Өзбекстан Республикасы Президентиниң
қарары
Өткен дәўир даўамында стандартластырыў, метрология ҳәм сертификатлаў тараўындағы жумысларды халықаралық стандартлар тийкарында шөлкемлестириў, бул бағдарда мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлестириўшилердиң жумысын тәртипке салыўдың ҳуқықый тийкарлары белгиленди.
Соның менен бирге, елимиздиң экспорт потенциалын арттырыў, ислеп шығарылып атырған өнимлердиң халықаралық стандартларға муўапықлығын және усы тараўда мәмлекетлик-жеке меншик шерикликти шөлкемлестириўде ең мақул әмелиятларды қолланыў механизмлерин тәмийинлеўге унамсыз тәсир ететуғын системалы кемшиликлер бар.
Ўәкилликли уйымлардың техникалық жақтан тәртипке салыў, регуляторлық ҳәм қадағалаў ўазыйпалары системасының гөнергенлиги себепли миллий аккредитация системасы шет ел базарларында жүз берип атырған өзгерислерди есапқа алмай атыр, бул болса талап жоқары болған товарлар, жумыслар (хызметлер)дың ислеп шығарылыўын ҳәм олардың бәсекиге шыдамлылығын тәмийинлеўге тәсир етпекте.
Муўапықлықты баҳалаў уйымларын аккредитациялаў системасын буннан былай да жетилистириў, экспортқа бағдарланған ҳәм бәсекиге шыдамлы товарлар, жумыслар (хызметлер)ды ислеп шығарыў ушын шараятлар жаратыў, елдиң тутыныў базарын сапасыз өнимлерден қорғаў мақсетинде:
- Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги, Сыртқы саўда министрлиги, Қаржы министрлиги ҳәм Өзбекстан Республикасы бас прокуратруасының:
Өзбекстан Стандартластырыў, метрология ҳәм сертификатластырыў агентлиги жанындағы «Өзбекстан муўапықлығын баҳалаў уйымларын аккредитациялаў орайы» Мәмлекетлик кәрханасы тийкарында Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў миллий агентлиги жанында Аккредитация орайын (кейинги орынларда-Орай) шөлкемлестириў;
Өзбекстан Стандартластырыў, метрология ҳәм сертификатластырыў агентлигиниң муўапықлығын баҳалаў уйымларын аккредитациялаў ҳәм инспекциялық қадағалаў бойынша ўазыйпаларын, сынаў ҳәм калибрлеў лабораторияларын (кейинги орынларда муўапықлықты баҳалаў уйымлары), сондай-ақ, бурын берилген аккредитация гүўалықлары ҳаққындағы орайластырылған мағлыўматлар базасын ҳәм материалларын Орайға өткериў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.
- Төмендегилер Орайдың тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:
муўапықлықты баҳалаў уйымларын аккредитациялаў тараўында бирден б-бир мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыў;
муўапықлықты баҳалаў уйымларын халықаралық стандартларға бола аккредитациялаў, сондай-ақ, муўапықлықты баҳалаў бойынша аккредитацияланған уйымлардың ҳәм метрология хызметлериниң белгиленген шәртлерди ҳәм талапларды орынлаўы үстинен инспекциялық қадағалаўды әмелге асырыў;
халықаралық ҳәм миллий аккредитация уйымлары менен белсене бирге ислесиў, усы тараўда халықаралық стандартлар ҳәм техникалық регламентлерин енгизиў;
муўапықлықты баҳалаў уйымларын аккредитациялаў тараўында миллий ҳәм халықаралық илимий-изертлеў, билимлендириў ҳәм басқа да шөлкемлестириўшилер тәрепинен әмелге асырылып атырған мәмлекетлик илимий-техникалық бағдарламалардың ҳәм жойбарлардың бирден-бир буйыртпашысы ўазыйпаларын орынлаў.
- Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги жанындағы Аккредитация орайының структурасы қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Орай муўапықлықты баҳалаў уйымларын аккредитациялаўды әмелге асыратуғын арнаўлы ўәкилликли уйым болып, ол мәмлекетлик унитар кәрханасы түриндеги юридикалық шахс болып есапланатуғыны;
Орайдың жумыс тараўы товарларды ҳәм хызметлерди баҳалаўды және сертификатлаўды әмелге асыратуғын барлық мәмлекетлик уйымларға, хожалық басқарыўшы уйымларға, хожалық жүргизиўши субъектлерге байланыслы енгизилетуғыны;
көрсетилип атырған хызметлерден, Орайдың бос қаржыларын коммерциялық банклердиң дипозитлеринде жайласырыўдан алынған дәраматлары ҳәм нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер Орай жумысын қаржыландырыў дәреклери есапланатуғыны;
Орай директоры ҳәм орынбасарлары Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги директоры тәрепинен лаўазымға тайынланатуғыны ҳәм лаўазымнан азат етилетуғыны белгилеп қойылсын.
- Орай директорына төмендеги ҳуқықлар берилсин:
Орай структурасына, зәрүр болғанда, басқарма хызметкерлериниң белгиленген штат бирлигине ҳәм мийнетке ҳақы төлеў қоры шеңберинде өзгерислер киргизиў;
ең алдынғы әмелиятларға муўапық миллий стандартларды ислеп шығыў бойынша ўазыйпаларды сапалы орынлаў мақсетинде шәртнама тийкарында жеке консультантларды ҳәм экспертлерди, соның ишинде, шет елли қәнигелерди тартыў;
жоқары маманлықтағы шет елли ҳәм жергиликли қәнигелерди жумысқа қабыл етиў ҳәм оларға мийнет ҳақы және басқа да төлемлердиң муғдарын белгилеў.
Хызметкерлердиң тийкарғы лаўазымлары ҳәм жумысшылардың кәсиплери классификаторы жумысқа қабыл етиў, жумысшы кәсиплер бойынша маманлық разрядларын белгилеўде ең аз мағлыўмат дәрежеси бөлегинде, шет елли жоқары билимлендириў шөлкемлерин питкерген тийисли бағдардағы қәнигелерге байланыслы Орайда қолланыў ушын усыныў қәсийетине ийе екенлиги белгилеп қойылсын.
- Орай 2021-жылдың 1-аперлине шекемги болған мүддетте белгиленген тәртипте тастыйықланатуғын дизимлер бойынша Ө-збекстан Республикасында ислеп шығарылмайтуғын әсбәп-үскенелер, компьютер ҳәм сервер техникасы, техника қураллары, бағдарламалық өним, қәнигелестирилген автотранспорт қураллары, сондай-ақ, басқа да материаллық-техникалық ресурсларды алып кириў ушын бажыхана төлемлерин (бажыхана рәсмийлестириўи ушын жыйымлар буған кирмейди) төлеўден азат етилсин.
- Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги:
Орай Уставын тастыйықласын ҳәм белгиленген тәртипте оның мәмлекетлик дизимнен өткерилиўин тәмийинлесин;
бир ай мүддетте Орайды оның жумысын нәтийжели шөлкемлестириўди жоқары профессионал дәрежеде тәмийинлеўге уқыплы болған маман кадрлар менен толықтырсын;
Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы менен биргеликте еки ай мүддетте барлық бурын берилген әмелдеги аккредитация гүўалықларын толық инвентаризациядан өткерип, нызам ҳүжжетлерине муўапық тийисли илажларды көрсин.
- Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Орайдың буйыртпаларына тийкарланып оған жүкленген ўазыйпаларды орынлаў ушын тартылып атырған шет елли қәнигелерге мәмлекетлик бажы өндирилмей көп мәртелик визалар рәсмийлестирилиўин, берилиўин ҳәм мүддети созылыўын, сондай-ақ, оларды ўақтынша прописка етилиўин, турақ жай бойынша есапқа қойыўын және ўақтынша прописка етиў ҳәм турақ жай бойынша қойыўдың созылыўын тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги Орайдың буйыртпаларына тийкарланып оған жүкленген ўазыйпаларды орынлаў ушын шет елли қәнигелерди республикамызға тартыўға руқсатнамалар берилиўин (созылыўын), сондай-ақ, тартылып атырған шет елли қәнигелерге Өзбекстан Республикасы аймағында мийнет етиўди әмелге асырыў ҳуқықына байланыслы тастыйықлаўлар берилиўин (созылыўын) тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологияларын ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги Орайды белгиленген тәртипте зәрүр байланыс қураллары, соның ишинде, ҳүкиметлик байланыс қураллары менен және жоқары тезликтеги интернет тармағына жалғаныўын тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги тийисли министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте бир ай мүддетте Муўапықлықты баҳалаў уйымларын аккредитациядан өткериў тәртиби ҳаққындағы реже жойбарын тастыйықлаў ушын киргизсин.
- Орай Ташкент қаласы, Ислам Кәримов көшеси, 1-жайға орналастырылсын.
- Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги тийисли министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте бир ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында усыныслар киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги директоры Ш.Н.Содиқовқа ҳәм Өзбекстан Республикасының Бас прокуроры О.Б.Мурадовқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2018-жыл 30-март