Өзбекистан Республикасы Президентиниң қарары
Соңғы жыллары әсирлер даўамында мәртлик, кеңпейиллик, уллылық ҳәм ҳадаллықтың нышаны сыпатында қәдирленип келинген, өзбек халқының тарийхый мийрасы – «Кураш» миллий спорт түрин (кейинги орынларда кураш деп жүргизиледи) қайта тиклеўге айрықша итибар қаратылмақта.
Мәмлекетимиздиң тиккелей қоллап-қуўатлаўы нәтийжесинде кураш халықаралық спорт түри сыпатында кеңнен тән алынды, «кураш», «ҳадал», «тәжим», «тоқта» ҳәм «жанбас» сыяқлы атамалар болса халықаралық спорт сөзлигиниң қурамынан беккем орын ийеледи.
1998-жыл 6-сентябрьде шөлкемлестирилген Кураш халықаралық ассоциациясы бүгинги күнде планетамыздың бес материгиндеги 129 миллий федерацияны бирлестирген.
2010-жылы Кураш халықаралық ассоциациясы Олимпиада ойынлары бағдарламасына киргизиў ушын буйыртпа бериўде әҳмийетли талап есапланған Жәҳән допингке қарсы агентлигиниң тән алыныўына сазаўар болды.
2017-жыл 20-сентябрьде Ашхабад қаласында болып өткен Азия Олимпиада кеңесиниң 36-Бас Ассамблеясында «Кураш» миллий спорт түри тарийхында биринши мәрте XVIII жазғы Азия ойынлары бағдарламасына рәсмий түрде киргизилди.
Кураш халықаралық асоциациясы ҳәм Өзбекистан Республикасы курашти халықаралық спорт жарыслары ҳәм турнирлери бағдарламаларына, келешекте болса Олимпиада ойынлары бағдарламаларына да киргизиў бойынша жедел илажларды әмелге асырмақта.
Соның менен бирге, жүзеге келген айырым кемшиликлер курашти буннан былай да раўажландырыўға тосқынлық етпекте, атап айтқанда:
бириншиден, «Кураш» миллий спорт түрин, әсиресе, жас өспиримлер ҳәм жаслар арасында, өсип киятырған әўладтың миллий мақтаныш ҳәм ўатанды сүйиўшилик сезимин беккемлеў мақсетинде ғалаба ен жайдырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар заман талапларына жуўап бермей атыр;
екиншиден, бул спорт түри бойынша қәбилетли палўанларды анықлаў ҳәм сайлап алыў және олардың шынығыўы, сондай-ақ, тренер ҳәм судьяларды таярлаўдың нәтийжели механизмлерин енгизиў имканиятын беретуғын клуб ҳәм секциялардың бир тутас системасы қәлиплестирилмеген;
үшиншиден, жасларды усы спорт түри менен шуғылланыўға кеңирек тартыўға қаратылған халықаралық жарыслардың жеңимпазлары менен сыйлы орын ийелерин хошаметлеўдиң нәтийжели системасы енгизилмеген;
төртиншиден, зәрүр материаллық-техникалық база ҳәм спорт инфраструктурасының жеткиликли емеслиги, спорт буйымларын ислеп шығыў жолға қойылмағаны спортшылардың шынығыўларын талап дәрежесинде шөлкемлестириўге және кураш бойынша халықаралық жарысларды өткериўге тосқынлық етпекте.
«Кураш» миллий спорт түрин халықтың, әсиресе, жас өспиримлер ҳәм жаслар арасында буннан былай да раўажландырыў ҳәм ғалаба ен жайдырыў, өсип киятырған әўладта миллий мақтаныш ҳәм ўатансүйиўшилик сезимин беккемлеў, сондай-ақ, жәмийетте саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў ҳәм дүнья спорт майданында жоқары нәтийжелерге ерисиў мақсетинде:
- 6-сентябрь – «Кураш» миллий спорт түри күни сыпатында белгиленсин.
- Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети еки ҳәпте мүддетте, соның ишинде, төмендегилерди нәзерде тутатуғын «Кураш» миллий спорт түрин буннан былай да раўажландырыў ҳәм ғалаба ен жайдырыў бойынша комплексли илажлар бағдарламасын ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын:
Нөкис қаласы ҳәм ўәлаятлардың орайларында «Кураш» миллий спорт түри орайларын, ҳәр бир район (қала)да заманагөй спорт клубларын ҳәм секцияларын шөлкемлестириў;
кураш бойынша республикалық, халықаралық жарыслар менен турнирлерди турақлы түрде шөлкемлестириў ҳәм өткериў;
кураш бойынша республикалық, халықаралық жарыслар менен турнирлерге қатнасыўшылардың автоматластырылған мағлыўматлар базасын енгизиў;
«Кураш» бағдары бойынша жоқары ҳәм орта арнаўлы, кәсип-өнер билимлендириўи мәкемелерине қабыллаў квоталарын арттырыў;
усы спорт түри менен шуғылланыў ушын жәҳән стандартларына жуўап беретуғын «яктак» спорт кийимлерин ҳәм «кураш гилем»лерин ислеп шығарыўды шөлкемлестириў;
курашти, соның ишинде, реклама кампанияларын өткериў ҳәм социаллық роликлерди көрсетиў арқалы ғалаба ен жайдырыў бойынша медиа-реже ислеп шығыў.
- Өзбекистан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Денетәрбиясы ҳәм спорт бойынша мәмлекетлик комитети «Кураш» миллий спорт түрин «Үмит нәлшелери», «Бәркамал әўлад» ҳәм Универсиада спорт ойынлары бағдарламасына орнатылған тәртипте киргизилиўин тәмийинлесин.
- Өзбекистан кураш федерациясының Өзбекистан кураш федерациясы жанында «Кураш» миллий спорт түри орайы» мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемин шөлкемлестириў ҳәм Ташкент қаласы, Корхожаата көшеси, 25-жай мәнзили бойынша орналастырыў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
Ташкент қаласы ҳәкимлиги «Кураш» миллий спорт түри орайын усы бәнттиң биринши хат басында көрсетилген мәнзил бойынша бийпул орналастырылыўын тәмийинлесин.
- Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети бир ай мүддетте Өзбекистан кураш федерациясы ҳәм оның бөлимлериниң жумысын турақлы қоллап-қуўатлаў, соның ишинде, «Кураш» миллий спорт түри орайының имаратын реконструкциялаў ҳәм материаллық-техникалық жақтан үскенелеў ушын қәўендерлик қаржыларын тартыў бойынша усыныслар киргизсин.
- Төмендеги тәртип орнатылсын, оған муўапық:
юридикалық шахслардың салық салынатуғын пайдасы (жалпы түсими) Өзбекистан кураш федерациясының жумысын қаржыландырыў ушын қаратылған төлем, қәўендерлик ҳәм қайырқомлық жәрдем көринисиндеги қаржылардың муғдарына, бирақ салық салынатуғын пайданың (жалпы түсимниң) он процентинен көп болмаған муғдарға азаяды;
Өзбекистан кураш федерациясы тәрепинен спортшылар ҳәм тренерлерге тапсырылатуғын ақшалай сыйлықлар ҳәм қымбат баҳалы саўғалар көринисиндеги дәраматлар физикалық шахслардан алынатуғын дәрамат салығынан азат етиледи.
- Спортшыларды ғалабалық ҳәм сапалы спорт кийимлери және инвентарлары менен тәмийинлеў мақсетинде тийкарғы жумысы «яктак» спорт кийимлери ҳәм (ямаса) «кураш гилем»лерин ислеп шығарыўға қәнигелестирилген кәрханалар бес жыл мүддетке барлық түрдеги салықлар ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорларға мәжбүрий ажыратпаларды төлеўден азат етилсин, Өзбекистан Республикасы Қаржы министрлиги жанындағы бюджеттен тыс Пенсия қоры буған кирмейди.
- Өзбекистан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги:
Өзбекистан гүрес федерациясының буйыртпалары бойынша курашти раўажландырыў, қәнигелерди таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў ушын тартылатуғын шет елли қәнигелерге консуллық ҳәм басқа да жыйымларды өндирмей кириў визаларын рәсмийлестириўди тәмийинлесин;
Өзбекистан кураш федерациясына шет елде кураш бойынша халықаралық жарысларды ҳәм турнирлерди шөлкемлестириўге ҳәм өткериўге көмеклессин.
- Өзбекистан Республикасы Ишки ислер министрлиги Өзбекистан кураш федерациясының буйыртпалары бойынша курашти раўажландырыў, қәнигелерди таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў ушын тартылатуғын шет елли қәнигелерге мәмлекетлик бажы өндирилмей көп мәртелик кириў визалары берилиўин ҳәм мүддетиниң созылыўын, сондай-ақ, олардың жасаў орнында ўақтынша дизимнен өткерилиўин ҳәм ўақтынша дизимнен өткериў мүддетти созылыўын белгиленген тәртипте тәмийинлесин.
- Өзбекистан миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекистан миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекистан баспасөз ҳәм мәлимлеме агентлигине спорт жарысларын ҳәм турнирлерин ғалаба хабар қуралларында турақлы ҳәм кеңнен сәўлелендириў арқалы курашти ғалаба ен жайдырыўға көмеклесиў усыныс етилсин.
- Өзбекистан Республикасы Әдиллик министрлиги бир ай мүддетте:
Өзбекистан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Денетәрбиясы ҳәм спорт бойынша мәмлекетлик комитети, Министрлер Кабинети жанындағы Мәмлекетлик тест орайлары менен биргеликте кураш бойынша Азия ойынлары, Азия ҳәм жәҳән чемпионатлары, сондай-ақ, Өзбекистан бириншилиги жеңимпазларын жоқары оқыў орынларына жеңилликли қабыл етиў тәртибин енгизиў ҳаққындағы;
Өзбекистан Республикасы Денетәрбиясы ҳәм спорт бойынша мәмлекетлик комитети, басқа да мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер менен қосымшалар ҳаққындағы усынысларды Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекистан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекистан Республикасының Бас прокуроры И.Б.Абдуллаевқа жүкленсин.
Өзбекистан Республикасы Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2017-жыл 2-октябрь
***
Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Кураш» миллий спорт түрин буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарына
Т Ү С И Н И К
Кураш – әзел-әзелден уллылық, мәртлик ҳәм ҳадаллық тымсалы, халқымыздың бир неше мың жыллық тарийхқа ийе миллий-мәдений мийрасының бир бөлеги ҳәм бийбаҳа байлығы есапланады.
Кураш ҳаққындағы дәслепки мағлыўматлар Сурхан ҳәм Зарафшан үлкелери, Ферғана ойпатлығы, Сармышсай сайларында анықланған сүўретлеў өнери үлгилери сәўлеленген табылмаларда, қыя тасларда ҳәм үңгирлерде ушырасады.
Белгили антика тарийхшы Геродот өзиниң «Тарийх» шығармасында кураш әййемде елимиз аймағында жайласқан халықлар үрп-әдети ҳәм дәстүрлериниң бир бөлеги екенин атап өткен.
Уллы Шығыс медиги ҳәм ағартыўшысы Әбу Әли Ибн Синаның шығармаларында кураш адамның денсаўлығын беккемлеў усылларынан бири сыпатында атап өтилген.
Уллы сәркарда Сақыпқыран Әмир Темур дәўиринде кураш әскерлердиң жаўынгерлик ҳәм физикалық таярлығын арттырыўдың тийкарғы усылларынан бири болған.
Маҳмуд палўан, Жалалиддин Мангуберди, Дарвешмуҳаммад сыяқлы баҳадырлар курашти пүткил дүньяға танытқан.
Кураш тек ғана спорт түрлеринен бири емес, соның менен бирге, миллий байрамлар ҳәм халық сейиллериниң ажыралмас бөлеги есапланады.
«Кураш» сөзи «ҳадал жол менен жеңиске ерисиў» мәнисин аңлатады ҳәм өзинде мәртлик, күшли сабырлылық, ҳадаллық ҳәм қарсыласқа ҳүрметти сәўлелендиреди.
Өзбекистан ғәрезсизликке ерискеннен кейин кураш бойынша биринши рәсмий турнир 1992-жылы Шаҳрисабз қаласында өткерилди.
1998-жыл 6-сентябрьде ҳәзир планетамыздың бес материгиндеги 129 миллий федерацияны бирлестирген Кураш халықаралық ассоциациясы шөлкемлестирилди.
Бүгинги күнге шекем дүньяның көплеген еллеринде кураш бойынша 500 ден аслам халықаралық турнирлер өткерилди. Жерлеслеримиз арасынан 300 ден зыят спортшылар кураш бойынша жәҳән, Азия чемпионатларының ҳәм халықаралық турнирлердиң жеңипазлары және сыйлы орын ийелери болған.
Мәмлекетимиз ҳәм Кураш халықаралық ассоциациясының тиккелей қоллап-қуўатлаўы нәтийжесинде «Кураш» халықаралық спорт түри сыпатында кеңнен тән алынды, «кураш», «ҳадал», «тәжим», «тоқта» ҳәм «жанбас» сыяқлы атамалар болса халықаралық спорт сөзлери менен лексикасы қурамынан беккем орын ийеледи.
2010-жылы Кураш халықаралық ассоциациясы Олимпиада ойынлары бағдарламасына киргизиў ушын буйыртпа бериўде әҳмийетли талап есапланған Жәҳән допингке қарсы агентлигиниң тән алыныўына сазаўар болды.
2017-жыл 20-сентябрьде Ашхабад қаласында болып өткен Азия Олимпиада кеңесиниң 36-Бас ассамблеясында кураш тарийхта биринши мәрте XV888 жазғы Азия ойынлары бағдарламасына рәсмий түрде киргизилди.
Кураш халықаралық ассоциациясы ҳәм Өзбекистан Республикасы тәрепинен курашти халықаралық спорт жарыслары ҳәм турнирлери бағдарламаларына киргизиў бойынша белсене жумыс алып барылмақта.
Халықтың, әсиресе, жас өспиримлер ҳәм жаслар арасында курашти буннан былай да раўажландырыў ҳәм ғалаба ен жайдырыў, өсип киятырған әўладта миллий мақтаныш ҳәм ўатансүйиўшилик сезимин беккемлеў, сондай-ақ, жәмийетте саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў ҳәм дүнья спорт майданында жоқары нәтийжелерге ерисиў мақсетинде Өзбекистан Республикасы Президенти тәрепинен «Кураш» миллий спорт түрин буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарар қабыл етилди.
Қарарда «кураш» миллий спорт түрин буннан былай да раўажландырыў бойынша комплексли илажлар бағдарламасын ислеп шығыў ҳәм тастыйықлаў нәзерде тутылды.
Бағдарламаға муўапық курашти ғалаба ен жайдырыў ҳәм жаслардың бос ўақтын нәтийжели өткериўди тәмийинлеў мақсетинде Нөкис қаласы ҳәм ўәлаятлардың орайларында «Кураш» миллий спорт түри орайлары, ҳәр бир район (қала)да заманагөй спорт клублары ҳәм секциялары шөлкемлестириледи.
Сондай-ақ, кураш бойынша республикалық, халықаралық жарыслар менен турнирлерди турақлы түрде шөлкемлестириў ҳәм өткериў, жарыслар менен турнирлерге қатнасыўшылардың автоматластырылған мағлыўматлар базасын енгизиў, «Кураш» бағдарында жоқары ҳәм орта арнаўлы, кәсип-өнер билимлендириўи мәкемелерине қабыллаў квоталарын көбейтиў, бул спорт түри менен шуғылланыў ушын жәҳән стандартларына жуўап беретуғын «яктак» спорт кийимлерин ҳәм «кураш гилем»лерин ислеп шығарыўды жолға қойыў, курашти, ғалаба ен жайдырыў бойынша медиа-реже ислеп шығыў нәзерде тутылды.
Бул илажлар халықтың, әсиресе, жаслардың арасында курашти раўажландырыўға ҳәм ғалаба ен жайдырыўға, спорт әнжамлары менен инвентарларын таярлаў саласында жергиликли брендти жаратыўға, Өзбекистан кураш федерациясы жумысының нәтийжелигин арттырыўға қаратылған.
Кураш «Үмит нәлшелери», «Бәркамал әўлад» ҳәм Универсиада спорт ойынлары бағдарламасына киргизиледи.
Қарарға муўапық 6-сентябрь елимизде «Кураш» миллий спорт түри күни етип белгиленди ҳәм ол Кураш халықаралық ассоциациясы шөлкемлестирген күн менен символикалық мәнисте байланыслы болы есапланады.
Өзбекистан кураш федерациясының материаллық-техникалық базасын сезилерли беккемлеў кураш бойынша спортшылар менен тренерлерди социаллық қорғаўды арттырыў имканиятын беретуғын бир қатар жеңилликлер нәзерде тутылды.
Атап айтқанда, юридикалық шахслардың салық салынатуғын пайдасы Өзбекистан кураш федерациясының жумысын қаржыландырыў ушын қаратылған төлем, қәўендерлик ҳәм қайырқомлық жәрдем көринисиндеги қаржылардың муғдарына, бирақ салық салынатуғын пайданың он процентинен көп болмаған муғдарға азаяды.
Өзбекистан кураш федерациясы тәрепинен спортшыларға ҳәм тренерлерге тапсырылатуғын ақшалай сыйлықлар ҳәм қымбат баҳалы саўғалар көринисиндеги дәраматлар физикалық шахслардан алынатуғын дәрамат салығынан азат етиледи.
Спортшыларды ғалабалық ҳәм сапалы спорт кийимлери және инвентарлар менен тәмийинлеў мақсетинде тийкарғы жумысы «яктак» спорт кийимлерин ҳәм (ямаса) «кураш гилем»лерин ислеп шығарыўға қәнигелестирилген кәрханалар бес жыл мүддетке барлық түрдеги салықлар ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорларға мәжбүрий ажыратпаларды төлеўден азат етиледи, Өзбекистан Республикасы Қаржы министрлиги жанындағы бюджеттен тыс Пенсия қоры буған кирмейди.
Кураш бойынша Азия ойынлары, Азия ҳәм жәҳән чемпионатлары, сондай-ақ, Өзбекистан бириншилиги жеңимпазларын жоқары оқыў орынларына жеңилликли қабыл етиў тәртиби енгизилмекте.
Жәмийетшиликти, әсиресе, жасларды усы спорт түрине кеңнен тартыў мақсетинде Өзбекистан кураш федерациясы жанында «Кураш» миллий спорт түри орайы» мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемин шөлкемлестириў нәзерде тутылды.
Өзбекистан Республикасы Президентиниң усы қарарын әмелге асырыў «Кураш» миллий спорт түрин пүткил дүньяда буннан былай да раўажландырыў ҳәм ғалаба ен жайдырыў, жәмийетте саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў, жасларды ўатансүйиўшилик, миллий мақтаныш ҳәм Ўатанға муҳаббат руўхында тәрбиялаў, өсип киятырған әўладқа мәртлик, күшли сабырлылық, уллылық ҳәм қарсыласқа ҳүрмет сыяқлы пазыйлетлерди қәлиплестириўге күшли түртки болып хызмет етеди.