Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Соңғы жыллары мәмлекетимизде коррупцияның алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиўдиң ҳуқықый ҳәм институционаллық тийкарлары жетилистирилип, жәмийетте коррупция иллетине маўасасыз орталықты қәлиплестириўге қаратылган кең көлемли реформалар әмелге асырылды.

Атап айтқанда, мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде коррупцияға қарсы гүресиўдиң заманагөй механизмлери кеңнен енгизилип, олардың жумысында ашықлықты тәмийинлеў ҳәм жәмийетшилик алдында есап бериўди аттырыў бойынша системалы илажлар көрилди.

Соның менен бирге, халық ҳәм мәмлекетлик хызметкерлерде коррупцияға маўасасыз мүнәсибетти қәлиплестириў, оларға “қалыслық вакцинасы”н сиңдириў ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў тараўындағы билим хәм көзқарасларын арттырыў системасын заман талапларынан келип шыққан ҳалда жаңа басқышқа алып шығыў зәрүрлиги пайда болмақта.

“Өзбекстан – 2030” стратегиясына муўапық халық ҳәм мәмлекетлик хызметкерлердиң коррупцияға қарсы гүресиў тараўындағы билимлерин үзликсиз арттырып барыўдың кең көлемли системасын енгизиў мақсетинде:

  1. Өзбекстан Республикасы Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги (кейинги орынларда – Агентлик) ҳәм Бас прокуратураның халық ҳәм мәмлекелик хызметкерлердиң коррупцияға қарсы гүресиў тараўындағы билимлерин үзликсиз арттырыўға қаратылған “Коррупцияға қарсы гүресиў виртуал академиясы” электрон  платформасын (кейинги орынларда – Виртуал академия) 2025-жыл 1-январьдан шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
  2. Халық ҳәм мәмлекетлик хызметкерлердиң коррупцияға қарсы гүресиў тараўындағы билимлерин үзликсиз арттырыў системасының тийкарғы бағдарлары етип төмендегилер белгиленсин:

халық ҳәм мәмлекелик хызметкерлердиң ҳуқықый санасы ҳәм ҳуқықый мәдениятын жетилистириў, жәмийетте коррупцияға қарсы ҳуқықый иммунитетти қәлиплестириў, жас әўладтың санасына қалыслық қәдириятларын сиңдириў;

коррупцияға қарсы гүресиўге жуўапкер ҳәм коррупциялық қәўип-қәтерлер жоқары болған мәмлекетлик хызмет лаўазымларындағы хызметкерлердиң билим, көзқарас ҳәм маманлықларын турақлы түрде арттырып барыў;

мәмлекетлик хызметкерлердиң коррупцияға қарсы гүресиў тараўындағы билимлерин баҳалаў ҳәм сертификатлаў, сертификат алған мәмлекетлик хызметкерлердиң реестрин жүргизиў;

коорупцияға қарсы гүресиў тараўындағы миллий ҳәм сырт ел тәжирийбеси, илимий, методикалық ҳәм әмелий қолланбалар, ерисилген табыслар бойынша электрон мағлыўматлар базасын жүргизиў;

коррупцияға қарсы гүресиўдиң тийкарғы машқалалары бойынша илимий-изертлеў бағдарламалары ҳәм жойбарларын, соның менен бирге, миллий, сырт ел ҳәм халықаралық грантларды тартқан ҳалда әмелге асырыў.

  1. Виртуал академияда оқыў жумысын шөлкемлестириў ҳәм жүргизиў Агентлик ҳәм Ҳуқық қорғаў академиясы (кейинги орынларда – Академия) тәрепинен әмелге асырылатуғыны белгиленсин. Онда:

а) Агентлик:

коррупцияға қарсы гүресиў бойынша оқытылыўы керек болған мәмлекетлик хызметкерлердиң контингентин қәлиплестиреди ҳәм Академия менен келискен ҳалда жыллық оқытыў реже-графигин тастыйықлайды;

оқыў процеси сапалы шөлкемлестирилиўин мониторинг етип барады;

коррупцияға қарсы гүресиў бойынша мәмлекетлик сиясат, коррупциялық қәўип-қәтерлер ҳәм изертлеў нәтийжелерин инабатқа алып, жаңа оқыў модульлерин енгизиў бойынша Академияға усыныслар киргизеди;

оқытыў системасының нәтийжели жумыс ислеўи ушын оқыў процесине тартылған ҳалда мәмлекетлик уйым ҳәм шөлкемлер менен тығыз бирге ислеседи;

Академия менен биргеликте ҳәр жылы Өзбекстан Республикасы Коррупцияға қарсы гүресиў миллий агентлиги Виртуал академия жумысы бойынша мәлимлеме киргизеди:

б) Академия:

Виртуал академияның үзликсиз жумыс алып барыўын, оқыў контенти ҳәм материаллары менен турақлы толықтырылыўы ҳәм жаңалап барылыўын тәмийинлейди;

коррупцияға қарсы гүресиў тараўында оқыў процесин шөлкемлестиреди, соның менен бирге, оқыў режелери ҳәм бағдарламаларын ислеп шығады, оқыў курслары ҳаққындағы мағлыўматларды Виртуал академияда жайластырады;

тыңлаўшылардың билимлерди өзлестириўиниң нәтийжелери бойынша электрон мағлыўматлар базасын қәлиплестиреди, оқыў курсларын тамамлаған шахслардың реестрин жүргизеди;

оқыў процесине мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң, жоқары билимлендириў ҳәм илимий-изертлеў мәкемелериниң маман қәнигелерин, соның менен бирге, сырт елли экспертлерди тартады.

  1. Виртуал академияда оқытыў төмендеги контингент ушын коррупцияға қарсы гүресиў бойынша оқыў бағдарламалары тийкарында алып барылады:

халық, исбилерменлик субъектлери, мәмлекетлик емес шөлкемлер ҳәм басқа пуқаралық жәмийети институтларының ўәкиллери;

билимлендириў шөлкемлериниң тәрибияланыўшылары, оқыўшылары ҳәм студентлери;

мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң мәмлекетлик хызметкерлери (кейинги орынларда – мәмлекетлик хызметкерлер);

мәмлекет қатнасыўындағы кәрханлардың хызметкерлери.

5.а) Виртуал академияда оқытыў коррупцияға қарыс гүресиў тараўында базалық ҳәм арнаўлы оқыў курслары бойынша жолға қойылатуғыны белгилеп қойылсын. Онда:

базалық оқыў курсларында оқытыў барлық пайдалыныўшылар ушын бийпул тийкарда шөлкемлестириледи;

арнаўлы оқыў курсларында маманлық арттырыў төлемили-шәртнама тийкарында әмелге асырылады;

б) мәмлекетлик хызметкерлерге Виртуал академияныӊ арнаўлы оқыў курсларында коррупцияға қарыс гүресиў тараўында маманлығын арттырыў мәжбүрий болып есапланады. Онда:

мәмлекетлик хызметкер жумысқа қабыл етилгенинен соӊ үй ай ишинде оқыў курсынан өтеди;

мәмлекетлик хызметкерлердиӊ маманлығын арртырыўдыӊ даўамлылығы ҳәр үш жылда кеминде бир мәртени қурайды;

коррупцияға қарыс гүресиў структуралары ҳәм коррупциялық қәўип-қәтерлер жоқары болған мәмлекетлик хызмет лаўазымларында жумыс ислейтуғын хызметкерлер ушын арнаўлы курслар тереӊлестирилген оқыў бағдарламалары тийкарында алып барылады;

в) мәмлекетлик хызметкерлер болып есапланбайтуғын шахсларды арнаўлы оқыў курсларында оқытыў қәлеўшилик тийкарында әмелге асырылады.

  1. Төмендегилер Виртуал академияныӊ жумысын қаржыландырыў дәреклери етип белгиленсин:

төлемли-шәртнама тийкарында оқытыўдан түсетуғын қаржылар;

Академияныӊ бюджеттен тысқары қаржылары;

Агентликтиӊ раўажландырыў қорыныӊ қаржылары;

физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиӊ қәўендерлик қайырқомлықлары;

халықаралық шөлкемлердиӊ грантлары ҳәм қаржылары;

нызамшылықта қадаған етилмеген басқа дәреклер.

  1. “Коррупцияға қарсы гүресиў виртуал академиясы” электрон платформасыныӊ нәтийжели жумысын тәмийинлеў ҳәм материаллық-техникалық базасын беккемлеў бойынша “жол картасы” қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  2. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:

а) арнаўлы оқыў курсларында төлемли–шәртнама тийкарында маманлық арттырыў ушын төлем муғдары Академияныӊ Қәўендерлик кеӊеси тәрепинен Агентлик ҳәм Экономика ҳәм қаржы министрлиги менен келисилген ҳалда тастыйықланады;

б) арнаўлы оқыў курсларын табыслы тамамлаған шахсларға Агентлик ҳәм Академия тәрепинен тастыйықланатуғын үлгидеги сертификат бериледи;

в) мәмлекетлик хызметкерлердиӊ маманлығын арттырыўға байланыслы қәрежетлер тийисли мәмлекетлик уйым яки шөлкемге усы мақсетлер ушын нәзерде тутылған бюджет қаржылары шеӊберинде яки олардыӊ бюджеттен тысқары қаржылары, сондай-ақ, нызамшылықта тастыйықланбаған басқа дәреклер есабынан қапланады;

г) төлемли-шәртнама тийкарында оқытыўдан түсетуғын қаржылар Академия есапбетинде топланады ҳәм төмендеги мақсетлерге қаратылады:

Виртуал академияныӊ жумысында пайдаланыўға тийисли материалларды таярлаў ушын буйыртпалар бериў;

Виртуал академияныӊ жумысын тәмийинлеўге жуўапкер хызметкерди материаллық хошаметлеў ҳәм олардыӊ маманлығын арттырыў;

Виртуал академияныӊ үзликсиз жумыс алып барыўы ҳәм оныӊ жумысын нәтийжели шөлкемлестириўге байланыслы қәрежетлерди қаплаў;

оқытыў процесине тийисли хызметкерлер, илимий-педагогикалық кадрлар ҳәм қәнигелерди, соныӊ ишинде, сырт елли экспертлерди тартыў менен байланыслы қәрежетлерди қаплаў.

Онда, оқытыўдан түсетуғын қаржылар жоқарыда нәзерде тутылған қәрежетлер қапланғанынан соӊ Агентлик ҳәм Академияныӊ бюджеттен тысқары қорларына теӊдей үлеслерде бөлистириледи.

  1. Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер турақлы түрде өз хызметкерлериниӊ Виртуал академияда коррупцияға қарсы гүресиў тараўында маманлығын арттырып барыўын тәмийинлесин.

Мәмлекет қатнасыўындағы кәрханаларға хызметкерлерин Виртуал академияда коррупцияға қарсы гүресиў тараўында маманлығын арттырыў илажларын көрип барыў усыныс етилсин.

  1. Коррупцияныӊ алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиўге қаратылған илимий изертлеўлерди системалы ҳәм нәтийжели шөлкемлестириў мақсетинде:

Агентлик тәрепинен жоқары билимлендириў ҳәм илимий-изертлеў шөлкемлери ушын коррупцияға қарсы гүресиў тараўында әмелге асырылыўы мүмкин болған усыныс тәризиндеги жыллық илимий-изертлеў темаларын қәлиплестириў;

барлық жоқары билимлендириў ҳәм илимий-изертлеў шөлкемлери тәрепинен коррупцияға қарыс гүресиў тараўында әмелге асырылған илимий изертлеўлердиӊ нәтийжелерин Агентликке бериў;

Академия тәринен коррупцияға қарсы гүресиў тараўында ерисилген табыслар, миллий ҳәм сырт ел тәжирийбеси, илимий, методикалық ҳәм әмелий қолланбалар, илимий-изертлеў жумыслары бойынша электрон мағлыўматлар базасын авторлық ҳуқықларына әмел етилген ҳалда жүргизиў тәртиби енгизилсин.

Агентлик ҳәм Академия тараўдағы илимий изертлеўлерди мақсетли ҳәм сапалы әмелге асырыў, нәтийжелерин ғалаба ен жайдырыў бойынша Өзбекстан Республикасы Коррупцияға қарсы гүресиў миллий кеӊесине турақлы түрде усыныслар киргизип барсын.

  1. Агентлик ҳәм Академия:

мәпдар министрлик ҳәм уйымлар менен биргеликте үш ай мүддетте Виртуал академияда оқытыўды шөлкемлестириў тәртибин ислеп шығып, тастыйықласын;

2025-жыл 1-январьға шекем “Коррупцияға қарсы гүресиў виртуал академиясы” электрон платформасы ҳәм оныӊ мобиль қосымшасы иске қосылсын.

  1. Академия Агентлик, Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги ҳәм Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги менен биргеликте:

2024-жыл 1-октябрьге шекем билимлендириў шөлкемлериниӊ тәрбияланыўшылары, оқыўшылары ҳәм студентлери ушын Виртуал академияда шөлкемлестирилетуғын арнаўлы бағдарламалар ҳәм контенттиӊ ислеп шығылыўын;

турақлы түрде билимлендириў шөлкемлериниӊ тәрбияланыўшылары, оқыўшылары ҳәм студентлери ушын арныўлы бағдарламалар ҳәм контенттиӊ жаӊаланып барылыўын тәмийинлесин.

Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги, Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги ҳәм Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги билим алыўшылар ушын Коррупцияға қарыс билимлендириў ҳәм жаслардыӊ имканиятларын кеӊейтиў глобал ресурсы (GRACE) бағдарламасы шеӊберинде сапалы мультипликациялық фильм, видеокөринис ҳәм аудиоматериалларды жаратыў мақсетинде сырт ел инвестициялары, грантлар ҳәм қәўендерлик қайырқомлықларын тартыў илажлары көрилсин.

  1. Агентлик ҳәм Бас прокуратура Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги менен биргеликте усы қарардыӊ мазмун-мәниси, мақсети ҳәм ўазыйпаларыныӊ ғалаба хабар қуралларында кеӊнен сәўлелениўин тәмийинлесин.
  2. Агентлик еки ай мүддетте мәпдар министрлик ҳәм уйымлар менен биргеликте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерис ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киритсин.
  3. Усы қарардыӊ орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип Агентлик директоры А.Э.Бурханов  ҳәм Бас прокурор Н.Т.Йўлдошев белгиленсин.

Қарардыӊ орынланыўын додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер уйымлардыӊ жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасы Коррупцияға қарсы гүресиў миллий кеӊеси баслығы Т.К.Нарбаева ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ ҳуқық қорғаў ҳәм қадағалаў уйымларыныӊ жумысын муўапықластырыў мәселелери бойынша кеӊесгөйи Д.Б.Кадировқа жүкленсин.

 

Өзбекстан Республикасы Президенти

Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2024-жыл 21-июнь