Өзбекстан Республикасы Президентиниң
қарары
Өзбек миллий мақам көркем өнериниң бийбаҳа үлгилерин кеңнен үгит-нәсиятлаў, оны қәстерлеп сақлаў ҳәм раўажландырыў, жас әўладтың қәлбинде миллий классикалық көркем өнеримизге ҳүрмет және итибар сезимлерин күшейтиў, ҳәр қыйлы халықлар арасындағы дослық ҳәм аўызбиршилик байланысларын беккемлеў, дөретиўшилик бирге ислесиў, мәдений-руўхый қатнасықлардың шеңберин халықаралық дәрежеде кеңейтиў мақсетинде:
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 17-ноябрьдеги «Өзбек миллий мақам көркем өнерин буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-3391-санлы қарары менен Шаҳрисабз қаласында ҳәр еки жылда бир мәрте өткерилиўи белгиленген Халықаралық мақам көркем өнери әнжуманын (кейинги орынларда Әнжуман деп аталады) биринши мәрте 2018-жылдың 6-10-сентябрь күнлери өткериў бойынша Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлигиниң, Өзбекстан Илимлер академиясының, Өзбекстан композиторлары ҳәм мелодистлери аўқамы және Қашқадәрья ўәлаяты ҳәкимлигиниң усыныслары мақуллансын.
- Төмендегилер:
Халықаралық мақам көркем өнери әнжуманына таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша шөлкемлестириў комитетиниң қурамы 1-қосымшаға муўапық;
Халықаралық мақам көркем өнери әнжуманын өткериў тәртиби ҳаққында Реже 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Шөлкемлестириў комитети еки ҳәпте мүддетте Әнжуманға таярлық көриў ҳәм оны жоқары дәрежеде өткериўге қаратылған илажлар режесин ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын.
- Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги, Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги, Өзбекстан Илимлер академиясы, Қашқадәрья ўәлаяты ҳәкимлиги, Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы, Өзбек миллий мақам көркем өнери орайы:
бир ай мүддетте халықаралық әнжуманның ашылыў ҳәм жабылыў мәресимлериниң сценарийин ҳәм көркем бағдарламаларын таярлаў;
1–июльге шекем усы конференцияда шет еллерден белгили музыкатаныўшылар менен мақамтаныўшы илимпазлардың, атақлы артистлердиң, маман қәнигелердиң ҳәм ҳүрметли мийманлардың қатнасыўын тәмийинлеўди, оларды сыйлықлаўды жоқары дәрежеде шөлкемлестирсин.
1-августқа шекем әнжуман шеңберинде «Мақам көркем өнери ҳәм оның жәҳән цивилизациясында тутқан орны» темасында өткерилетуғын илимий-әмелий конференцияға таярлық көрсин.
- Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги, Мәденият министрлиги, Қашқадәрья ўәлаяты ҳәкимлиги әнжуманды ЮНЕСКО қәўендерлиги астында өткериў мәселесин белгиленген тәртипте шешсин.
- Қашқадәрья ўәлаяты ҳәкимлиги 25-августқа шекем Шаҳрисабз қаласын абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў жумыслары әмелге асырылыўын, әнжуман өткерилетуғын сахна майданлары ҳәм заллар талап дәрежесинде таярланыўын тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги Әнжуманға келетуғын мийманлар ушын Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлигиниң виза талапнамаларына муўапық Өзбекстан Республикасына кириў визалары белгиленген тәртипте консуллық ҳәм басқа да жыйымларды өндирмей рәсмийлестирилиўин тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги, Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети, Өзбекстан Көркем өнер академиясы, «Өзбеккино» миллий агентлиги, «Өзтоқымашылықсанаат» ассоциациясы, Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы, Өзбекстан Саўда-санаат палатасы ҳәм «Өнермент» бирлеспеси менен биргеликте:
Әнжуман шеңберинде Шаҳрисабз қаласындағы Ақсарай майданы аймағында мақам көркем өнерине байланыслы түрли көргизбелер, миллий саз әсбаплары ҳәм липаслар, өнерментшилик буйымлары, сүўретлеў ҳәм әмелий көркем өнер дөретпелери, мүсиншилик үлгилери, көркем ҳәм ҳүжжетли фильмлер, аудио ҳәм видео дисклер, китаплар, альбомлар, фотосүўретлер көргизбеси ҳәм оларды сатыў шөлкемлестирилиўин;
Әнжуманның бағдарламаларын ислеп шығыў ҳәм оның Әнжуманнан үш ай бурын туристлик шөлкемлерге усынылыўын, Интернет жәҳән мәлимлеме тармағында ҳәм социаллық тармақларда жайластырылыўын тәмийинлесин.
- Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети:
Әнжуман қатнасыўшылары ҳәм мийманлар ушын орын ажыратсын;
Ташкент қаласы ҳәкимлиги Қашқадәрья ўәлаяты ҳәкимлиги менен биргеликте дөретиўшилик топар ҳәм көркем бағдарлама қатнасыўшыларына және шет елли мийманларға Ташкент қаласы ҳәм Қашқадәрья ўәлаятындағы мийманханаларды ҳәм аўқатланыў хызметлерин 5 процентлик шегирме менен шөлкемлестирсин.
- Әнжуманды шөлкемлестириў ҳәм өткериўге байланыслы қәрежетлер Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги тәрепинен ислеп шығылған ҳәм белгиленген тәртипте тастыйықланған смета тийкарында төмендеги тәртипте:
70 проценти – Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлигиниң қәрежетлер сметасында мәдений илажларды өткериў ушын ҳәр жылы нәзерде тутылатуғын бюджет қаржылары шеңберинде;
30 проценти – қәўендерлик қайырқомлықлардың, жергиликли бюджет қаржыларының және нызамшылықта қадаған етилмеген басқа да дәреклердиң есабынан қапланады.
- Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, «Дүнё» мәлимлеме агентлиги ҳәм басқа да ғалаба хабар қуралларына Әнжуманға таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларды ҳәр тәреплеме сәўлелендирип барыў усыныс етилсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик кеңесгөйи Х.Султоновқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2018-жыл 6-апрель