Өзбекстан Республикасы Президентинин қарары
Өзбек әдебиятының ең жақсы дөретпелерин шет тиллерине, жәҳән әдебиятының ең жақсы үлгилерин өзбек тилине аўдарыўды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, нәтийжели дөретиўшилик алып барып атырған қәбилетли аўдармашыларды мүнәсип хошаметлеў, көркем аўдарманың дәрежесин және де арттырыў, сондай-ақ, 2023-жылы 22-декабрь күни өткерилген Республика Руўхый ҳәм ағартыўшылық кеңесиниң кеңейтилген мәжилисинде алға қойылған басламаларды әмелге асырыў мақсетинде:
- Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы, Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги, Илимлер академиясы, Республика Руўхый ҳәм ағартыўшылық орайының көркем аўдарма тараўында Муҳаммед Рийза Әгаҳый атындағы халықаралық сыйлықты (кейинги орынларда – Халықаралық сыйлық) шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
- Халықаралық сыйлық ушын таңлаўлар 2025-жылдан баслап, ҳәр еки жылда бир мәрте төмендеги бағдарларда өткерилетуғыны ҳәм жеңимпазлар анықланатуғыны белгилеп қойылсын:
өзбек әдебиятының прозалық дөретпелеринен шет тиллерине аўдарылған еӊ жақсы аўдарма;
өзбек әдебиятыныӊ поэзиялық дөретпелеринен щет тиллерине аўдарылған еӊ жақсы аўдарма;
өзбек балалар әдебияты үлгилеринен шет тиллерине исленген еӊ жақсы аўдарма;
шет тиллеринде жаратылған прозалық дөретпелерден өзбек тилине исленген еӊ жақсы аўдарма;
шет тиллеринде дөретилген поэзиялық шығармалардан өзбек тилине исленген еӊ жақсы аўдарма;
шет тиллеринде дөретилген балалар әдебияты үлгилеринен өзбек тилине исленген еӊ жақсы аўдарма.
- Халықаралық сыйлық жеӊимпазларыныӊ ҳәр бири арнаўлы диплом, көкирек белгиси ҳәм базалық есаплаў муғдарыныӊ 300 есеси муғдарында бир мәртелик ақшалай сыйлық пенен сыйлықланатуғыны;
жеӊимпазларға Халықаралық сыйлық салтанатлы түрде тапсырылатуғыны белгиленсин.
- Көркем аўдарма тараўында Муҳаммед Рийза Әгаҳый атындағы халықаралық сыйлық кеӊеси қурамы қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Халықаралық сыйлық кеӊеси (А.Н.Арипов):
2024-жыл 1-октябрьге шекем Халықаралық сыйлықтыӊ арнаўлы диплом ҳәм көкирек белгисиниӊ жойбарларын тастыйықласын, сондай-ақ, рәсмий веб-сайтын жаратсын;
Халықаралық сыйлықты жергиликли ҳәм сырт ел ғалаба хабар қураллары, Интернет ҳәм социаллық тармақларда кеӊнен үгит-нәсиятлаў арқалы дөретиўшилик шөлкемлер, аўдармашылар, жазыўшы ҳәм шайырлар арасында ғалаба ен жайдырыўды шөлкемлестирсин;
маман қәниге ҳәм дөретиўшилерден ибарат талабанлардыӊ жумысларын көрип шығыў бойынша жумысшы топарлардыӊ жумысын жолға қойсын, усы жумысшы топарлардыӊ жуўмақларын ҳәм кеӊ жәмийетшиликтиӊ пикир-усынысларын инабатқа лаған ҳалда жеӊимпазларды анықлап, сыйлықлап барсын;
Халықаралық сыйлық жеӊимпазлары менен турақлы жедел дөретиўшилик бирге ислесиўди жолға қойсын.
Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы Халықаралық сыйлық кеӊесиниӊ жумысшы уйымы есапланатуғыны белгиленсин.
- Министрлер Кабинети бир ай мүддетте Көркем аўдарма тараўында Муҳаммед Рийза Әгаҳый атындағы халықаралық сыйлық ҳаққындағы режени тастыйықласын.
- Сыртқы ислер министрлиги Халықаралық сыйлықты сырт мәмлекетлерде кеңнен ғалаба ен жайдырыў ҳәм жеңимпаз деп табылған сырт елли қатнасыўшылардың мәмлекетимизге мирәт етилиўине жәрдемлессин.
- Халықаралық сыйлық таңлаўын шөлкемлестириў ҳәм өткериў, соның менен бирге, усы қарардың 3-статьясында белгиленген илажларды әмелге асырыў менен байланысды қәрежетлер Руўхыйлық ҳәм дөретиўшиликти қоллап-қуўатлаў мақсетли қорының қәрежетлер сметасы бойынша Өзбекстан Жазыўшылар аўқамына ажыратылатуғын қаржылар, шөлкемлестириўшилердиң қаржылары ҳәм нызамшылық ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа дәреклердиң есабынан қапланатуғыны белгиленсин.
- Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы ҳәм басқа ғалаба хабар қуралларына усы қарардың орынланыўы шеңберинде әмелге асырылып атырған илажларды кеңнен сәўлелендириў усыныс етилсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2024-жыл 4-июнь