Өзбекистан Республикасы Президентиниң қарары

Жеке исбилерменлик жумысын қорғаўдың ҳуқықый механизмлери менен кепилликлерин буннан былай да беккемлеў, оларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўдың жаңа қуралларын жаратыў, исбилерменлик субъектлериниң кредит ресурсларынан пайдаланыўын кеңейтиў, сол тийкарда жаңа жумыс орынларын шөлкемлестириўди хошаметлеў ҳәм республиканың банк-қаржы системасы жумысын буннан былай да жетилистириў мақсетинде:

  1. Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети жанында Исбилерменлик жумысын раўажландырыўды қоллап-қуўатлаў бойынша мәмлекетлик қоры (кейинги орынларда – Қор) мәмлекетлик мәкеме түринде шөлкемлестирилсин ҳәм киши исбилерменлик субъектлерине төмендеги түрде қаржылай жәрдем көрсетиў оның тийкарғы ўазыйпасы етип белгиленсин:

а) киши исбилерменлик субъектлерине усы қарарда атап өтилген мақсетлерге кредит ажыратыў ушын коммерциялық банклерге, соның ишинде, шет ел кредит линияларын тартыў есабынан ресурслар ажыратыў;

б) киши исбилерменлик субъектлерине коммерциялық банклердиң кредит муғдарының 50 процентине шекем, бирақ 500 мың АҚШ долларынан көп болмаған ямаса оған эквивалент көлемдеги кредитлери бойынша кепил болыў;

в) коммерциялық банклердиң баҳасы 1 миллион АҚШ долларынан аспайтуғын муғдардағы кредитлери бойынша процент қәрежетлерин қаплаў ушын төмендеги эквивалентте компенсация бериў:

миллий валютада – қайта қаржыландырыў ставкасынан аспайтуғын процент ставкасында – Өзбекистан Республикасы Орайлық банкиниң қайта қаржыландырыў ставкасының 40 процентине шекем болған муғдарда;

шет ел валютасында – коммерциялық банклер тәрепинен белгиленген процент ставкасының 40 проценти, бирақ 3 проценттен артық болмаған муғдарда.

Қор бас келисимлер тийкарында коммерциялық банклер арқалы миллий ҳәм шет ел валютасында киши исбилерменлик субъектлерин қаржылай қоллап-қуўатлайды ҳәм коммерциялық банклерге ресурсларды усынады.

  1. Төмендегилер Қордың ресурс базасының дәреклери етип белгиленсин:

Ташкент қаласындағы Киши санаат зоналары кепиллик қорын ҳәм Киши исбилерменликти раўажландырыў кепиллик қорын соңғылығында сапластырыў ҳәм олардың тийисли түрде 50 миллион доллар және 100 миллиард сум муғдарындағы пул қаржылары түринде усы қарардың 1-қосымшасында атап өтилген шөлкемлердиң төлемлери есабынан қәлиплестирилетуғын Қордың басланғыш төлеми;

Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик бюджетиниң усы мақсетлер ушын ҳәр жылы тастыйықланатуғын ажыратпалар шеңбериндеги қаржылары, 2017-жылы Қордың ресурс базасын қәлиплестириў ушын – 100 миллиард сум;

Өзбекистан Республикасы Орайлық банки жыллық сап дәраматының Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик бюджетине бағдарланатуғын бөлеги;

халықаралық қаржы институтлары, шет ел ҳүкимет шөлкемлери ҳәм басқа да донорлардың Қорға жүкленген ўазыйпаларды әмелге асырыў ушын тартылатуғын кредитлери (қарызлары) ҳәм грантлары;

Қордың, соның ишинде, депозитлерди жайластырыў, кепииликлер бериўден түсетуғын дәраматлары, сондай-ақ, нызам ҳүжжетлерине қайшы келмейтуғын басқа да дәреклер.

Өзбекистан Республикасы Қаржы министрлиги 2018-жылдан баслап, Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик бюджетинен Қордың ресурс базасын толықтырыў ушын ҳәр жылы қаржы ажыратыўды нәзерде тутсын.

  1. Қор коммерциялық банклердиң кредитлери бойынша кепилликлер ҳәм компенсациялар, сондай-ақ, коммерциялық банклерге төмендеги салаларда жойбарлардың әмелге асырылыўын қаржыландырыў ушын ресурсларды усыныс ететуғыны белгилеп қойылсын:

аўыл хожалығында, биринши гезекте, энергия нәтийжелилиги жоқары болған заманагөй ыссыханалар қурыў, шарўашылықты, қусшылықты, балықшылықты, қоян өсириўди, пал ҳәррешиликти, жүзимгершилик пенен бағшылықты, соның ишинде, интенсив бағларды раўажландырыўға қаратылған жойбарлар;

аўыл хожалығы өнимлерин қайта ислеў саласында – мийўе-овощ өнимлерин сақлаў бойынша инфраструктура ҳәм усы өнимлерди транспортировкалаўға байланыслы логистика орайларын шөлкемлестириў бойынша жойбарлар;

көп квартиралы турақ жайларда улыўма пайдаланылатуғын орынларды жеке меншик турақ жай мүлк ийелери ширкетлери ҳәм басқарыў компаниялары тәрепинен абаданластырыў ҳәм оңлаў жойбарлары;

исбилерменлик жумысының Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети белгилейтуғын басқа да бағдарламаларындағы жойбарлар.

  1. Төмендегилер:

Исбилерменлик жумысын раўажландырыўды қоллап-қуўатлаў бойынша мәмлекетлик қорды басқарыў бойынша кеңестиң қурамы (кейинги орынларда Қорды басқарыў бойынша кеңес) 2-қосымшаға муўапық;

Исбилерменлик жумысын раўажландырыўды қоллап-қуўатлаў бойынша мәмлекетлик қордың артқарыўшы дирекциясының қурамы 3-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Қорды басқарыў бойынша кеңеске, зәрүрлик туўылғанда, Қордың атқарыўшы дирекциясының структурасына басқарма хызметкерлериниң улыўма саны шеңберинде өзгерислер киргизиў ҳуқықы берилсин.

  1. Қордың атқарыўшы директоры статусына бола мийнетке ҳақы төлеў шәртлери, медициналық ҳәм транспорт хызметлерин көрсетиў бойынша министрдиң орынбасарына теңлестирилсин.
  2. Қор барлық түрдеги салықларға ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорларға мәжбүрий төлемлер төлеўден азат етилсин ҳәм босаған қаржылар оның ресурс және материаллық-техникалық базасын беккемлеўге мақсетли бағдарлансын.
  3. Қорды басқарыў бойынша кеңес 2018-жылдың 1-июлине шекем Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетине тармақлар менен исбилерменлик жумысы бағдарларын буннан былай да кеңейтиў, сондай-ақ, Қор қаржылары есабынан қоллап-қуўатланатуғын жойбарларды әмелге асырыўға байланыслы усыныслар киргизсин.
  4. Өзбекистан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекистан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекистан Баспасөз ҳәм хабар агентлиги баспа ҳәм электрон ғалаба хабар қуралларын кеңнен тартқан ҳалда, соның ишинде, Интернет жәҳән мәлимлеме тармағында усы қарардың мақсетлери менен ўазыйпаларын халық және жеке исбилерменлик субъектлери арасында турақлы ҳәм ҳәр тәреплеме системалы тийкарда сәўлелендириўди тәмийинлесин.
  5. Өзбекистан Республикасы Қаржы министрлиги, Экономика министрлиги, Орайлық банки, Әдиллик министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте бир ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер менен қосымшалар ҳаққындағы усынысларды Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин.
  6. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекистан Республикасы Бас министриниң орынбасары Д.А.Қўчқаровқа, Орайлық банктиң баслығы М.Б.Нурмуратовқа, Саўда-санаат палатасының баслығы А.И.Икрамовқа жүкленсин.

Өзбекистан Республикасы Президенти  Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2017-жыл 17-август

***

 

Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Исбилерменлик жумысын раўажландырыўды қоллап-қуўатлаў бойынша мәмлекетлик қорды шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарарына

ТҮСИНИК

2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стартегиясына муўапық елимизде жеке меншик мәплерин исенимли қорғаў, исбилерменлик жумысы ушын буннан былай да қолайлы имканият жаратыў, мәмлекеттиң экономикадағы қатнасын қысқартыў бағдарында анық илажлар әмелге асырылмақта.

Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Исбилерменлик жумысын раўажландырыўды қоллап-қуўатлаў бойынша мәмлекетлик қорды шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарары да жеке исбилерменликти, бәринен бурын, микрофирмалар менен киши кәрханаларды қаржылай қоллап-қуўатлаўды буннан былай да күшейтиў, олардың жедел раўажланыўы ушын қосымша шараят жаратыў имканиятларын кеңейтиўге қаратылған.

Қарар тийкарында шөлкемлестирилип атырған Исбилерменлик жумысын раўажландырыўды қоллап-қуўатлаў бойынша мәмлекетлик қорға киши бизнес ҳәм жеке меншик исбилерменлик субъектлерине ҳәр тәреплеме жәрдем бериў мақсетинде бир қатар ўазыйпалар жүкленбекте.

Соның ишинде, коммерциялық банклерге киши бизнес ҳәм жеке меншик исбилерменлик субъектлерине кредит ажыратыў ушын миллий ҳәм шет ел валютасында, шет ел кредит линияларын тартыў есабынан ресурслар усыныс етиледи.

Қордың коммерциялық банклер тәрепинен берилип атырған кредит муғдарының 50 процентине шекем (500 мың АҚШ долларынан көп болмағанда) ямаса оған эквивалент көлемдеги кредитлери бойынша кепил болыў белгилеп қойылды.

Сондай-ақ, қор тәрепинен коммерциялық банклердиң кредитлери бойынша процентли қәрежетлерди қаплаў ушын компенсация бериў түринде қаржылай жәрдем көрсетилиўи нәзерде тутылған.

Соны да атап өтиў зәрүр, бүгинги күнде әмелдеги тәмийнаттың шекленген муғдары 100 мың АҚШ долларына тең көлемдеги қаржыны қурайды. Усы қаржының муғдарын бес есеге көбейтиў, коммерциялық банклердиң кредитлерин тартқан ҳалда ири жойбарларды әмелге асырыў бағдарында қосымша имканиятлар жарататуғынына гүман жоқ.

Исбилерменлик жумысын раўажландырыўды қоллап-қуўатлаў бойынша мәмлекетлик қор коммерциялық банклердиң кредитлери бойынша кепилликлер менен компенсациялар, коммерциялық банклерге болса төмендеги бағдардағы жойбарлар бойынша кредит ажыратыў ушын ресурслар усыныс етеди:

аўыл хожалығы саласында, биринши гезекте, энергияны үнемлеўи жоқары заманагөй ыссыханалар қурыў, шарўашылықты, қусшылықты, балықшылықты, қоян өсириўди, пал ҳәррешиликти, жүзимгершилик пенен бағшылықты, соның ишинде, интенсив бағларды раўажландырыў;

аўыл хожалығы өнимлерин, соның ишинде, интенсив бағларда жетистирилген өнимлерди қайта ислеў саласында –  усы өнимлерди сақлаў бойынша инфраструктура ҳәм транспортировкалаўға байланыслы логистика орайларын шөлкемлестириў;

көп қабатлы турақ жайлардың әтирапындағы улыўма пайдаланыўға мөлшерленген орынларды жеке меншик турақ жай мүлк ийелери ширкетлери ҳәм басқарыў компаниялары тәрепинен абаданластырыў ҳәм оңлаў;

исбилерменлик жумысының Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети белгилейтуғын басқа да бағдарлары ушын.

Исбилерменлик жумысын раўажландырыўды қоллап-қуўатлаў бойынша мәмлекетлик қордың исенимли ресурс базасын тәмийинлеў, сондай-ақ, исбилерменлик жумысын қаржылай қоллап-қуўатлаўдың бирден-бир механизмин жаратыў мақсетинде қарарда Ташкент қаласындағы Киши санаат зоналары кепиллик қорын ҳәм Киши исбилерменликти раўажландырыў кепиллик қорын сапластырыў, оларға тийисли болған 50 миллион АҚШ доллары ҳәм 100 миллиард сум муғдарындағы қаржыларды жаңадан дүзилип атырған  қордың есабына өткериў нәзерде тутылған.

Сондай-ақ, қарарда мәмлекетлик бюджеттиң усы мақсетлер ушын ҳәр жылы тастыйықланатуғын ажыратпалар шеңбериндеги қаржылары (2017-жылда – 100 миллиард сум), Өзбекистан Республикасы Орайлық банки жыллық сап дәраматының Мәмлекетлик бюджетке бағдарланатуғын бөлеги, халықаралық қаржы институтлары, шет ел ҳүкимет шөлкемлери ҳәм басқа да донорлардың Қорға жүкленген ўазыйпаларды әмелге асырыў ушын тартылатуғын кредитлери (қарызлары) ҳәм грантлары және Қордың депозитлерди жайластырыў, кепилликлерди бериўден түсетуғын дәраматлары, сондай-ақ, нызам ҳүжжетлерине қайшы келмейтуғын басқа да дәреклер Қор ресурсларының қосымша дәреклери сыпатында белгиленди.

Қабыл етилген усы қарар республикалық банк-қаржы системасын буннан былай да жетилистириў, исбилерменлик субъектлериниң жумысын қаржылай қорғаў ҳәм кепилликлерин тәмийинлеў, оларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўдың жаңа механизмлерин енгизиў, бизнес субъектлериниң кредит ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў имканиятын кеңейтиў ҳәм усы тийкарда жаңа жумыс орынларын шөлкемлестириў және халықтың турмыс дәрежесин арттырыўға хызмет етеди.