Өзбекстан Республикасы Президентиниң
п ә р м а н ы
Сырдәрья ўәлаятының өндирислик ҳәм ресурс потенциалынан комплексли және ақылға уғрас пайдаланыўды тәмийинлеў, сол тийкарда жаңа жумыс орынларын шөлкемлестириў ҳәм жергиликли халықтың дәраматларын арттырыў мақсетинде:
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2013-жыл 18-марттағы «Жиззақ» арнаўлы индустриаллық зонасын қурыў ҳаққында»ғы ПП-4516-санлы Пәрманына тийкарланып Жиззақ ўәлаятында «Жиззақ» еркин экономикалық зонасы (кейинги орынларда «Жиззақ»ЕЭЗ деп аталады)ның Сырдәрья ўәлаятындағы Сырдәрья районы филиалы шөлкемлестирилгени ҳәм оның шегаралары тастыйықланғаны мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- Жиззақ ҳәм Сырдәрья ўәлаятларының ҳәкимликлери, Өзбекстан Республикасы Экономика министрлиги, Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети, Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитетиниң «Сырдәрья» еркин экономикалық зонасын (кейинги орынларда «Сырдәрья» ЕЭЗ деп аталады) «Жиззақ»ЕЭЗ Сырдәрья ўәлаятының Сырдәрья районындағы филилалы ҳәм Сырдәрья ўәлаятының Янгиер қаласындағы киши санаат зонасы тийкарында шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысы қабыл етилсин.
- Төмендегилер «Сырдәрья» еркин экономикалық зонасы жумысының тийкарғы ўазыйпалары ҳәм бағдарлары етип белгиленсин:
Сырдәрья ўәлаятының өндирислик ҳәм ресурс потенциалынан нәтийжели пайдаланған ҳалда жергиликли минерал-шийки зат ресурсларын терең қайта ислеў ҳәм жоқары қосымша қунға ийе бәсекиге шыдамлы, импорт орнын басатуғын өнимлер ислеп шығарылыўын кеңейтиў;
мийўе-овощ ҳәм аўыл хожалығы өнимлерин терең қайта ислеў, сақлаў ҳәм қадақлаў, тоқымашылық, аяқ кийим ҳәм тери-галантерея, экологиялық жақтан қәўипсиз химия, фармацевтика, азық-аўқат, электротехника санааты, машина қурылысы, қурылыс материалларын ислеп шығарыўда ҳәм басқа да бағдарларда заманагөй өндирис орынларын шөклемлестириў ушын тиккелей жеке инвестцияларды, сондай-ақ, шет ел инвестицияларын жедел тартыў;
еркин экономикалық зона кәрханалары арасында және басқа да жергиликли кәрханалар менен беккем кооперациялық байланысларды орнатыў ҳәм раўажландырыў тийкарында жергиликли шийки зат ҳәм материаллардан жоқары технологиялы өнимлер ислеп шығарыўды жергиликлилестириў процесслерин тереңлестириў;
«Сырдәрья» ЕЭЗ аймағында өндирис, инженерлик-коммуникация, жол-транспортын ҳәм социаллық инфраструктураны жедел раўажландырыў, сондай-ақ, усы аймақта сапалы логистика хызметлерин көрсетиў бойынша заманагөй инфраструктураны қәлиплестириў;
еркин экономикалық зоналардың тараў кадрларына болған ҳәзирги ҳәм келешектеги талапларынан келип шығып, жоқары мағлыўматлы қәнигелерди таярлаўды шөлкемлестириўде ҳәм олардың еркин экономикалық зонада жайласқан кәрханаларда өндирислик әмелиятын өтеўинде қатнасыў.
- Сырдәрья ўәлаяты еркин экономикалық зоналары ҳәм киши санаат зоналарының ҳәкимшилик кеңеси (Ғ.Ғ.Мирзаев) Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети, Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр бойынша мәмлекетлик комитети, Қурылыс министрлиги менен биргеликте бир ай мүддетте «Сырдәрья» ЕЭЗдың шегараларына анықлық киргизиў, кейин ала кеңейтиў бойынша усынысларды еки ҳәпте мүддетте Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 25-октябрдеги «Еркин экономикалық зоналар ҳәм киши санаат зоналарының жумыс нәтийжелилигин арттырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарына тийкарланып шөлкемлестирилген Еркин экономикалық зоналар ҳәм киши санаат зоналары ҳәкимшилик кеңеслериниң жумысын муўапықластырыў бойынша Республикалық кеңеске киргизилиўин тәмийинлесин.
- «Сырдәрья» ЕЭЗ қурамына киргизилген жер майданлары Сырдәрья ўәлаяты Еркин экономикалық зоналар ҳәм киши санаат зоналары ҳәкимшилик кеңесиниң тиккелей қарамағында болатуғыны;
«Сырдәрья» ЕЭЗдың жумыс ислеў мүддети 30 жылды қурайтуғыны ҳәм бул мүддет кейин ала созылыўы мүмкин екенлиги;
«Сырдәрья» ЕЭЗдың жумыс ислеў мүддети даўамында оның аймағында айрықша салық ҳәм бажыхана тәртиплери әмел ететуғыны;
«Сырдәрья» ЕЭЗ қатнасыўшысы статусы Сырдәрья ўәлаяты еркин экономикалық зоналары ҳәм киши санаат зоналары ҳәкимшилик кеңесиниң қарары менен берилетуғыны;
бурынғы Сырдәрья ўәлаятының Янгиер қаласындағы киши санаат зонасының қатнасыўшыларына, бул статусты бурын алған болса, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 30-марттағы «Сырдәрья ўәлаятының Янгиер қаласында киши санаат зонасын қурыў ҳаққында»ғы ПҚ-2860-санлы қарарында нәзерде тутылған жеңилликлер сақланып қалынатуғыны белгилеп қойылсын.
- Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологияларын ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги, «Турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў министрлиги» Автомобиль жоллары бойынша мәмлекетлик комитети, «Өзбекэнерго» АЖ, «Өзтрансгаз» АЖ және республикалық ҳәм аймақлық дәрежедеги инженерлик-коммуникация хызметлерин көрсететуғынлар еркин экономикалық зоналардың қатнасыўшылары болған хожалық жүргизиўши субъектлердиң коммуникацияларға, оларды «Сырдәрья»ЕЭЗдың аймағына шекем белгиленген тәртипте кепилленген жалғаныўын тәмийинлейди.
- Өзбекстан Республикасы Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги, Экономика министрлиги менен биргеликте ҳәр жылы келеси жыллар ушын раўажланыў мәмлекетлик бағдарламаларын қәлиплестириўде белгиленген тәртипте оларға «Сырдәрья» ЕЭЗдың инженерлик-коммуникация, жол-транспорт ҳәм өндирислик инфраструктурасын раўажландырыў бойынша жойбарлар киргизилиўин нәзерде тутсын.
- «Сырдәрья»ЕЭЗ жумысын оператив басқарыў функциясы Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 3-майдағы «Нукус-фарм», «Зомин-фарм», «Косонсой-фарм», «Сырдәрья-фарм», «Бойсун-фарм», «Бўстонлиқ-фарм» ҳәм «Паркент-фарм» еркин экономикалық зоналарын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы ПП-5032-санлы Пәрманына муўапық шөлкемлестирилген «Сырдәрья-фарм» ЕЭЗ дирекциясы» мәмлекетлик унитар кәрханасына жүкленсин ҳәм оның аты «Сырдәрья»ЕЭЗ дирекциясы» мәмлекетлик унитар кәрханасына өзгертилип, хызметкерлериниң саны 3 тен 5 ке көбейтилсин.
- «Жиззақ»ЕЭЗ дирекциясы» мәмлекетлик унитар кәрханасының ҳәм «Жиззақ»ЕЭЗ қатнасыўшыларының Сырдәрья ўәлаяты Сырдәрья районындағы «Жиззақ»ЕЭЗның филиалы бойынша ҳуқық ҳәм ўазыйпалары белгиленген тәртипте «Сырдәрья»ЕЭЗ дирекциясы» мәмлекетлик унитар кәрханасы ҳәм «Сырдәрья»ЕЭЗ қатнасыўшыларына өтетуғыны белгиленсин.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2016-жыл 26-октябрьдеги «еркин экономикалық зоналардың жумысын жеделлестириў ҳәм кеңейтиўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПП-4853-санлы Пәрманының 3-, 4- ҳәм 5-бәнтлери қағыйдалары «Сырдәрья»ЕЭЗ қатнасыўшыларына ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 12-январьдағы «Ургут», «Ғиждувон», «Қўқон» ҳәм «Хозарасп» еркин экономикалық зоналарын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы ПП-4931-санлы Пәрманының 8-бәнти қағыйдалары «Сырдәрья»ЕЭЗ дирекициясына енгизилсин.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2013-жыл 18-марттағы «Жиззақ» арнаўлы индустриаллық зонасын қурыў ҳаққында»ғы ПП-4516-санлы Пәрманына қосымшаға муўапық өзгерислер киргизилсин.
- Өзбекстан Республикасы Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети, Өзбекстан Республикасы Экономика министрлиги, Өзбекстан Республикасы Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў мәмлекетлик комитети, Сырдәрья ўәлаяты Еркин экономикалық зоналар ҳәм киши санаат зоналары ҳәкимшилик кеңеси менен биргеликте:
бир ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққындағы усынысларды Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин;
еки ай мүддетте Сырдәрья ўәлаятының бар минерал-шийки зат ресурсларын инабатқа ала отырып, «Сырдәрья» ЕЭЗ аймағында импорт орнын басатуғын ҳәм экспортқа бағдарланған таяр өнимлерди, материалларды ҳәм комплектлеўши буйымлардың түрлерин ислеп шығарыў кәрханаларын жайластырыў бойынша анық усыныслар – «жол карта»лары ислеп шығылыўын тәмийинлесин.
- Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары-Өзбекстан Республикасы Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитетиниң баслығы С.Р.Холмурадовқа ҳәм Сырдәрья ўәлаятының ҳәкими Ғ.Ғ.Мирзаевқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2018-жыл 12-апрель