МЫРЗА УЛЫҒБЕК АТЫНДАҒЫ ҚӘНИГЕЛЕСТИРИЛГЕН МӘМЛЕКЕТЛИК УЛЫЎМА БИЛИМ БЕРИЎ МЕКТЕП-ИНТЕРНАТЫН ҲӘМ «АСТРОНОМИЯ ҲӘМ АЭРОНАВТИКА» БАҒЫН ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЎ ҲАҚҚЫНДА
Өзбекистан Республикасы Президентиниң қарары
Өзбекистан тарийхында астрономияға байланыслы изертлеўлердиң тамырлары ең әййемги дәўирлерге барып тақалады. Бизиң эрамызға шекемги биринши мың жыллықта Өзбекистан аймағында дийқаншылықтың раўажланған тарийхый-мәдений орайларында Қуяш, Ай ҳәм планеталардың ҳәрекетлениў нызамларына байланыслы терең билимлерге тийарланған ҳалда аўыл хожалығы жумысларын әмелге асырыў мүддетлерин белгилейтуғын календарлар ислеп шығылған. Өзбекистанда астрономия пәниниң жедел пәтлерде раўажланыўы орта әсирлерге туўра келеди. Орта әсирлер дәўириниң уллы идеологлары Муҳаммед ал-Хорезмийдиң, Аҳмед Ферғанийдиң, Әбу Райхан Берунийдиң, әсиресе, Мырза Улығбектиң математика ҳәм астрономияның раўажланыўына қосқан үлкен үлеси дүнья жәмийетшилиги тәрепинен тән алынған.
Астрономия пәниниң келешектеги раўажланыўы талантлы жаслар арасынан усы саланың маман кадрларын таярлаў нәтийжелилигин арттырыўды талап ететуғыны, өсип киятырған жас әўладты астрономияны үйрениў бойынша халқымыздың тарийхый дәстүрлерине садықлық руўхында тәрбиялаў, талантлы жаслардың астрономия ҳәм аэронавтика жумысы саласындағы миллий ҳәм улыўмадүньялық илиминиң жаңа табысларын үйрениўге ҳәм өзлестириўге болған умтылысын раўажландырыў, жаслардың аэронавтика пәнин ҳәм техника тийкарларын ийелеўи ушын шараят жаратыў мақсетинде:
- Өзбекистан Республикасы Илимлер академиясы ҳәм Халық билимлендириў министрлигиниң Илимлер академиясының Астрономия институты (кейинги орынларда – Астрономия институты) жанында 200 оқыўшы орны ҳәм 150 орынлы турақ жайына ийе болған, математика, астрономия, физика ҳәм информатика пәнлерин тереңлестирип оқытыўға қәнигелестирилген Мырза Улығбек атындағы қәнигелестирилген мәмлекетлик улыўма билим бериў мектеп-интернатын (кейинги орынларда – мектеп-интернат) шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
- Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетине мектеп-интернаттың материаллық-техникалық базасынан, педагог кадрлардың потенциалы менен талабынан келип шыға отырып кейинги жылларда оқыўшыларды қабыллаў квоталарына өзгерислер киргизиў ҳуқықы берилсин.
- Астрономия институтына мектептиң оқыў процесинде саланың жетекши қәнигелериниң қатнасыўын тәмийинлеў, институттың бар әсбап-үскенелеринен пайдаланған ҳалда астрономия бойынша сабақлар менен әмелий шынығыўларды шөлкемлестириў ўазыйпасы жүкленсин.
- Ташкент қаласы ҳәкимлигине Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик архитектура ҳәм қурылыс комитети, Халық билимлендириў министрлиги, Қаржы министрлиги, Экономика министрлиги менен биргеликте бир ай мүддетте:
Астрономия институтының аймағында мектеп-интернат имараты менен оқыўшылардың турақ жайын қурыў ушын орын ажыратыў;
мектеп-интернат имараты ҳәм оқыўшылардың турақ жайы қурылысы ушын жойбарлаў-смета ҳүжжетлерин ислеп шығыў;
мектеп-интернатты қурыў ҳәм үскенелеў жумысларын әмелге асырыў ушын Өзбекистан Республикасының 2018-жыл Инвестициялық бағдарламасы шеңберинде Қаржы министрлигиниң жанындағы Билимлендириў ҳәм медицина мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын раўажландырыў қорынан қаржы ажыратыў ўазыйпалары жүкленсин.
- Өзбекистан Республикасы илимлер академиясы, Қаржы министрлиги, Ташкент қаласы ҳәкимлиги, Өзбекистан ветеранларының социалық жумысын қоллап-қуўатлаў «Нураний» қоры, Өзбекистан «Мәҳәлле» қайырқомлық жәмийетлик фонды, Өзбекистан жаслар аўқамы ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллериниң:
Ташкент қаласы, Астрономия көшеси 33-жай мәнзилинде Астрономия институтының аймағында «Астрономия ҳәм аэронавтика» бағын ҳәм Планетарийин шөлкемлестириў;
Астрономия институтының тийкарғы ҳәм тарийхый имаратларын, сондай-ақ, мәдений-тарийхый әҳмийетке ийе болған телескоплар павильонларын капитал оңлаў бойынша усыныслары мақуллансын.
- Өзбекистан Республикасы Қорғаныў министрлиги ҳәм «Өзбекистан ҳаўа жоллары» миллий авиакомпаниясына Ташкент қаласы ҳәкимлигиниң буйыртпасына муўапық Қорғаныў министрлиги, «Өзбекистан ҳаўа жоллары» миллий авиакомпаниясы ҳәм «Ташкент механика заводы» АЖ қарамағындағы самолёт үлгилерин бағда орналастырыў ушын ажыратыў ўазыйпасы жүкленсин.
- Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети еки ай мүддетте мектеп-интернатты ҳәм оның бағын шөлкемлестириў, Астрономия институтының тийкарғы ҳәм тарийхый имаратларын капитал оңлаўға байланыслы мәселелер менен қаржыландырыў дәреклерин анықлаўға қаратылған илажларды көрсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекистан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекистан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик кеңесгөйи А.Н.Юнусходжаевқа жүкленсин.
Өзбекистан Республикасы Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2017-жыл 14-сентябрь
***
Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Мырза Улығбек атындағы қәнигелестирилген мәмлекетлик улыўма билим бериў мектеп-интернатын ҳәм «Астрономия ҳәм аэронавтика» бағын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарарына
ТҮСИНИК
Астрономиялық изертлеўлердиң тамырлары Өзбекистанда ең әййемги дәўирлерге барып тақалады. Өзбекистан аймағында бизиң эрамызға шекемги биринши мың жыллықта аўыл хожалығы жумысларының мүддетлерин белгилеўде Қуяш, Ай ҳәм планеталардың ҳәрекетлениў нызамларына байланыслы терең билимлер тийкарында дүзилген календарлардан пайдаланатуғын дийқаншылыққа қәнигелестирилген раўажланған тарийхый-мәдений орайлар жумыс алып барған. Астрономия илим сыпатында орта әсирлерде жедел раўажланды. Муҳаммед ал-Хорезмий, Аҳмед Ферғаний, Әбу Райхан Беруний, әсиресе, Мырза Улығбек сыяқлы орта әсир уллы идеологларының математика ҳәм астраномияның раўажланыўына қосқан үлкен үлеси пүткил дүнья жәмийетшилиги тәрепинен тән алынған.
Астрономия пәниниң келешекте буннан былай да раўажланыўы талантлы жаслар арасынан маман кадрларды таярлаў нәтийжелилигин арттырыўды талап ететуғынын инабатқа алып, өсип киятырған жас әўладты халқымыздың астрономияны үйрениўдеги уллы дәстүрлери руўхында тәрбиялаў, талантлы жаслардың астрономия ҳәм аэрокомос жумысы саласындағы миллий ҳәм дүнья илиминиң жаңа жетискенликлерин үйрениўге ҳәм өзлестириўге болған умтылысын раўажландырыў, жаслардың аэрокосмикалық илим ҳәм техника тийкарларын ийелеўи ушын шараят жаратыў мақсетинде Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Мырза Улығбек атындағы қәнигелестирилген мәмлекетлик улыўма билим бериў мектеп-интернатын ҳәм «Астрономия ҳәм аэронавтика» бағын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.
Усы қарар менен Астрономия институтының жанында математика, астрономия, физика ҳәм информатика пәнлерин терең үйретиўге қәнигелестирилген Мырза Улығбек атындағы қәнигелестирилген мәмлекетлик улыўма билим бериў мектеп-интернаты шөлкемлестириледи. Мектепте 200 оқыўшының билим алыўы ҳәм 150 орынлы турақ жай имаратының шөлкемлестирилиўи нәзерде тутылған.
Қурылыс-оңлаў билимлендириў мәкемесин үскенелеў жумыслары Өзбекистан Республикасының 2018-жыл Инвестициялық бағдарламасы шеңберинде Қаржы министрлиги жанындағы Билимлендириў ҳәм медицина мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын раўажландырыў қоры қаржылары есабынан әмелге асырылады.
Буйыртпашы сыпатында Ташкент қаласы ҳәкимлигиниң «Бирден-бир буйыртпашы» инжиниринг компаниясы белгиленген болып, барлық қурылыс-оңлаў жумысларын 2018-жылдың 1-августине шекем жуўмақлаў режелестирилген.
Мектеп-интернат 2018-2019-оқыў жылы басланғанға шекем Халық билимлендириў министрлиги тәрепинен барлық зәрүр мебель, оқыў-лаборатория үскенелери, компьютер техникасы, сабақлық және оқыў-методикалық қолланбалар менен тәмийинленеди.
Қарарға муўапық, 2018-2019-оқыў жылынан мектепке 7-класстан баслап ҳәр бир классқа 20 дан оқыўшы қабыл етиледи.
Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетине мектеп-интернаттың материаллық-техникалық базасынан, педагог кадрлардың потенциалы менен талабынан келип шыға отырып, кейинги жылларда оқыўшыларды қабыллаў квоталарына өзгерислер киргизиў ҳуқықы берилген.
Астрономия институты мектептиң оқыў процесинде жетекши қәнигелердиң қатнасыўын тәмийинлейди, бар әсбап-үскенелерден пайдалана отырып строномия бойынша сабақлық ҳәм әмелий шынығыўларды шөлкемлестиреди.
Усы қарар тийкарында Ташкент қаласы, Астрономия көшеси, 33-жай мәнзилинде Астрономия институтының аймағында «Астрономия ҳәм аэронавтика» бағы менен Планетарий шөлкемлестириледи. Сондай-ақ, Астрономия институтының тийкарғы ҳәм тарийхый имаратларын және мәдений-тарийхый әҳмийетке ийе болған телескоплар павильонларын капитал оңлаў нәзерде тутылған.
Усы бағ пенен Планетарийға Ташкент қаласы ҳәкимлиги буйыртпалары тийкарында Қорғаныў министрлиги, «Өзбекистан ҳаўа жоллары» МАК ҳәм «Ташкент механика заводы» АЖ қарамағындағы бар самолёттың үлги (макет)лери ажыратылады ҳәм орнатылады.
2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясының «4.4. Билимлендириў ҳәм илим саласын раўажландырыў:» бөлиминде улыўма орта билим бериў сапасын түп-тийкарынан арттырыў, шет тиллер, информатика ҳәм математика, физика, химия, биология сыяқлы басқа да әҳмийетли ҳәм талап жоқары болған пәнлерди тереңлестирилген түрде үйрениў тийкарғы мақсетлерден бири сыпатында белгиленген.
Бул қарар усы мақсетти әмелиятқа енгизиўге, талантлы балаларды қоллап-қуўатлаўға және излениўшең жасларды илимий-изертлеў жумысларына таярлаўға хызмет етеди.