Өзбекистан Республикасы Президентиниң қарары

Елимиздиң кино көркем өнери бир әсирден аслам тарийхқа ийе болып, өзине тән раўажланыў жолын басып өтти. Усы дәўир ишинде өзбек киносының тийкары жаратылып, ол халқымыздың мәдений-руўхый турмысында әҳмийетли орын ийеледи.

Ғәрезсизлик жылларында миллий кинематографияның раўажланыўына мәмлекетимиз тәрепинен қаратылып атырған үлкен итибар нәтийжесинде салада белгили бир табысларға ерисилди. Мазмун ҳәм форма жағынан рәң-бәрең кино шығармалар жаратылып, олар тамашагөйлердиң итибарына ийе болды.

Ҳәзирги ўақытта бүгин дүньяда жүз берип атырған глобалласыў процесслериниң, елимизди модернизациялаўдың ҳәм жаңалаўдың тийкарғы ўазыйпалары барлық салалар менен тармақлар қатарында кино көркем өнериниң жумысын да жетилистириўди, саланың раўажланыўы ушын жаңа имканиятлар жаратыўды талап етпекте.

Атап өтиў керек, кинематография саласында нормативлик-ҳуқықый базаның толық емеслиги, кино ислеп шығаратуғын жетекши кәрханалар, соның ишинде, «Өзбекфильм», «Қарақалпақфильм» және «Илимий-көпшилик ҳәм ҳүжжетли фильмлер» киностудияларының материаллық-техникалық базасының физикалық ҳәм руўхый жақтан гөнергени, кинофильмлерди қаржыландырыў системасының бүгинги күнниң талапларына жуўап бермейтуғыны, кинотеатрлар менен маман кадрлардың жетиспейтуғыны саланың раўажланыўына унамсыз тәсир етпекте.

2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында белгиленген ўазыйпаларға тийкарланып, халқымыздың, бәринен бурын, жаслардың сана-сезимине миллий ғәрезсизлик идеяларына садықлық, миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық қәдриятларға ҳүрмет, ана-Ўатанға муҳаббат сезимлерин сиңдириўде үлкен тәсир күшине ийе болған кино көркем өнериниң ролин арттырыў, «Өзбеккино» Милий агентлигиниң жумысын жетилистириў мақсетинде:

  1. Төмендегилер:

Миллий кинематографияны буннан былай да раўажландырыў илажлары бағдарламасын әмелге асырыў бойынша Республикалық комиссияның қурамы 1-қосымшаға муўапық;

Миллий кинематографияны буннан былай да раўажландырыў илажлары бағдарламасы 2-қосымшаға муўапық;

«Өзбеккино» Миллий агентлиги орайлық аппаратының структурасы 3-қосымшаға муўапық;

«Өзбеккино» Миллий агентлигиниң «Қарақалпақкино» агентлиги ҳәм ўәлаятлар және Ташкент қаласы бөлимлериниң үлги структурасы 4-ҳәм 5-қосымшаларға муўапық;

«Республикалық кинофонд» мәмлекетлик унитар кәрханасының структурасы 6-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

«Өзбеккино» Миллий агентлигиниң жанында Өзбекистан кино ғайраткерлери дөретиўшилик аўқамы юридикалық шахс сыпатында шөлкемлестирилсин ҳәм оның структурасы 7-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

«Өзбеккино» Миллий агентлигиниң Бас директорына, зәрүрлик туўылғанда, «Өзбеккино» Миллий агентлигиниң орайлық аппаратына, система шөлкемлерине ҳәм «Қарақалпақкино» агентлигине, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық бөлимлериниң структурасына хызметкерлердиң тастыйықланған шекленген улыўма саны шеңберинде өзгерислер киргизиў ҳуқықы берилсин.

  1. «Өзбеккино» Миллий агентлиги ушын мәмлекетлик буйыртпаға тийкарланып милий кино өнимлерин дөретиў жыллық ислеп шығарыў көлемлериниң төмендеги болжаў көрсеткишлери белгиленсин:

2018-жылы – 20,  2020-жылдан баслап – 30 толық метражлы көркем фильмлер ислеп шығарыў;

2018-жылы – 40 бөлимнен ибарат 20,  2019-жылы – 50 бөлимнен ибарат 25 ҳәм 2020-жылдан баслап  – 60 бөлимнен ибарат 30 ҳүжжетли, илимий-көпшилик, оқыў-методикалық фильмлер, киножылнамалар, киножурналлар ислеп шығарыў;

мультипликацион фильмлерди 2018-жылы 15, 2022-жылдан баслап ҳәр жылы 50 ден ислеп шығарыў;

жас кино дөретиўшилердиң 10 саааттан ибарат қысқа метражлы фильмлерин, балалар ушын юморлық киножурналларды сүўретке алыў;

мәмлекетлик буйыртпа тийкарында ислеп шығарылған фильмлерди дүнья базарына шығарыў ҳәм фестивалларда көрсетиў ушын шет тиллерге субтитрластырыў ҳәм дубляж ислеў;

миллий кинематографияның ең таңламалы шығармаларын тиклеў, реставрациялаў ҳәм заманагөй форматқа өткериў.

  1. Миллий кинематография көркем өнерин заман талаплары тийкарында раўажландырыў, жас кино дөретиўшилерди қоллап-қуўатлаў мақсетинде «Өзбеккино» Миллий агентлигиниң жанында Миллий кинематографияны раўажландырыў қоры (кейинги орынларда Қор деп аталады) шөлкемлестирилсин ҳәм оның қаржыларын қәлиплестириўдиң дәреклери етип төмендегилер белгиленсин:

мәмлекетлик буйыртпа ҳәм Қор қаржылары есабынан ислеп шығарылған фильмлердиң кинопрокатынан түсетуғын қаржылар;

мәмлекетлик буйыртпа ҳәм Қор қаржылары есабынан ислеп шығарылған фильмлерди таныстырыў ўақтында орналастырылатуғын коммерциялық дағазалардан түсетуғын қаржылардың 10 (он) процентине тең муғдардағы мәжбүрий ажыратпалар;

Қордың ўақтынша бос қаржыларын нызам ҳүжжетлерине муўапық банк депозитлери түринде ҳәм басқа да формаларда орналастырыўдан түсетуғын дәраматлар;

«Өзбеккино» Миллий агентлиги тәрепинен кино ҳәм басқа да мәдений-социаллық илажларды шөлкемлестириў ҳәм өткериў менен байланыслы болған жумысынан алынатуғын дәраматлар;

юридикалық ҳәм физикалық шахслардың, сондай-ақ, халықаралық шөлкемлердиң қәўендерлик ислери ҳәм нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер.

  1. «Өзбеккино» Миллий агентлиги, Өзбекистан Республикасы Мәденият министрлиги менен Өзбекистан жаслар аўқамының кинофильмлерди таныстырыўын нәтийжели шөлкемлестириў, халыққа, әсиресе, жасларға мәдений хызмет көрсетиў ушын шараят жаратыў мақсетинде елимиздеги бар жаслар, мәденият ҳәм халықтың дем алыў орайларының, лицейлер менен колледжлердиң имаратларынан пайдаланған ҳалда, «Өзбеккино» Миллий агентлигиниң жанында Қарақалпақстан Республикасында ҳәм ўәлаятларда қурамында киши киностудиялары менен заманагөй форматтағы кинозаллары болған регионлық мәдений-кеўилашар комплекслер (кейинги орынларда комплекслер деп аталады) шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысы қабыл етилсин.
  2. Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик архитектура ҳәм қурылыс комитети ҳәм «Өзқалақурылыс ЛИТИ» мәмлекетлик унитар кәрханасы 2018-жылдың 1-январына шекем «Өзбеккино» Миллий агентлигиниң техникалық тапсырмасын ҳәм шет еллердиң алдынғы тәжирийбесин ҳәр тәреплеме үйрениў тийкарында комплекслердиң үлги жойбарын ислеп шықсын, оның майданларында заманагөй кинозалларды (2-қабат), сондай-ақ, саўда-кеўилашар объектлерди (1-қабат) орналастырыўды нәзерде тутсын.
  3. «Өзбеккино» Миллий агентлиги Өзбекистан Республикасы Мәденият министрлиги, Жазыўшылар аўқамы, Сыртқы ислер министрлиги менен биргеликте:

Кинематография саласында кадрларды қайта таярлаў мақсетинде «Өзбеккино» Миллий агентлигиниң жанында белгили кинодөретиўшилер сабақ беретуғын маманлығын арттырыў курсларын ҳәм «Шеберлик мектеплери»н шөлкемлестириў;

Елимиздиң жас, талантлы ҳәм песпективалы кинодөретиўшилериниң маманлығын арттырыў мақсетинде олардың тийисли жетекши шет ел билимлендириў мәкемелеринде турақлы түрде билим алыўына зәрүр шараятлар жаратыў бойынша 2018-жылдың 1 январына шекем Министрлер Кабинетине усыныс киргизсин.

Усы бәнтте көрсетилген илажлар Қор қаржылары есабынан әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. «Өзбеккино» Миллий агентлигиниң жумысын нәтийжели шөлкемлестириў мақсетинде:

«Қарақалпақкино» агентлиги, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы аймақлық бөлимлерин бир-бирден «Дамас» маркалы автомашина менен тәмийинлеў;

«Қарақалпақкино» агентлигине ҳәм ўәлаятлардың аймақлық бөлимлерине бюджеттен тысқары қаржылар есабынан сақланатуғын 4 қосымша штат бирлигин ажыратыў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.

  1. Төмендегилер:

«Өзбеккино» Миллий агентлигиниң орайлық аппараты «Қарақалпақкино» агентлиги ҳәм аймақлық бөлимлерди сақлаўға, сондай-ақ, материаллық-техникалық базасын беккемлеўге байланыслы қәрежетлер Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қаржылары есабынан қапланатуғыны;

Өзбекистан кино ғайраткерлери дөретиўшилик аўқамын сақлаў қәрежетлери Қор қаржылары есабынан әмелге асырылатуғыны;

миллий кино өнимлерин дөретиўдиң белгиленген жыллық ислеп шығарыў көлемлериниң болжаў көрсеткишлери Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик бюджети ҳәм Қор қаржылары есабынан қаржыландырылатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Өзбекистан Республикасы Қаржы Министрлиги:

«Өзбеккино» Миллий агентлигиниң орайлық аппаратына 3 жеке бириктирилген ҳәм 1 нәўбетши хызмет автотранспортын сақлаў ушын лимит ажыратсын;

«Республикалық кинофонд» мәмлекетлик унитар кәрханасының жумысын, 2020-жыл 1-январдан баслап өзин-өзи қаржыландырыўға өтиў шәрти менен Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик бюджетиниң параметрлеринде социаллық салаға нәзерде тутылған қаржылар шеңберинде қаржыландырылыўын тәмийинлесин;

Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик бюджетиниң 2017-жылғы параметрлери шеңберинде «Қарақалпақкино» агентлиги, ўәлаятлар, Ташкент қаласы аймақлық бөлимлерин 1 данадан «Дамас» маркалы автомашина менен тәмийинлеў ушын зәрүр қаржыларды «Өзбеккино» Миллий агентлигине ажыратсын.

  1. «Өзбеккино» Миллий агентлиги:

Әдиллик министрлиги менен биргеликте мәмлекетлик унитар кәрханалары түринде шөлкемлестирилетуғын регионаллық мәдений-кеўилашар комплекслер ҳаққындағы Режени үш ай мүддетте ислеп шықсын ҳәм Министрлер Кабинетине киргизсин;

мәмлекетлик буйыртпа тийкарында ислеп шығарылатуғын кинофильмлердиң идеялық-көркемлик дәрежесин, мазмун-мәнисин ҳәм професионаллық дәрежесин арттырыў мақсетинде сала ғайраткерлеринен, тәжирийбели жетекши қәнигелерден ибарат Көркем кеңестиң қурамын қәлиплестирип, оның Режесин ислеп шықсын және жуўапкер министрликлер ҳәм ведомстволар менен келисилген ҳалда еки ай мүддетте тастыйықласын.

  1. Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети үш ай мүддетте:

усы қарардың орынланыўын тәмийинлеўге қаратылған, соның ишинде, Өзбекистан кино ғайраткерлери дөретиўшилик аўқамы ҳәм Миллий кинематографияны раўажландырыў қоры ҳаққындағы Режени тастыйықлаўды нәзерде тутатуғын ҳүкиметлик қарарды қабыл етсин;

  1. «Өзбеккино» Миллий агентлиги мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте еки ай мүддетте:

нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер менен қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин;

өзлери қабыл еткен нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди усы қарарға муўапықластырсын.

  1. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекистан Республикасы Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекистан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик кеңесгөйи Х.М.Султоновқа жүкленсин.

        Өзбекистан Республикасы Президенти                               Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2017-жыл 7-август

***

 

Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Миллий кинематографияны буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарына

Т Ү С И Н И К

Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев жақында Өзбекистанның дөретиўши зыялылары менен болған ушырасыўда мәденият, әдебият ҳәм көркем өнер саласын раўажландырыў бағдарында мәмлекетимиз тәрепинен әҳмийетли илажлардың белгиленип атырғаны, соның ишинде, бир қатар пәрманлар менен қарарлардың жойбары таярланып атырғаны туўралы айрықша тоқтап өткен еди.

Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен әне, усы әҳмийетли ҳүжжетлерден бириншиси – «Миллий кинематографияны буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарға қол қойылды.

Қарарда 2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында белгиленген ўазыйпаларға тийкарланып, халқымыздың, бәринен бурын, жаслардың сана-сезимине миллий ғәрезсизлик идеяларына садықлық, миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық қәдриятларға ҳүрмет, ана-Ўатанға муҳаббат сезимлерин сиңдириўде үлкен тәсир күшине ийе болған кино көркем өнериниң ролин арттырыў, «Өзбеккино» Милий агентлигиниң жумысын жетилистириў бағдарында әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп берилген.

Қарарға муўапық миллий кинематографияны буннан былай да раўажландырыў илажлары, «Өзбеккино» Миллий агентлигиниң орайлық аппаратының структурасы, «Қарақалпақкино» агентлиги ҳәм ўәлаятлар және Ташкент қаласы бөлимлериниң үлги структуралары, «Республикалық кинофонд» мәмлекетлик унитар кәрханасының структурасы тастыйықланды.

Сондай-ақ, «Өзбеккино» Миллий агентлигиниң жанында Өзбекистан кино ғайраткерлери дөретиўшилик аўқамы юридикалық шахс сыпатында шөлкемлестирилди ҳәм оның структурасы тастыйықланды.

Қарарда «Өзбеккино» Миллий агентлиги ушын милий кино өнимлерин дөретиў бойынша жыллық ислеп шығарыў көлеминиң болжаў көрсеткишлери белгилеп берилген болып,  оған бола, Мәмлекетлик буйыртпаға тийкарланып 2018-жылы – 20,  2020-жылдан баслап – 30 дан толық метражлы көркем фильмлер таярланады.

Соның менен бирге, 2018-жылы – 40 бөлимнен ибарат 20,  2019-жылы – 50 бөлимнен ибарат 25 ҳәм 2020-жылдан баслап  – 60 бөлимнен ибарат 30 ҳүжжетли, илимий-көпшилик, оқыў-методикалық фильмлер, киножылнамаларды, киножурналларды ислеп шығарыў белгиленген.

Жас әўладтың тәрбиясында әҳмийетли орын ийелейтуғын мультипликацион фильмлер 2018-жылы 15, 2022-жылдан баслап болса,  ҳәр жылы 50 ден ислеп шығарыў нәзерде тутылған.

Қарарға бола және бир структура – миллий кинематография көркем өнерин заман талаплары тийкарында раўажландырыў, жас кино дөретиўшилерди қоллап-қуўатлаў мақсетинде «Өзбеккино» Миллий агентлигиниң жанында Миллий кинематографияны раўажландырыў қоры шөлкемлестирилмекте.

Қарарда «Өзбеккино» Миллий агентлиги, Өзбекистан Республикасы Мәденият министрлиги менен Өзбекистан жаслар аўқамы тәрепинен билдирилген усыныслар тийкарында кинофильмлерди таныстырыўды нәтийжели шөлкемлестириў, халыққа, әсиресе, жасларға мәдений хызмет көрсетиў ушын шараят жаратыў мақсетинде елимиздеги бар жаслар, мәденият ҳәм халықтың дем алыў орайларының, лицейлер менен колледжлердиң имаратларынан пайдаланған ҳалда, «Өзбеккино» Миллий агентлигиниң жанында Қарақалпақстан Республикасында ҳәм ўәлаятларда қурамында киши киностудиялары менен заманагөй форматтағы кинозаллары болған регионлық мәдений-кеўилашар комплекслер қурыў ўазыйпасы белгиленген.

Соның менен бирге,  кинематография саласында кадрларды қайта таярлаў мақсетинде «Өзбеккино» Миллий агентлигиниң жанында маманлық арттырыў курслары шөлкемлестириледи, белгили кинодөретиўшилер сабақ беретуғын «Шеберлик мектеплери»ниң жумысы жолға қойылады.

Елимиздеги жас, талантлы ҳәм песпективалы кинодөретиўшилердиң маманлығын арттырыў мақсетинде олардың шет елдеги тийисли жетекши билимлендириў мәкемелеринде турақлы түрде билим алыўы ушын зәрүр шараятлар жаратып бериледи.

Мәмлекетлик буйыртпа тийкарында ислеп шығарылатуғын кинофильмлердиң идеялық-көркемлик дәрежесин, мазмун-мәнисин ҳәм профессионаллық дәрежесин арттырыў мәселесине де қарарда айрықша итибар қаратылып, усы мақсетте кино саласының жетекши ғайраткерлери менен тәжирийбели қәнигелеринен ибарат Көркем кеңестиң дүзилиўи белгиленген.