Өзбекистан Республикасы Президентиниң бийлиги

Елимизде кекселерге, пенсионерлерге, майыплар менен имканияты шекленген балаларға медициналық-социаллық жәрдемди шөлкемлестириў системасы жаратылды. Халықтың жәрдемге мүтәж қатламларын мәнзилли социаллық қорғаў мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарлары сыпатында белгиленген.

Соның менен бирге, усы салада алып барылып атырған жумысларды қанаатландырарлы, деп болмайды.

Туўма ҳәм нәсиллик кеселликлерди ерте анықлаў және олардың  алдын алыў бойынша көрилип атырған илажлар күтилген нәтийжени бермей атыр. Нәрестелерди перинатал скриниг тексериўинен өткериў туўма нуқсанларды өз ўақтында анықлаўды ҳәм майыплықтың соңғылықта алдын алыўды тәмийинлемей атыр.

Жас балаларды жалпы комплексли скрининг тексериўинен өткериўди шөлкемлестириў ҳәм алып барыўдағы кемшиликлер реабилитация илажларын әмелге асырыў ушын қолайлы пурсаттың қолдан берилиўине және балалардың майыплығы пайда болыўына алып келмекте.

Майыплық топарын анықлаўда ҳәм протез-ортопедия ҳәм реабилитация техника қураллары менен тәмийинлеўде медициналық-мәсләҳәт комиссиялары ҳәм медициналық-мийнет эксперт комиссиялары жумысындағы бюрократлық тәртип-қағыйдалар сапластырылмаған.

Сондай-ақ, майыплар ушын реабилитация техника қуралларын ислеп шығарыў кәрханаларын модернизациялаў талап етиледи.

Майыпларды есапқа алыўдың комплексли системасының жоқ екенлиги, заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларының толық енгизилмегени майыплардың социаллық жағдайын мониторинг етиў ҳәм оларға өз ўақтында зәрүр медициналық-социаллық жәрдем көрсетиў имканиятын бермей атыр.

Майыплықты анықлаў ушын медициналық-социаллық экспертиза өткериўде қолланылып атырған өлшемлер 40 жыл бурынғы методикаға тийкарланған, усы салада терең илимий изертлеўлердиң жоқ екенлиги бул машқаланы және де күшейтпекте.

Майыпларға билим бериўдиң ҳәм оларды жумысқа орналастырыўдың  әмелдеги системасы заманагөй талапларға жуўап бермейди. Майыпларды мийнет етиўге тартыў орташа 2 процентти қурайды, бул болса, жуўапкер мәкемелердиң усы саладағы жумысының төменлигинен дәрек береди.

Билдирилгенлерди инабатқа алып, майыпларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў, медициналық-социаллық жәрдем бериў системасын буннан былай да жетилистириў, майыплардың турмыс сапасын жақсылаў, билим алыўда ҳәм жумысқа орналасыўда оларға ҳәр тәреплеме көмеклесиў мақсетинде:

  1. Өзбекистан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Халық билимлендириў министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлигиниң майыпларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў саласындағы жумысы қанаатландырарсыз деп табылсын.
  2. Майыпларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў системасын түп-тийкарынан жетилистириўге қаратылған усынысларды таярлаў бойынша комиссия қосымшаға муўапық қурамда шөлкемлестирилсин.
  3. Төмендегилер Комиссияның тийкарғы ўазыйпалары сыпатында белгиленсин:

майыпларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўды тәмийинлеў саласындағы нызамшылықты ондағы бослықларды, кемшиликлерди ҳәм коррупциялық факторларды анықлаў көз-қарасынан инвентаризациялаў ҳәм талықлаў;

майыпларға медициналық-социаллық жәрдем көрсетиў жағдайын, олардың билим алыў ҳәм жумысқа орналасыў ҳуқықларының әмелге асырылыўын, сондай-ақ, майыпларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўды тәмийинлеў саласындағы ўәкилликли уйымлардың жумысын сын көз-қарастан үйрениў;

майыплардың ҳуқықларын тәмийинлеў саласындағы улыўма тән алынған нормалар менен стандартларды, сондай-ақ, халықаралық шөлкемлердиң усынысларын үйрениў;

медициналық-маманлық комиссиялар ҳәм медициналық-мийнет эксперт комиссияларының жумысында ашық-айдынлықты және жәриялылықты тәмийинлеў, тәртип-қағыйдаларды өткериўди әпиўайыластырыў ҳәм олардың мүддетлерин қысқартыў мақсетинде қайта көрип шығыў;

майыпларды социаллық реабилитациялаў, оларды кәсипке таярлаў, қайта таярлаў, сондай-ақ, олардың маманлығын арттырыў бойынша, биринши гезекте, майыпларды жумыс пенен тәмийинлеўге қаратылған жумыслардың жағдайын талқылаў;

майыплар ушын протез-ортопедия ҳәм реабилитация техника қуралларын ислеп шығарыў кәрханаларын модернизациялаў ҳәм техникалық жаңалаў, сондай-ақ, шет ел инвестицияларын тарта отырып, заманагөй өндиристи шөлкемлестириў бойынша үйрениўлер өткериў ҳәм усыныслар таярлаў;

майыплардың жәмийетлик транспорттан, соцаиллық ҳәм басқа да инфраструктура объектлеринен иркинишсиз пайдаланыўын тәмийинлеў жағдайын талқылаў;

майыпларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўды тәмийинлеў, туўма ҳәм нәсиллик кеселликлерди ерте анықлаў және олардың алдын алыў саласындағы нызамшылықты ҳәм ҳуқықты қолланыў әмелиятын буннан былай да жетилистириў, сондай-ақ, халықтың кең қатламлары арасында саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаўды, соның ишинде, ерте ҳәм туўысқанлар арасындағы некелердиң алдын алыў жумысларын түп-тийкарынан күшейтиў бойынша илажларды ислеп шығыў.

  1. Комиссия:

бир ҳәпте мүддетте өзине жүкленген ўазыйпаларды сапалы ҳәм өз ўақтында торынлаўды тәмийинлеў ушын жумысшы топарларын шөлкемлестирсин, сондай-ақ, майыпларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў системасын үйрениў, усы саладағы нызамшылықты ҳәм ҳуқықты қолланыў әмелиятын талқылаў бойынша илажлардың режесин тастыйықласын;

2017-жыл 15-сентябрьге шекемги мүддетте майыпларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў системасын буннан былай да жетилистириў бойынша тийкарланған усынысларды киргизсин.

  1. Комиссияға министрликлер менен ведомстволардың қәнигелерин, республикалық илимий ҳәм билимлендириў мәкемелериниң ўәкиллерин, сондай-ақ, халықаралық ҳәм шет елли шөлкемлердиң ресурслары менен экспертлерин тартыў ҳуқықы берилсин.
  2. Жуўапкер министрликлер менен ведомстволар, Қарақалпақстан Республикасы Министрликлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери Комиссияға жүкленген ўазыйпаларды әмелге асырыўда ҳәр тәреплеме көмеклессин.
  3. Усы бийликтиң орынланыўын қадағалаў Өзбекистан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекистан Республикасының Бас прокуроры И.Б.Абдуллаевқа жүкленсин.

Өзбекистан Республикасы

Президенти           Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2017-жыл 1-август

***

Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Майыпларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы бийлигине

Т Ү С И Н И К

Елимизде кекселерге, пенсионерлерге, майыплар менен имканияты шекленген балаларға медициналық-социаллық жәрдемди шөлкемлестириў системасы жаратылды. Халықтың жәрдемге мүтәж қатламларын мәнзилли социаллық қорғаў мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларынан бири сыпатында белгиленген.

Соның менен бирге туўма ҳәм нәсиллик кеселликлерди ерте анықлаў және алдын алыў бойынша көрилип атырған илажлар күтилген нәтийжени бермей атыр.

Соның ишинде, быйылғы жылдың 1-январь ҳалатына 650 284 шахс майып деп табылған, олардың 84 908 ин 16 жасқа шекемги балалар қурайды. Оларға ҳәр жылы Мәмлекетлик бюджеттен 2,5 триллион сум муғдарында пенсия ҳәм напақалар төленеди.

Үйрениўлер денсаўлықты сақлаў уйымлары тәрепинен ҳәмиледар ҳаяллардың 60 проценттен асламы скрининг тексериўлери менен қамтып алынбағанлығын көрсетти. Кеселликлер өз ўақтында анықланбағанлығы ақыбетинде 3 568 бала туўма нуқсанлар менен туўылған.

Республикада нәрестелерге байланыслы өткерилип атырған перинатал скрининг изертлеўлер тек еки түрдеги изертлеўлерди өз ишине алады (қалқан сыяқлы без (буғақ) гармоны жетиспеўшилиги, ақылый қалақлыққа алып келетуғын нуқсанлар) және усы туўма нуқсанларды өз ўақтында анықлаў ҳәм майыплықтың соңғылықта алдын алыў ушын жетерли болмай атыр.

Жас балаларды жалпы комплексли скрининг изертлеўди шөлкемлестириўдеги ҳәм өткериўдеги кемшиликлер реабилитация илажларын әмелге асырыў ушын қолай пурсаттың өткерилип жиберилиўине және балалар майыплығы пайда болыўына алып келмекте.

Майыплық топарын анықлаў ҳәм протез-ортопедия және реабилитация техника қураллары менен тәмийинлеўде медициналық-мәсләҳәт эксперт комиссияларының жумысында бюрократлық тәртип-қағыйдалар сапластырылмаған. 2016-жылы ҳәм быйылғы жылдың биринши ярым жыллығында Өзбекистан Республикасы Президентиниң Виртуал қабыллаўханасына ҳәм Өзбекистан Республикасы Бас прокуратурасының «исеним телефоны» на 5 521 мүрәжат келип түскенлиги де буннан дәрек береди.

Майыпларды есапқа алыўдың комплексли системасы, майыпларға жеңилликли шәртлерде берилетуғын дәри қураллары ҳәм ортопедия буйымларының бирден-бир электрон есабы және усы салада ашық-айдынлықтың жоқ екенлиги майыплардың социаллық жағдайын мониторинг етиў ҳәм оларға өз ўақтында зәрүр медициналық-социаллық жәрдем көрсетиў имканиятын бермейди, айрықша жағдайларда коррупцияны, талан-таражлықты ҳәм басқа да өз мәпине пайдаланыўшылықларды келтирип шығарады.

«Өзбекистан Республикасында майыпларды социаллық қорғаў ҳаққында»ғы Өзбекистан Республикасы Нызамының 9-статьясында нәзерде тутылған майыплардың кириўи ушын қолайластырылмаған жағдайда елатлы пунктлерди жойбарлаўға ҳәм қурыўға, транспорт қуралларын ислеп шығарыўға жол қоймаўы ҳаққындағы норма толық әмелге асырылмай атыр. Майыплардың спорт, мәденият, билимлендириў ҳәм бос ўақтын мазмунлы өткеретуғын басқа да социаллық объектлерден еркин пайдалыныўы зәрүр дәрежеде тәмийинленбеген. Имканияты шекленген балалардың бос ўақтын мазмунлы өткеретуғын арнаўлы орынларды шөлкемлестириў бойынша инталылық жоқ.

Сондай-ақ, майыплар ушын реабилитация техника қуралларын ислеп шығарыў бойынша кәрханаларды модернизациялаў талап етиледи.

Республикада майыплар ушын протез өнимлерин ҳәм реабилитация техника қуралларын ислеп шығарыў бойынша 7 кәрхана жумыс алып барады, олардың тек екеўи заманагөй талапларға жуўап береди. Басқа кәрханаларда пайдаланылып атырған әсбап-үскенелер тозған болып, ол таярланатуғын буйымлардың, биринши гезекте, протез-ортопедия буйымларының сапасына және қолайлылығына тәсир етеди.

Ўәкилликли мәмлекетлик уйымлардың майыпларға медициналық-социаллық жәрдем көрсетиў бағдарындағы жумысы жәрдемге мүтәж шахсларды излеў ҳәм есапқа алыўға тилек жоқлығы себепли қағыйда тәризинде, сол майыплардың арзалары тийкарында шөлкемлестириледи.

Майыпларға билим бериўдиң әмелдеги системасы заман талапларына жуўап бермейди, оларды мийнет етиўге тартыў дәрежеси оғада төмен болып есапланады, бул жуўапкер ведомстволардың усы бағдарда жетерли жумыс алып бармай атырғанлығынан дәрек береди.

Сол себепли, мәмлекет басшысының усы жыл 1-августта қабыл етилген бийлиги менен Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Халық билимлендириў министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлигиниң майыпларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў саласындағы жумысы қатнаатландырарсыз деп табылды.

Майыпларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў, медициналық-социаллық жәрдем бериў системасын буннан былай да жетилистириў, майыплардың турмыс сапасын жақсылаў, билим алыўға ҳәм жумысқа орналасыўға оларға ҳәр тәреплеме жәрдем бериў мақсетинде бийликке муўапық Майыпларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў системасын түп-тийкарынан жетилистириўге қаратылған усынысларды таярлаў бойынша комиссия шөлкемлестирилди.

Комиссияның тийкарғы ўазыйпалары етип төмендегилер белгиленди:

майыпларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўды тәмийинлеў саласындағы нызамшылықты ондағы бослықларды, кемшиликлерди ҳәм коррупциялық факторларды анықлаў көз-қарасынан инвентаризациялаў және талқылаў;

майыпларға медициналық-социаллық жәрдем көрсетиў жағдайын, олардың билим алыў ҳәм жумысқа орналасыў ҳуқықларының әмелге асырылыўын, сондай-ақ, майыпларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўды тәмийинлеў саласындағы ўәкилликли уйымлардың жумысын сын көз-қарастан үйрениў;

майыплардың ҳуқықларын тәмийинлеў саласындағы улыўма тән алынған нормалар менен стандартларды, сондай-ақ, халықаралық шөлкемлердиң усынысларын үйрениў;

медициналық-маманлық комиссиялары ҳәм медициналық-мийнет эксперт комиссияларының жумысында ашық-айдынлықты тәмийинлеў, тәртип-қағыйдаларды өткериўди әпиўайыластырыў ҳәм олардың мүддетлерин қысқартыў мақсетинде қайта көрип шығыў;

майыпларды социаллық реабилитациялаў, оларды кәсипке таярлаў, қайта таярлаў, сондай-ақ, олардың маманлығын арттырыў бойынша, биринши гезекте, майыпларды жумыс пенен тәмийинлеўге қаратылған жумыслардың жағдайын талқылаў;

майыплар ушын протез-ортопедия ҳәм реабилитация техника қуралларын ислеп шығарыў кәрханаларын модернизациялаў және техникалық жаңалаў, сондай-ақ, шет ел инвестицияларын тартқан ҳалда заманагөй өндиристи шөлкемлестириў бойынша үйрениўлер өткериў ҳәм усыныслар таярлаў;

майыплардың жәмийетлик транспорттан, социаллық ҳәм басқа да инфраструктура объектлеринен иркинишсиз пайдаланыўын тәмийинлеў жағдайын талқылаў;

майыпларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўды тәмийинлеў саласындағы нызамшылықты ҳәм ҳуқықты қолланыў әмелиятын буннан былай да жетилистириў, туўма ҳәм нәсиллик кеселликлерди ерте анықлаў және алдын алыў, сондай-ақ, халықтың кең қатламлары арасында саламат турмыс тәризин, соның ишинде, ерте ҳәм туўысқанлар арасындағы некелердиң алдын алыў жумысларын үгит-нәсиятлаўды түп-тийкарынан күшейтиў бойынша илажлар ислеп шығыў.

Буннан тысқары Комиссияға өзине жүкленген ўазыйпаларды сапалы ҳәм өз ўақтында орынлаўды тәмийинлеў ушын жумысшы топарларын шөлкемлестириў, майыпларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў системасын үйрениў, усы саладағы нызамшылықты ҳәм ҳуқықты қолланыў әмелиятын талқылаў бойынша илажлар режесин тастыйықлаў, сондай-ақ, усы жыл 15-сентябрьге шекемги мүддетте майыпларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў системасын буннан былай да жетилистириў бойынша тийкарланған усынысларды киргизиў тапсырылды.

Бийликте нәзерде тутылған илажлардың әмелге асырылыўы майыпларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўға, медициналық-социаллық жәрдем бериў системасын буннан былай да жетилистириўге, билим алыў ҳәм жумысқа орналасыўда оларға ҳәр тәреплеме жәрдем бериўге, коррупциялық көринислерди ҳәм басқа да ҳуқықбузарлықларды сапластырыўға, соңғы нәтийжеде майыплардың кеўли толып жасаўы ушын зәрүр шараятларды жаратыўға хызмет етеди.