Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Жаңа редакциядағы Өзбекстан Республикасы Конституциясы ҳәм «Өзбекстан – 2030» стратегиясының қабыл етилиўи миллий нызамшылықты жетилистириў, нызам дөретиўшилиги процесиниң сапасы ҳәм нәтийжелигин арттырыў, тиккелей әмел ететуғын нызамларды қабыл етиў әмелиятын кеңейтиў, сондай-ақ, ҳуқықый тәртипке салыў турақлылығын тәмийинлеў бойынша бир қатар ўазыйпаларды күн тәртибине қоймақта.
«Өзбекстан – 2030» стратегиясының норма дөретиўшилиги жумысының реформалар менен үйлеслигин тәмийинлеў ҳәм мәмлекеттиң ҳуқықый сиясатының институционаллық тийкарларын раўажландырыў бойынша мақсетине ерисиў, сондай-ақ, нызамлардың жәмийетлик қатнасықларды тәртипке салыўдағы ролин және де арттырыў, атап айтқанда, олардағы ҳуқықый бослықларды толықтырыў ҳәм көрсетилген нормаларын әмелге асырыў бойынша анық илажларды белгилеў ҳәм ҳуқықты қолланыў әмелиятының бир түрделигин тәмийнлеў мақсетинде:
- 2017-2023-жыллары қабыл етилген 135 бирпүтин нызамда жәми 543 көрсетилген норма бар екенлиги, соннан 23 нызамдағы 41 көрсетилген норманы әмелге асырыў бойынша нызамнан келип шығатуғын ҳүжжетлери қабыл етилмегенлиги мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- Мәмлекетлик ҳәм жәмийет қурылыс, суд-ҳуқық, экономика ҳәм социаллық тараўлардағы нызамлардың көрсетилген нормаларын әмелге асырыў бойынша илажлар режеси (кейинги орынларда – илажлар режеси) қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Олий Мажлис палаталары ҳәм Министрлер Кабинетиниң тиккелей әмелге етиўши нызамлардың үлесин избе-из арттырып барыў ҳәм нызамлардағы көрсетилген нормалар өз ўақтында әмелге асырылыўын тәмийнлеў мақсетинде 2024-жылы 1-марттан баслап төмендеги тәртип-қағыйдаларды енгизиў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин:
Нызам жойбарындағы көрсетилген нормаларды әмелге асырыўдың анық мүддетлери ҳәм жуўапкер орынлаўшыларын жойбардың өзинде мәжбүрий тәртипте белгилеў;
Тийисли тараўды тәртипке салыўшы нызам жойбарын таярлаўда усы тараўдағы нызамнан келип шығатуғын ҳүжжетлери менен тәртипке салынған қатнасықларды мүнәсибетлерди нызам дәрежесине көтериў имканиятын додалаў шәртлигин белгилеў ҳәм бул ҳаққында нызам жойбарының түсиндириў хатында көрсетиў;
Нызам күшке кирген күннен баслап бес жыл өтип, жуўапкер мәмлекетлик уйым ҳәм Олий Мажлис палаталарының комитетлери тәрепинен нызамның нәтийжелилигин, мақсети ҳәм күтилген нәтийжелерине ерисилгенин анықлаў ушын оның тәртипке салыў тәсирин баҳалаў әмелиятын енгизиў.
- Нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет жойбарларын ислеп шығыўда пуқаралық жәмийети институтлары, илимий жәмийетшилк ўәкиллерининиң қатнасыўын кеңейтиў, жәмийетлик додалаў системасын жеделлестириў ҳәм норма дөретиўшилиги процессиниң халықшыл болыўын тәмийинлеў мақсетинде 2024-жыл 1-марттан баслап төмендегилерди нәзерде тутыўшы тәртип енгизилсин:
Жаңа редакциядағы Өзбекстан Республикасы Конституциясын ислеп шығыў ҳәм қабыл етиў процесинде топланған унамлы тәжирийбе тийкарында ең әҳмийетли экономикалық ҳәм жәмийетлик-сиясий әҳмийетке ийе нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларын ислеп шығыўдан алдын олардың таярланыўы ҳаққындағы мәлимлеме норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларын додалаў порталына жайластырылады ҳәм дәслеп жәмийетшиликтиң пикир-усыныслары алынып, солар тийкарында тийисли жойбарлар ислеп шығылады;
нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетти күшин жоғалтқан деп табыў бойынша жойбар ислеп шығылғанда, оның тийкарында қабыл етилген төмен турыўшы нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер хатлаўдан өткерилип, оларды да өз күшин жоғалтқан деп табыў мәселеси көрип шығылады.
- Жуўапкер министрлик ҳәм мәкемелер усы қарарға қосымшаға муўапық тастыйықланып атырған илажлар режесинде белгиленген мүддетлерде нызам ҳүжжетлерин сын көзқарастан таллаў, миллий ҳәм халықаралық тәжрийбени терең ҳәм ҳәр тәреплеме үйрениў жуўмақлары бойынша нормативлик-ҳуқықый ҳәм басқа ҳүжжетлердиң пуқта ислеп шығылыўы, келисилиўи ҳәм қабыл етилиўи яки орнатылған тәртипте киргизилиўин тәмийинлесин.
- Әдиллик министрлиги:
нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарлары белгиленген тәртипте келисилиўи ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы, Олий Мажлис ҳәм Министрлер Кабинетине киргизилиўи бойынша мониторинг алып барсын;
илажлар режесинде нәзерде тутылған нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларын ҳуқықый экспертизадан ҳәм уйымлық нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер мәмлекетлик дизимнен өткерилиўи тәмийинлесин;
жәмийетшиликтиң додалаўына шығырылып атырған нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарлары бойынша халықтың усыныс ҳәм шағымларына ислеп шығыўшы тәрепинен мүнәсибет билдирилиўи бойынша тәсиршең бақлаў орнатсын;
Өзбекстан Республикасы Конституциясының мәмлекет аймағында жоқары юридикалық күшке ийе екенлиги ҳәм тиккелей әмел етилиўи ҳаққындағы конституциялық нормалардан келип шығып, нормативлик-ҳуқуқый ҳүжжетлер жойбарларын ҳуқықый экспертизадан өткериўде олардың Өзбекстан Республикасы Конституциясына муўаплығын баҳалаўды айрықша критерия сыпатында белгилесин;
нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларын ҳуқықый экспертизадан өткериўде усы қарар талапларына әмел етилиўин тәмийинлесин;
үш ай мүддетте усы қарар талапларынан келип шығып, ең әҳмийетли экономикалық ҳәм жәмийетлик-сиясий әҳмийетке ийе нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларын жәмийетшилик усыныс ҳәм көрсетпелеринен келип шығып, ең әҳмийетли экономикалық ҳәм жәмийетлик-сиясый әҳмийетке ийе норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларын жәмийетшиликтиң усыныс ҳәм көрсетпелери тийкарында ислеп шығыў бойынша министрлик ҳәм мәкемелер ушын усыныcларды тастыйықласын;
үш ай мүддетте нызамлардың әмелиятта анық ҳәм дурыс қолланыўын тәмийинлеў мақсетинде олардың ҳуқықты қоллаўшыларға ҳәм халыққа түсиндириў бойынша көрилип атырған илажлар нәтийжелигин арттырыў бойынша Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына усыныслар киргизсин.
- Жуўапкер министрлик ҳәм мәкемелердиң биринши басшыларына илажлар режесинде белгиленген нормативлик-ҳуқықый ҳәм басқа ҳүжжетлер жойбарлары өз ўақтында ҳәм сапалы таярланыўы, экспертиза етилиўи ҳәм келисилиўи бойынша жеке жуўапкершилик жүкленсин.
- Олий Мажлис Нызамшылық палатасы ҳәм Сенатына нызамлардың нормалары әмелге асырылыўы бойынша тәсиршең парламент бақлаўын орнатыў усыныс етилсин.
- Усы қарардың орынланыўын бақлаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2024-жылы 19-февраль