Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Суд ҳүжжетлери  ҳәм басқа да уйымлардағы  ҳүжжетлердиң орынланыўын шөлкемлестириўде нәтийжели бирге ислесиўди тәмийинлеў, заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологиялары имканиятларынан кеңнен пайдаланған ҳалда қарыздарлықты өндириў илажларының тезлигин ҳәм тәсиршеңлигин арттырыў  мақсетинде:

  1. Бас прокуратураның Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Мәжбүрий орынлаў бюросында (кейинги орынларында-Бюро) төмендегилерге мөлшерленген Орынлаў ҳүжжетлери бойынша қарыздарлықларды өндириў мәселелери бағдарында бирден-бир ведомстволараралық электрон бирге ислесиў системасын (кейинги орынларда-Бирден-бир бирге ислесиў системасы) жаратыў ҳаққындағы усынысы мақуллансын:

қарыздар-физикалық  шахслар ҳәм олардың мүлклери, сондай-ақ, алып  берилиўи тийис болған баланы излеўде Бюро ҳәм мәмлекетлик уйымлар, банк мәкемелери ҳәм басқа да шөлкемлер арасында тез хабар алмасыў;

мәмлекетлик орынлаўшылардың қарарларын, тапсырмаларын, көрсетпелерин, билдириўлерин ҳәм басқа да мәлимлемелерди, сондай-ақ, оларға жуўапларды тийисли мәмлекетлик уйымлары, банк мәкемелери ҳәм басқа да шөлкемлерге электрон ҳүжжет көринисинде жибериў (қабыллаў);

суд ҳүжжетлери ҳәм басқа да уйымлардың ҳүжжетлерин орынлаўдан бас тартып атырған қарыздарларға, соның ишинде,  олардың мүлклери менен мүлклик ҳуқықларына байланыслы шеклеў илажларын мәлимлеме-коммуникация  технологияларынан пайдаланған ҳалда өз ўақтында қолланыў.

  1. Суд ҳүжжетлери ҳәм басқа да уйымлардың ҳүжжетлерин мәжбүрий орынлаўда Бюро менен электрон бирге ислесиўди әмелге асыратуғын мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң (кейинги орынларда-бирге ислесиўши шөлкемлер) дизими 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Бюроға усы дизимди басқа мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер менен кеңейтиў,  сондай-ақ, олар бойынша қарыздарлықларды өндириў бағдарында ведомстволараралық электрон бирге ислесиў схемасын келисилген ҳалда белгилеў ҳуқықы берилсин.

3.Бюро ҳәм бирге ислесиўши шөлкемлер арасындағы қарыздарлықларды өндириў бойынша ведомстволараралық электрон бирге ислесиў:

2-19-қосымшаларға муўапық схемалар бойынша;

бар мағлыўматлардың тезлигин ҳәм исенимлилигин тәмийинлеген ҳәм нызам ҳүжжетлерине муўапық  мәлимлеме қәўипсизлигин  тәмийинлеў бойынша шөлкемлестириўшилик-техникалық  илажларды көрген ҳалда руқсатсыз пайдаланыўға имкан бермейтуғын қорғалған  телекоммуникация  тармақлары арқалы;

бирге ислесиўши шөлкемлердиң  мәлимлеме системаларына тиккелей жалғаныў яки бирге ислесиўши шөлкемлердиң мағлыўматлар базаларын Бюроның мәлимлеме системасында қайталаў ҳәм турақлы жаңалап барыў ямаса бирге ислесиўши шөлкемлердиң мәлимлеме системаларын Бюроның мәлимлеме системасы  менен интеграциялаў жолы менен;

Бюро ҳәм бирге ислесиўши шөлкем арасында дүзилетуғын электрон бирге ислесиў ҳаққындағы келисимлерге ҳәм технологияық инструкцияларға муўапық әмелге асырылатуғыны белгиленсин.

  1. Бирге ислесиўши шөлкемлердиң мәлимлеме системаларындағы яки мағлыўматлар базаларындағы жетилистириўлер ямаса электрон бирге ислесиў ҳаққындағы технологиялық инструкцияның өзгериўине алып келип атырған ҳәр қандай өзгерис Бюро менен келисе отырып, әмелге асырылатуғыны ҳәм Бирден-бир электрон бирге ислесиў системасына интеграцияланатуғыны белгиленсин.

5.Бюро Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологияларын ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги және бирге ислесиўши шөлкемлер менен бирге 2018-жылдың  1-сентябрине шекем :

бирге ислесиўши шөлкемлер менен электрон бирге ислесиў ҳаққындағы келисимлер ҳәм технологиялық инструкциялар дүзилиўин;

бирге ислесиўши шөлкемлердиң мәлимлеме системалары ҳәм мағлыўматлар базалары менен интеграциялаўды инабатқа ала отырып,  Бирден-бир электрон бирге ислесиў системасының иске түсирилиўин тәмийинлесин.

Бирге ислесиўши шөлкемлердиң  мәлимлеме системалары ҳәм мағлыўматлар базалары менен интеграциялаў бойынша жумыслар, соның  ишинде,  бағдарламалық тәмийинлеўди жаратыў, өз хызметкерлерин электрон санлы қол таңба менен тәмийинлеў Бюро  ҳәм бирге ислесиўши шөлкемлердиң қаржысы есабынан әмелге асырылатуғыны белгиленсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен бирге бир ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында усынысларды киргизсин.

7.Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан  Республикасының Бас министри А.Н. Ариповға ҳәм Өзбекстан Республикасының Бас прокуроры О.Б. Мурадовқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы Президенти                      Ш.Мирзиёев

Ташкент қаласы, 2018-жыл 13-март