Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы
Халықтың турмыс дәрежесин арттырыўға қаратылған илажлар көлемин кеңейтиў, пуқаралардың дәраматларын избе-из арттырып барыў сиясатын даўам еттириў ҳәм оларды социаллық қорғалыўды күшейтиў мақсетинде:
- 2023-жыл 1-декабрьден баслап:
бюджет шөлкемлери хызметкерлериниң мийнет ҳақы, пенсиялар ҳәм напақалар муғдары 7 процентке;
базалық есаплаў муғдары 3 процентке арттырылсын.
- 2023-жыл 1-декабрьден баслап Өзбекстан Республикасы аймағында:
мийнетке ҳақы төлеўдиң ең аз муғдары – айына 1 050 000 сум;
базалық есаплаў муғдары – айына 340 000 сум;
пенсияны есаплаўдың базалық муғдары – айына 372 000 сум;
жасқа байланыслы ең аз пенсия муғдары – айына 725 000 сум;
майыплық пенсиялары, соның ишинде, жумыс стажы толық болмаған ўақтағы майыплық пенсиясының ең аз муғдары – айына 800 000 сум;
мийнетке уқыпсыз пуқараларға берилетуғын майыплық напақасы ҳәм балалықтан майыплығы болған шахсларға берилетуғын напақа муғдары – айына – 800 000 сум;
1941-1945-жыллардағы урыс ақыбетинде майып болған шахслар ҳәм оның қатнасыўшылары, сондай-ақ, фашистлер концлагерлериниң жас өспирим бурынғы тутқынлары ҳәм Ленинград қаласы қамал етилген дәўирде ислеген пуқаралардың ең аз пенсия муғдары үстемелерди инабатқа алған ҳалда – айына 3 527 000 сум;
белгиленген жасқа байланыслы ең аз пенсия муғдарынан (725 000 сумнан) 800 000 сумға шекемги пенсия алыўшылардың жасқа байланыслы пенсияларының муғдары – айына 800 000 сум;
зәрүр жумыс стажына ийе болмаған кексе жастағы пуқараларға берилетуғын напақа муғдары – айына 608 000 сум;
жумыс стажы толық болмаған ўақтағы жасқа байланыслы пенсияның ең аз муғдары қосымша төлемди есапқа қлған ҳалда – айына 608 000 сум;
басқалардың күтимине мүтәж майыплығы болған 18 жасқа шекемги балалардың тәрбиясы менен бәнт болған баланың нызамлы ўәкилине берилетуғын напақа муғдары – айына 608 000 сум;
бағыўшысын жоғалтқанлығы напақасын алыўшылардың бир мийнетке уқыпсыз шаңарақ ағзасы ушын напақа муғдары – айына 608 000 сум етип белгиленсин ҳәм кейинги ҳәр бир мийнетке уқыпсыз шаңарақ ағзасы ушын – 212 000 сумнан қосылсын;
бағыўшысын жоғалтқанлығы пенсиясын алыўшылардың бир мийнетке уқыпсыз шаңарақ ағзасы ушын пенсияның ең аз муғдары – айына 608 000 сум етип белгиленсин ҳәм кейинги ҳәр бир мийнетке уқыпсыз шаңарақ ағзасы ушын әмелдеги тәртипке муўапық пенсия төленсин.
- Бюджет шөлкемлери хызметкерлериниң мийнет ҳақылары, пенсиялар ҳәм напақалар муғдарының арттырылыўы менен байланыслы қәрежетлер Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети ҳәм Экономика ҳәм қаржы министрлиги жанындағы бюджеттен тысқары Пенсия қорының қаржылары есабынан қаплансын.
- Жумыс бериўшилерге мийнет ҳақы муғдарын нызамшылық ҳүжжетлеринде белгиленген мийнетке ҳақы төлеўдиң ең аз муғдарынан аз болмаған ҳалда төлеўди тәмийинлеп, мийнет ҳақы муғдарын мийнетке ҳақы төлеўдиң ең аз муғдарына муўапық арттырыў усыныс етилсин.
- Экономика ҳәм қаржы министрлиги усы Пәрманның орынланыўын тәмийинлеў сондай-ақ, билимлендириў ҳәм медицина мәкемелеринде қосымша қуўатлықлардың жаратылыўы, оқыўшылар саны ҳәм басланғыш медицина мәкемелери санының артыўы нәтийжесинде қосымша штат бирликлери киргизилиўи есабынан мийнет ҳақы қәрежетлери ушын талап етилетуғын қосымша қаржылардың Мәмлекетлик бюджеттен ажыратылыўын тәмийинлесин.
- Экономика ҳәм қаржы министрлиги:
Өзбекстан миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий теларадиокомпаниясы, Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги менен биргеликте усы Пәрманның мақсети, ўазыйпалары ҳәм оннан күтилип атырған нәтийжелерди ғалаба хабар қураллары, Интернет ҳәм социаллық тармақларда кеңнен сәўлелендириў жумысларын шөлкемлестирсин;
мәпдар министрлик ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы Пәрманның орынланыўын тәмийинлеў ушын жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип Бас министрдиң орынбасары Ж.А.Қўчқоров белгиленсин.
Пәрманның орынланыўын додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2023-жыл 17-ноябрь