадрлар буйырпашылары менен биргеликте Филиалдың материаллық-техникалық ҳәм лабораториялық базасын беккемлеў, билимлендириў процесине шет елли илимпазларды, оқытыўшылар менен қәнигелерди тартыўда көмеклесиў усыныс етилсин.
  5. Россияның Федерал мәмлекетлик автоном жоқары билимлендириў мәкемеси «Миллий технологиялық изертлеўлер университети «МИСиС»тиң Алмалық филиалын шөлкемлестириў бойынша Шөлкемлестириўшилик комитетиниң қурамы 3-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Шөлкемлестириўшилик комитет (Ибрагимов Ғ.И.) үш ай мүддетте әмелге асырылған жумыслардың нәтийжеси тийкарында Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетине анық усыныслар киргизсин.

  1. Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 29-июньдеги «Ислам Кәримов атындағы Ташкент мәмлекетлик техника университети Термиз филиалының жумысын шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-3101-санлы қарарының 3-қосымшасының тексти 4-қосымшаға муўапық редакцияда баян етилсин.
  2. Өзбекистан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте бир ай мүддетте:

нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер менен қосымшалар ҳаққында Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин;

өзлери қабыл еткен нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди усы қарарға муўапықластырсын.

  1. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекистан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекистан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик кеңесгөйи А.Н.Юнусходжаевқа жүкленсин.

Өзбекистан Республикасы

       Президенти                                   Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2017-жыл 27-июль

***

Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Ташкент ўәлатында санаат өндирис саласы ушын инженер-техник кадрларды таярлаў системасын жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарына

ТҮСИНИК

 

Соңғы жылларда Ташкент ўәлаятының өндирислик ҳәм санаат тармақларында терең структуралық өзгерислер, оны модернизациялаў ҳәм диверсификациялаў бойынша комплексли илажлар әмелге асырылды. Жанылғы-энергетика, таў-кән, химия ҳәм басқа да тармақларда заманагөй жоқары технологиялы өндиристи шөлкемлестириў, жергиликли шийки зат тийкарында жаңа түрдеги өнимлерди ислеп шығарыў бойынша инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў жумыслары избе-из даўам еттирилмекте.

Соның менен бирге, санаат өндирис тармақларының узақ мүддетли ҳәм турақлы раўажланыўы, жаңа өндирис қуралларын әмелге енгизиў, олардың өним ислеп шығарыў көлемин арттырыўдағы нәтийжелилигин тәмийинлеў ҳәм жоқары арттырылған баҳадағы өнимлерди экспорт етиў бойынша қойылған ўазыйпалар алдынғы халықаралық тәжирийбелер тийкарында жоқары маманлықтағы инженер-техник кадрларды таярлаўды ҳәм қайта таярлаўды талап етеди.

Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Ташкент ўәлатында санаат өндирис саласы ушын инженер-техник кадрларды таярлаў системасын жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары Ташкент ўәлаятында санаат өндирис саласы ушын жоқары мағлыўматлы ҳәм маманлықтағы инженер-техник кадрларды таярлаў системасын буннан былай да раўажландырыў ҳәм жетилистириў және жоқары техникалық билимлендириў саласында халықаралық бирге ислесиўди кеңейтиўди нәзерде тутады.

Қарар тийкарында Ислам Кәримов атындағы Ташкент мәмлекетлик техника университетиниң Алмалық филиалы шөлкемлестирилип, ол Ислам Кәримов атындағы Ташкент мәмлекетлик техника университетиниң структуралық қурамы есапланады ҳәм күндизги, арнаўлы сыртқы және кешки билимлендириў түринде кадрлар таярлаўды әмелге асырады.

Қарарда 2017/2018 оқыў жылы ушын Филиалдың бакалавриат билимлендириў бағдарларына қабыллаў квоталары белгиленген болып, күндизги бөлимге қабыллаў Наўайы мәмлекетлик кәншилик институтының Алмалық факультетине 2017/2018 оқыў жылы ушын белгиленген квота есабынан әмелге асырылады, арнаўлы сыртқы ҳәм кешки бөлимлерге болса 150 (соның ишинде, арнаўлы сыртқыға – 75, кешкиге – 75) квота ажыратылған.

2017/2018 оқыў жылында Филалдың арнаўлы сыртқы ҳәм кешки бөлимине мақсетли қабыллаў тек орта арнаўлы, кәсип-өнер мағлыўматына ҳәм кеминде үш жыллық әмелий жумыс стажына ийе болған, «Алмалық КМК» АЖ, «Наўайы КМК» МК, «Өзбекистан металлургия комбинаты» АЖ, «Өзбеккөмир» АЖ ҳәм Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик геология ҳәм минерал ресурслар бойынша комитетиниң жолламасы берилген шахслар қатарынан сәўбетлесиў тийкарында әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылған.

Арнаўлы сыртқы ҳәм кешки бөлимлерге оқыўға қабыл етилгенде оқыўды жуўмақлағаннан соң көрсетилген орында мәжбүрий түрде бес жылдан кем болмаған мүддетте ислеп бериў шәрти менен тийисли шөлкем, Филиал ҳәм студент арасында үш тәреплеме шәртнама дүзилетуғыны белгиленген.

Соның менен бирге, Филиалға оқытыўшылық ҳәм илимий жумыс ушын мирәт етилетуғын шет елли профессор-оқытыўшылардың жасаўы ҳәм транспорт қәрежетлери ушын төлемлерди Өзбекистан Республикасы пуқаралар ушын белгиленген тарифлер бойынша милий валютада төлеў ҳуқықы берилген.

Филиалға Алмалық қаласы, Мырза Улығбек көшесинде жайласқан Наўайы мәмлекетлик кәншилик институты жанындағы Алмалық академиялық лицейиниң имаратлары менен объектлерин оператив басқарыў ҳуқықы менен бийпул пайдаланыўға бериледи.

Қарар тийкарында «Алмалық КМК» АЖға басқа да тийисли шөлкемлер менен биргеликте Филиалдың материаллық-техникалық ҳәм лабораториялық базасын беккемлеў, билимлендириў процесине шет елли илимпазларды, оқытыўшылар менен қәнигелерди тартыўда көмеклесиў усыныс етилген.

Сондай-ақ, усы қарар менен Россияның Федерал мәмлекетлик автоном жоқары билимлендириў мәкемеси «Миллий технологиялық изертлеўлер университети «МИСиС»тиң Алмалық филиалын шөлкемлестириў бойынша Шөлкемлестириўшилик комитетиниң ағзалары тастыйықланған.

Усы қарардың қабыл етилиўи Ташкент ўәлаятының санаат өндирис тармақ кәрханалары ушын маман инженер-техник кадрлар таярлаўды тәмийинлеў имканиятын береди.