Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы
Халықтың турмыс дәрежесин арттырыўға қаратылған илажлар көлемин кеңейтиў, пуқаралардың дәраматларын избе-из арттырып барыў сиясатын даўам етиў ҳәм олардың социаллық қорғалыўын күшейтиў, сондай-ақ, педагог ҳәм медицина хызметкерлериниң мийнетин қосымша хошаметлеў мақсетинде:
- 2024-жыл 1-сентябрьден баслап пенсиялар ҳәм напақалардың муғдары 15 процентке арттырылсын. Онда:
пенсияны есаплаўдың базалық муғдары – айына 428 000 сум етип;
жасқа байланыслы ең аз пенсия муғдары – айына 834 000 сум етип;
майыплық пенсияларының ең аз муғдары – айына 920 000 сум етип;
пуқараларға төленетуғын басқа пенсиялар ҳәм напақалардың муғдарлары қосымшаға муўапық белгиленсин.
- 2024-жыл 1-октябрьден баслап:
Бюджет шөлкемлеринде ислейтуғын медицина хызметкерлери, сондай-ақ, мектепке шекемги, улыўма билимлендириў, орта арнаўлы, профессионал ҳәм мектептен тысқары билимлендириў мәкемелери ҳәм шөлкемлери, «Мүриўбет» интернат үйлери, «Меҳрибанлық» ҳәм Балалар үйлери, балалар санаторияларында ислейтуғын педагог хызметкерлердиң мийнет ҳақы муғдары – 15 процентке арттырылсын;
Бюджет шөлкеми хызметкерлериниң мийнет ҳақы муғдары – 10 процентке арттырылсын, усы бәнттиң екинши хатбасында нәзерде тутылған хызметкерлерден тысқары;
мийнетке ҳақы төлеўдиң ең аз муғдары – айына 1 155 000 сум етип белгиленсин;
базалық есаплаў муғдары – 375 000 сум етип белгиленсин.
- Бюджет шөлкемлери хызметкерлериниң мийнет ҳақылары, пенсиялар ҳәм напақалар муғдарының арттырылыўы менен байланыслы қәрежетлер Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети ҳәм Экономика ҳәм қаржы министрлиги жанындағы бюджеттен тысқары Пенсия қоры қаржылары есабынан қаплансын.
- Жумыс бериўшилерге мийнет ҳақы муғдарын нызамшылық ҳүжжетлеринде белгиленген мийнетке ҳақы төлеўдиң ең аз муғдарынан кем болмаған ҳалда төлеўди тәмийинлеп, мийнет ҳақы муғдарын мийнетке ҳақы төлеўдиң ең аз муғдарынаа муўапық арттырыў усыныс етилсин.
- Экономика ҳәм қаржы министрлиги Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы ҳәм Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги менен биргеликте усы Пәрманның мақсети, ўазыйпалары ҳәм оннан күтилип атырған нәтийжелерди ғалаба хабар қураллары, интернет ҳәм социаллық тармақларда кеңнен сәўлелендириў жумысларын шөлкемлестирсин.
- Усы Пәрманның орынланыўын тәмийинлеў ушын жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип Бас министрдиң орынбасары Ж.А.Қўчқоров белгиленсин.
Пәрманның орынланыўын додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2024-жыл 12-август