Өзбекстан Республикасы Президентиниң
п ә р м а н ы
Республика халқының дәраматлары ҳәм турмыс дәрежесин буннан былай да турақлы арттырып барыў, пуқараларды социаллық қоллап-қуўатлаўды күшейтиў мақсетинде:
- 2018-жылдың 15-июлинен баслап бюджет мәкемелери ҳәм шөлкемлери хызметкерлериниң мийнет ҳақысы, пенсиялар, стипендиялар ҳәм напақалардың муғдары орташа есапта 1,07 есеге арттырылсын.
- 2018-жылдың 15-июлинен баслап Өзбекстан Республикасы аймағында ең кем:
мийнет ҳақы—айына 184 300 сум;
жасына байланыслы пенсиялар – айына 360 460 сум;
балалықтан майыпларға берилетуғын напақа – айына 360 460 сум;
зәрүр мийнет стажына ийе болмаған кексе жастағы ҳәм мийнетке жарамсыз пуқараларға берилетуғын напақа айына 221 190 сум муғдарында белгиленсин.
- Мийнет ҳақы ҳәм пенсияларға қосылған үстеме және қосымша ҳақылардың барлық түрлери, ең кем мийнет ҳақыға байланыслы белгиленген компенсация ҳәм басқа да төлемлер 2018-жылдың 15-июлинен баслап усы Пәрманда белгиленген ең кем мийнет ҳақы муғдарынан келип шыққан ҳалда әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын.
- Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги ҳәм басқа да мәпдар министрликлер менен ведомстволар, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери, Мәмлекетлик бюджеттен қаржыландырылатуғын шөлкемлер және мәкемелер менен биргеликте пенсиялар, стипендиялар ҳәм бюджет мәкемелери менен шөлкемлери хызметкерлериниң лаўазым айлықларының муғдарын усы Пәрман қағыйдаларынан келип шыққан ҳалда өз ўақтында қайта есаплап шығыўды тәмийинлесин.
- Бюджет мәкемелери ҳәм шөлкемлери хызметкерлериниң мийнет ҳақысы, пенсиялар, напақалар ҳәм стипендиялардың арттырылыўына байланыслы жумсалатуғын қәрежетлер Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети ҳәм Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги жанындағы Бюджеттен тысқары пенсия қоры қаржылары есабынан әмелге асырылсын.
Хожалық есабындағы кәрхана ҳәм шөлкемлер 2018-жылдың 15-июлинен баслап усы Пәрманда белгиленген ең кем мийнет ҳақыға муўапық, өндиристиң нәтийжелилигин арттырыў ҳәм мийнеттиң сарыпланыўын азайтыў есабынан мийнет ҳақы муғдарын арттырсын.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 20-ноябрьдеги «Мийнет ҳақы, пенсиялар, стипендиялар ҳәм напақалардың муғдарын арттырыў ҳаққында»ғы ПП-5245-санлы Пәрманы (6-бәнтин буған киргизбеген ҳалда) 2018-жылдың 15-июлинен өз күшин жойытқан деп есаплансын.
- Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги Қаржы министрлиги менен биргеликте бир ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – қаржы министри Ж.А.Қўчқоровқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2018-жыл 2-июль