Өзбекстан Республикасы Президентиниң

қ а р а р ы

Мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларда белсендилик көрсетип, өзиниң билими ҳәм қәбилети, ҳадал ҳәм жемисли мийнети менен Ўатанымыздың раўажланыўына мүнәсип үлес қосып атырған, жоқары мәнаўиятлы, еркин пикирлейтуғын, беккем турмыслық позицияға, кең дүнья танымға ҳәм жоқары потенциалға ийе, елимиздиң келешеги ушын жуўапкершиликти өз мойнына алатуғын пидайы ҳәм мәрт жигитлеримизди мүнәсип хошаметлеў мақсетинде және Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 5-июльдеги «Жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясаттың нәтийжелилигин арттырыў ҳәм Өзбекстан жаслар аўқамының жумысын қоллап-қуўатлаў ҳаққында»ғы ПП-5106-санлы пәрманына ҳәм 2017-жыл 21-ноябрьдеги «Мард ўғлон» мәмлекетлик сыйлығын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы ПҚ-3402-санлы қарарына тийкарланып:

  1. Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик сыйлықлар ҳәм геральдика бойынша комиссияның Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының қәбилетли жигитлерин илим, билимлендириў, медицина, мәденият, әдебият, көркем өнер, спорт, өндирис, әскерий хызмет тараўларындағы ҳәм ҳуқық қорғаў уйымларындағы жумысында ерискен айрықша жетискенликлери ушын «Мард ўғлон» мәмлекетлик сыйлығы менен сыйлықлаў ҳаққындағы усыныслары қосымшадағы дизимге муўапық мақуллансын.
  2. «Мард ўғлон» мәмлекетлик сыйлығы менен сыйлықланғанларға «Жаслар күни» алдынан өткерилетуғын салтанатларда лауреатлық дипломлары менен көкирек белгилери тапсырылсын.
  3. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги «Мард ўғлон» мәмлекетлик сыйлығы ийелериниң ҳәр бирине ең кем мийнет ҳақының 50 есеси муғдарында ақшалай сыйлық берилиўин тәмийинлесин.
  4. Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы ҳәм басқа да ғалаба хабар қуралларына «Мард ўғлон» мәмлекетлик сыйлығы ийелериниң ибратлы жумысларын, олардың айрықша қәбилетин ҳәм ерискен жетискенликлерин кеңнен сәўлелендирип барыў усыныс етилсин.
  5. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик кеңесгөйи – Өзбекстан жаслар аўқамы Орайлық Кеңесиниң баслығы Қ.Қ.Қуронбоевқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти   Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2018-жыл 28-июнь

*   *    *

Өзбекстан Республикасы Президентиниң

2018-жыл 28-июньдеги ПҚ-3816-санлы қарарына

қосымша

 

«Мард ўғлон» мәмлекетлик сыйлығы менен сыйлықланғанлардың

ДИЗИМИ

Қарақалпақстан Республикасы бойынша:

Мәмбетназаров Исламбек Муратбаевич – Қарақалпақстан Республикасы суў спорт түрлери бойынша қәнигелестирилген балалар-жас өспиримлер спорт мектебиниң академиялық ескек есиў бойынша тренери.

Сагатов Сабур Бахтияр улы – Шоманай районындағы «Комсервис Шоманай» жеке кәрханасының директоры