Өзбекстан Республикасы Президентиниң
қарары
Сыртқы саўданы буннан былай да еркинлестириў, исбилерменлик субъектлериниң сыртқы экономикалық жумыста кеңнен қатнасыўы ушын теңдей ҳәм қолайлы шараятлар жаратыў, сондай-ақ, саўда операцияларын әмелге асырыўда артықша тосқынлықлар менен иркинишлерди сапластырыў мақсетинде:
- Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги ҳәм «Өзстандарт» агентлигиниң Өзбекстан Республикасына импорт етилетуғын товарларды жүклеўден алдын мәжбүрий инспекциядан өткериў тәртибин бийкарлаў ҳаққындағы усынысы қабыл етилсин.
- Өзбекстан Республикасына импорт етилетуғын товарларды жүклеўден алдын инспекциядан өткериў қәлеўи бойынша әмелге асырылатуғыны;
Өзбекстан Республикасына импорт етилетуғын товарларды жүклеўден алдын инспекциядан өткериў хызметлерин көрсетиў ҳуқықына ўәкилликли уйым тәрепинен халықаралық стандартлар талапларына муўапық аккредитацияланған инспекция уйымлары ийе екенлиги;
инспекция уйымларының хызметлери, соның ишинде жүкти жүклеўден алдын инспекциядан өткериў хызметлери ушын ҳақы төлеў олардың Өзбекстан Республикасы аймағындағы банклерде ашылған есап бетлери арқалы әмелге асырылатуғыны;
Өзбекстан Республикасына импорт етилетуғын товарлардың сапасы, муғдары ҳәм баҳаларының «Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги жанындағы Жойбарлар ҳәм импорт контрактлерин комплексли экспертиза етиў орайы» МУКта (кейинги орынларда – Орай) дизимнен өткен импорт контрактлери шәртлерине муўапықлығын тәмийинлеў бойынша керекли илажларды көриў ушын жуўапкершилик импорт етиўшиниң лаўазымлы шахсларына жүкленетуғыны;
мәмлекетлик бажыхана хызмети уйымлары Орайда дизимнен өткен импорт контрактлери шеңберинде еркин айланысқа шығарылған товарлардың муғдары ҳәм баҳалары ҳаққындағы мағлыўматларды мәлимлеме системаларынан пайдаланған ҳалда Орайға усынатуғыны белгилеп қойылсын.
- Мәмлекетлик уйымларға ҳәм шөлкемлерге, сондай-ақ, коммерциялық банклерине жүклеўден алдын инспекцияны өткеретуғын инспекция уйымын таңлаў ҳаққында импорт етиўшилерге усыныслар бериў қадаған етилсин.
- Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Салық, валютаға байланыслы жынаятларға ҳәм жынайый дәраматларды легалластырыўға қарсы гүресиў департаменти «Өзстандарт» агентлиги ҳәм Мәмлекетлик бажыхана комитети менен биргеликте еки ай мүддетте, усы қарар талапларынан келип шығып, мәмлекетлик мәплерге жеткерилген зыянды қаплаў кепилликлерин тәмийинлейтуғын механизмлерди енгизген ҳалда импорт етиўшилер ҳәм ўәкилликли мәмлекетлик уйымлардың лаўазымлы шахсларының жуўапкершилигин күшейтиў бойынша усыныслар киргизсин.
- Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги бир ай мүддетте аккредитация объектлери тәрепинен ўәкилликли уйымға өткерилетуғын төлемлерди өндириў шәртлери ҳәм муғдарларының сын көзқарастан қайта көрип шығылыўын тәмийинлесин.
- Орайдың жумысы тараўына усынылатуғын товарлар, жумыслар ҳәм хызметлердиң сатып алыныўын өткериў (сатып алыў тәртиплерин орынлаў, реклама жумысларын шөлкемлестириў, тендер ҳәм басқа да ҳүжжетлерди рәсмийлестириў ҳәм тағы басқалар) бойынша қәнигелескен шөлкемди таңлаў Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги тәрепинен орнатылған талапларға жуўап беретуғын қәнигелескен шөлкемлер арасынан таңлаў тийкарында әмелге асырылады.
Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги бир ай мүддетте мәмлекетлик сатып алыўларды өткериў бойынша хызметлер көрсетиў ҳуқықына ийе қәнигелескен шөлкемлерге қойылатуғын талапларды, сондай-ақ, мәмлекетлик сатып алыўларды өткериў шеңберинде қәнигелескен шөлкемлер тәрепинен көрсетилетуғын хызметлердиң түрлери дизимин орнатылған тәртипте белгилесин.
- «Өзстандарт» агентлиги мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте бир ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Министрликлер ҳәм ведомстволар өзлери қабыллаған нормативлик – ҳуқықый ҳүжжетлерди бир ай мүддетте усы қарарға муўапықластырсын.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлигиниң директоры Ш.М.Садиқовқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас прокуроры О.Б.Мурадовқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2018-жыл 24-март