Өзбекистан Республикасы Президентиниң қарары

Орынлаў жумысын әмелге асырыўда мал-мүлкти реализациялаў бойынша аукцион саўдаларының нызамлылығын, ашық-айдынлығын ҳәм қалыслығын тәмийинлеў, баҳа манипуляциясына ҳәм басқа да өз мәпине пайдаланыўшылықларға жол қоймаў және олардың алдын алыў, сондай-ақ, суд ҳүжжетлери ҳәм басқа да уйымлардың ҳүжжетлери сөзсиз орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде:

  1. 2017-жыл 1-сентябрьден баслап:

суд ҳүжжетлерин ҳәм басқа да уйымлардың ҳүжжетлерин орынлаўда мал-мүлкти реализациялаў бойынша аукцион саўдалары тек ғана «E-IJRO AUKSION» бирден-бир электрон саўда майданшасында электрон онлайн–аукционлар түринде өткерилетуғыны;

электрон онлайн-аукционлар оларда Интернет тармағы арқалы қатнасыў имканиятын беретуғын ҳәм буйыртпаларды қабыл етиў және жеңимпазды анықлаў тәртип-қағыйдаларына араласыўдан тысқары арнаўлы бағдарламалық өнимнен пайдаланылған ҳалда өткерилетуғыны;

электрон онлайн-аукционлардың өткерилиўи туўралы хабарнама ҳәм лот ҳаққындағы мағлыўмат электрон онлайн-аукционларды шөлкемлестириўге ҳәм өткериўге ўәкилликли оператордың веб-порталында, сондай-ақ, Өзбекистан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Мәжбүрий орынлаў бюросы (кейинги орынларда Бюро деп аталады)  ҳәм оның аймақлық басқармаларының веб-сайтларында аукцион өткериўдиң басланыўына 10 календарь күннен кешиктирместен орналастырылатуғыны;

электрон онлайн-аукционларда қатнасыў электрон санлы қол таңба менен тастыйықланған электрон буйыртпа бериў ҳәм гиреў киргизиў арқалы әмелге асырылатуғыны;

дәслепки электрон онлайн-аукционның баҳасының артып барыў принципи, қайталанғанлары болса баҳаны түсирип барыў принципи бойынша өткерилетуғыны;

мал-мүлк электрон онлайн-аукционға баҳалаў нырқы бойынша қойылатуғыны;

мәмлекетлик орынлаўшылар электрон онлайн-аукционларда сатылмаған мал-мүлкти арзанластырыўға ҳақылы емес екенлиги белгилеп қойылсын.

  1. Өзбекистан Республикасы Бас прокуратурасының Бюро жанындағы «Электрон онлайн-аукционларды шөлкемлестириў орайы» мәмлекетлик унитар кәрханасын (кейинги орынларда Орай деп аталады) шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
  2. Төмендегилер Орайдың тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

суд ҳүжжетлерин ҳәм басқа да уйымлардың ҳүжжетлерин орынлаўда мал-мүлкти реализациялаў бойынша электрон онлайн-аукционларды шөлкемлестириў ҳәм өткериў;

мал-мүлкти электрон онлайн-аукционларда реализациялаўға байланыслы мәселелер бойынша мәлимлеме ҳәм мәсләҳәт хызметлерин көрсетиў;

пуқараларды электрон онлайн-аукционларда қатнасыў тәртиби, сондай-ақ, саўдаға қойылған мал-мүлк ҳаққында кеңнен хабардар етиў;

электрон онлайн-аукционларда қатнасыў ушын электрон санлы қол таңба гилтлериниң сертификатларын бериў;

мал-мүлкти сақлаў, тасыў, сақлап турыў ҳәм саўдаға таярлаў бойынша хызметлер көрсетиў.

  1. Төмендегилер:

Бюро Орайдың шөлкемлестириўшиси (мүлк ийеси) болып есапланатуғыны;

Орай суд ҳүжжетлерин ҳәм басқа да уйымлардың ҳүжжетлерин орынлаўда «E-IJRO AUKSION» бирден-бир электрон саўда майданшасында мал-мүлкти реализациялаў бойынша электрон онлайн-аукционларды шөлкемлестириўге ҳәм өткериўге ўәкилликли оператор болып есапланатуғыны;

Орай өз жумысын әмелге асырыўда Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласында филиаллар шөлкемлестириўге ҳақылы екенлиги;

Орай жумысын қаржыландырыў электрон онлайн-аукционларды шөлкемлестириў ҳәм өткериў, электрон санлы қол таңба гилтлерин бериў хызметлери ушын түсип атырған қаржылар, тийкарғы жумыстан алынған басқа да дәраматлар, сондай-ақ, Мәжбүрий орынлаў бюросын раўажландырыў қоры қаржылары есабынан әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Төмендегилер:

Суд ҳүжжетлерин ҳәм басқа да уйымлардың ҳүжжетлерин орынлаўда мал-мүлкти реализациялаў бойынша электрон онлайн-аукционларды шөлкемлестириў ҳәм өткериў тәртиби ҳаққындағы реже 1-қосымшаға муўапық;

Суд ҳүжжетлерин ҳәм басқа да уйымлардың ҳүжжетлерин орынлаўда мал-мүлкти реализациялаў бойынша электрон онлайн-аукционларды енгизиўге қаратылған илажлар режеси 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

  1. Бюро бир ай мүддетте:

Орайдың Уставын тастыйықласын ҳәм оның белгиленген тәртипте мәмлекетлик дизимнен өткерилиўин тәмийинлесин;

Орайды оның жумысын жоқары ҳәм профессионал дәрежеде нәтийжели шөлкемлестириўге уқыплы болған маман кадрлар менен толықтырсын;

Орайды мебель, компьютер техникасы, байланыс қураллары ҳәм басқа да зәрүрли материаллық-техникалық ресурслар менен тәмийинлесин.

  1. Орай оның материаллық-техникалық базасын раўажландырыў ушын Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен тастыйықланатуғын дизимлер бойынша алып келинетуғын, Өзбекистан Республикасында ислеп шығарылмайтуғын әсбап-үскенелер, компьютер ҳәм сервер техникасы, техника қураллары, бағдарламалық өнимлер ҳәм басқа да материаллық-техникалық ресурслар ушын бажыхана төлемлерин (бажыхана рәсмийлестириўи жыйымларынан тысқары) төлеўден 3 жыл мүддетке азат етилсин.
  2. Өзбекистан Республикасы Әдиллик министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте бир ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер менен қосымшалар ҳаққындағы усынысларды Министрлер Кабинетине киргизсин.
  3. Бюро Өзбекистан Миллий телерадиокомпаниясы ҳәм Миллий мәлимлеме агентлиги менен биргеликте теле ҳәм радиоканалларда, баспа басылымларында, Интернет тармағында, сондай-ақ, басқа да ғалаба хабар қуралларында усы қарар нормаларының мазмун-мәниси электрон онлайн-аукционларда қатнасыў ҳәм оны өткериў нәтийжелерине бола мал-мүлкти реализациялаў мәселелерине айрықша итибар қаратқан ҳалда кеңнен сәўлелениўин шөлкемлестирсин.
  4. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекистан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекистан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик кеңесгөйи О.Б.Муродовқа ҳәм Өзбекистан Республикасының Бас прокуроры И.Б.Абдуллаевқа жүкленсин.

Өзбекистан Республикасы Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2017-жыл 27-июль

***

Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Суд ҳүжжетлерин ҳәм басқа да уйымлардың ҳүжжетлерин орынлаўда малмүлкти реализациялаў тәртипқағыйдаларын түптийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарына  ТҮСИНИК

Суд ҳәкимияты қарарларының сөзсиз орынланыўын тәмийинлеўге, пуқаралардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин исенимли қорғаўға хызмет ететуғын әдил судлаўды енгизиў бойынша әмелге асырылып атырған суд-ҳуқық реформаларының тийкарғы бағдарларынан бири бул – суд қарарларын орынлаўдың нәтийжели системасын жаратыў болып есапланады.

Сол мақсетте елимизде нызамлылықты, әдилликти ҳәм орынлаў жумысын жүргизиўдеги тәреплер ҳәм басқа да қатнасыўшылардың ҳуқықларын тәмийинлеў принциплери тийкарында жумыс алып баратуғын мәжбүрий орынлаў институтларын қәлиплестириў бойынша системалы жумыслар әмелге асырылмақта.

Соның ишинде, Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 29-майдағы Пәрманына тийкарланып Өзбекистан Республикасы Бас прокуратурасы жанында Мәжбүрий орынлаў бюросы (кейинги орынларда Бюро деп аталады) шөлкемлестирилди.

Өзбекистан Республикасы Президенти тәрепинен тастыйықланған Бюроның жумысын нәтийжели шөлкемлестириў бойынша «Жол картасы» белсенди әмелге асырылмақта.

Соның менен бирге, өткерилген талқылаў орынлаў жумысын алып барыўда коррупциялық қәўип-қәтерлерди өз ишине алған, нызамлардың бузылыўына ҳәм пуқаралардың тийкарлы наразылығына себеп болып атырған айырым механизмлер елеге шекем сақланып киятырғанын көрсетти.

Суд қараларын орынлаў шеңберинде шөлкемлестирилип атырған ғалабалық саўдалар заманагөй талапларға жуўап бермейди ҳәм хатланған мал-мүлктиң алды-сатты базарын монополияластырыўға, баҳа бойынша манипуляцияларға ҳәм басқа да коррупцияға байланыслы ҳуқықбузарлықларға шараят жаратқан.

Аукцион өткериў ҳаққындағы хабарнамаларды тек ғана баспа басылымларда басып шығарыўды, аукционларға қатнасыўға жазба түрде жеке берилетуғын арзалар тийкарында қойыўды нәзерде тутатуғын ғалабалық саўдаларды шөлкемлестириўдиң дәстүрий усыллары инсапсыз саўда шөлкемлери тәрепинен потенциаллы қарыйдарлардың аукционда қатнасыўын шеклеў, мал-мүлкти төменги баҳаларда сатыў ушын жасалма аукционларды өткериўге ҳәм басқа да өз мәпине пайдаланыўшылықларға жол ашып берген.

Ҳуқықты қолланыў әмелиятындағы жоқарыда көрсетилген кемшиликлер сатыўға шығарылған мал-мүлктиң бир неше мәртеге арзанластырылыўына, мал-мүлкти сатыў процесслериниң созылып кетиўине алып келген ҳәм соның нәтийжесинде суд қарарларының өз ўақтында ҳәм толық орынланыўына имканият жаратпаған.

Усы мүнәсибет пенен, 2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдарында Ҳәрекетлер стратегиясы талапларының орынланыўы бойынша қабыл етилген Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Суд ҳүжжетлерин ҳәм басқа да уйымлардың ҳүжжетлерин орынлаўда мал-мүлкти реализациялаў тәртип-қағыйдаларын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарында хатланған мал-мүлкти реализациялаў механизмлерин түп-тийкарынан өзгертиў, заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын ҳәм онлайн-саўда усылларын енгизиў арқалы аукцион өткериў тәртиплериниң максимал ашық-айдынлығын тәмийинлеў нәзерде тутылған.

Қарарға муўапық, 2017-жыл 1-сентябрьден баслап хатланған мал-мүлкти сатыў бойынша көпшилик саўдалар тек ғана «E-IJRO AUKSION» электрон саўда майданшасында электрон онлайн-аукционлар түринде өткериледи.

Саўдаларды өткериўдиң жаңа тәртиби пуқаралар ушын электрон онлайн-аукционларда кеңнен қатнасыў ҳәм көшпес мал-мүлк, автотранспорт қураллары ҳәм басқа да мал-мүлкти әдалатлы ҳәм ашық саўдаларда сатып алыў имканиятын тәмийинлейди.

Электрон онлайн-аукционлар Интернет тармағында арзаларды қабыл етиўге ҳәм жеңимпазды анықлаў процесслерине ҳәр қандай араласыўға жол қоймайтуғын арнаўлы бағдарламалық комплекстен пайдаланған ҳалда шөлкемлестириледи ҳәм өткериледи.

Электрон онлайн-аукционларға санлы қол таңба менен тастыйықланған электрон арзаны Интернет тармағы арқалы берген ҳәм мал-мүлк баҳаланған баҳасының 5 проценти муғдарындағы гиреў пулын төлеген шахслар қойылады.

Бунда киргизилген гиреў пуллары жеңимпаз тәрепинен мал-мүлктиң баҳасын төлеўде төлем суммасына қосып есапланады. Аукционда жеңиске ериспеген басқа да қатнасыўшыларға болса, аукцион жуўмақланғаннан соң гиреў пуллары толық қайтарылады, аукцион даўамында өз миннетлемелерин орынламаған қатнасыўшылар буған кирмейди.

Электрон санлы қол таңбаға ийе болмаған қатнасыўшыларға оны Интернет арқалы буйыртпа етиў имканияты жаратылады.

Электрон онлайн-аукционлар ҳәр күни саат 9.00 ден 18.00 ге шекем өткериледи. Қатнасыўшылар онда аралықтан турып, соның ишинде, мобиль бағдарламалық қосымшалардан пайдаланған халда қатнасыўы мүмкин.

Дәслепки аукционлар баҳаны арттырып барыў принципи тийкарында өткерилип, онда лот баҳа бойынша соңғы тастыйықлаған қатнасыўшы жеңимпаз деп табылады. Егер аукционның басланыў ўақтына шекем оған қатнасыўға тек ғана 1 қатнасыўшы тәрепинен арза берилген болса, бул қатнасыўшы мал-мүлкти аукционға қойылған басланғыш баҳада сатып алыў ҳуқықынан пайдаланыўы мүмкин.

Дәслепки аукционлар мал-мүлкке қызығыўшылық болмағанлығы себепли өткерилмеген деп табылғанда, баҳаны түсирип барыў принципи тийкарында қайтадан аукционлар өткериледи. Бундай аукционларда жәрияланған лот баҳасын биринши тастыйықлаған қатнасыўшы жеңимпаз деп табылады.

Электрон онлайн-аукционларда жеңимпазларды анықлаў сырттан араласыўдан тысқары жағдайда автоматик түрде әмелге асырылады. Аукцион жеңимпазы аукционның жуўмақланыўы менен дәрҳал жәрияланып, аукционның нәтийжелери ҳаққындағы баянлама автоматик түрде қәлиплестириледи.

Аукцион жеңимпазы сатып алынған мал-мүлктиң толық баҳасын аукцион жуўмақланған күннен баслап 5 жумыс күни даўамында төлеў ҳуқықына ийе болып, төлеў әмелге асырылғаннан соң оған арнаўлы бланкада рәсмийлестирилген аукционның нәтийжелери ҳаққындағы баянлама тапсырылады ямаса почта арқалы жөнетиледи.

Аукцион нәтийжелери ҳаққындағы баянлама алды-сатты шәртнамасы күшине ийе болып, мал-мүлкке қойылған қәўипти шешиўге, оны жеңимпазға тапсырыўға, сондай-ақ, мал-мүлкти оған болған мүлк ҳуқықын ҳәм басқа да мүлклик ҳуқықларды жеңимпаздың атына дизимге ямаса есапқа қойыўға тийкар болып есапланады.

Буннан тысқары қарар менен Бюро жанында «электрон онлайн аукционларды шөлкемлестириў бойынша орай» мәмлекетлик унитар кәрханасы шөлкемлестирилди  ҳәм ол «E-IJRO AUKSION» бирден-бир электрон саўда майданшасында электрон онлайн-аукционларды шөлкемлестириўге ҳәм өткериўге ўәкилликли оператор болып есапланады.

Орайдың тийкарғы ўазыйпалары етип төмендегилер белгиленди:

суд ҳүжжетлерин ҳәм басқа да уйымлардың ҳүжжетлерин орынлаўда мал-мүлкти реализациялаў бойынша электрон онлайн-аукционларды шөлкемлестириў ҳәм өткериў;

мал-мүлкти электрон онлайн-аукционларда реализациялаў мәселелери бойынша мәлимлеме ҳәм мәсләҳәт хызметлерин көрсетиў;

пуқараларды электрон онлайн-аукционларда қатнасыў тәртиби, сондай-ақ, саўдаға қойылған мал-мүлк ҳаққында кеңнен хабардар етиў;

электрон онлайн-аукционларда қатнасыў ушын электрон санлы қол таңба гилтлериниң сертификатларын бериў;

мал-мүлкти сақлаў, тасыў, сақлап турыў ҳәм саўдаға таярлаў бойынша  хызметлер көрсетиў.

Соның менен бирге қарар менен Суд ҳүжжетлерин ҳәм басқа да уйымлардың ҳүжжетлерин орынлаўда мал-мүлкти реализациялаў бойынша электрон онлайн-аукционларды шөлкемлестириў ҳәм өткериў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланды.

Өзбекистан Республикасы Президенти тәрепинен қабыл етилген қарар суд ҳүжжетлерин ҳәм басқа да уйымлардың ҳүжжетлерин орынлаўда мал-мүлкти реализациялаў базарын монополиядан шығарыў ҳәм оның максималь ашық-айдынлығын тәмийинлеў усы салада баҳа менен байланыслы ҳийлелер ҳәм басқа да коррупцияға байланыслы ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, сондай-ақ, турақ жай ҳәм турақ жай емес көшпес мүлклерди, автотранспорт қураллары ҳәм басқа да түрдеги мал-мүлкти ашық ҳәм әдалатлы көпшилик саўдаларда (электрон онлайн-аукционларда) сатып алыў процесслерине пуқараларды ҳәм исбилерменлик субъектлерин кеңнен тартыўға қаратылған.