Өзбекистан Республикасы Президентиниң қарары

Бүгинги күнде Ташкент ўәлаяты халық билимлендириў системасында 1348 билимлендириў мәкемеси, соның ишинде, 406 мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси, 871 улыўма орта билимлендириў мектеби, 2 Меҳрибанлық үйи, 31 балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеби, 19 «Бәркамал әўлад» орайы, 19 балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектеби жумыс алып бармақта. Қабыл етилген мәмлекетлик бағдарламалар шеңберинде усы билимлендириў мәкемелериниң нәтийжелилигин арттырыў, олардың материаллық-техникалық базасын беккемлеў бойынша системалы жумыслар әмелге асырылмақта.

Соның менен бирге, ўәлаятта мектепке шекемги билимлендириў системасын буннан былай да жетилистириў, балаларды мектепке таярлаў дәрежесин түп-тийкарынан жақсылаў, тәлим-тәрбия процесине заманагөй билимлендириў бағдарламаларын енгизиў, жаслардың ҳәр тәреплеме интеллектуаллық, әдеп-икрамлылық, эстетикалық ҳәм физикалық уқыпларын раўажландырыў бағдарында билимлендириў мәкемелерин маман педагог кадрлар менен тәмийинлеў бағдарларында бир қатар әҳмийетли машқалалар бар.

Ташкент ўәлаяты мектепке шекемги, мектеп ҳәм мектептен тысқары билимлендириў мәкемелериниң тәрбияшылары, баслаўыш класс оқытыўшылары, әсиресе, анық пәнлер ҳәм шет тиллери бойынша оқытыўшыларға болған талапларын қанаатландырыў, районлар менен аўыллық жерлердеги билимлендириў мәкемелерин жоқары маманлықтағы педагог кадрлар менен тәмийинлеў ҳәм халықаралық стандартлар дәрежесине сай жоқары мағлыўматлы педагог кадрларды таярлаў системасын орынларда шөлкемлестириўди буннан былай да жетилистириў ҳәм билимлендириўдиң сапасын жақсылаў мақсетинде:

  1. Өзбекистан Республикасы Халық билимлендириў, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў, Экономика ҳәм Қаржы министрликлериниң усынысларына муўапық Халық билимлендириў министрлиги қурамында Ташкент ўәлаяты Шыршық мәмлекетлик педагогика институты шөлкемлестирилсин.
  2. Ташкент ўәлаяты Шыршық мәмлекетлик педагогика институтының тийкарғы ўазыйпалары етип төмендегилер белгиленсин:

мектепке шекемги, мектеп ҳәм мектептен тысқары билимлендириў мәкемелери ушын жоқары маманлықтағы оқытыўшыларды талап дәрежесинде сапалы таярлаўды тәмийинлеў;

педагогикалық билимлендириў саласын раўажландырыўдың илимий-методикалық ўазыйпаларын шешиўге, алдынғы шет ел педагогикалық технологияларды енгизиўге бағдарланған илимий изертлеўлерди алып барыў ҳәм талантлы студент-жасларды илимий жумыс пенен шуғылланыўға кеңнен тартыў;

елимиздиң педагогика пәни бойынша әййемнен раўажланып келген табысларын, шет еллер билимлендириў мәкемелериниң тәжирийбесин ҳәм Ташкент ўәлаяты районлары билимлендириў мәкемелериниң талап-мүтәжликлерин есапқа алған ҳалда тийисли бағдарлар менен қәнигеликлер бойынша оқыў-методикалық әдебиятларды дөретиў;

оқыў ҳәм илимий жойбарларды әмелге асырыў, билимлендириў ҳәм илимий излениўлер процесине қәнигелерди тартыў мақсетинде педагогика саласындағы жетекши республикалық ҳәм шет елдиң жоқары билимлендириў мәкемелери ҳәм илимий орайлары менен байланысларды раўажландырыў;

шет елдиң жоқары билимлендириў мәкемелери менен илимий орайларына жас перспективалы питкериўшилерди магистратураға ҳәм докторантураға турақлы жибериў арқалы Институттың илимий-педагогикалық потенциалын арттырып барыў.

  1. Төмендегилер:

Ташкент ўәлаяты Шыршық мәмлекетлик педагогика институтының структурасы 1-қосымшаға муўапық;

Ташкент ўәлаяты Шыршық мәмлекетлик педагогика институтын шөлкемлестириў, оның материалық-техникалық базасын қәлиплестириў ҳәм илимий-педагогикалық кадрлар менен тәмийинлеў илажларының бағдарламасы 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Өзбекистан Республикасы Халық билимлендириў министрине зәрүр жағдайларда Ташкент ўәлаяты Шыршық мәмлекетлик педагогика институтының структурасына хызметкерлердиң белгиленген нормативлерине муўапық өзгерислер киргизиў ҳуқықы берилсин.

Ташкент ўәлаяты Шыршық мәмлекетлик педагогика институтының факультетлери менен кафедралары басқышпа-басқыш студентлер ҳәм профессор-оқытыўшылар қурамына муўапық орнатылған тәртипте қәлиплестирилип барылсын.

  1. Ташкент ўәлаяты Шыршық мәмлекетлик педагогика институтының 2017/2018 оқыў жылы ушын қабыллаў квоталары 3-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Өзбекистан Республикасының билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыллаў бойынша Мәмлекетлик комиссиясы 2017/2018 оқыў жылы ушын Ташкент ўәлаяты Шыршық мәмлекетлик педагогика институтының студентлери контингентин Ташкент ўәлаятында турақлы жасап атырған Ташкент мәмлекетлик педагогика университети ҳәм басқа да бирдей жоқары билимлендириў мәкемелерине ҳүжжет тапсырып, усы билимлендириў мәкемелерине белгиленген төлемли-контракт квоталары шеңберинде оқыўға қабылланбаған сәйкес ҳәм бирдей билимлендириў бағдарларының абитуриентлери есабынан, Ташкент ўәлаяты районлары билимлендириў мәкемелериниң талапларын инабатқа ала отырып, қәлиплестирсин.

Ташкент ўәлаяты Шыршық мәмлекетлик педагогика институтының 2017/2018 оқыў жылы ушын студентлер оқыўға әмелдеги базалық төлемли-контракт муғдары бойынша тастыйықланған квота шеңберинде қабыллансын.

  1. Өзбекистан Республикасы Ташкент ўәлаяты Шыршық мәмлекетлик педагогика институтында ўәлаттағы мектепке шекемги, мектеп ҳәм мектептен тысқары және жоқары билимлендириў мәкемелерин ҳәм педагог кадрларды қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў институтының билимлендириў мазмунын жетилистириў бойынша жумысын Муўапықластырыўшы кеңес шөлкемлестирилсин. Муўапықластырыўшы кеңестиң қурамы Өзбекистан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги тәрепинен тастыйықлансын.

Муўапықластырыўшы кеңестиң тийкарғы ўазыйпалары етип, төмендегилер белгиленсин:

Ташкент ўәлаятындағы мектепке шекемги, мектеп ҳәм мектептен тысқары билимлендириў мәкемелери ушын педагог кадрларды таярлаў, сондай-ақ, педагогикалық кадрлар менен сала қәнигелерин қайта тярлаў ҳәм маманлығын арттырыў мәкемелериниң илимий-методикалық базаларын қәлиплестириўди муўапықластырыў ҳәм оқыў-методикалық басшылықты әмелге асырыў;

педагогика саласындағы талап ҳәм алдынғы шет ел тәжирийбесин, оқыў процесине заманагөй педагогикалық ҳәм мәлимлеме-коммуникация технологияларын кеңнен енгизиўди есапқа алған ҳалда, ўәлаяттың билимлендириў мәкемелеринде мәмлекетлик билимлендириў стандартлары, оқыў режелери менен бағдарламаларын системалы түрде жетилистириўди әмелге асырыў;

ўәлаяттағы педагогика саласында илимий-методикалық жумысларды, соның ишинде, фундаменталь, инновациялық әмелий излениўлерди алып барыўды муўапықластырыў;

ўәлаят билимлендириў мәкемелериниң илимий-педагогикалық потенциалын арттырыў, соның ишинде, жоқары маманлықтағы илимий ҳәм илимий-педагогикалық кадрларды мақсетли таярлаў тийкарында, педагогика саласын раўажландырыўдың стратегиялық ўазыйпаларынан келип шыққан ҳалда, ўәлаяттағы билимлендириў мәкемелериниң басшы хызметкерлери менен қәнигелериниң маманлығын сапалы арттырыў ҳәм қайта таярлаў бойынша илажлардың әмелге асырылыўын тәмийинлеў.

  1. Өзбекистан Республикасы Илим ҳәм технологиялар агентлиги Халық билимлендириў министрлигиниң усынысына тийкарланып Ташкент ўәлаяты Шыршық мәмлекетлик педагогика институты ушын таяныш жоқары билимлендириў мәкемелерине докторантураға 2018-жыл ушын мақсетли квоталар ажыратсын.
  2. Өзбекистан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги 2017-жыл 1-сентябрьге шекем:

Ташкент ўәлаяты Шыршық мәмлекетлик педагогика институты (кейинги орынларда – Институт) уставын тастыйықлап, орнатылған тәртипте мәмлекетлик дизимнен өткерсин;

Институт тәрепинен тастыйықланған штатлар кестеси менен қәрежетлер сметасын дизимнен өткерсин;

республикалық билимлендириў ҳәм илимий мәкемелердиң тәжирийбели хызметкерлери, соның ишинде, Ташкент мәмлекетлик педагогика университети ҳәм басқа да билимлендириў мәкемелериниң профессор-оқытыўшылары қурамынан орнатылған тәртипте Институтты жоқары маманлықтағы профессор-оқытыўшылар менен тәмийинлесин;

Институт билимлендириў бағдарларының оқыў режелерине муўапық пәнлерди оқыў әдебиятлары ҳәм илимий-методикалық қолланбалар және оқыў бөлмелерин заманагөй лаборатория үскенелери ҳәм компьютер техникасы менен тәмийинлеў илажларын көрсин.

  1. Өзбекистан Республикасы Қаржы министрлиги, Халық билимлендириў министрлиги 2017/2018 оқыў жылынан баслап Институт ушын зәрүр педагог кадрларды тартыў ушын саатлық есабы тийкарында ҳақы төлениўин ҳәм оқыў әдебиятлары менен тәмийинлениўин қаржыландырыўдың анық илажларын көрсин.
  2. Өбекистан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги, Ташкент ўәлаяты ҳәкимлиги ҳәм Өзбекистан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң Ташкент химия-технология институты жанындағы Шыршық академиялық лицейине тийисли Шыршық қаласы, Истиқбол көшеси, 2«А»-жай ҳәм Шыршық социаллық-экономикалық кәсип-өнер колледжине тийисли Шыршық қаласы, Әмир Темур көшеси, 104-жайда жайласқан имаратлары менен объектлери аймақлары менен Ташкент ўәлаяты Шыршық мәмлекетлик педагогика институтына оператив басқарыў ҳуқықы менен бийпул пайдаланыўға бериў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.

Ташкент химия-технология институты жанындағы Шыршық академиялық лицейи менен Шыршық социаллық-экономикалық кәсип-өнер колледжиниң 2- ҳәм 3-курс оқыўшылары питкеремен дегенше Ташкент ўәлаяты Шыршық мәмлекетлик педагогика институтының имаратларында ижара төлемлерисиз орналасатуғыны белгилеп қойылсын

  1. Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Истеъдод» қоры шет мәмлекетлердиң абыройлы университетлери менен илимий орайларында 2018-жылдан баслап Ташкент ўәлаяты Шыршық мәмлекетлик педагогика институты профессор-оқытыўшыларының маманлығын арттырыў жумысларын шөлкемлестирсин.
  2. Өзбекистан Республикасы Экономика министрлиги ҳәм Қаржы министрлиги Өзбекистан Республикасы Халық билимлендириў министрлигиниң тийкарланған есап-санақлары бойынша Өзбекистан Республикасы Инвестициялық бағдарламасының 2018-жылға ҳәм кейинги жылларға параметрлерин қәлиплестириўде Ташкент ўәлаяты Шыршық мәмлекетлик педагогика институтының объектлерин реконструкциялаў, капитал оңлаў ҳәм үскенелеў ушын Өзбекистан Республикасы Қаржы министрлиги жанындағы Бюджеттен тысқары билимлендириў ҳәм медицина мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын раўажландырыў қоры есабынан қаржылар ажыратылыўын нәзерде тутсын.
  3. Ташкент ўәлаяты Шыршық мәмлекетлик педагогика институтын сақлаў қәрежетлери 2017-жылда «Маориф» саласы бойынша тастыйықланған бюджет параметрлери шеңберинде, 2018-жылдан баслап болса, усы салаға ҳәр жылы ажыратылатуғын қаржылар шеңберинде әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын.
  4. Төмендегилер Ташкент ўәлаяты Шыршық мәмлекетлик педагогика институтының жумысын қаржыландырыў дәреклери етип белгиленсин:

Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қаржылары;

хожалық жумысынан ҳәм шәртнама тийкарында хызметлер көрсетиўден түсетуғын түсимлер;

физикалық ҳәм юридикалық шахслардың қәўендерлик ислери менен мақсетли төлемлери;

халықаралық қаржы шөлкемлериниң грантлары;

нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер.

  1. Өзбекистан Республикасы Мәлимлеме технологияларын ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги Халық билимлендириў министрлиги менен биргеликте Ташкент ўәлаяты Шыршық мәмлекетлик педагогика институтын электрон билимлендириў миллий тармағына жалғаў илажларын көрсин.
  2. Өзбекистан Республикасы Қаржы министрлиги Ташкент ўәлаяты Шыршық мәмлекетлик педагогика институтына 2, соның ишинде, 1 хызмет көрсетиў, 1 арнаўлы жеңил автотранспорт қуралын сақлаўға лимит ажыратсын.
  3. Ташкент ўәлаяты Шыршық мәмлекетлик педагогика институтында Ташкент қаласынан қатнап ислейтуғын профессор-оқытыўшылар менен жумысшы-хызметкерлерге барып-келиўи ушын тийисли шараятлар шөлкемлестирилсин.
  4. Өзбекистан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте бир ай мүддетте:

нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер менен қосымшалар ҳаққында Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин;

өзлери қабыл еткен нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди усы қарарға муўапықластырсын.

  1. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекистан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекистан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик кеңесгөйи А.Н.Юнусходжаевқа жүкленсин.

 

Өзбекистан Республикасы

       Президенти                                   Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2017-жыл 27-июль

***

Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Ташкент ўәлаты Шыршық мәмлекетлик педагогика институтын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарарына

ТҮСИНИК

 

Ғәрезсизлик жылларында елимизде жоқары билимлендириў  системасын модернизациялаў, оған оқытыўдың заманагөй түрлери менен технологияларын кеңнен енгизиў, жоқары билимлендириў мәкемелериниң педагог кадрларын қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў системасының нәтийжелилигин тәмийинлеў бағдарында бир қатар жумыслар әмелге асырылды. Соның ишинде, Өзбекистан Республикасы Президентиниң усы жыл 20-апрельдеги «Жоқары билимлендириў системасын буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары жоқары билимлендириў системасын түп-тийкарынан жетилистириўде, елимизди социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарындағы тийкарғы ўазыйпаларға сәйкес түрде кадрлар таярлаўдың мазмун-мәнисин түп-тийкарынан қайта көрип шығыўда, халықаралық стандартлар дәрежесинде жоқары маманлықтағы кадрларды таярлаў ушын зәрүр шараятлар жаратыўда әҳмийетли қәдем болды.

Соның менен бирге, жоқары мағлыўматлы қәнигелерди аймақлар ҳәм салалар бойынша енгизилип атырған бағдарламалардың талаплары менен мүтәжликлерин, экономика тармақларын ҳәм аймақларын комплексли раўажландырыў перспективаларын инабатқа алған ҳалда таярлаўды талап етпекте.

Бүгинги күнде Ташкент ўәлаяты халық билимлендириў системасында 1348 билимлендириў мәкемеси, соның ишинде, 406 мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси, 871 улыўма орта билим бериў мектеби, 2 Меҳрибанлық үйи, 31 балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеби, 19 «Бәркамал әўлад» орайы, 19 балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектеби жумыс алып бармақта. Қабыл етилген мәмлекетлик бағдарламалар шеңберинде усы билимлендириў мәкемелериниң нәтийжелилигин арттырыў, олардың материаллық-техникалық базасын беккемлеў бойынша системалы жумыслар әмелге асырылмақта.

Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Ташкент ўәлаты Шыршық мәмлекетлик педагогика институтын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарары ўәлаяттағы мектепке шекемги, мектеп ҳәм мектептен тысқары билимлендириў мәкемелериниң тәрбияшылары, баслаўыш класс оқытыўшыларына, әсиресе, анық пәнлер ҳәм шет тиллери бойынша оқытыўшыларға болған талапларын қанаатландырыў, районлар менен аўыллық жерлердеги билимлендириў мәкемелерин жоқары маманлықтағы педагог кадрлар менен тәмийинлеўди жақсылаў мақсетинде қабыл етилди.

Қарар менен Ташкент ўәлаяты Шыршық мәмлекетлик педагогика институтының тийкарғы ўазыйпаларын, структурасы менен жумысын шөлкемлестириў, материаллық-техникалық базасын жетилистириў және илимий-педагогикалық кадрлар менен тәмийинлеў илажлары бағдарламасы тастыйықланды.

Сондай-ақ, қарарда Ташкент ўәлаяты Шыршық мәмлекетлик педагогика институтына 2017/2018 оқыў жылы ушын 750 қабыллаў квоталары ажыратылып,

Институтқа студентлер контингентин Ташкент ўәлаятында турақлы жасап атырған Ташкент мәмлекетлик педагогика университети ҳәм басқа да бирдей жоқары билимлендириў мәкемелерине ҳүжжет тапсырып, усы билимлендириў мәкемелерине белгиленген төлемли-контракт квоталары шеңберинде оқыўға қабылланбаған сәйкес ҳәм бирдей билимлендириў бағдарларының абитуриентлери есабынан, Ташкент ўәлаяты районлары билимлендириў мәкемелериниң талапларын инабатқа алған алда қәлиплестириў белгиленген. Онда студентлерди оқытыўдың әмелдеги базалық (арттырылмаған) төлемли-контракт муғдары тийкарында тастыйықланған квота шеңберинде қабыллаў әмелге асырылады.

Усы қарар менен Ташкент ўәлаяты Шыршық мәмлекетлик педагогика институтында ўәлаяттағы мектепке шекемги, мектеп ҳәм мектептен тысқары және жоқары билимлендириў мәкемеси ҳәм ўәлаяттың педагог кадрларды қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў институтының билимлендириў мазмунын жетилистириў бойынша жумысын Муўапықластырыўшы кеңести шөлкемлестириў ҳәм оның тийкарғы ўазыйпалары белгиленбекте.

Институт ушын 2018-жылда таяныш жоқары билимлендириў мәкемелерине докторантураға мақсетли квоталар ажыратыў, уставы менен штат кестелерин тастыйықлаў, жоқары маманлықтағы профессор-оқытыўшыларды ҳәм пәнлерди оқыў әдебиятлары ҳәм илимий-методикалық қолланбалар және оқыў бөлмелерин заманагөй лаборатория үскенелери ҳәм компьютер техникасы менен тәмийинлеў, сондай-ақ, объектлерди реконструкциялаў, капитал оңлаў ҳәм үскенелеў бойынша министрликлер менен ведомстволарға тийисли тапсырмалар берилмекте.

Сондай-ақ, тийисли министрликлер менен ведомстволарға Ташкент ўәлаяты Шыршық мәмлекетлик педагогика институтын электрон билимлендириў миллий тармағына жалғаў илажларын көриў тапсырылған.

Усы қарардың қабыл етилиўи Ташкент ўәлаятының районлары менен аўылларындағы билимлендириў мәкемелерин жоқары маманлықтағы педагог кадрлар менен тәмийинлеўди, халықаралық стандартлар дәрежесине сәйкес жоқары мағлыўматлы педагог кадрлар таярлаўды орынларда шөлкемлестириўде ҳәм билимлендириўдиң сапасын тәмийинлеўде, сондай-ақ, жасларды жоқары билимлендириўге қамтыў дәрежесин арттырыў имканиятын жаратыўда және бир әҳмийетли қәдем болды.