Өзбекистан Республикасы Президентиниң қарары

Ғәрезсизлик жылларында елимизде жәмийетлик турмыстың руўхый-ағартыўшылық тийкарларын беккемлеў, миллий ғәрезсизлик идеясының тийкарғы түсиниклери менен принциплерин турмысқа енгизиў, жерлеслеримиздиң, әсиресе, жас әўладтың жүрегинде Ўатанымыздың тәғдири менен келешеги ушын жуўапкершилик сезимин арттырыў, жат идеяларға қарсы идеологиялық иммунитетти күшейтиўге бағдарланған үгит-нәсиятлаў системасы қәлиплести. Бул процессте Республикалық Руўхый үгит-нәсият орайы, оның орынлардағы структуралары және Миллий идея ҳәм идеология илимий-әмелий орайы тәрепинен белгили бир жумыслардың әмелге асырылғанын атап өтиў орынлы.

Бүгинги күнде дүньяда глобалласыў процесслери күшейип, тынышлыққа ҳәм турақлылыққа қарсы жаңа қәўип-қәтерлер барған сайын көбейип бармақта. Бундай қыйын ҳәм қурамалы жағдай салада әмелге асырылған жумысларды сын көз-қарастан баҳалап, оның жумысын заман талаплары тийкарында жеилистириўди талап етпекте.

Атап айтқанда, шаңарақ, мәҳәлле ҳәм билимлендириў мәкемелеринде жаслардың тәрбиясы, шетки аймақлар менен мәҳәллелерде жәмлеспеген жаслар менен мақсетли идеялық-тәрбиялық жумыслардың жасалма түрде алып барылып атырғаны, жынаятшылық, диний экстремизм ҳәм террористлик ҳәрекетлерге адасып қосылып қалыў, миллий қәдриятларға итибарсызлық, ерте неке қурыў, шаңарақлық ажырасыўлар сыяқлы унамсыз жағдайлардың алдын алыўға қаратылған үгит-нәсият жумысларының көпшилик жағдайларда күтилген нәтийжени бермей атырғаны бул мәселелерге қатаң түрдеги итибарды талап етпекте.

Елимизде қабыл етилген 2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын буннан былай да раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында бәринен бурын, мәмлекетлик басқарыў уйымлары төменги буўынларының жумысын түп-тийкарынан жақсылаў, олардың халық пенен пикирлесиўин тәмийинлеў, бул бағдарда нәтийжели жәмийетлик бирге ислесиў механизмин беккемлеў тийкарғы ўазыйпа сыпатында белгилеп қойылған.

Әне, усы мақсетлер менен ўазыйпалардан келип шыққан ҳалда, руўхый-ағартыўшылық үгит-нәсият жумысларының мазмунын түп-тийкарынан жақсылаў, олардың көлемин кеңейтиў, системада жумыс ислеп атырған сала хызметкерлериниң билими менен маманлығын избе-из арттырып барыў, район (қала) дәрежесиндеги хызметкерлердиң мийнетине ҳақы төлеўдиң турақлы системасын жолға қойыў, салада жумыс ислеп атырған мәкеме ҳәм шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў ҳәм олардың нәтийжесин арттырыў мақсетинде:

  1. Республикалық Руўхый ҳәм ағартыўшылық кеңесиниң Республикалық Руўхый үгит-нәсият орайы ҳәм Миллий идея ҳәм идеология илимий-әмелий орайын бирлестириў жолы арқалы олардың негизинде Республикалық үгит-нәсият орайы(кейинги орынларда – орай деп аталады) қайта шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
  2. Орайдың жумысын шөлкемлестириўде төмендеги тийкарғы ўазыйпаларға айрықша итибар қаратылсын:

елимизде әмелге асырылып атырған социаллық-экономикалық реформалар, қабыл етилип атырған нызам ҳүжжетлери, мәмлекетлик бағдарламалардың мазмун-мәнисин халықтың кең қатламларына жеткериўге қаратылған үгит-нәсиятлаў жумысларын системалы ҳәм избе-из әмелге асырыў, бул бағдарда кең жәмийетшиликтен, илимпазлардан, қәнигелерден, дөретиўши зыялылардан ибарат «Маърифат» үгит-нәсиятлаўшылар жәмийетин қәлипестириў ҳәм оның жумысын турақлы түрде жолға қойыў;

дүньяда жүз берип атырған қыйын геосиясий ҳәм идеялық-идеологиялық процесслердиң мазмун-мәнисин ҳәр тәреплеме терең сәўлелендирип барыў, терроризмге, диний экстремизмге, догматизмге, сепаратизмге, адам саўдасына, «ғалабалық мәденият»қа, наркобизнес ҳәм басқа да қәўиплерге қарсы нәтийжели идеялық гүрес алып барыў;

жәмийетимиздиң турақлы раўажланыўына тосқынлық етип атырған ишки қәўиплер – ел-халық тәғдирине итибарсызлық, жергилеслик, урыў-аймақшылық, шаңарақлық қәдриятларға ҳәм жаслардың тәрбиясына итибарсызлық сыяқлы жағдайларды сапластырыўға қаратылған комплексли илажлардың системасын ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў;

миллий идеяны елимизде жасап атырған барлық миллетлер менен халықлар, социаллық категорияның ўәкиллери арасында кеңнен үгит-нәсиятлаў, дөретиўшилик руўхын жалпы социаллық ҳәрекетке айландырыў, ертеңги күнге исеним сезимлерин күшейтиў;

үгит-нәсиятлаў жумысларында халықтың аймақлық, кәсиплик және жас өзгешеликлерин есапқа алған ҳалда тең салмақлы, мақсетли және мазмунлы қатнасты енгизиў;

руўхый-ағартыўшылық үгит-нәсиятлаў жумыслары нәтижелилигиниң илимий тийкарланған мониторингин тәмийинлеўге қаратылған социологиялық изертлеўлер өткериўди турақлы жолға қойыў;

жасларда саламат дүнья қарасты, соның ишинде, китапқумарлық көнликпесин қәлиплестириў, интернет, мәлимлеме-коммуникация технологияларынан ақылға уғрас пайдаланыў мәдениятын арттырыў, оларда идеялық ҳәм мәлимлеме қәўиплерине қарсы идеологиялық иммунитетти күшейтиў;

мәҳәллеллерде жәмлеспеген жаслар менен ислесиў, усы категорияны социаллық-экономикалық жеделлестириўде жәмийетлик шөлкемлер менен бирге ислесиўди жолға қойыў;

халқымыздың тарийхый мийрасын, үрп-әдетлери менен миллий тәрбия дәстүрлерин қәстерлеп сақлаў, халықтың кең қатламлары, әсиресе, жасларымыз арасында динлераралық кеңпейиллик, миллетлераралық татыўлық ҳәм өз-ара мийрим-шәпәәт орталығын беккемлеў бойынша илажларды ислеп шығыў ҳәм енгизиў.

  1. Төмендегилер:

Өзбекистан Республикасы Президенти Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық кеңесине, Қапрақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар, Ташкент қаласы ҳәм районлар (қалалар) ҳәкимлери тийисли түрде аймақлық кеңеслерге жәммийетшилик тийкарында басшылық ететуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Қайта шөлкемлестирилип атырған Орай Республикалық Руўхый үгит-нәсият орайы ҳәм Миллий идея ҳәм идеология илимий-әмелий орайының барлық ҳуқықлары менен миннетлемелери бойынша ҳуқықый мийрасқоры есапланатуғыны инабатқа алынсын.
  2. Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық кеңесиниң шөлкемлестириўшилик структурасы, Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайының структурасы, Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы бөлимлери ҳәм районлық (қалалық) бөлимлериниң үлги структуралары 1-4-қосымшаларға муўапық тастыйықлансын.
  3. Орай басшысына оның структурасына хызметкерлердиң белгиленген улыўма саны шеңберинде өзгерислер киргизиў ҳуқықы берилсин.
  4. Төмендегилер:

Орай ҳәм оның аймақлық бөлимлериниң және бөлимшелериниң жумысын қаржыландырыў Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қаржылары, сондай-ақ, нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан әмелге асырылатуғыны;

Орай басшысы статусынан, турмыслық тәмийнатынан, медицина ҳәм транспорт хызметинен пайдаланыў шәртлери менен шараятларына бола – министрге, Орай басшысының биринши орынбасары ҳәм орынбасары – тийисли түрде министрдиң биринши орынбасары ҳәм орынбасарына теңлестирилетуғыны;

Орай хызметкерлерине мәмлекетлик басқарыў уйымлары хызметкерлери ушын белгиленген мийнет ҳақы, сыйлықлаў ҳәм материаллық жәрдем көрсетиў шәртлериниң енгизилетуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Ташкент қаласы ҳәкимлиги Өзбекистан Республикасы Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети менен биргеликте бир ай мүддетте Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетине Орай ҳәм «Тафаккур» және «Маънавий ҳаёт» журналлары редакциясын орналастырыў ушын имарат ажыратыў бойынша усыныс киргизсин.
  2. Орай бир ай мүддетте өз Уставын ислеп шықсын ҳәм тастыйықлаў ушын Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық кеңесине киргизсин.
  3. Өзбекистан Республикасы Қаржы министрлиги:

усы қарарды әмелге асырыўға байланыслы жумсалатуғын қәрежетлерди қаржыландырыў ушын зәрүр болған қаржыларды 2017-жылда Социаллық сала бойынша тастыйықланған бюджет параметрлери шеңберинде ажыратсын, 2018-жылдан баслап болса – Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик бюджети параметрлеринде нәзерде тутсын.

Орайға 5 автотранспорт қуралын, соның ишинде, 3 хызмет көрсететуғын, 1 нәўбетши ҳәм 1  арнаўлы автобусты сақлап турыў ушын және Орайдың аймақлық бөлимлерине жәми 14 хызмет көрсететуғын автотранспорт қуралын сақлап турыў ушын лимит ажыратсын.

  1. Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Өзбекистан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги және Қаржы министрлиги менен биргеликте еки ай мүддетте Орайдың, аймақлық бөлимлер менен бөлимшелер хызметкерлериниң мийнетине ҳақы төлеў бойынша бирден-бир тариф сеткасын ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын.
  2. Орай мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте бир ай мүддетте «Маърифат» үгит-нәсиятлаўшылар жәмийети лекторларының жумысын қаржыландырыў бойынша усынысларды ислеп шықсын ҳәм Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық кеңесине киргизсин.
  3. Өзбекистан Республикасы Мәлимлеме технологияларын ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги Орайды зәрүр телекоммуникациялар, интернет мәлимлеме тармағына кириў ҳәм телефон байланысы, соның ишинде, ҳүкиметлик телефон байланысы менен белгиленген тәртипте тәмийинлесин.
  4. Қапрақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар, Ташкент қаласы ҳәм районлар (қалалар) ҳәкимлери еки ай мүддетте Орайдың аймақлық бөлимлери менен бөлимшелерин белгиленген тәртипте зәрүр хызмет бөлмелери, мебель үскенелери, компьютер техникасы, байланыс қураллары ҳәм интернет тармақлары менен тәмийинлеў илажларын көрсин.
  5. Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2006-жыл 25-августтағы «Миллий идеяны үгит-нәсиятлаў ҳәм руўхый-ағартыўшылық жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў ҳаққында»ғы ПҚ-451-санлы қарары өз күшин жойытқан деп есаплансын.
  6. Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер менен қосымшалар бойынша бир ай мүддетте Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  7. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекистан Республикасының Бас министри А.Ариповқа ҳәм Өзбекистан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик кеңесгөйлери Х.Султоновқа, Р.Комиловқа жүкленсин.

 

Өзбекистан Республикасы

       Президенти                                   Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2017-жыл 28-июль