Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Үзликсиз билимлендириў бирден-бир системасының әҳмийетли буўыны сыпатында мектепке шекемги билимлендириў системасын буннан былай да жетилистириў, хызметкерлердиң мийнетине ҳақы төлеў ҳәм материаллық хошаметлеўдиң мүнәсип шараятларын жаратыў, жоқары маман кадрларды, соның ишинде, питкериўшилерди тартыў, жәмийетте мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери педагогларының абыройын арттырыў мақсетинде:
- Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги, Қаржы министрлиги ҳәм Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлигиниң мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери хызметкерлериниң айырым категорияларының:
а) 2018-жыл 1-марттан баслап – баслықлар, тәрбияшылар, методистлер, оқытыўшылар, дефектологлар, психологлар, музыка басшылары ҳәм тәрбияшының жәрдемшилери мийнетине ҳақы төлеўдиң базалық тариф ставкаларын 30 процентке;
б) 2018-жыл 1-сентярьден баслап:
таярлық (5 жастан 6-7 жасқа шекем) топарының тәрбияшылары, жоқары мағлыўматлы оқытыўшылар, дефектологлар, психологлардың мийнетине ҳақы төлеўдиң базалық тариф ставкаларын, олардың базалық тариф ставкалары муғдарларын улыўма билим бериў мектеплери баслаўыш класс оқытыўшыларының базалық тариф ставкалары муғдарларына теңлестирген ҳалда 30 процентке;
жоқары ямаса орта арнаўлы, кәсип-өнер педагогикалық мағлыўматлы тәрбияшының орынбасарлары мийнетине ҳақы төлеўдиң базалық тариф ставкаларын 20 процентке;
мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери басшыларының мийнетине ҳақы төлеўдиң базалық тариф ставкаларын 10 процентке дифференцияллап арттырыў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
- Қашқадәрья ўәлаятының Дийқанабад, Касби, Миришкор, Қамаши, Чироқчи, Нишон, Яккабоғ ҳәм Ғузор районларында, Бухара ўәлаятының Алат, Шофиркон, Қоракўл, Пешку ҳәм Ромитан районларында, Сурхандәрья ўәлаятының Қизириқ, Музработ, Олтинсой, Бойсун, Қумқўрған, Узун, Сариосиё районларында жайласқан мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мәкемелеринде балалар сақланғаны ушын әмелдеги ата-аналар төлеминиң муғдары 2023-жыл 1-январьға шекемги мүддетте еки есеге азайтылсын.
- 2018-жыл 1-марттан баслап мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мәкемелеринде тәрбияшының жәрдемшиси мийнетине ҳақы төлеў тәртиби базалық тариф ставкаларынан келип шығып енгизилсин.
- Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги:
2018-жылы усы қарарға муўапық мәмлекетлик билимлендириў мәкемелери хызметкерлериниң мийнетине ҳақы төлеўдиң базалық тариф ставкаларын арттырыў бойынша қосымша қәрежетлер Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети есабынан қаржыландырылыўын тәмийинлесин, 2019-жылдан баслап болса Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети параметрлерин қәлиплестириўде усы қәрежетлерди нәзерде тутсын;
мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерин материаллық хошаметлеўдиң арнаўлы қорын қәлиплестириўге нызам ҳүжжетлеринде белгиленген мийнетке ҳақы төлеў фондының қатаң түрде 15 проценти муғдарында қосымша қаржылар ажыратылыўын тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги материаллық хошаметлеўдиң арнаўлы қоры қаржыларынан мақсетли ҳәм мәнзилли пайдаланылыўы үстинен системалы қадағалаў орнатсын. Мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери қәрежетлери сметаларында олар айрықша қатарда ажыратылыўын нәзерде тутсын.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Өзбекстан Республикасының 2018-жылғы тийкарғы макроэкономикалық көрсеткишлери болжаўы ҳәм Мәмлекетлик бюджет параметрлери ҳаққында»ғы 2017-жыл 2o-декабрьдеги ПҚ-3454-санлы қарарының 32-қосымшасына қосымшаға муўапық өзгерис киргизилсин.
- Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында бир ҳәпте мүддетте Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Қ.В.Акмаловқа, Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – қаржы министри Ж.А.Қўчқаровқа ҳәм мектепке шекемги билимлендириў министри А.В.Шинге жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2018-жыл 28-февраль
* * *
Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери хызметкерлериниң айырым категориялары мийнетине ҳақы төлеўди жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарына ТҮСИНИК
Елимиз Президентиниң басламасы менен ҳәзирги күнде үзликсиз билимлендириў системасының әҳмийетли буўыны болған мектепке шекемги билимлендириў тараўын раўажландырыў ҳәм жумысын жетилистириў, тәрбияланыўшылар ушын қолайлы шараятлар жаратыў бойынша кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта. Усы реформалардың логикалық даўамы сыпатында «Мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери хызметкерлериниң айырым категориялары мийнетине ҳақы төлеўди жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарын атап өтиўимиз мүмкин.
Өткен жыллар даўамында мектепке шекемги билимлендириў системасында жумыс ислеп атырған басшы ҳәм педагог хызметкерлердиң, мектепке шекемги билимлендириў мәкемесиндеги тәлим-тәрбияға жуўапкер хызметкерлердиң мийнетин хошаметлеўге жетерли дәрежеде итибар қаратылмағанлығын атап өтиў зәрүр.
Мәселен, 1993-жылға шекем мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң тәрбияшысы ҳәм улыўма билим бериў мектеплериниң баслаўыш класс оқытыўшысы мийнетине ҳақы төлеў муғдары бирдей болған болса, Ҳүкиметтиң айрықша қарарлары менен ҳәзирге шекем улыўма билим бериў мектеплери педагог хызметкерлериниң мийнетине ҳақы төлеў муғдарлары бир неше мәрте арттырылғаны ҳалда мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери хызметкерлериниң мийнет ҳақы муғдарлары өзгериссиз қалдырылғанлығы есабынан олардың орташа мийнет ҳақы муғдары улыўма билим бериў мектебиниң баслаўыш класс оқытыўшысына салыстырғанда тек ғана 60 процентти қурайды.
Бул болса. өз гезегинде, мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери педагог хызметкерлериниң таланты, кәсиплик шеберлиги ҳәм жумысында жеке үлеси көзге тасланбаўына ҳәм мәкемениң педагогикалық потенциалын төменлетиўге алып келген.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери хызметкерлериниң айырым категориялары мийнетине ҳақы төлеўди жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары, әне, усы мектепке шекемги билимлендириў тараўында жоқарыда атап өтилген қәте-кемшиликлерди сапластырыў мақсетинде қабыл етилген. Усы қарар менен мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң айырым хызметкерлериниң мийнет ҳақы төлемлерин төмендеги муғдарларда 2 басқышта арттырыў нәзерде тутылған:
- 2018-жыл 1-марттан-баслық, тәрбияшы, методист, оқытыўшы, дефектолог, психолог, музыка басшысы ҳәм тәрбияшының жәрдемшиси 30 процентке;
- 2018-жыл 1-сентябрьден:
жоқары мағлыўматқа ийе болған таярлық топары (5 жастан 6-7 жасқа шекем) тәрбияшысы, оқытыўшы, дефектолог, психолог 30 процентке;
жоқары ямаса орта арнаўлы, кәсип-өнер педагогикалық мағлыўматқа ийе болған тәрбияшының жәрдемшиси 20 процентке;
мектепке шекемги билимлендириў мәкемесиниң баслығы 10 процентке.
Соның нәтийжесинде мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мәкемелеринде мийнет етип атырған жәми 93555 хызметкер, соннан 4908 баслық, 3924 жоқары мағлыўматлы тәрбияшы, 39523 орта арнаўлы мағлыўматлы тәрбияшы, 673 методист, 3765 дефектолог, 1450 психолог, 33259 тәрбияшының жәрдемшиси ҳәм 7503 музыка басшысының мийнет ҳақылары сезилерли дәрежеде арттырылады.
Усы қарарда 2018-жыл сентябрь айынан баслап жоқары мағлыўматқа ийе болған таярлық топары (5 жастан 6-7 жасқа шекем) тәрбияшысының мийнетине ҳақы төлеўдиң базалық тариф ставкаларының муғдары улыўма билим бериў мектеплери баслаўыш класс оқытыўшыларының базалық тариф ставкалары муғдарына теңлестирилиўи белгилеп қойылған.
Буннан тысқары, қарар менен мектепке шекемги жастағы балаларды мектепке шекемги билимлендириў менен қамтып алыў дәрежесин арттырыў мақсетинде ҳәм аўыллық жерлердеги халықтың турмыс дәрежесин инабатқа алып, Қашқадәрья ўәлаятының Дийқанабад, Касби, Миришкор, Қамаши, Чироқчи, Нишон, Яккабоғ ҳәм Ғузор районларында, Бухара ўәлаятының Алат, Шофиркон, Қоракўл, Пешку ҳәм Ромитан районларында, Сурхандәрья ўәлаятының Қизириқ, Музработ, Олтинсой, Бойсун, Қумқўрған, Узун, Сариосиё районларында жайласқан мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мәкемелеринде 2023-жылдың 1-январына шекем ата-аналардың төлеминиң төлем муғдарын 50 процентке азайтыў нәзерде тутылған.
Ҳүкиметимиз тәрепинен мектепке шекемги билимлендириў системасында мийнет етип атырған хызметкерлердиң материаллық жақтан қоллап-қуўатланыўы ҳәм аўыллық аймақларда бақшалар ушын ата-аналар төлеминиң кескин азайтылыўы мектепке шекемги жастағы балаларды бақшаларға қамтып алыў дәрежесин арттырыўға ҳәм мектепке шекемги билимлендириў мәкемелеринде тәлим-тәрбияның сапасын және нәтийжелилигин тәмийинлеўге хызмет етеди.