USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Пийшемби, 21 Ноябрь

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

САЛЫҚ ҲӘКИМШИЛИГИН ТҮП-ТИЙКАРЫНАН ЖЕТИЛИСТИРИЎ, САЛЫҚЛАРДЫҢ ҲӘМ БАСҚА ДА МӘЖБҮРИЙ ТӨЛЕМЛЕРДИҢ ЖЫЙНАЛЫЎ ДӘРЕЖЕСИН АРТТЫРЫЎ ИЛАЖЛАРЫ ҲАҚҚЫНДА

Өзбекистан Республикасы Президентиниң пәрманы

Елимизде исбилерменликти раўажландырыў ҳәм шет ел инвестицияларын тартыў тартыў ушын салық жүгин избе-излик пенен азайтыўды ҳәм қолайлы шараятларды жаратыўды тәмийинлейтуғын салық системасы қәлиплестирилген.

Соның менен бирге, салық ҳәкимшилиги саласында, соның ишинде, салықларды ҳәм басқа да мәжбүрий төлемлерди жыйнаўда, салық салынатуғын базаны кеңейтиўде ҳәм салық төлеўшилердиң ҳуқықый мәдениятын арттырыўда белгили бир машқалалардың бар екени елимиздиң социаллық-экономикалық раўажланыў бағдарламаларын қаржыландырыўдың турақлы дәреклерин тәмийинлеўге унамсыз тәсир етпекте, атап айтқанда:

бириншиден, салық уйымларының жумысына заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизиўдиң жағдайы салық ҳәкимшилигиниң ашық-айдынлығын, салық салыў мәселелеринде мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен бирге ислесиў және қадағалаўдың нәтийжелилигин, сондай-ақ, мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыў имканиятын тәмийинлемей атыр.

Салық төлеўшилердиң, бәринен бурын, исбилерменлик субъектлериниң оларға тиккелей сөйлесиўлерсиз хызмет көрсетиўди тәмийинлейтуғын «салық төлеўшиниң жеке кабинети»нен пайдаланыў мәпдарлығын арттырыў бойынша белсенди жумыс шөлкемлестирилмеген;

екиншиден, салық уйымларының шөлкемлестириўшилик-штат структурасы салық салыў объектлерин толық қамтып алыў ҳәм салық салынатуғын базаны кеңейтиў, сондай-ақ, салық ҳәм басқа да мәжбүрий төлемлерди өз ўақтында жыйнаў ушын бар ресурсларды жумсаў имканиятын бермей атыр;

үшиншиден, салыққа байланыслы ҳуқықый қатнасықлардың жағдайын ҳәм раўажланыў тенденцияларын талқылаў, салық сиясатының орта мүддетли және перспективалы бағдарларын ислеп шығыўды, салық салыўдың әҳмийетли машқалаларын изертлеўди, сондай-ақ, бюджетке салық түсимлерин исенимли болжаў жумысын жетилистириўди талап етпекте;

төртиншиден, салық қадағалаўын шөлкемлестириў механизмлериниң толық емеслиги, соның ишинде, салық тексериўи объектлериниң зәрүр талқылаўсыз белгилениўи салыққа байланыслы ҳуқықбузарлықларды анықлаў ҳәм оларды ерте профилактикалаў нәтийжелилигин төменлетпекте;

бесиншиден,  салық келиспеўшиликлерин судқа шекем шешиў – салық апелляциясы институты имканиятларынан жетерли дәрежеде пайдаланылмай атырғаны салық төлеўшилердиң суд уйымларына мүрәжатларының көбейиўине алып келмекте;

алтыншыдан, салық салыў системасының қурамалылығы ҳәм бир түрдеги салық салыў базасына ийе салықлардың жетерли дәрежеде унификацияланбағанлығы, салық нызамшылығының өзгериўшеңлиги салық төлеўшилер тәрепинен өз салық миннетлемелерин толық орынлаў имканиятын бермей атыр;

жетиншиден, салық уйымларының Мәмлекетлик бюджетке түсимлердиң толықлығын тәмийинлеў жумысы үстинен сыртқы қадағалаў механизмлериниң жоқлығы салық салынатуғын базаны кеңейтиў, салықлардың жыйналыўын арттырыў ҳәм салық төлеўшилерди есапқа алыў имканиятын бермей атыр;

сегизиншиден, салық төлеўшилердиң салықларды төлеў бойынша өзиниң конституциялық миннетин ықтиярлы түрде орынлаўын тәмийинлеўге қаратылған ҳуқықый мәдениятын арттырыў бойынша, әсиресе, орынларда әмелге асырылып атырған жумысларды  жетилистириў талап етиледи;

тоғызыншыдан,  базарлар менен саўда комплекслериниң жумысы үстинен нәтийжели салық қадағалаўының орнатылмағаны жергиликли бюджетлерди толықтырыў ушын бар резервлерди толық жумсаўды, сондай-ақ, нақ пул қаржыларының кепилликли қайтыўын тәмийинлемей атыр;

оныншыдан, салықлар ҳәм басқа да мәжбүрий төлемлерди жыйнаў көрсеткишлерин жақсылаў, коррупциялық көринислерди профилактикалаў, сондай-ақ, салық уйымларында хызмет етиўге ҳадал және жоқары маманлықтағы кадрларды тартыў мақсетинде мәмлекетлик салық хызмети уйымлары хызметкерлерин материаллық хошаметлеў механизмлерин жетилистириў талап етиледи.

2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясындағы салық салыў системасын избе-излик пенен әпиўайыластырыў, салық салынатуғын базаны кеңейтиў арқалы салық жүгин азайтыў сыяқлы ўазыйпалардың орынланыўы бойынша, сондай-ақ, салық ҳәкимшилигиниң заманагөй усылларын енгизиў, салықлар ҳәм басқа да мәжбүрий төлемлердиң жыйналыўын арттырыў мақсетинде:

  1. Төмендегилер Өзбекистан Республикасы мәмлекетлик салық хызмети уйымлары системасын реформалаўдың әҳмийетли бағдарлары болып есаплансын:

бириншиден, салық ҳәкимшилиги процесине заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын ҳәм алдынғы автоматластырылған талқылаў усылларын кеңнен енгизиў, салық төлеўшилерге, бәринен бурын, исбилерменлик субъектлерине тиккелей сөйлесиўлерсиз электрон хызмет көрсетиўге толық өтиў;

екиншиден, салық салыў объектлериниң ҳәм салық салынатуғын базаның өз ўақтында және исенимли есапқа алыныўын тәмийинлеў, ўәкилликли уйымлар менен шөлкемлердеги лаўазымлы шахслардың салық салыў мәселелерине байланыслы болған исенимли мәлимлемени өз мүддетинде усыныў бойынша жуўапкершилигин күшейтиў;

үшиншиден, салық миннетлемелерин орынлаўда салық төлеўшилерге ҳәр тәреплеме көмеклесиў, салыққа байланыслы ҳуқықбузарлықлар профилактикасының тәсиршең механизмлерин ислеп шығыў ҳәм салық төлеўшилердиң ҳуқықый мәдениятын арттырыў, салық қадағалаўын әмелге асырыўдың заманагөй усылларын енгизиў;

төртиншиден, макроэкономикалық көрсеткишлердиң динамикасы менен аймақлардың салық потенциалын системалы талқылаў арқалы салық салыў объектлерин толық қамтып алыўды тәмийинлеў ҳәм салық салынатуғын базаны кеңейтиў бойынша нәтийжели илажларды әмелге асырыў;

бесиншиден,  жумыс ислемей атырған кәрханалардың жумысын тиклеўге ҳәр тәреплеме көмеклесиў, төмен рентабельли ҳәм зыян көрип ислеп атырған кәрханалардың қаржылық жағдайын жақсылаў, өз-ара есап-санақлар механизмлерин беккемлеў, салық қарзының артыўына жол қоймаў арқалы салық салынатуғын базаны кеңейтиў;

алтыншыдан,  салық салыў мәселелеринде, соның ишинде, республикалық ҳәм жергиликли бюджетлердиң дәраматларын арттырыўдың қосымша резервлерин анықлаў арқалы қаржы уйымлары, мәпдар министрликлер менен ведомстволар, сондай-ақ, жергиликли ҳәкимият уйымлары менен бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў;

жетиншиден,  кадрларды таңлаў ҳәм орны-орнына қойыў, салық уйымларын руўхый әдеп-икрамлылық жақтан жоқары маман кадрлар менен толықтырыў бойынша системалы жумысларды әмелге асырыў, сондай-ақ, хызметкерлер арасында ҳуқықбузарлықлардың профилактикасын тәмийинлеў ҳәм олар ушын хызметти өтеўдиң мүнәсип шараятларын жаратыў.

  1. Төмендегилер, 2018-жыл 1-январьдан:

салық уйымлары ҳәм ҳақ нийетли салық төлеўшилер арасында оларға салық салыў мәселелерин шешиўде ҳәр тәреплеме көмеклескен ҳалда кеңейтилген мәлимлеме алмасыўын нәзерде тутатуғын салық қадағалаўының заманагөй түри – салық моиторинги енгизилетуғыны;

ири салық төлеўшилер бойынша салық ҳәкимшилигиниң функциялары Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы мәмлекетлик салық басқармалары тәрепинен әмелге асырылатуғыны;

ўақтыншалық қаржылық қыйыншылықларға дус келген ҳақ нийетли салық төлеўшилер – хожалық жүргизиўши субъктлерге нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте салық дем алыслары берилиўи мүмкин екенлиги;

өткерилген камераллық қадағалаў нәтийжелери бойынша анықланған айырмашылық бойынша салық төлеўшилер тәрепинен тийкарлар усыныс етилмегенде, салықлар менен басқа да мәжбүрий төлемлердиң суммаларын суд тәртибинде өндириўдиң енгизилетуғыны;

зыят төленген салықларды ҳәм басқа да мәжбүрий төлемлерди қайтарыў ямаса есапқа алыў салық төлеўши ўәкилликли уйымларға мүрәжат еткен сәнеден баслап 15 жумыс күни ишинде әмелге асырылатуғыны;

мәмлекетлик салық хызмети уйымларына кирис ҳүжжетлерин рәсмийлестирмей товарларды (жумысларды, хызметлерди) реализациялайтуғын хожалық жүргизиўши субъектлердиң есап бетлери бойынша операцияларын 5 банк күнине шекемги болған мүддетте ўақтынша тоқтатып турыў ўәкиллиги берилетуғыны;

Ташкент, Нөкис қалаларында ҳәм ўәлаят орайларында салық уйымларына есап-санақлар туўралы мағлыўматлардың онлайн режимде берилиўин тәмийинлейтуғын қадағалаў-касса машиналарын қолланыў арқалы нақ пул түсими үстинен автоматластырылған қадағалаў системасының енгизилетуғыны, республиканың қалған аймақларында усы система басқышпа-басқыш киргизилетуғыны;

салық тексериўи объектлерин нәтийжели таңлап алыў ушын салыққа байланыслы ҳуқықбузарлықларды ислеў қәўиплерин талқылаў, сондай-ақ, салық уйымлары тәрепинен жоқары ликвидли өнимлер ҳақыйқый өндирис көлеминиң турақлы есабын және қадағалаўын әмелге асырыў бойынша қәнигелестирилген ҳәм автоматластырылған системаның енгизилетуғыны;

мәмлекетлик салық хызмети уйымларының хожалық жүргизиўши субъектлердеги хызметкерлердиң есап бериўдеги ҳәм ҳақыйқый санының муўапықлығы үстинен системалы мониторингти әмелге асыратуғыны, нәтийжеси бойынша салық салынатуғын базаны айқынластыратуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Мәмлекетлик салық хызмети уйымларының штатлар санын қысқартыў есабынан шекленген штат саны 41 ден ибарат болған Өзбекистан Республикасы Есап-санақ палатасының структурасында Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик бюджетине түсимлердиң толықлығын қадағалаў инспекциясы шөлкемлестирилсин, оған төмендеги тийкарғы ўазыйпалар жүкленсин:

салық салыў системасын, салық ҳәм бажыхана ҳәкимшилигин талқылаў және баҳалаў тийкарында бюджет дәраматларын көбейтиў резервлерин анықлаў ҳәм олардың жумсалыўын тәмийинлеў;

салықлардың түрлерин ҳәм аймақлар кесиминде салық ҳәм бажыхана төлемлериниң жыйналыў дәрежесин системалы түрде талқылаў, оның тармақлар менен аймақлар кесиминде төменлеўине тәсир ететуғын факторларды ҳәм олардың ақыбетлерин анықлаў;

аймақлардың өзине тән өзгешеликлерин ҳәм салық төлеў потенциалын есапқа ала отырып, Мәмлекетлик бюджет дәраматлары болжаў көрсеткишлериниң қалыслығы менен тийкарлылығын баҳалаў;

салық салыў объектлерин ҳәм салық салынатуғын базаны толық қамтып алыў үстинен қатаң қадағалаў орнатыў, мәнзилли бағдарлар менен қадағалаў бағдарламаларын, соның ишинде, салық ҳәм басқа да қаржы уйымларының мәлимлеме системаларының мағлыўматларын талқылаў және мониторинг етиў тийкарында қәлиплестириў;

мәмлекетлик уйымлар менен шөлкемлердиң салықлар ҳәм басқа да мәжбүрий төлемлерди есаплаў ушын пайдаланылатуғын мағлыўматлар базаларының исенимлилигин баҳалаў;

дәраматлардың болжаўын сапалы қәлиплестириў ҳәм орынлаў, салық салынатуғын базаны кеңейтиў, салықлардың жыйналыўын ҳәм салық төлеўшилердиң есап бериўиниң толықлығын тәмийинлеўде қаржы ҳәм салық уйымларының жуўапкершилигин арттырыў және оларға ҳәр тәреплеме көмеклесиў илажларын көриў.

  1. Мәмлекетлик салық хызмети уйымлары жумысының ҳәм салық ҳәкимшилигиниң нәтийжелилигин арттырыў бойынша илажлар бағдарламасы (кейинги орынларда – Бағдарлама деп аталады) 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Бағдарламада көрсетилген министрликлер менен ведомстволардың басшылары онда нәзерде тутылған илажлардың өз ўақтында ҳәм нәтийжели әмелге асырылыўы ушын жеке жуўапкер екени белгилеп қойылсын.

  1. Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик салық комитетиниң структурасында:

Базарлар менен саўда комплекслериниң жумысын қадағалаў бас басқармасын және Усақлап сатыў ҳәм хызмет көрсетиў саласында нақ шет ел валюта айланысына жол қоймаў үстинен қадағалаўды, қысқа мүддетли тексериўлерди шөлкемлестириў бойынша арнаўлы басқарма тийкарында Усақлап сатыў ҳәм хызмет көрсетиў саласында ҳуқықбузарлықларды профилактикалаў бас басқармасы;

Мәлимлеме-талқылаў бас басқармасының Техникалық басқармасы тийкарында Мәлимлеме-коммуникация технологиялары бас басқармасы шөлкемлестирилсин.

  1. Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик салық комитетиниң структурасында:

Мәлимлеме-талқылаў бас басқармасы Талқылаў ҳәм болжаў бас басқармасына;

Салық салыў методологиясы басқармасы Методология ҳәм салық уйымларын модернизациялаў басқармасына;

Мәлимлеме хызмети Жәмийетшилик пенен байланыслар ҳәм ҳуқықый мәлимлеме бөлимине;

Юридикалық бөлим Юридикалық басқармаға айландырылсын ҳәм оның қурамында Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы мәмлекетлик салық басқармаларында тийисли бөлимлери (секторлары) болған салық келиспеўшиликлерин судқа шекем шешиў бөлими шөлкемлестирилсин.

  1. Салық уйымларының жумысына заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизиў ушын жуўапкер болған Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети баслығының орынбасары – Мәлимлеме-коммуникация технологиялары бас басқармасының баслығы лаўазымы енгизилсин.
  2. Усы пәрманның 5-7-бәнтлеринде нәзерде тутылған Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик салық комитетиниң жаңа структураларын шөлкемлестириў ҳәм әмелдеги структуралық қурамларын өзгертиў, сондай-ақ, Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети баслығының орынбасары жаңа лаўазымын енгизиў мәмлекетлик салық хызмети уйымларындағы тийкарғы хызметкерлердиң белгиленген штатлар саны шеңберинде әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын.
  3. Салық нызамшылығы менен салық ҳәкимшилигин буннан былай да жетилистириў бойынша Жумысшы комиссия 2-қосымшаға муўапық қурамда дүзилсин.

Жумысшы комиссия (Ж.Қўчқаров) Министрлер Кабинетине төмендегилерди нәзерде тутатуғын нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарын Бағдарламада белгиленген мүддетлерде киргизсин:

салық ҳәкимшилигин ҳәм қадағалаўын шөлкемлестириў тәртиби менен методологиясын түп-тийкарынан жетилистириўди;

хожалық жүргизиўши субъектлердиң ҳәм физикалық шахслардың салық жүгин және де азайтыўды;

хожалық жүргизиўши субъектлерди «ири салық төлеўшилер» категориясына киргизиў өлшемлерин белгилеўди;

бир түрдеги салық салыў объектлерине ийе болған салықларды ҳәм басқа да мәжбүрий төлемлерди бирлестириўди;

салық салыўдың әпиўайыластырылған тәртибин қолланыў ушын қосымша өлшем (обороттың шекленген муғдары) енгизиўди ҳәм сол муғдар асқан кәрханаға, киши исбилерменлик субъекти статусын сақлап қалған ҳалда, қосымша салық миннетлемелерин белгилеўди;

барыўы қыйын болған ҳәм таўлы районларда жумысын әмелге асыратуғын, сондай-ақ, дийқан базарларында аўыл хожалығы өнимлерин реализация ететуғын жеке тәртиптеги исбилерменлер ушын қатаң белгиленген салық ставкаларын оптималластырыўды;

алкоголь өнимлеринен ҳәм қымбат баҳалы металлар және қымбат баҳалы таслардан таярланған буйымларды усақлап сатыў ҳуқықы ушын жыйымның аймақлар бойынша дифференцияластырылған ставкаларды;

ҳақ нийетли, соның ишинде, жумыс орынларын ҳәм мийнетке ҳақы төлеў фондын легалластыратуғын салық төлеўшилерди хошаметлеў илажларын енгизиўди;

Интернет тармағында саўда ҳәм хызметлер көрсетиў саласында салық қадағалаўын әмелге асырыў механизмлерин енгизиўди;

мәмлекетлик салық хызмети уйымлары хызметкерлерин метариаллық хошаметлеў механизмлерин жетилистириўди;

Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети Салық академиясының жумысын буннан былай да жетилистириўди.

  1. Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети Мәлимлеме технологияларын ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги, басқа да мәпдар министликлер ҳәм ведомостволар менен биргеликте 2018-жылдың 1-январына шекем:

салық төлеўшилерге мәмлекетлик салық хызмети уйымларының барлық мәмлекетлик хызметлерден, соның ишинде, Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы электрон пайдаланыў имканиятын тәмийинлесин;

салық салынатуғын базаны кеңейтиў ҳәм салық қадағалаўын жетилистириў мақсетинде салық уйымларының Бирден-бир интеграцияластырылған мәлимлеме ресурс базасына усынылатуғын мәлимлемениң мазмунын сын көз-қарастан қайта көрип шықсын;

барлық мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар, соның ишинде, «Жергеодезкадастр» мәмлекетлик комитети, статистика, әдиллик, прокуратура уйымлары, судлар, «Өзбекэнерго» АЖ ҳәм «Өзтрансгаз» АК кәрханаларының салық уйымларының Бирден-бир интеграцияластырылған мәлимлеме ресурс базасына интеграцияланыўын тәмийинлесин;

исбилерменлик субъектлерин электрон санлы қол таңба менен толық тәмийинлеў бойынша комплексли илажларды әмелге асырсын.

  1. Өзбекистан Республикасы Есап-санақ палатасы Мәмлекетлик салық комитети ҳәм Мәлимлеме технологияларын ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги менен биргеликте үш ай мүддетте мәмлекетлик салық уйымларының салықлар және басқа да мәжбүрий төлемлерди есаплаў ушын пайдаланылатуғын мағлыўматлар базасының исенимлилигин аудиттен өткерсин.
  2. 2018-жыл 1-январьдан баслап мәмлекетлик салық хызмети уйымларының хызметкерлерине Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2012-жыл 31-октябрьдеги 312-санлы қарарының әмел етилиўи енгизилсин.
  3. 2021-жыл 1-январьға шекем Өзбекистан Республикасында ислеп шығарылмайтуғын ҳәм Бағдарламаны әмелге асырыў шеңберинде белгиленген тәртипте тастыйықланатуғын дизим бойынша алып келинетуғын үскене, бағдарламалық және материаллық-техникалық қураллар бажыхана төлемлерин (бажыхана рәсмийлестириўлери ушын жыйымлардан тысқары) төлеўден азат етилсин.
  4. Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети, Есап-санақ палатасы басқа да мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте:

еки ҳәпте мүддетте Өзбекистан Республикасы мәмлекетлик салық хызмети уйымларының ҳәм Есап-санақ палатасының жумысын буннан былай да жетилистириў бойынша шөлкемлестириўшилик илажларды нәзерде тутатуғын Өзбекистан Республикасы Президентиниң қарарлары жойбарларын;

бир ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер менен қосымшалар ҳаққында усыныслар киргизсин.

  1. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекистан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекистан Республикасы Президентиниң мәмлекетлик кеңесгөйлери В.А.Голишев ҳәм О.Б.Муродовқа жүкленсин.

Өзбекистан Республикасы

Президенти                                    Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2017-жыл 18-июль

***

Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Салық ҳәкимшилигин түп-тийкарынан жетилистириў, салықлардың ҳәм басқа да мәжбүрий төлемлердиң жыйналыў дәрежесин арттырыў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманына

ТҮСИНИК

Заманагөй талапларға жуўап беретуғын салық системасы – экономиканы жедел раўажландырыў, исбилерменлик жумысы ушын қолайлы шараятлар жаратыў, инвестициялық орталықты жақсылаў, өндиристи ҳәм хызметлер көрсетиўди кеңейтиўдиң тийкарғы шәртлеринен бири болып есапланады.

2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында салық салыў базасын кеңейтиў арқалы салық ҳәкимшилигин әпиўайыластырыў ҳәм салық жүгин азайтыў мәселелери айрықша орын ийелейди.

Өткен дәўир ишинде исбилерменлик субъеклеринде тексериўлерди қысқартыў ҳәм олардың жумысына тийкарсыз араласыўларды сапластырыў бойынша зәрүр илажлар көрилди. Исбилерменлик субъектлериниң жумысын режеден тысқары ҳәм альтернатив тексериў тәртиплери бийкарланды, есаплардың түри және усыныў мүддетлери әпиўайыластырылды.

Соның менен бирге, салық ҳәкимшилигин әмелге асырыўда бир қатар машқалалардың бар екенлиги себепли Пәрман менен мәмлекетлик салық хызмети уйымлары системасын реформалаўдың төмендеги әҳмийетли бағдарлары белгиленди:

салық ҳәкимшилиги процесине заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын ҳәм алдынғы автоматластырылған талқылаў усылларын кеңнен енгизиў, салық төлеўшилерге, бәринен бурын, исбилерменлик субъектлерине тиккелей сөйлесиўлерсиз электрон хызмет көрсетиўге толық өтиў;

салық салыў объектлериниң ҳәм салық салынатуғын базаның өз ўақтында және исенимли есапқа алыныўын тәмийинлеў, ўәкилликли уйымлардағы ҳәм шөлкемлердеги лаўазымлы шахслардың салық салыў мәселелерине байланыслы болған исенимли мәлимлемесин өз мүддетинде усыныў бойынша жуўапкершилигин арттырыў;

салық миннетлемелерин орынлаўда салық төлеўшилерге ҳәр тәреплеме көмеклесиў, салыққа байланыслы ҳуқықбузарлықлар профилактикасының тәсиршең механизмлерин ислеп шығыў ҳәм салық төлеўшилердиң ҳуқықый мәдениятын арттырыў, салық қадағалаўын әмелге асырыўдың заманагөй усылларын енгизиў;

макроэкономикалық көрсеткишлер динамикасын ҳәм аймақлардың салық потенциалын системалы талқылаў арқалы салық салыў объектлерин толық қамтып алыў және салық салынатуғын базаны кеңейтиўди тәмийинлеў бойынша нәтийжели илажларды әмелге асырыў;

жумыс ислемей атырған кәрханалардың жумысын тиклеўге ҳәр тәреплеме көмеклесиў, төмен рентабельли ҳәм зыян менен ислеп атырған кәрханалардың қаржылық жағдайын жақсылаў, өз-ара есап-санақлар механизмлерин беккемлеў, салық қарызының артыўына жол қоймаў арқалы салық салынатуғын базаны кеңейтиў;

салық салыў мәселелери, соның ишинде, республикалық ҳәм жергиликли бюджетлер дәраматларын арттырыўдың қосымша резервлерин анықлаў арқалы қаржы уйымлары, мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар, сондай-ақ, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары менен бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў;

кадрларды таңлаў ҳәм орны-орнына қойыў, салық уйымларын жоқары руўхый әдеп-икрамлылық сыпатларына ийе маман хызметкерлер менен толықтырыў бойынша системалы жумысларды әмелге асырыў, сондай-ақ, хызметкерлер арасында ҳуқықбузарлықлар профилактикасын тәмийинлеў ҳәм олар ушын хызметти өтеўдиң мүнәсип шараятларын жаратыў.

Пәрман менен салық уйымлары ҳәм ҳақ нийетли салық төлеўшилер арасында оларға ағымдағы салық салыў мәселелерин шешиўде ҳәр тәреплеме жәрдем берген ҳалда, кеңейтилген мәлимлеме алмасыўын нәзерде тутатуғын салық қадағалаўының заманагөй түри – салық мониторинги енгизилмекте.

Алдынғы шет ел тәжирийбесин есапқа алған ҳалда, ири хожалық жүргизиўши субъектлерге өз ўақтында және нәтийжели хызмет көрсетиў мақсетинде олар бойынша салық ҳәкимшилиги функциялары Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы мәмлекетлик салық басқармаларына жүкленбекте.

Ўақтыншалық қаржылай қыйыншылықларға дус келген ҳақ нийетли салық төлеўшилер – хожалық жүргизиўши субъектлерге салық дем алысларын бериў тәризиндеги мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўдың жаңа түри нәзерде тутылмақта. Сондай-ақ, салық төлеўши тәрепинен зыят төленген салықларды ҳәм басқа да мәжбүрий төлемлерди қайтарыў ямаса есапқа алыў мүддети еки есеге қысқартылмақта.

Салық қадағалыўының тиккелей сөйлесиўлерсиз түрлериниң нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде камераллық қадағалаў нәтийжелери бойынша анықланған айырмашылықлар бойынша салық төлеўшилер тәрепинен тийкарлар усынылмаған жағдайда, салықлар ҳәм басқа да мәжбүрий төлемлердиң суммаларын суд тәртибинде өндириў енгизилмекте.

Буннан тысқары, хожалық жүргизиўши субъектлер арасында «саламат бәсеки»ни тәмийинлеў ҳәм «жасырын бизнес» жүргизиўди сапластырыў мақсетинде;

Мәмлекетлик салық хызмети уйымларына кирис ҳүжжетлерин рәсмийлестирмей товарларды (жумысларды, хызметлерди) реализациялайтуғын хожалық жүргизиўши субъектлердиң есап бетлери бойынша операцияларды 5 банк күнине шекемги мүддетке ўақтынша тоқтатып турыў ўәкиллиги берилмекте;

салық уйымларына есап-санақлар ҳаққындағы мағлыўматлардың онлайн режиминде берилиўин тәмийинлейтуғын қадағалаў-касса машиналарын қолланыў арқалы нақ пул түсими үстинен автоматластырылған қадағалаў системасы енгизилмекте.

Соның менен бир қатарда, реал жумыс орынларын легалластырыў ушын мәмлекетлик салық хызмети уйымларына хожалық жүргизиўши субъектлердеги хызметкерлердиң есабындағы ҳәм ҳақыйқый санының муўапықлығы үстинен системалы мониторингти әмелге асырыў ўазыйпалары жүкленбекте.

Пәрман менен Өзбекистан Республикасы Есап-санақ палатасы структурасында Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик бюджетине түсимлердиң толықлығын қадағалаў инспекциясы шөлкемлестирилип, оның жумысы бюджет дәраматларын көбейтиў резервлерин анықлаў ҳәм олардың жумсалыўын тәмийинлеў, салық ҳәм бажыхана төлемлериниң жыйналыў дәрежесин системалы талқылаў, Мәмлекетлик бюджет дәраматларының болжаў көрсеткишлериниң қалыслығын және тийкарлы екенлигин баҳалаў, салық салыў объектлерин ҳәм салық салынатуғын базаны толық қамтып алыў үстинен қадағлаўды әмелге асырыўға бағдарланады.

Салық уйымларының жумысына заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологиялары енгизилиўин муўапықластырыў ҳәм салық төлеўшилерге интерактив мәмлекетлик хызметлерди усыныў әмелиятын кеңейтиў ушын жуўапкер болған Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети баслығының орынбасары лаўазымы енгизилмекте.

Буннан тысқары, Пәрман менен 37 бәнттен ибарат Мәмлекетлик салық хызмети уйымлары жумысын ҳәм салық ҳәкимшилигиниң нәтийжелилигин арттырыў бойынша илажлар бағдарламасы тастыйықланды.

Нәзерде тутылған илажларды өз ўақтында ҳәм нәтийжели әмелге асырыў мақсетинде Салық нызамшылығын ҳәм салық ҳәкимшилигин буннан былай да жетилистириў бойынша Жумысшы комиссия шөлкемлестирилди. Бул комиссияға, соның ишинде, төмендегилерди нәзерде тутатуғын нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарларын ислеп шығыў ўазыйпалары жүкленди:

салық ҳәкимшилигин ҳәм қадағалаўын шөлкемлестириў тәртиби менен методологиясын түп-тийкарынан жетилистириў;

салық жүгин және де азайтыў, бир түрдеги салық салыў объектлерине ийе болған салықларды ҳәм басқа да мәжбүрий төлемлерди бирлестириў;

салық салыўдың әпиўайыластырылған тәртибин қолланыў ушын қосымша өлшем (обороттың шекленген муғдары) енгизиўди ҳәм сол муғдар асқан кәрханаға, киши исбилерменлик субъекти статусын сақлап қалған ҳалда, қосымша салық миннетлемелерин белгилеў;

айырым жеке тәртиптеги исбилерменлер ушын қатаң белгиленген салық ставкаларын оптималластырыў;

ҳақ нийетли, соның ишинде, жумыс орынларын ҳәм мийнетке ҳақы төлеў фондын легалластыратуғын салық төлеўшилерди хошаметлеў илажларын енгизиў.

Пәрманға муўапық, 2018-жылдың 1-январына шекем исбилерменлик субъектлерин электрон санлы қолтаңба менен, сондай-ақ, салық төлеўшилерге салық уйымларының барлық мәмлекетлик хызметлеринен пайдаланыў имканиятын толық тәмийинлеў бойынша комплексли илажлар әмелге асырылады.

Пәрман қағыйдаларының әмелге асырылыўы салық ҳәкимшилигин түп-тийкарынан жетилистириўге хызмет етеди, оның ашық-айдынлығын тәмийинлейди, бул болса, елимиз экономикасының турақлы раўажланыўында өз көринисин табатуғынына гүман жоқ.