Өзбекстан Республикасы Президентиниң

қарары

Халқымыз ушын жақсылық, сақаўат, мийрим-шәпәәт нышаны есапланған мүбәрек Рамазан айының жәмийетлик турмысымызда өз-ара дослық ҳәм аўызбиршилик орталығын және де беккемлеў бағдарындағы айрықша орнын ҳәм әҳмийетин есапқа алған ҳалда және муқаддес ислам дининиң инсаныйлық мазмун-мәнисин, оның тынышлық, кеңпейиллик, шүкиршилик сыяқлы уллы идеяларын кеңнен үгит-нәсиятлаў, диний-ағартыўшылық қәдриятларымызды қәстерлеп сақлаў ҳәм улығлаў мақсетинде:

  1. 2018-жыл мүбәрек Рамазан айының басланыўы 17-май күнине туўра келиўи ҳаққындағы Өзбекстан мусылманлары мәкемесиниң мәлимлемеси мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери Өзбекстан ветеранларының жәмийетлик жумысын қоллап-қуўатлаў «Нураный» қоры, Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының жумысын муўапықластырыў бойынша Республикалық кеңес ҳәм басқа да жәмийетлик шөлкемлер менен биргеликте Рамазан айын әзелий дәстүрлеримиз бенен қәдриятларымыз руўхында ҳәр тәреплеме мүнәсип өткериўге байланыслы илажларды әмелге асырсын.

Орынларда Рамазан айының мазмун-мәнисинде жәмленген жақсы идеялар, динимиздиң абырой-мәртебесин ҳүрметлеў, бүгинги тыныш ҳәм татыў турмысымыздың қәдирине жетиў, адамларды бир-бирине жақсылық етиўге,  дослық ҳәм аўызбиришиликте жасаўға шақыратуғын, жас әўладымызды Ўатанға садықлық, миллий ҳәм диний қәдриятларымызға ҳүрмет руўхында тәрбиялаўға хызмет ететуғын ағартыўшылық илажлар ҳәм  үгит-нәсиятлаў жумыслары шөлкемлестирилсин.

Усы қутлы айда жәрдемге мүтәж инсанларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, шаңарақларда ҳәм мәҳәллелерде мийрим-шәпәәт ҳәм өз-ара ҳүрмет орталығын беккемлеў, уллы ағартыўшыларымыздың, әзиз-уламаларымыздың зыярат етиў орынларын абаданластырыўға қаратылған илажларды және де күшейтиўге айрықша әҳмийет берилсин.

  1. Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги ҳәм басқа да ғалаба хабар қуралларына Рамазан айын өткериўге байланыслы илажларды кең түрде сәўлелендириў усыныс етилсин.
  2. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.

 

    Өзбекстан  Республикасы

     Президенти   Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2018-жыл 11-май