Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Мүбәрек Қурбан ҳайытының руўхый турмысымызда мийрим-шәпәәт, кеңпейиллик, мүриўбет, дослық ҳәм аўызбиршилик сыяқлы ийгиликли принциплерди беккемлеў бағдарындағы орны ҳәм әҳмийети жүдә үлкен.
Бул қутлы байрамды мүнәсиб күтип алыў ҳәм жоқары дәрежеде өткериў, муқаддес ислам дининиң адамгергшиликли идеалары менен миллий қәдириятларымызды қәстерлеп-сақлаў ҳәм улығлаў мақсетинде:
- 2024-жылы мүбәрек Қурбан ҳайытының биринши күни 16-июнь – екшемби күнине туўра келиўи ҳаққындағы Өзбекстан мусылманлары уйымының мәлимлемеси мағлыўмат ушын қабыл етилип, елимизде 16-июнь күни Қурбан ҳайыты байрамы сыпатында кеңнен белгиленсин.
- Төмендегилер:
а) Мийнет кодексиниң 208-статьясына муўапық:
жумыс ислемейтуғын байрам күни есапланыўшы Қурбан ҳайытының биринши күни дем алыс күнине туўра келиўи мүнәсибети менен бул дем алыс күни 17-июнь дүйшемби күнине көширилиўи:
онда өндирислик-техникалық ҳәм шөлкемлестириў шараятлары (үзликсиз өндирис халыққа ҳәр күни хызмет көрсетиў, нәўбетшилик тийкарында ислеў ҳәм басқалар) себепли исленбейтуғын байрам күнлерин тоқтатып қойыў мүмкин болмаған жумысларды орынлаўда дем алыс күнлери көширилмеслиги;
б) Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 22-декабрьдеги “2024-жылы рәсмий сәнелерди белгилеў дәўиринде қосымша жумыс ислемейтуғын күнлерди белгилеў ҳәм дем алыс күнлерин көшириў ҳаққында”ғы ПП-213-санлы Пәрманы менен 18-июнь – сийшемби күни барлық хызметкерлер ушын қосымша дем алыс күни етип белгиленгенлиги мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери Дин ислери бойынша комитет, Өзбекстан мәҳәллелери ассоциациясы, Социаллық қорғаў миллий агентлиги ҳәм басқа бирге ислесиўши шөлкемлер менен биргеликте мүбәрек Қурбан ҳайытын халқымыздың миллий дәстүри ҳәм үрип-әдетлерине сәйкес ҳалда өткериў ушын тийисли илажларды әмелге асырсын.
- Туризм комитети Транспорт министрлиги менен биргеликте ўатанласларымыз ушын мүбәрек Қурбан ҳайыты күнлеринде теберик ҳәм тарийхый зыярат етиў орынларына зыяратлаўды шөлкемлестириў мақсетинде қолайлы шараятлар ҳәм имканиятлар жаратсын;
- Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги ҳәм басқа ғалаба хабар қуралларына Қурбан ҳайытын белгилеў менен байланыслы илажларды кеңнен сәўлелендириў усыныс етилсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Н. Арипов ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи М.М Камиловқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы Президенти
Ш.Мирзиёев