Өзбекстан Республикасы Президентиниң

қарары

Елимизде халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламын, соның ишинде, исбилерменлик жумысы менен шуғылланыў тилеги болған төмен дәраматлы шаңарақларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў бойынша әмелий илажлар көрилмекте.

Атап айтқанда, аўыр социаллық-турмыслық шараятларда жасайтуғын шаңарақлар  арзан турақ жай менен тәмийинленбекте, оларға медициналық хызметлерден пайдаланыўда, турмыслық техникаларды ҳәм үй ҳайўанларын сатып алыўда бийғәрез жәрдемлер көрсетилип келинбекте және майыплығы болған шахслар ушын өним ҳәм әсбап-үскенелер ислеп шығарыўшылар ҳәм оның бәнтлигин тәмийинлеп атырған шөлкемлерге салық ҳәм кредит жеңилликлериниң системасы нәзерде тутылған.

Соның менен бирге, өткерилген таллаўлар майыплығы болған шахслардың жәмийетлик бирлеспелери ҳәм исбилерменлик субъектлериниң халықтың социаллық әззи қатламын, соның ишинде, майыплығы болған шахсларды мийнет ислеўге тартыў имканиятынан толық пайдаланылмай атырғанын көрсетпекте.

Халықтың социаллық әззи қатламының абаданлығын арттырыў, олардың турмыс дәрежесин жақсылаў, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 1-декабрьдеги «Майыплығы болған шахсларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы ПП-5270-санлы Пәрманына тийкарланып майыплығы болған шахсларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў системасын буннан былай да жетилистириўдиң тийкарғы бағдарларын әмелге асырыў мақсетинде:

  1. 2018-жыл 1-августтан баслап 1-қосымшаға муўапық айырым дәрежедеги исбилерменлик субъектлерине төмендеги жеңилликлер ҳәм преференциялар берилсин:

қарыйдар тәрепинен инвестициялық ҳәм социаллық миннетлемелерди қабыл етиў шәрти менен мәмлекетлик мүлки объектлерин «ноль»лик сатып алыў қунында сатыў бойынша өткерилетуғын таңлаў саўдаларының нәтийжелерине бола, таңлаў саўдаларының басқа да қатнасыўшылары менен оның усыныслары арасында теңдей шараятлар жүзеге келген жағдайларда келисимди дүзиў бойынша үстинлик ҳуқықы;

мәмлекетлик мүлки объекти ушын иража төлемин усы объектке байланыслы ең аз ижара төлеми ставкасының 50 проценти муғдарында белгилеў.

Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги Мәмлекетлик салық комитети ҳәм басқа да мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте бир ай мүддетте усы бәнтте нәзерде тутылған жеңиллик ҳәм преференцияларды қолланыў тәртибин ислеп шықсын ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги менен келискен ҳалда орнатылған тәртипте тастыйықласын.

  1. Коммерциялық банклерге 1-қосымшада көрсетилген айырым дәрежедеги исбилерменлик субъектлерине:

айланыс қаржысын толықтырыў ушын-үш айлық жеңилликли дәўир менен 18 айға шекемги мүддетке;

әсбап-үскенелерди ҳәм жумсаў материалларын сатып алыў ушын – алты айлық жеңилликли дәўир менен 3 жыл мүддетке кредитлер ажыратыў усыныс етилсин.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Исбилерменлик жумысын раўажландырыўды қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қоры усы бәнтте нәзерде тутылған кредитлер бойынша процентлерди төлеў ушын компенсация және миннетлемелердиң тәмийнаты бойынша кепиллик бериўди тәмийинлесин.

  1. Сондай тәртип орнатылсын, оған бола, 2018-жыл 1-августтан баслап штаттағы хызметкерлериниң 50 проценти майыплығы болған шахслардан шөлкемлестирилген майыплығы болған шахслардың жәмийетлик бирлеспелери кәрханаларындағы жәми хызметкерлердиң мийнетине ҳақы төлеў қоры ушын бирден-бир социаллық төлем ставкасы 4,7 процент муғдарда белгиленеди ҳәм бирден-бир социаллық төлем суммасы орнатылған тәртипте бөлистириледи.
  2. Өзбекстан Республикасы Экономика министрлиги мәпдар министирликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте үш ай мүддетте алдынғы сырт ел тәжирийбесин ҳәм миллий әмелиятты терең үйрениў тийкарында социаллық исбилерменлик субъектлерин анықлаўдың тәртибин ҳәм өлшемлерин, олардың ҳуқықлары, миннетлемелери ҳәм жумыс еркинлиги кепилликлерин нәзерде тутатуғын тийисли нормативлик-ҳуқықый ҳүжжеттиң жойбарын Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин.
  3. Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги:

Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологияларын ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги мәпдар мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер менен биргеликте үш ай мүддетте майыплығы болған шахслардың еркин пайдаланыўы ушын барлық техникалық ҳәм медициналық-социаллық имканиятларды инабатқа ала отырып, қәўендерлер ҳәм қәўендерликлерден пайдаланатуғынларды байланыстыратуғын, бәринен бурын, қәўендерлердиң жәрдемине ҳәм қоллап-қуўатлаўына оғада мүтәж адамлар ҳаққындағы мақалалар және мағлыўматлар жайластырылатуғын арнаўлы веб-портал жаратыў ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныс киргизсин;

Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат палатасы ҳәм басқа да мәпдар  мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер менен биргеликте майыплығы болған шахсларды жумысқа қабыл етиўде берилген жеңилликлер ҳәм преференциялар ҳаққында, сондай-ақ, майыплығы бойынша ҳеш қандай кемситилиўге жол қоймаў, майыплығы болған шахслардың ҳуқықларын, еркинликлерин ҳәм нызамлы мәплерин әмелге асырыўдағы тең шараятлар жаратыў ҳәм оларды бузғаны ушын жуўапкершиликтиң анық екенлиги ҳаққында кең түрде түсиник жумысларын әмелге асырсын.

  1. Өзбекстан майыплар жәмийети, Өзбекстан көзи әззилер жәмийети, Өзбекстан гереңлер жәмийети (кейинги орынларда жәмийетлик бирлеспелер деп аталады)ниң олардың кәрханалары қарамағындағы өндирислик объектлерден нәтийжели пайдаланыў ҳәм оларға бириктирилген жер майданларынан ақылға уғрас пайдаланыўды комплексли үйрениў бойынша усыныслары қабыл етилсин.

Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы Қаржы министрлиги, Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрликлери және басқа да мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте:

бир ҳәпте мүддетте республиканың ҳәр бир аймағы кесиминде 2-қосымшаға муўапық жәмийетлик бирлеспелердиң кәрханаларына тийисли өндирислик объектлерден ҳәм жер майданларынан нәтийжели пайдаланыўды комплексли үйрениў бойынша жумысшы топарлар шөлкемлестирилсин;

бир ҳәпте мүддетте жәмийетлик бирлеспелердиң кәрханаларына тийисли өндирислик объектлерден ҳәм жер майданларынан нәтийжели пайдаланыўды үйрениў кестесин олардың ҳәр бир район (қала)дағы саны және социаллық-экономикалық әҳмийетинен келип шыққан ҳалда тастыйықласын;

2018-жыл 1-августқа шекем жумысшы топарлар тәрепинен жәмийетлик бирлеспелердиң  кәрханаларына тийисли өндирислик объектлерден ҳәм жер майданларынан нәтийжели пайдаланыўды үйрениўин және олар тәрепинен зәрүрликке бола анықланған машқалаларды шешиў илажларының көрилиўин тәмийинлесин;

2018-жыл 1-сентябрьге шекем үйрениўлердиң нәтийжелери бойынша жәмийетлик бирлеспелердиң кәрханаларына тийисли өндирислик объектлердиң жағдайын жақсылаў ҳәм оларға бириктирилген жер майданларынан ақылға уғрас пайдаланыў бойынша анық илажлардан ибарат «Жол картасы»н тастыйықлаў ушын Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Экономика министрлиги Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте усы қарардың мазмун-мәниси кеңнен сәўлелениўин ҳәм халыққа және исбилерменлик субъектлерине жеткерилиўин тәмийинлесин.
  2. Өзбекстан Республикасы Экономика министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  3. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министрли А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасының Бас прокуроры О.Б.Мурадовқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Мәмлекетлик кеңесгөйиниң биринши орынбасары Б.М.Мавлоновқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2018-жыл 11-июнь