Өзбекистан Республикасы Президентиниң п ә р м а н ы

Соңғы жыллары мәлимлеме-коммуникация технологияларын (кейинги орынларда  МКТ деп аталады) мәмлекетлик басқарыў ҳәм мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдиң барлық салаларына енгизиў бойынша басқышпа-басқыш өткерилип атырған реформалар мәлимлеме хызметлерин алға илгерилетиў, «электрон ҳүкимет» системасын раўажландырыў ҳәм әмелге асырыў, халық пенен пикирлесиў және халықтың күнделикли машқалаларын орынларда өз ўақтында шешиўдиң нәтийжели механизмлерин жаратыў имканиятын берди.

Бул бағдарда ерисилген нәтийжелерге қарамастан, мәлимлеме технологияларын раўажландырыў ҳәм оларды экономика салаларына енгизиўдиң ҳәзирги жағдайы, сондай-ақ, жергиликли бағдарламалық өнимлердиң экспорт дәрежеси елеге шекем төмен болып қалмақта. Мәлимлеме технологияларының бәсекиге шыдамлы ҳәм жоқары өнимдарлыққа ийе тармағын қәлиплестириў ушын елимиздиң илим ҳәм билимлендириў саласындағы потенциалынан жеткиликли пайдаланылмай атыр.

Республикада әмел етип турған шөлкемлестириўшилик-экономикалық шараят МКТ саласында тез өсимди көрсетип атырған шет еллерде жаратылған шараятларға салыстырғанда елимиздиң бәсекиге шыдамлылығы төменлигин есапқа алған ҳалда усы саланың буннан былай да раўажланыўына жеткиликли дәрежеде жәрдем бермей атыр.

МКТның жедел раўажланыўы жаңа имканиятларды ашып берип, мәмлекет тәрепинен кең көлемли қоллап-қуўатлаўды және республиканың халықаралық МКТ базарындағы орнын күшейтиўди талап етеди.

МКТдан пайдаланыўға тийкарланған экономиканың жоқары технологиялық тармақларын қәлиплестириў ҳәм жедел раўажландырыў ушын қолайлы шараятлар жаратыў, мәлимлеме технологиялары өнимлерин ислеп шығарыўшылар менен буйыртпашыларға қосымша жеңилликлер ҳәм преференциялар бериўдиң есабынан бул тармаққа илим, билимлендириў ҳәм өндиристиң интеграцияласыўын буннан былай да тереңлестириў, МКТ өнимлериниң экспортын кеңейтиў, сондай-ақ, жергиликли ҳәм сырт ел инвестицияларын тартыўды хошаметлеў мақсетинде:

  1. Өзбекистан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммункацияларын раўажландырыў министрлиги, Ташкент қаласындағы Инха университети ҳәм «Өзбектелеком» МКның Мәлимлеме технологияларын ислеп шығарыўды және енгизиўди қоллап-қуўатлаў бойынша «Mirzo Ulugbek Innovation Center» инновациялық орайын (кейинги орынларда Инновация орайы деп аталады) шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысы қабыл етилсин.
  2. Инновация орайы мәлимлеме технологиялары өнимлерин ислеп шығарыўды раўажландырыў ушын ең қолайлы шараятларды жаратыў мақсетинде пүткил республика аймағында Инновация орайы резидентлерин орналастырған ҳалда Өзбекистан Республикасы аймағы шеңберинде экстерриториаллық принцип тийкарында шөлкемлестирилетуғыны белгилеп қойылсын.
  3. Төмендегилер Инновация орайы жумысының тийкарғы бағдарлары етип белгиленсин:

хожалық жүргизиўши субъектлер ҳәм жоқары оқыў орынларының мәлимлеме технологиялары өнимлерин ислеп шығарыў және ишки ҳәм сыртқы базарларда сатыўға қаратылған өз-ара бирге ислесиўин кеңейтиў ушын зәрүр шөлкемлестириўшилик-техникалық ҳәм қаржы-экономикалық шараятлар жаратыў;

МКТ саласында бәсекиге шыдамлы жойбарларды ишки ҳәм сыртқы базарларда сатыў ушын сырт ел инвестицияларын тартыўда Инновация орайы резидентлерине көмеклесиў;

жоқары оқыў орынларының ҳәм кәсип өнер колледжлериниң «мәлимлеме технологиялары» қәнигелиги бойынша питкериўшилериниң жумысқа орналасыўын тәмийинлеўде, соның ишинде, қәбилетли жаслар тәрепинен «старт-ап» жойбарларын әмелге асырыўда оларды қоллап-қуўатлаў жолы менен қатнасыў;

қысқа мүддетли ҳәм орта мүддетли қәнигелестирилген курсларды шөлкемлестириў, соның ишинде, шет ел қәнигелерин шақырыў жолы менен МКТ саласындағы қадрлардың маманлығын арттырыў ҳәм оларды қайта таярлаўды шөлкемлестириў;

жас исбилерменлер тәрепинен мәлимлеме технологиялары өнимлерин ислеп шығарыў саласындағы перспективалы бағдарлар бойынша инновациялық жойбарлардың әмелге асырылыўын қоллап-қуўатлаў.

  1. Мәлимлеме технологияларын ислеп шығыўды ҳәм енгизиўди қоллап-қуўатлаў бойынша «Mirzo Ulugbek Innovation Center» инновация орайының Муўапықластырыўшы кеңеси (кейинги орынларда Муўапықластырыўшы кеңес деп аталады) қосымшаға муўапық қурамда шөлкемлестирилсин.

Төмендегилер Муўапықластырыўшы кеңестиң тийкарғы функциялары етип белгиленсин:

Инновация орайын раўажландырыўға көмеклесиў бойынша мәмлекетлик уйымлар, илимий, билимлендириў мәкемелериниң ҳәм басқа да шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў;

республикада мәлимлеме технологиялары саласын раўажландырыўда Инновация орайының жумысын системалы мониторинг етиў ҳәм талқылаў;

Инновация орайының жумысын жетилистириў ҳәм мәлимлеме технологиялары саласында хожалық жүргизиўши субъектлер ушын шараятларды, соның ишинде, алдыңғы шет ел тәжирийбеси тийкарында жақсылаў бойынша усыныслар таярлаў;

юридикалық шахсларды Инновация орайы резидентлери сыпатында дизимге алыў ҳәм оларды резидент статусынан айырыў ҳаққындағы қарарларды қабыл етиў;

Инновация орайы резидентлериниң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаўды тәмийинлеў.

  1. Инновация орайы резидентлери 2028-жыл 1-январьға шекемги мүддетке:

барлық түрдеги салықларға ҳәм  мәмлекетлик мақсетли қорларға мәжбүрий ажыратпаларды, сондай-ақ, бирден-бир социаллық төлемди төлеўден;

белгиленген тәртипте тастыйықланатуғын дизимлер бойынша Өзбекистан Республикасында ислеп шығарылмайтуғын, өз зәрүрликлери ушын алып келинип атырған үскенелер, комплектлеўши бөлеклер, детальлар, узеллер, технологиялық ҳүжжетлер, бағдарламалық тәмийнат қураллары ушын бажыхана төлемлерин төлеўден (бажыхана жыйымларынан тысқары);

өзи ислеп шығаратуғын товарларды (жумысларды, хызметлерди) экспорт етиўден түсетуғын валюта түсиминиң бир бөлегин мәжбүрий сатыўдан азат етилсин.

  1. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық Инновация орайы резидентлери:

өзи ислеп шығарған товарларды (жумысларды, хызметлерди) экспорт етиўден түскен пул қаржылары шеңберинде хызметкерлерге мийнет ҳақы ҳәм дивидендлерди халықаралық төлем карталарына өткериў жолы менен нақ болмаған тәризде Өзбекистан Республикасы аймағында есап-санақларды шет ел валютасында әмелге асырыў;

экспорт контракты болмаған ҳалда Интернет пүткил жәҳән мәлимлеме тармағындағы онлайн дүканлар арқалы жумыслар ҳәм хызметлер экспортын шет ел валютасында әмелге асырыў ҳуқықына ийе болады.

  1. Өзбекистан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги Қаржы министрлиги ҳәм Мәмлекетлик салық комитети менен биргеликте:

ҳәр жылы берилген жеңилликлер менен преференциялардың МКТ миллий базарының раўажланыўына тәсири, ишки ҳәм сыртқы базарларда бағдарламалық  өнимлер ҳәм МКТ хызметлериниң бәсекиге шыдамлылық дәрежесин талқыласын ҳәм талқылаў нәтийжелерин кейин ала Муўапықластырыўшы кеңеске киргизсин;

2017-жыл 1-ноябрьге шекем болған мүддетте Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Елимиздиң бағдарламалық тәмийнат өнимлерин ислеп шығарыўшыларды хошаметлеўди буннан былай да күшейтиў илажлары ҳаққында»ғы 2013-жыл 20-сентябрьдеги ПҚ-2042-санлы қарарына муўапық жаратылған Бағдарламалық тәмийнат қуралларын ислеп шығарыўшылары миллий реестириниң келешекте жумыс алып барыўының мақсетке муўапықлығы ҳаққындағы  усынысларын Муўапықластырыўшы кеңеске киргизсин.

  1. Инновация орайы резидентлери менен дүзилген мийнет шәртнамалары бойынша хызметкерлер тәрепинен 2028-жыл 1-январьға шекем алынған мийнетке ҳақы төлеў тәризиндеги дәраматлар:

7,5 процент муғдарындағы қатаң белгиленген ставка бойынша физикалық шахслардан алынатуғын дәрамат салығына, Өзбекистан Республикасы Қаржы министрлиги жанындағы бюджеттен тысқары Пенсия қорына 4,5 процентлик ставка бойынша пуқаралардың қамсызландырыў төлемлерине тартылыўы;

салық салыў мақсетинде белгиленетуғын физикалық шахслардың улыўма жыллық дәраматларының көлемине киргизилмейтуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Өзбекистан Республикасы Мәлимлеме технологияларын ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги Орайлық банк пенен биргеликте үш ай мүддетте республикада товарлар менен хызметлерге ҳақы төлеў ушын халықаралық төлем карталарын қабыл етиў, сондай-ақ, Өзбекистан Республикасы резидентлериниң банк есап бетлерине Интернет пүткил жәҳән мәлимлеме тармағындағы онлайн дүканлар арқалы товарлар менен хызметлерди сатыўдан алынған валюта түсимин есапқа алыў системасының толық ислеўине байланыслы зәрүр илажлар көрсин.
  2. Өзбекистан Республикасы Сыртқы саўда министрлиги турақлы тийкарда Инновация орайы резидентлери мәлимлеме технологиялары өнимлериниң сырт елге кирип барыўын тәмийинлесин.
  3. Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети бир ай мүддетте Инновация орайы ҳаққындағы режени тастыйықласын, онда төмендеги тәртип нәзерде тутылсын:

Инновация орайының ҳәм Муўапықластырыўшы кеңестиң жумысын шөлкемлестириў;

юридикалық шахсларды резидент статусын алыўдың анық нормаларын белгилеўди есапқа алған ҳалда Инновация орайы резидентлери сыпатында дизимге алыў;

Инновация орайы резидентлери ушын арнаўлы валюта режимин қолланыў.

  1. Өзбекистан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекистан Миллий мәлимлеме агентлиги Инновация орайы жумысының ғалаба хабар қуралларында кеңнен сәўлелендирилиўин шөлкемлестирсин.
  2. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекистан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.

 Өзбекистан Республикасы

Президенти       Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2017-жыл 30-июнь

 

***

Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Республикада мәлимлеме технологиялары саласын раўажландырыў ушын шараятларды түп-тийкарынан жақсылаў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманына

Т Ү С И Н И К

Халықаралық экономика шөлкемлери тәрепинен өткерилген үйрениў нәтийжелерине бола, ҳәзирги ўақытта дүньяда мәлимлеме-коммуникация технологиялары (МКТ) инновацияларының раўажланыўында, елимиздиң өндирисин ҳәм бәсекиге шыдамлылығын арттырыўда, экономиканы диверсификациялаўда ҳәм исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың турмыс дәрежесин арттырыўда әҳмийетли орын ийелейди. Ҳәзирги күнде МКТның раўажланыў жағдайы ҳәм елимиздиң экономикалық турақлылығы арасындағы байланыс илимий дәлилленген.

Елимизде соңғы жылларда МКТны барлық социаллық-экономикалық тармақларға, соның ишинде мәмлекетлик басқарыўға және мәмлекетлик хызметлер көрсетиў саласына енгизиў бойынша басқышпа-басқыш реформалар әмелге асырылды. Бул өз орнында елимизде электрон ҳүкимет системасын енгизиўде айтарлықтай нәтийжелерге ерисиў имканиятын берди. Соның ишинде, МКТны кеңнен қолланыўдың нәтийжесинде халық пенен мәмлекет арасында байланыс орнатыўдың нәтийжели системасы енгизилди. Бирақ көпшилик раўажланған мәмлекетлерге салыстырғанда Өзбекистанда мәлимлеме технологияларының бүгинги жағдайы, оларды экономика тармақларына енгизиў, сондай-ақ, экспорт дәрежеси төмен болып қалмақта, бәсекиге шыдамлы мәлимлеме технологиялары саласын қәлиплестириўде елимиздиң илимий-изетрлеў потенциалынан толық пайдаланылмай атыр. Бул өз гезегинде, елимиздиң халықаралық рейтингине өз тәсирин тийгизеди.

МКТның жедел раўажланыўы жаңа имканияларды ашып берер екен, мәмлекет тәрепинен кең көлемли қоллап-қуўатлаўды және республиканың халықаралық МКТ базарындағы орнын күшейтиўди талап етти.

Елимизде МКТ ушын халықаралық стандартларға муўапық бағдарламалық өнимлер ислеп шығарыўды раўажландырыў, жергиликли ислеп шығарыўшылар тәрепинен сапалы ҳәм бәсекиге шыдамлы бағдарламалық өнимлерди ислеп шығарыўды кеңейтиўди хошаметлеўди күшейтиў, сондай-ақ, 2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын Халық пенен пикирлесиў ҳәм инсан мәплери жылында әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарламада нәзерде тутылған басқа да ўазыйпаларды шешиў, МКТ өнимлериниң экспортын кеңейтиў, жергиликли ҳәм сырт ел инвестицияларын тартыўды хошаметлеў мақсетинде Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Республикада мәлимлеме технологиялары саласын раўажландырыў ушын шараятларды түп-тийкарынан жақсылаў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманы қабыл етилди.

Усы Пәрман менен елимизде биринши мәрте мәлимлеме технологиясы саласында хожалық жүргизиўши субъектлерди, бағдарламалық өнимлерди ислеп шығарыўшыларды бирлестиретуғын Мәлимлеме технологияларын ислеп шығыў және енгизиўди қоллап-қуўатлаў бойынша «Mirzo Ulugbek Innovation Center»  инновация орайы дүзилмекте.

Инновация орайы елимиз аймағы көлеминде экстерриториаллық принцип тийкарында шөлкемлестирилди, яғный, МКТ саласындағы кәрханалар республикада жайласқан аймағына қарамастан, Инновация орайы резидентлери болыўы мүмкин. Бул принцип елимизде МКТ өнимлерин ислеп шығарыўды раўажландырыў ушын ең қолайлы шараятларды жаратыўға хызмет етеди.

Пәрман менен Инновация орайы жумысының тийкарғы бағдарлары етип төмендегилер белгиленди:

хожалық жүргизиўши субъектлер ҳәм жоқары оқыў орынларының мәлимлеме технологиялары өнимлерин ислеп шығарыў және ишки ҳәм сыртқы базарларда сатыўға қаратылған өз-ара бирге ислесиўин кеңейтиў ушын зәрүр шөлкемлестириўшилик-техникалық ҳәм қаржылық-экономикалық шараятлар жаратыў;

МКТ саласында бәсекиге шыдамлы жойбарларды ишки ҳәм сыртқы базарларда сатыў ушын сырт ел инвестицияларын тартыўда Инновация орайы резидентлерине көмеклесиў;

жоқары оқыў орынларының ҳәм кәсип өнер колледжлериниң «мәлимлеме технологиялары» қәнигелиги бойынша питкериўшилериниң жумысқа орналастырыўда, соның ишинде, қәбилетли жаслар тәрепинен «старт-ап» жойбарларын әмелге асырыўда оларды қоллап-қуўатлаў жолы менен қатнасыў;

қысқа ҳәм орта мүддетли қәнигелестирилген курсларды шөлкемлестириў, соның ишинде, шет ел қәнигелерин шақырыў жолы менен МКТ саласындағы кадрлардың маманлығын арттырыў ҳәм оларды қайта таярлаўды шөлкемлестириў;

жас исбилерменлер тәрепинен мәлимлеме технологиялары өнимлерин ислеп шығыў саласындағы перспективалы бағдарлар бойынша инновациялық жойбарлардың әмелге асырылыўын қоллап-қуўатлаў.

Бул бағдарлардан көринип турғанындай, Инновация орайы пуқараларымыз ушын ең қолайлы шараятларды жаратыў, бәринен бурын, мәлимлеме технологиялары саласында турмысқа енгизиў ҳәм әмелге асырыў мүмкин болған анық жойбарларға ийе болған қәбилетли жасларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде дүзилмекте.

Инновация орайының жоқары басқарыў уйымы сыпатында Муўапықластырыўшы кеңес шөлкемлестирилди және оның тийкарғы функциялары сыпатында төмендегилер белгиленди:

Инновация орайын раўажландырыўға көмеклесиў бойынша мәмлекетлик уйымлар, илимий, билимлендириў мәкемелериниң ҳәм басқа да шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў;

республикада мәлимлеме технологиялары саласын раўажландырыўда Инновация орайының жумысын системалы мониторинг етиў ҳәм талқылаў;

Инновация орайының жумысын жетилистириў ҳәм мәлимлеме технологиялары саласында хожалық жүргизиўши субъектлер ушын шараятларды алдынғы шет ел тәжирийбесин есапқа ала отырып жақсылаў бойынша усыныслар таярлаў;

юридикалық шахсларды Инновация орайы резидентлери сыпатында дизимге алыў ҳәм оларды резидент статусынан айырыў ҳаққындағы қарарларды қабыл етиў;

Инновация орайы резидентлериниң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў.

Пәрманға муўапық, Инновация орайы резидентлерин мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўда биринши гезекте төмендеги жеңилликлер менен преференциялар нәзерде тутылды:

Бириншиден, 2028-жыл 1-январьға шекемги мүддетке:

барлық түрдеги салықларға ҳәм  мәмлекетлик мақсетли қорларға мәжбүрий ажыратпаларды, сондай-ақ, бирден-бир социаллық төлемди төлеўден;

белгиленген тәртипте тастыйықланатуғын дизмлер бойынша Өзбекистан Республикасында ислеп шығарылмайтуғын, өз зәрүрликлери ушын алып келинип атырған үскенелер, комплектлеўши буйымлар, детальлар, узеллер, технологиялық ҳүжжетлер, бағдарламалық тәмийнат қураллары ушын бажыхана төлемлерин төлеўден (бажыхана жыйымларынан тысқары);

өзи ислеп шығаратуғын товарларды (жумысларды, хызметлерди) экспорт етиўден түсетуғын валюта түсиминиң бир бөлегин мәжбүрий сатыўдан азат етиў.

Екиншиден, Инновация орайы резидентлерине өзи ислеп шығарған товарларды (жумысларды, хызметлерди) экспорт етиўден түскен пул қаржылары шеңберинде хызметкерлерге мийнет ҳақы ҳәм дивидендлерди халықаралық төлем карталарына өткериў жолы менен нақ болмаған тәризде Өзбекистан Республикасы аймағында есап-санақларды шет ел валютасында әмелге асырыў, сондай-ақ,  экспорт контракты болмаған ҳалда Интернет пүткил жәҳән мәлимлеме тармағындағы онлайн дүканлар арқалы жумыслар ҳәм хызметлер экспортын шет ел валютасында әмелге асырыў ҳуқықы берилди.

Үшиншиден, Инновация орайы резидентлериниң хызметкерлери ушын қосымша жеңилликлер, соның ишинде, 2028-жыл 1-январьға шекем алынған мийнетке ҳақы төлеў тәризиндеги дәраматлар 7,5 процент муғдарындағы қатаң белгиленген ставка бойынша физикалық шахслардан алынатуғын дәрамат салығына, бюджеттен тысқары Пенсия қорына 4,5 процентлик ставка бойынша пуқаралардың қамсызландырыў төлемлерине тартылыўы нәзерде тутылған. Бунда усы дәраматлар салық салыў мақсетинде белгиленетуғын физикалық шахслардың улыўма жыллық дәраматларының көлемине киргизилмейтуғыны белгилеп қойылды.

Өзбекистан Республикасы Мәлимлеме технологияларын ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги тәрепинен Қаржы министрлиги ҳәм Мәмлекетлик салық комитети менен биргеликте ҳәр жылы берилген жеңилликлер менен преференциялардың МКТ миллий базарының раўажланыўына тәсири, ишки ҳәм сыртқы базарларда бағдарламалық  өнимлер және МКТ  хызметлериниң бәсекиге шыдамлылық дәрежеси талқылап барылады ҳәм талқылаў нәтийжелери кейин ала Муўапықластырыўшы кеңеске усынылады.

Жуўапкер ведомстволар тәрепинен республикада товарлар менен хызметлерге ҳақы төлеў ушын халықаралық төлем карталарын қабыл етиў, сондай-ақ, Өзбекистан Республикасы резидентлериниң банк есап бетлерине Интернет тармағындағы онлайн дүканлар арқалы товарлар менен хызметлерди сатыўдан алынған валюта түсимин есап бетине түсириў системасының толық ислеўине байланыслы зәрүр илажлар көриледи.

Бул Пәрманда белгилеп берилген ўазыйпалардың толық әмелге асырылыўы ушын Министрлер Кабинети тәрепинен Инновация орайының жумысын шөлкемлестириў, юридикалық шахсларды оның резиденти сыпатында дизимнен өткериўдиң шөлкемлестириў-ҳуқықый механизмлерин нәзерде тутатуғын айрықша қарар қабыл етиледи.

Қабыл етилген бул Пәрманның әмелге асырылыўы мәлимлеме технологияларының буннан былай да раўажланыўы, МКТ саласында қәнигелердиң қатнасын кеңейтиў, илимий-изертлеў шөлкемлериниң және жоқары оқыў орынларының өндирис пенен бирге ислесиўин тәмийинлеў ушын зәрүр шөлкемлестириўшилик-техникалық ҳәм экономикалық шараятларды жаратыў, сондай-ақ, елимиздиң экспорт потенциалын арттырыў имканиятын береди.