Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы
Суд ҳәкимиятының шын мәнисиндеги еркинлигин, пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлериниң исенимли қорғалыўын тәмийинлеў ҳәм әдил судлаўға ерисиў дәрежесин арттырыў суд-ҳуқық системасын реформалаў тараўында мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы үстин бағдарлары болып есапланады.
Өткен дәўир ишинде суд системасының жумыс нәтийжелилигин арттырыў, судьяларды таңлаў ҳәм орны-орнына қойыў тәртибин жетилистириў, ҳәр бир ис бойынша нызамлы, тийкарланған ҳәм әдалатлы суд қарары шығарылыўын тәмийинлеўге қаратылған комплексли илажлар әмелге асырылды.
Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Судьялар жоқары кеңеси дүзилди, суд ҳәкимиятының бирден-бир жоқарғы уйымы – Өзбекстан Республикасы Олий суды, ҳәкимшилик судлар шөлкемлестирилди, сондай-ақ, судьялық лаўазымына мүддетсиз дәўирге тайынлаў (сайлаў) тәртиби енгизилди.
Барлық категориядағы суд ислерин көшпели суд мәжилислеринде көрип шығыў әмелиятының кеңейтилгенлиги халық пенен еркин пикирлесиўди жолға қойыў ҳәм суд ҳәкимиятының ашық-айдынлығын арттырыў жолында көрилген әҳмийетли илаж болды.
Соның менен бирге, суд ҳәкимияты уйымларының жумысын таллаў оларға жүкленген ўазыйпаларды нәтийжели әмелге асырыўға тосқынлық етип атырған бир қатар машқалалар менен кемшиликлердиң бар екенлигин көрсетти.
Атап айтқанда, судлардың жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қураллары менен жумыслары қанаатландырарсыз дәрежеде шөлкемлестирилгени суд жумысын зәрүр дәрежеде сәўлелендириў имканиятын бермей атыр ҳәм халықтың суд ҳәкимиятына исениминиң төменлеўине алып келмекте.
Судьяларды материаллық тәмийинлеў ҳәм социаллық қорғаўдың әмелдеги системасы суд ҳәкимиятының өзине тән дәрежесине ҳәм абырайына, судьялардың еркинлиги принциплерине муўапық емеслиги кәсиплик өсиўди және де хошаметлеўге тосқынлық етип, кадрлардың төменлигине алып келмекте.
Әдил судлаўды әмелге асырыўдың сапасын жақсылаў, физикалық ҳәм юридикалық шахслардың ҳуқықларын, еркинликлерин ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў кепилликлерин күшейтиў мақсетинде, сондай-ақ, 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясына муўапық:
- Өзбекстан Республикасы Олий суды, Судьялар жоқары кеңеси ҳәм Өзбекстан Судьялар ассоциациясының төмендегилер арқалы суд уйымлары жумысының ашық-айдынлығын және де тәмийинлеў, халық пенен еркин пикирлесиўди кеңейтиў ҳәм әдил судлаўды әмелге асырыўда жәмийетшиликтиң ролин күшейтиў ҳаққындағы усыныслары қабыл етилсин:
Өзбекстан Республикасы Олий суды веб-сайтында суд қарарларын системалы түрде жәриялаў тәртибин басқышпа-басқыш енгизиў;
қабыл етилген суд ҳүжжети оқып еситтирилгеннен соң оның мазмун-мәнисин суд процеси қатнасыўшыларына түсиндирилиўин суд әмелиятына енгизиў;
судлардың жумысы ҳаққында жәмийетшиликти ҳәм ғалаба хабар қуралларын хабардар етиў мақсетинде ҳәр шеректе ўәлаятлық судлардың баслықлары ҳәм олардың орынбасарлары тәрепинен брифинглер өткериў;
Өзбекстан Республикасы Олий суды судлаў коллегиялары тәрепинен суд ислерин қадағалаў тәртибинде ўәлаятлық ҳәм оларға теңлестирилген судлар тәрепинен суд ислерин апелляция ҳәм кассация тәртибинде көрип шығыў әмелияты шолыўларын ҳәр шеректе жәриялаў.
- Өзбекстан Республикасы Судьялар жоқары кеңесиниң судьяларды таңлаў ҳәм лаўазымға тайынлаўдың қалыслығына және ашық-айдынлығына исенимди арттырыў мақсетинде ҳәр бир аймақта судьялар корпусын қәлиплестириўге жәрдем беретуғын комиссиялар дүзиў ҳаққындағы усынысы қабыл етилсин.
- Өзбекстан Республикасы Олий суды, Судьялар жоқары кеңеси ҳәм Қаржы министрлигиниң:
судларға мүрәжат етиўде мәмлекетлик бажыларды төлеў бойынша әмелдеги жеңилликлерди ҳәм мәмлекетлик бажылардың ставкаларын қайта көрип шығыў;
Суд ҳәкимияты уйымларын раўажландырыў қорына жынаят ҳәм пуқаралық ислери бойынша судлар, ҳәкимшилик, экономикалық ҳәм әскерий судлар тәрепинен көрип шығылатуғын ислер бойынша мәмлекетлик бажылар ҳәм жәриймалар төлеўден Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетине түсип атырған суммалардың, сондай-ақ, орынлаў ҳүжжетлери бойынша Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетине өндирилген суммалардың, қарыздардың мүлкин сатыў есабынан салық қарыздарлығын өндириў буған кирмейди, 40 проценти муғдарында ажыратпалар белгилеў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.
- Өзбекстан Республикасы Олий суды, төменги судлардың судьялары ҳәм хызметкерлери және Олий суд жанындағы Судлардың жумысын тәмийинлеў департаменти ҳәм оның аймақлық бөлимлери хызметкерлериниң Бирден-бир тариф сеткасы бойынша мийнетке ҳақы төлеў разрядлары 1-5-қосымшаларға муўапық тастыйықлансын.
- 2018-жыл 1-августтан баслап:
Бирден-бир тариф сеткасы бойынша мийнетке ҳақы төлеўдиң тастыйықланған разрядларына бола судлар, Конституциялық суд, Судьялар жоқары кеңеси судьялары ҳәм аппаратларының хызметкерлери, Өзбекстан Республикасы Олий суды жанындағы Судлардың жумысын тәмийинлеў департаменти ҳәм оның аймақлық бөлимлери хызметкерлериниң лаўазым айлығын анықлаўда тариф коэффицентлери бир ярым есе муғдарында қолланылатуғыны;
маманлық ҳәм лаўазым дәрежесине ийе болған судлар, Конституциялық суд, Судьялар жоқары кеңеси судьялары ҳәм аппаратларының хызметкерлери, Өзбекстан Республикасы Олий суды жанындағы Судлардың жумысын тәмийинлеў департаменти ҳәм оның аймақлық бөлимлери хызметкерлерине өзине тән мийнет шараятлары ушын лаўазым айлықларына нызам ҳүжжетлеринде белгиленген хошаметлеўши қосымша ҳақыларды ҳәм үстемелерди есаплаўда лаўазым айлығы қурамына киргизилетуғын 50 процент муғдарында үстеме төленетуғыны;
судлар, Конституциялық суд, Судьялар жоқары кеңеси судьялары ҳәм аппаратларының хызметкерлери, Өзбекстан Республикасы Олий суды жанындағы Судлардың жумысын тәмийинлеў департаменти ҳәм оның аймақлық бөлимлери хызметкерлериниң көп жыллық хызметлери ушын, лаўазым айлықларына (мийнетти хошаметлеў коэффициенти) үстемелер ҳәм маманлық және лаўазым дәрежеси ушын қосымша ҳақы муғдарлары әдиллик уйымлары хызметкерлери ушын белгиленген муғдарларға теңлестирилетуғыны белгилеп қойылсын.
Усы бәнттиң әмел етилиўи мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердеги лаўазымларға белгиленген тәртипте, соның ишинде, усы Пәрман күшке киргенге шекем сайланған ямаса Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарарлары менен тайынланған, сондай-ақ, судьялық маманлық дәрежелерине ийе судьяларға усы мәмлекетлик уйымларда ҳәм шөлкемлерде нәзерде тутылған барлық үстемелерди ҳәм қосымша ҳақыларды сақлап қалған ҳалда енгизиледи.
Усы бәнттиң бесинши абзацында көрсетилген судьялардың мәмлекетлик уйымларда ҳәм шөлкемлерде ислеген ўақты олардың усы уйымлар менен шөлкемлердеги жумыс ислеп басланған пайыттан баслап судьялық стажына киргизиледи.
- Усы Пәрманның 5-бәнтинде нәзерде тутылған илажларды әмелге асырыўға байланыслы қәрежетлер:
судлар, Судьялар жоқары кеңеси судьялары ҳәм аппаратларының хызметкерлери, Өзбекстан Республикасы Олий суды жанындағы Судлардың жумысын тәмийинлеў департаменти ҳәм оның аймақлық бөлимлери хызметкерлери ушын – Суд ҳәкимияты уйымларын раўажландырыў қоры қаржылары есабынан;
судьялардың арасынан сайланған ямаса тайынланған мәмлекетлик уйымлар менен шөлкемлердиң хызметкерлери, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Конституциялық суды судьялары ҳәм хызметкерлери ушын – Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қаржылары есабынан әмелге асырылады.
- Өзбекстан Республикасы Олий суды баслығына Олий суд ҳәм Өзбекстан Республикасы Олий суды жанындағы Судлардың жумысын тәмийинлеў демартаментиниң жоқары маманлықтағы, инталы, хызмет ўазыйпаларын ҳадал ҳәм нәтийжели орынлап атырған судьяларына және хызметкерлерине Суд ҳәкимияты уйымларын раўажландырыў қоры қаржылары есабынан қосымша түрде айлық мийнет ҳақы төлеў фондының 100 процентине шекемги муғдарда үстеме (пул тәмийнаты) төлеў ҳуқықы берилсин.
- Арнаўлы атақ ҳәм дәрежелер болыўы нәзерде тутылған қадағалаўшы, ҳуқық қорғаўшы ҳәм басқа да уйымларда тайынланған (сайланған) судьяларға маманлық дәрежелери нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте 6-қосымшаға муўапық судьялардың маманлық дәрежелериниң басқа уйымлардағы атақларға ҳәм дәрежелерине салыстырмалы түрде есапқа алған ҳалда, лекин ийелеп турылған лаўазым ушын нәзерде тутылғанынан жоқары болмаған ҳалда берилетуғыны белгилеп қойылсын.
- Өзбекстан Республикасы Олий суды еки ай мүддетте:
а) Әдиллик министрлиги ҳәм Қаржы министрлиги менен биргеликте Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине судьялардың өмирин ҳәм денсаўлығын мәмлекет тәрепинен мәжбүрий қамсызландырыў тәртиби, сондай-ақ, олардың пенсия тәмийнаты шәртлери, нормалары ҳәм тәртиби ҳаққындағы режелердиң жойбарларын киргизсин;
б) Орайлық банк пенен биргеликте Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине судьялар ҳәм оларға теңлестирилген шахсларға автомобильлер сатып алыў ушын, Конституциялық суд, Судьялар жоқары кеңеси, Олий суд, төменги судлардың аппаратлары, Өзбекстан Республикасы Олий суды жанындағы Судлардың жумысын тәмийинлеў департаменти ҳәм оның аймақлық бөлимлери хызметкерлерине болса турақ жай сатып алыў ушын жеңилликли кредитлер усыныўды нәзерде тутатуғын усынысларды киргизсин;
в) Судьялар жоқары кеңеси менен биргеликте Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң 2000-жыл 14-декабрьдеги 164-88-санлы қарары менен тастыйықланған Суд, Өзбекстан Республикасы Судьялар жоқары кеңеси, Өзбекстан Республикасы Судьялар жоқары кеңеси жанындағы Әдил судлаў машқалаларын үйрениў изертлеў орайы ҳәм Өзбекстан Республикасы Олий суды жанындағы Судлардың жумысын тәмийинлеў департаменти хызметкерлериниң лаўазым дәрежелери ҳаққындағы режени қайта көрип шығыў бойынша усыныслар ислеп шықсын ҳәм Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасына киргизсин.
- Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги усы Пәрманда нәзерде тутылған илажларды әмелге асырыў ушын зәрүр қаржылар ажыратылыўын тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым ҳүжжетлерине 7-қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.
- Өзбекстан Республикасы Олий суды Судьялар жоқары кеңеси ҳәм Әдиллик министрлиги менен биргеликте бир ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында усыныслар киргизсин.
- Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – қаржы министри Ж.А.Қўчқоровқа, Өзбекстан Республикасы Олий суды баслығы К.Ф.Камиловқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Мәмлекетлик кеңесгөйиниң биринши орынбасары Б.М.Мавлоновқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2018-жыл 13-июль