Өзбекистан Республикасы Президентиниң қарары

Бүгинги күнде халық билимлендириў системасында жәми 4916 мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси, 9680 улыўма орта билим бериў мектеби,  211 «Бәркамал әўлад» орайы болып, оларда жәми 400 мыңнан  аслам педагог хызметкер жумыс алып бармақта. Өзбекистан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги системасында педагог кадрларды таярлаў бойынша 5 мәмлекетлик педагогикалық институты, халық билимлендириў хызметкерлерин қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў бойынша 14 аймақлық институт жумыс алып бармақта.

Әмелдеги тәртипке тийкарланып халық билимлендириў мәкемелериниң педагоглары кеминде 5 жылда бир мәрте өз маманлығын арттырды. Оқытыўшылар маманлығын арттырыў даўамында елимизде ҳәм дүньяда педагогика, психология және оқыў пәни  бойынша ерисилген ең жаңа табысларды терең үйренип, заманагөй мәлимлеме ҳәм педагогика технологияларының имканиятларынан хабардар болған ҳалда оларды әмелиятқа енгизип келмекте.

Соның менен бирге, халық билимлендириў хызметкерлерин қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў аймақлық институтларында жумыс алып барып атырған педагог хызметкерлердиң илимий потенциалы, сабақ өтиўдиң сапасы бүгинги күнниң талапларына жуўап бермей атыр. Хызметкерлер илимий изленислер менен шуғылланбайды, олардың жумысын сырттан баҳалаў системасы нәтийжели жолға қойылмаған.

Өткерилген талқылаўлар педагог кадрларды таярлаў, қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў процесслеринде халық билимлендириў ҳәм жоқары билимлендириў системалары арасында үзиликсизлик және бир тутаслық тәмийинленбегенин көрсетти. Нәтийжеде улыўма орта ҳәм мектептен тыс билимлендириў мәкемелериниң хызметкерлери жумысы даўамында пәнлерди оқытыў методикасынан, тәлим-тәрбия теориясы жаңалықларынан, жоқары билимлендириў системасында әмелге асырылып атырған реформалардан, алдынғы  шет ел тәжирийбелеринен хабарсыз қалмақта.

Педагог кадрларды таярлаў, халық билимлендириў хызметкерлерин қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў системасының нәтийжелилигин буннан былай да жетилистириў, олардың кәсиплик компетентлигин турақлы раўажландырыў мақсетинде:

  1. Өзбекистан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Экономика министрлиги ҳәм Қаржы министрлигиниң:

Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты, Наўайы мәмлекетлик педагогикалық институты, Жиззақ мәмлекетлик педагогикалық институты, Қоқанд мәмлекетлик педагогикалық институты ҳәм Ташкент ўәлаяты Шыршық мәмлекетлик педагогикалық институтын Өзбекистан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги қарамағына бериў;

Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласындағы халық билимлендириў хызметкерлерин қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў институтларын тийисли аймақтағы жоқары билимлендириў мәкемелериниң қарамағына бериў және солардың тийкарында Халық билимлендириў хызметкерлерин қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў аймақлық орайларын (кейинги орынларда Аймақлық орайлар деп аталады) қосымшаға муўапық шөлкемлестириў;

Қори Ниёзий атындағы Өзбекистан педагогика илимлери илимий-изертлеў институтын ҳәм Республикалық илимий-педагогикалық китапханасын Низомий атындағы Ташкент мәмлекетлик педагогикалық университети қарамағына бериў ҳаққындағы усынысларына келисим берилсин.

  1. Аймақлық орайлардың тийкарғы ўазыйпалары етип төмендегилер белгиленсин:

халық билимлендириў хызметкерлериниң методикалық талапларын толық қанаатландырыў мақсетинде қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыўдың алдынғы түрлери менен усылларын енгизиў;

халық билимлендириў хызметкерлерин қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў бойынша билимлендириў бағдарламаларын жетилистириў бойынша илимий-изертлеў және оқыў-методикалық жумысларды алып барыў көнликпелерин раўажландырыў;

аралықтан оқытыў усыллары тийкарында халық билимлендириў мәкемелериниң педагоглары ушын шөлкемлестирилетуғын қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў курсларының тийисли оқыў-методикалық ресурсларын ислеп шығыў, курслардағы оқыў шынығыўларын онлайн ҳәм оффлайн тәризинде шөлкемлестириўди буннан былай да жетилистириў;

тийисли бағдарлар бойынша пәнлердиң улыўма кәсиплик және арнаўлы блоклары бойынша қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыўды шөлкемлестириў және олар бойынша заманагөй методикалық, мәлимлеме базасын жаратыў;

буйыртпашы шөлкемлер менен биргеликте халық билимлендириў хызметкерлерин қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў бойынша билимлендириў бағдарламаларын үзликсиз жетилистирип барыў;

оқыў-тәрбия процесиниң әмелият пенен өз-ара нәтийжели бирге ислесиўин тәмийинлеў, халық билимлендириў хызметкерлерин қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў процесин көшпели шынығыўлар арқалы заманагөй техника ҳәм технологиялар менен үскенеленген  билимлендириў мәкемелеринде шөлкемлестириў;

инновациялық илимий жетискенликлерди, заманагөй педагогикалық ҳәм мәлимлеме-коммуникация технологияларын қолланыўды, аралықтан оқытыўды, еркин билим алыўды кеңейтиўди нәзерде тутатуғын техника ҳәм технологияларды билимлендириў системасына енгизиў.

  1. Аймақлық орайлар:

Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласындағы халық билимлендириў хызметкерлерин қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў институтларының ҳуқықлары менен миннетлемелери бойынша ҳуқықый мийрасқоры есапланатуғыны;

Юридикалық шахс статусына ийе мәмлекетлик мәкеме болып, өзиниң бийғәрез балансына, Өзбекистан Республикасы Қаржы минстрлигиниң Ғазнашылығында жеке ғазна есап бетине және Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик Гербиниң сүўрети түсирилген ҳәм өзиниң аты мәмлекетлик тилде жазылатуғын мөрге ийе болатуғыны;

илимий-методикалық тәмийнаты жоқары оқыў орынларының тийисли кафедралары тәрепинен әмелге асырылатуғыны;

оқыў шынығыўларын алып барыўға жоқары маманлықтағы қәнигелер және орнына ислеў ямаса өткен саатына қарай ҳақы төлеў тийкарында жоқары оқыў орынларының профессор-оқытыўшылары тартылатуғыны;

хызметкерлерге жоқары оқыў орынларының тийисли лаўазымлары ушын белгиленген мийнетине ҳақы төлеў муғдарлары ҳәм шәртлери енгизиледи. Онда бир оқытыўшының есабына туўра келетуғын тыңлаўшылар қатнасының шекленген нормативлери жоқары оқыў орынлары ушын белгиленген бир оқытыўшы есабынан студентлер саны қатнасының шекленген нормативлеринен 25 процент төмен етип белгиленетуғыны белгилеп қойылсын.

  1. 4. Өзбекистан Республикасы жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министриниң биринши орынбасары Д.Набиев:

бир ай мүддетте орынларға шыққан ҳалда усы қарарға тийкарланып шөлкемлестирилип атырған Аймақлық орайлардың орналасыўы, жумысының сапалы тәмийинлениўи шараятларын талқыласын;

еки ай мүддетте Аймақлық бөлимлерди маман профессор-оқцытыўшылар менен тәмийинлеў бойынша зәрүр илажларды көрсин;

ҳәр үш айда әмелге асырылған жумыслар ҳаққында жеке Өзбекистан Республикасы Президентине есап берип барсын.

  1. Низамий атындағы Ташкент мәмлекетлик педагогикалық университети Аймақлық орайлар ушын таяныш жоқарғы билимлендириў мәкемеси есаплансын ҳәм төмендегилер оның тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

халық билимлендириў системасы хызметкерлериниң кәсиплик билимлери менен маналықларын арттырыў жумысларына илимий-методикалық жақтан басшылық етиў;

билимлендириў бағдарламаларының үзликсизлигин ҳәм избе-излигин есапқа алып, дөретиўшилик ақыл-ойды раўажландырыўға бағдарланған оқытыўдың интерактив усылларынан пайдаланған ҳалда халық билимлендириў хызметкерлерин қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў бойынша үлгили оқыў режелерин, бағдарлама, оқыў-методикалық ҳәм басқа да ҳүжжетлерди ислеп шығыў;

қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыўдың нәтийжели түрлерин енгизиўдиң илимий-методикалық ҳәм шөлкемлестириўшилик-методикалық тийкарларын ислеп шығыў;

Билимлендириўдиң алдыңғы түрлери менен усылларын, заманагөй билимлендириў ҳәм мәлимлеме-коммуникация технологияларын қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў процесине енгизиў тийкарында басшы, педагог ҳәм басқа да  қәниге кадрлардың кәсиплик билимин, көнликпесин ҳәм маманлығын арттырыў илажларын көриў;

Педагог кадрларды қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў саласындағы шет ел тәжирийбелерин, сондай-ақ, ең жақсы билимлендириў мәкемелериниң жетискенликлерин ғалаба ен жайдырыў тийкарында илимий тийкарланған инновацияларды енгизиў.

  1. 6. Қарамағында Аймақлық орайлар шөлкемлестирилген жоқары билимлендириў мәкемелериниң ректорлары:

бир ай мүддетте Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў минстрлиги менен келисе отырып, Аймақлық орайдың жумысын раўажландырыў концепциясын тастыйықлаў ушын Министрлер Кабинетине киргизсин;

еки ай мүддетте Аймақлық бөлимлерде халық билимлендириў хызметкерлерин қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыўдың алдынғы түрлери менен усылларын енгизиў, билимлендириў бағдарламаларын жетилистириў, тийисли бағдарлар бойынша пәнлердиң улыўма кәсиплик ҳәм арнаўлы блоклары бойынша қайта таярлаў, соның ишинде, жетекши шет ел университетлери менен бирге ислесиўди орнатып, онлайн режиминде маманлығын арттырыў системасын шөлкемлестирсин;

халық билимлендириў мәкемелериниң педагоглары ушын шөлкемлестирилетуғын қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў курсларының тийисли оқыў-методикалық ресурсларын ислеп шығыўға, курслардағы оқыў сабақларын сапалы шөлкемлестириўге жеке жуўапкер етип белгилеп қойылсын.

  1. 7. Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети еки ай мүдетте усы қарардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша қарар қабыл етсин ҳәм онда төмендегилер нәзерде тутылсын:

Аймақлық орайлардың жумысын шөлкемлестириў ҳәм олардың үлги шөлкемлестириўшилик структурасын тастыйықлаў;

Аймақлық орайлардың үлги шөлкемлестириўшилик структурасын және халық билимлендириў хызметкерлерин қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў бойынша билимлендириў бағдарламаларын ислеп шығыўда, оқыў-методикалық процесин шөлкемлестириўде билимлендириў түрлери арасында үзликсизликти және бир тутаслықты тәмийинлеў;

ҳәр бир Аймақлық орайдың жумысын раўажландырыў концепцияларын тастыйықлаў.

  1. 8. Аймақлық орайларда халық билимлендириў хызметкерлерин қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў жумысын талқылаў бойынша Өзбекистан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик кеңесгөйи А.Юнусходжаевтың басшылығында арнаўлы комиссия шөлкемлестирилсин.
  2. 9. Өзбекистан Республикасы жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў, халық билимлендириў министрлерине ҳәр еки айда Аймақлық орайларда маманлығын арттырған ҳәм қайта таярланған халық билимлендириў хызметкерлериниң орынлардағы жумысының нәтийжелилиги ҳаққындағы есабын және Аймақлық орайлардың жумысын жетилистириў илажлары бойынша усынысларын арнаўлы комиссияға киргизип барыў ўазыйпасы жүкленсин.
  3. 1 Өзбекистан Республикасы жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң:

Педагог кадрлардың маманлығын арттырыўды қадағалаў бөлими негизинде, Халық билимлендириў министрлигиниң Педагог кадрларды таярлаў, қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў және илимий-изертлеў жумысын муўапықластырыў бөлимин сапластырыў есабынан қысқаратуғын 2 штат бирлигин өткериўди инабатқа алған ҳалда, 5 штат бирлигинен ибарат Педагог кадрларды қайта таярлаў, маманлығын арттырыўды шөлкемлестириў ҳәм қадағалаў басқармасы шөлкемлестирилсин.

11.Өзбекистан Республикасы Қаржы министрлиги Аймақлық орайларды сақлаў қәрежетлерин Өзбекистан Республикасының республикалық бюджети қаржылары есабынан әмелге асырылыўын нәзерде тутқан ҳалда Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик бюджетиниң 2017-жылғы параметрлерине тийисли өзгерислер киргизсин.

  1. 12. Өзбекистан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Халық билимлендириў министрлиги басқа да мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте бир ай мүддетте:

нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер менен қосымшалар ҳаққында Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин;

өзлери қабыл еткен нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди усы қарарға муўапықластырсын.

  1. 13. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекистан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекистан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик кеңесгөйи А.Н.Юнусходжаевқа жүкленсин.

Өзбекистан Республикасы

Президенти                                       Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2017-жыл 26-сентябрь

 

***

Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Педагог кадрларды таярлаў, халық билимлендириў хызметкерлерин қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында» ғы қарарына

ТҮСИНИК

Бүгинги күнде халық билимлендириў системасында жәми  4916 мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси, 9680 улыўма орта билим бериў мектеби, 211 «Бәркамал әўлад» орайы болып, оларда жәми 400 мыңнан аслам педагог хызметкерлер жумыс алып бармақта. Өзбекистан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги системасында педагог кадрларды таярлаў бойынша 5 мәмлекетлик педагогикалық институты, халық билимлендириў хызметкерлерин қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў бойынша 14 аймақлық институт жумыс алып бармақта.

Әмелдеги тәртипке тийкарланып халық билимлендириў мәкемелери педагоглары кеминде 5 жылда бир мәрте өз маманлықларын арттырады. Муғаллимлер маманлығын арттырыў даўамында елимизде ҳәм дүньяда педагогика, психология ҳәм оқыў пәни бойынша ерисилген ең жаңа табысларды терең үйренип, заманагөй мәлимлеме және педагогикалық технологиялардың имканиятларынан хабардар болған ҳалда оларды әмелиятқа енгизип келмекте.

Соның менен бирге, халық билимлендириў хызметкерлерин қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў аймақлық институтларында жумыс ислеп атырған педагог хызметкерлердиң илимий потенциалы, сабақ өтиў сапасы бүгинги күнниң талапларына жуўап бермей атыр. Хызметкерлер илимий излениўлер менен шуғылланбайды, олардың жумысын сырттан баҳалаў системасы нәтийжели жолға қойылмаған.

Өткерилген талқылаўлар педагог кадрларды таярлаў, қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў процесслеринде халық билимлендириў ҳәм жоқары билимлендириў системалары арасында үзликсизлик және бир тутаслық тәмийнленбегенлигин көрсетти. Нәтийжеде улыўма орта ҳәм мектептен тыс билимлендириў мәкемелериниң хызметкерлери жумысы даўамында пәнлерди оқытыў методикасынан, тәлим-тәрбия теориясы жаңалықларынан, жоқары билимлендириў системасында әмелге асырылып атырған реформалардан, алдыңғы шет ел тәжирийбелеринен хабарсыз қалмақта.

Илим, билимлендириў ҳәм өндирис интеграциясы бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар даўамында ҳәм педагог кадрларды таярлаў, халық билимлендириў хызметкерлерин қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў системасының нәтийжелилигин буннан былай да жетилистириў, олардың кәсиплик компотентлигин  үзликсиз раўажландырыў мақсетинде Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Педагог кадрларды таярлаў, халық билимлендириў хызметкерлерин қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында» ғы қарары қабыл етилди.

Қарарда:

Халық билимлендириў министрлиги қарамағындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты, Наўайы мәмлекетлик педагогикалық институты, Жиззақ мәмлекетлик педагогикалық институты, Қоқанд мәмлекетлик педагогикалық институты ҳәм Ташкент ўәлаяты Шыршық мәмлекетлик педагогикалық институтын Өзбекистан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги қарамағына бериў;

Халық билимлендириў министрлиги қарамағындағы Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласындағы халық билимлендириў хызметкерлерин қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў институтларын тийисли аймақтағы жоқары билимлендириў мәкемелериниң қарамағына бериў ҳәм солардың негизинде Халық билимлендириў хызметкерлерин қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў аймақлық орайларын шөлкемлестириў;

Халық билимлендириў министрлиги қарамағындағы Қори Ниёзий атындағы Өзбекистан педагогика илимлери илимий-изертлеў институтын ҳәм Республикалық илимий-педагогикалық китапханасын Низамий атындағы Ташкент мәмлекетлик педагогикалық университети қарамағына бериў;

Шөлкемлестирилген Аймақлық орайлардың мақсетлери, ўазыйпалары ҳәм юридикалық статуслары белгиленген.

Қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыўдың нәтийжели түрлерин енгизиўдиң илимий-методикалық және шөлкемлестириўшилик-методикалық нормативлик тийкарларын ислеп шығыў, билимлендириў бағдарламаларының үзликсизлигин ҳәм избе-излигин есапқа алып, дөретиўшилик ақыл-ойды раўажландырыўға бағдарланған оқытыўдың интерактив усылларынан пайдаланған ҳалда халық билимлендириў хызметкерлерин қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў бойынша ўазыйпалар Өзбекистан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигине жүкленген.

Низамий атындағы Ташкент мәмлекетлик педагогикалық университети Аймақлық орайлар ушын халық билимлендириў системасы хызметкерлериниң кәсиплик билимлерин және маманлықларын арттырыў жумысларына илимий-методикалық жақтан басшылық етиў, үлги оқыў режелерин, бағдарламалар, оқыў-методикалық ҳәм басқа да ҳүжжетлерди ислеп шығыў бойынша таяныш жоқары билимлендириў мәкемеси етип белгиленген.

Аймақлық орайлардың жумысын шөлкемлестириў ҳәм олардың үлги шөлкемлестириўшилик структурасын тастыйықлаў және оларды маман профессор-оқытыўшылар менен тәмийинлеў бойынша ўазыйпалар ҳәм мүддетлер белгиленген.

Жумыс көлемин есапқа алған ҳалда Өзбекистан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң штатлар бирлиги жаңадан тастыйықланған.

Қарар Өзбекистан Республикасында бимлендириў саласында әмелге асырылып атырған жумыслардың логикалық даўамы болып, педагог кадрларды таярлаў, қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыўдың сапасын көтериўге хызмет етеди.