Өзбекистан Республикасы Президентиниң қарары
Мәденият ҳәм көркем өнер шөлкемлериниң, дөретиўшилик аўқамлардың ҳәм ғалаба хабар қуралларының жумысын буннан былай да раўажландырыў, усы салада мийнет етип атырған, өзиниң көркем, жәмийетлик-сиясий руўхтағы дөретиўшилик шығармалары менен халқымыздың руўхый дүньясын арттырыўға, жәмийетимизде тынышлықты-татыўлықты, өз-ара аўызбиршилик ҳәм мийрим-шәпәәт орталығын беккемлеўге мүнәсип үлес қосып атырған шайырлар менен жазыўшылардың, художниклердиң, мәденият ҳәм көркем өнер хызметкерлериниң, журналистлердиң мийнетин хошаметлеў бойынша қосымша шараятлар жаратыў мақсетинде:
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери қалаларда қурылатуғын көп квартиралы арзан турақ жайлар ҳәм аўыллық жерлерде жаңаланған үлги жойбарлар тийкарында қурылатуғын арзан турақ жайларға мүтәж пуқаралардың дизимин белгиленген тәртипте қәлиплестириўде Өзбекистан Миллий мәлимлеме агентлиги, «Өзбеккино» Миллий агентлиги, Өзбекистан Жазыўшылар аўқамы, Өзбекистан Республикасы Мәденият министрлиги системасындағы шөлкемлер, Өзбекистан Журналистлери дөретиўшилик аўқамы, Өзбекистан Көркем өнер академиясы, Өзбекистан композиторлары ҳәм мелодистлери аўқамының ағзалары менен хызметкерлериниң, соның ишинде, усы салалардағы талантлы ҳәм перспективалы жаслардың турақ жайға болған талабы инабатқа алынсын.
- Төмендегилер:
Илим, әдебият ҳәм көркем өнер шығармалары басып шығарылғаны ушын авторлық қәлем ҳақының ең кем ставкалары – 1-қосымшаға муўапық;
ғалабалық атқарыў ушын драмалық, музыкалы ҳәм музыкалы-драмалық, әдебий шығармалар дөретиў бойынша буйыртпаларды орынлағаны ушын, мүсиншилик, сүўретлеў көркем өнери шығармаларын дөреткени, көркем жойбарлаў ҳәм конструкциялаў жумыслары ушын авторлық қәлем ҳақының ең кем ставкалары, сондай-ақ, усы пул Өзбекистан Республикасының Мәмлекетлик бюджети қаржылары есабынан төленгенинде оның ең жоқары ставкалары – 2-қосымшаға муўапық;
Өзбекистан Миллий мәлимлеме агентлиги, телевидение ҳәм радиоканаллары арқалы берилетуғын материаллар ушын қәлем ҳақы төлеўдиң ең кем ставкалары – 3-қосымшаға муўапық;
кинофильмлер ушын әдебий сценарийлерди, оригинал музыкалар ҳәм қосықлардың текстин дөреткени ушын авторлық қәлем ҳақының ең кем ставкалары – 4-қосымшаға муўапық;
кинофильмлер ушын мәсләҳәтлер бериў бойынша қәнигелердиң мийнетине қәлем ҳақы төлеўдиң ең кем ставкалары – 5-қосымшаға муўапық;
кинофильмлердиң постановкасы ушын олардың көркемлик дәрежесине бола сүўретке алыў топарларының дөретиўшилик хызметкерлерине постановка ислегени ушын төленетуғын қәлем ҳақының ең кем ставкалары – 6-қосымшаға муўапық тастыйықлансын ҳәм 2018-жыл 1-январьдан баслап әмелге асырылсын.
Авторлық қәлем ҳақы ҳәм оған байланыслы басқа да төлем түрлерин усы қарардың 1-6-қосымшаларында белгиленген дәрежеден аз муғдарда төлеўге жол қойылмайтуғыны белгилеп қойылсын.
- Өзбекистан Республикасы Мәденият министрлиги, Қаржы министрлиги, Өзбекистан Миллий телерадикомпаниясы, Өзбекистан Миллий мәлимлеме агентлиги, «Өзбеккино» Миллий агентлиги, дөретиўшилик аўқамлар ҳәм авторлық қәлкем ҳақы ҳәм оған байланыслы басқа да төлем түрлерин Өзбекистан Республикасының Мәмлекетлик бюджети қаржылары есабынан төлейтуғын шөлкемлер жоқарыда көрсетип өтилген мақсетлер ушын жумсалатуғын қәрежетлерди ҳәр жылы Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик бюджетиниң параметрлеринде нәзерде тутылатуғын бюджет қаржылары шеңберинде болыўын қатаң тәмийинлесин.
- Өзбекистан Республикасы Президентиниң ҳәм Өзбекистан Республикасы Ҳүкиметиниң айырым қарарларына 7-қосымшаға муўапық өзгерислер киргизилсин.
- Усы қарарадың орынланыўын қадағалаў Өзбекистан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекистан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик кеңесгөйи Х.М.Султановқа жүкленсин.
Өзбекистан Республикасы Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2017-жыл 14-август