Өзбекистан Республикасы Президентиниң

қ а р а р ы

Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 29-майдағы «Электр энергиясын ҳәм тәбийғый газди жеткерип бериў және тутыныў саласында төлем тәртибин буннан былай да беккемлеў, сондай-ақ, атқарыў жумысын жүргизиў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы ПП-5059-санлы Пәрманына муўапық:

  1. Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 27-июньдағы Б-4979-санлы бийлиги менен шөлкемлестирилген Электр энергиясын ҳәм тәбийғый газди қадағалаў ҳәм есаплаўдың автоматластырылған системасын буннан былай да енгизиў бойынша усыныслар таярлаў бойынша Жумысшы комиссия (кейинги орынларда Жумысшы комиссия деп қолланылады) тәрепинен “Sagemcom” (Франция Республикасы), “Elster GmbH” (Германия Федеративлик Республикасы),  “Landis & Gyr” (Швейцария Конфедерациясы) компаниялары ҳәм “Toshelectroapparat”  ЖШЖ ЖК (Өзбекистан Республикасы) менен Өзбекистан Республикасында электр энергиясы ҳәм тәбийғый газди қадағалаўдың және есаплаўдың автоматластырылған системасын енгизиў жойбарын (кейинги орынларда Жойбар деп қолланылады) әмелге асырыў бойынша туўрыдан-туўры сөйлесиўлер өткерилгени мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. Жумысшы топардың Жойбар шеңберинде дәслеп 2 миллион дана электр энергиясы ҳәм тәбийғый газди есаплаў үскенелери, сондай-ақ, бағдарламалық тәмийинат, қосымша әсбап-үскене, басқа да зәрүр техникалық қуралларды (кейинги орынларда есаплаў үскенелери ҳәм қосымша қураллар деп аталады)  “Sagemcom”, “Elster GmbH”  компаниялары ҳәм  “Toshelectroapparat” ЖШЖ ЖК дан қағыйда бойынша тендер саўдаларын өткерместен сатып алыў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.

Жумысшы топардың қарарына тийкарланып, «Өзбекэнерго» АЖ ҳәм «Өзтрансгаз» АЖ Жойбар шеңберинде есаплаў үскенелерин ҳәм қосымша қуралларды усы қарардың 14-бәнтине муўапық оларды республикада ислеп шығарыў жолға қойылғанға шекем усы бәнтте көрсетилген ислеп шығарыўшылардан қосымша сатып алыўы мүмкин екени белгиленсин.

  1. Жумысшы топар (Ж.А.Қучқоров) «Өзбекэнерго» АЖ ҳәм «Өзтрансгаз» АЖ менен биргеликте бир ай мүддетте Жойбар бойынша “Sagemcom”, “Elster GmbH” компаниялары ҳәм “Toshelectroapparat” ЖШЖ ЖК менен жуўмақлаўшы сөйлесиўлер өткерилиўи ҳәм контрактлер (кейинги орынларда контрактлер деп қолланылады) дүзилиўин шөлкемлестирсин.

«Өзстандарт» агентлиги сөйлесиўлердиң жуўмағына шекем Жойбар шеңберинде орнатылатуғын есаплаў үскенелериниң түрлерине техникалық талапларды тастыйықласын.

  1. Өзбекистан Республикасы Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети дүзилетуғын контрактлерди, соның ишинде есаплаў үскенелериниң ҳәм қосымша қураллардың, хызметлердиң баҳасын ислеп шығарыўшылардың әйне усындай жойбарларды әмелге асырыў бойынша тәжирийбесине ҳәм искерлик абыройына итибар қаратқан ҳалда ҳәр тәреплеме экспертизадан өткерсин.
  2. Жойбар шеңберинде төмендегилер:

Өзбекистан Республикасы Тиклениў ҳәм раўажланыў қорының (кейинги орынларда Қор деп қолланылады) «Өзсанаатқурылысбанк» АКБ тәрепинен қайта қаржыландырылатуғын, 5 жыллық жеңилликли дәўир ҳәм қайта қаржыландырыўшы банктиң 0,2 процент маржасын өз ишине алған жыллық ставкасы 2 процент болған 10 жыл мүддетке ажыратылатуғын қаржылар – контрактлер бойынша есаплаў үскенелери ҳәм қосымша қурылларды, сондай-ақ, хызметлерди сатып алыўға жумсалған қәражетлердиң;

«Өзбекэнерго» АЖ ҳәм «Өзтрансгаз» АЖның қаржылары – қурылыс-монтажлаў жумысларын, жергиликли товарлар менен хызметлерди сатып алыўдың қаржыландырыў дәреклери етип белгиленсин.

  1. 2020-жыл 1-январьдан Жойбардың әмелге асырыў мүддетине 1 кВт/саат электр энергиясы ушын 15 сум, 1 метр куб тәбийғый газ ушын 17 сум (республикада реализация етилетуғын) муғдарда зәрүрликке бола индексация етилетуғын және тек ғана Жойбар шеңберинде Қордың тартылған қаржыларын қаплаўға және басқа қәражетлерди қаржыландырыўға қаратылатуғын инвестициялық үстеме енгизилетуғыны;

Жойбар шеңберинде есаплаў үскенелерин орнатыўда кейин ала оларды мәмлекетлик тексериўден өткерген ҳалда сертификатлаў жумысларын алып барыў белгиленген тәртипте «Өзстандарт» агентлиги тәрепинен әмелге асырылатуғыны;

есаплаў үскенелерин орнатыўда пломбалаў «Өзбекэнерго» АЖ, «Өзтрансгаз» АЖ ҳәм Өзбекистан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Мәжбүрий орынлаў бюросының (кейинги орынларда Бюро деп қолланылады) ўәкилликли хызметкерлери тәрепинен әмелге асырылатуғыны;

Жойбар шеңберинде орнатылатуғын  есаплаў үскенелериниң мәмлекетлик тексериў «Өзстандарт» агентлиги тәрепинен ҳәр 10 жылда әмелге асырылатуғыны, бунда есаплаў үскенелерин мәмлекетлик тексериўге тапсырыў бойынша жумысларды шөлкемлестириў «Өзбекэнерго» АЖ, «Өзтрансгаз» АЖ ҳәм Бюро тәрепинен тәмийинленетуғыны;

пайдаланыўшыдан мәмлекетлик тексериўден, хызмет көрсетиў ҳәм басқа да жумысларды өткериў ушын шешип алынған есаплаў үскенесиниң орнына тез арада «Өзбекэнерго» АЖ ҳәм «Өзтрансгаз» АЖ қаржылары есабынан басқа тексериўден өткен есаплаў үскенеси орнатылатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Өзбекистан Республикасы қаржы министрине «Өзбекэнерго» АЖ ҳәм «Өзтрансгаз» АЖ ның Жойбарды әмелге асырыў ушын берилетуғын Қордың кредитлери бойынша «Өзсанаатқурылысбанк» АКБ алдындағы миннетлемелери бойынша белгиленген тәртипте мәмлекетлик кепилликлер бериў ўәкиллиги берилсин. Бунда мәмлекетлик кепилликлер «Өзбекэнерго» АЖ ҳәм «Өзтрансгаз» АЖ тәрепинен кредитлерди қаплаў дәўиринде олардың ақша қаржыларын басқарыў ҳуқықларын Өзбекистан Республикасы Қаржы министрлигине тапсырыў арқалы бериледи.
  2. Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы «ӨзИнжиниринг» Республикалық жойбарлаў институты «Өзбекэнерго» АЖ ҳәм «Өзтрансгаз» АЖ менен биргеликте үш ай мүддетте Министрлер Кабинетине Жойбардың техникалық-экономикалық тийкарларын киргизсин.

Қор, «Өзсанаатқурылысбанк» АКБ, «Өзбекэнерго» АЖ ҳәм  «Өзтрансгаз» АЖ ға Жойбардың техникалық-экономикалық тийкарлары тастыйықланғанға шекем контрактлер шеңберинде товарлардың сатып алыныўын ҳәм орынланатуғын жумысларды 2018-жыл 1-февральға шекем қаржыландырыўға рухсат берилсин.

  1. «Өзбекэнерго» АЖ, «Өзтрансгаз» АЖ ҳәм“Toshelectroapparat” ЖШЖ ЖК 2022-жыл 1-январьға шекем контрактларға муўапық есаплаў үскенелери ҳәм қосымша қуралларды, комплектлеўши буйымларды, шийки затлар менен материалларды алып киргени ушын бажыхана төлемлерин төлеўден (бажыхана рәсмийлестириўи ушын жыйымлар буған кирмейди), сондай-ақ, Жойбарды әмелге асырыў шеңберинде қосымша қун салығынан азат етилсин.
  2. «Өзбекэнерго» АЖ ҳәм «Өзтрансгаз» АЖ Бюро менен биргеликте бир ай мүддетте электр жеткерип бериў линияларын ҳәм газ қубырларын модернизациялаў бойынша мәмлекетлик бағдарламалар әмелге асырылыўын, электр ҳәм газ тәмийинаты инфраструктурасының әмелдеги жағдайын, қалалар ҳәм ўәлаятлар орайларының үстемлигин есапқа алған ҳалда үскенелер менен қосымша қуралларды орнатыў кестесин тастыйықласын.
  3. Республика аймағына Жойбардың техникалық параметрлерине сәйкес келмейтуғын есаплаў үскенелери менен қосымша қурылларды алып кириў қадаған етилсин.
  4. Өзбекистан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги «Өзбекэнерго» АЖ ҳәм «Өзтрансгаз» АЖ менен биргеликте жаратылатуғын Коммуналлық хызметлер бирден-бир биллинг системасының Жойбар шеңберинде орнатылатуғын бағдарламалық өнимлер менен биллинг системасының электр энергиясына ҳәм тәбийғый газге байланыслы бөлегин ислеп шығыўға “Sagemcom” компаниясын тартқан ҳалда сәйкеслигин тәмийинлесин.
  5. «Өзбекэнерго» АЖ, «Өзтрансгаз» АЖ «Өзэлтехсанаат» АК, Өзбекистан Республикасы Экономика министрлиги, Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети, Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекини раўажландырыў мәмлекетлик комитети менен биргеликте еки ай мүддетте сырт ел компаниясының қатнасыўында, соның ишинде, «Өзэлтехсанаат» АК кәрханаларын кооперация тийкарында есаплаў үскенелери ҳәм қосымша қуралларды ислеп шығарыўды, сондай-ақ, Жойбарды техникалық қоллап-қуўатлаў бойынша хызмет көрсетиў орайларын шөлкемлестириў бойынша усынысларды Министрлер Кабинетине киргизсин.
  6. Өзбекистан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги Жойбар ҳәм контрактлердиң әмелге асырылыўы үстинен системалы мониторинг орнатсын.
  7. «Өзбекэнерго» АЖ ҳәм «Өзтрансгаз» АЖ буйыртпалары бойынша:

Өзбекистан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги Жойбарды әмелге асырыўда қатнасатуғын шет елли қәнигелерге кириў визаларын рәсмийлестириўди;

Өзбекистан Республикасы Ишки ислер министрлиги Жойбарды әмелге асырыўда қатнасатуғын шет елли қәнигелерге көп мәртелик кириў визалары берилиўин және мүддетти создырылыўын, сондай-ақ, ўақтынша жасаў орны бойынша ўақтынша дизим рәсмийлестирилиўи (создырылыўы)н тәмийинлесин.

  1. Жойбардың толық ҳәм өз мүддетинде әмелге асырылыўы, соның ишинде тастыйықланатуғын жойбар параметрлерине ерисиў бойынша жеке жуўапкершилик Өзбекистан Республикасы Бас министриниң орынбасары А.С.Султановқа, «Өзбекэнерго» АЖ (У.М.Мустафоев) ҳәм «Өзтрансгаз» АЖ (А.С.Мустафоев) басшыларына жүкленсин.
  2. Төмендегилер:

Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 20-апрельдеги «Газ тәмийинаты системасында базар механизмлерин кеңнен енгизиў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-2907-санлы қарары;

Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 15-июньдағы «Мәжбүрий орынлаў бюросын раўажландырыў қорының жумысын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы ПҚ-3060-санлы қарардың 6-бәнти өз күшин жойтқан деп есаплансын.

  1. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекистан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекистан Республикасының Бас прокуроры И.Б.Абдуллаевқа жүкленсин.

Өзбекистан Республикасы

 Президенти    Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2017-жыл 13-ноябрь

 

Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Электр энергиясы ҳәм тәбийғый газди қадағалаўдың ҳәм есапқа алыўдың автоматластырылған системасын жедел енгизиў илажлары ҳаққында»ғы қарарына

Т Ү С И Н И К

Электр ҳәм газ тәмийнаты тараўындағы системалы машқалаларды нәтийжели шешип алмай турып экономика тармақларын раўажландырыў, өндирис ҳәм хызметлер саласын кеңейтиў, исшеңлик белсендилигин ҳәм елимиздиң инвестициялық тартымлылығын арттырыў, сондай-ақ, халықтың турмыс дәрежеси менен абаданлығын арттырыў мүмкин емес.

Усы мүнәсибет пенен, кейинги жылларда республикада электр ҳәм газ тәмийинаты системасының инфраструктурасын раўажландырыў ҳәм модернизациялаў, энергия ресурсларын пайдаланыўды есаплаўдың ҳәм қадағалаўдың нәтийжелилигин арттырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылмақта.

Атап өтиў керек, ҳәзирги күнде қадағалаўдың ҳәм есаплаўдың нәтийжели системасы жоқлығы себепли электр ҳәм газ тәмийнаты кәрханаларының жумысында турақлы артып баратуғын қарыздарлық жүзеге келиўине, энергия ресурсларын жеткерип бериўде турақлы үзилиспелерге ҳәм тармақлық кәрханаларды аўыр қаржылық жағдайға алып келген көплеген үлкен кемшиликлер топланып қалған.

Электр ҳәм газ тәмийнаты кәрханалары қадағалаўшыларының ҳәрекетсизлиги және олар арасында ҳәмелинен пайдаланыўшылық жағдайларының кең тарқалғаны жүзеге келген жағдайдың тийкарғы себеплери болып табылады. Қарыздарлықтың ири муғдары ҳәм оны өндириў ушын зәрүр хызметкерлердиң бар екенине қарамастан, «Өзбекэнерго» АЖ ҳәм  «Өзтрансгаз» АЖ кәрханалары тәрепинен жеткиликли дәрежеде өндириў тәмийинленбеген.

Электр жеткерип бериў линияларын ҳәм газ қубырларын комплексли модернизациялаў бағдарында жеткиликли жумыслар әмелге асырылмаған.

Көп жыллар даўамында энергия ресурсларынан пайдаланыўды қадағалаўдың ҳәм есапқа алыўдың автоматластырылған системасын (ЭҚЕАС) енгизиў бойынша бир неше мәрте илажлар көрилген болса да, бул бағдардағы ҳеш бир жойбар жуўмағына жеткерилмеген, бул өз гезегинде, энергия ресурсларынан пайдаланыўдың ҳақыйқый есабын ҳәм қадағалаўын шөлкемлестириўге, сондай-ақ, талан-тараж жағдайларының ҳәм басқа да ҳуқықбузарлықлардың алдын алыўға жүдә кери тәсир жасаған.

Мәселен, энергия ресурслары улыўма санының тек ғана 2,6 проценти ЭҚЕАСта ислейтуғын электр энергиясын есаплаў үскенелери менен тәмийинленген, 40 проценти сыртқы тәсирден қорғалмаған гөнерген есаплағыш үскенелеринен пайдаланады, 48 проценти ЭҚЕАСқа сәйкес келмейтуғын түрли модификациядағы есаплаў үскенелерине ийе, сондай-ақ, 9,4 процентинде энергия ресурсларын есаплаў үскенелери жоқ.

Жүзеге келген кемшиликлерди сапластырыў және энергия ресурсларынан пайдаланыў саласында басқарыў, қадағалаў ҳәм есап системасын, сондай-ақ, төлеў интизамын түп-тийкарынан жақсылаў мақсетинде быйыл бул тараўды шөлкемлестириў-ҳуқықый жақтан жетилистириў бойынша Өзбекистан Республикасы Президентиниң ҳәм Ҳүкиметиниң бир қатар қарарлары қабыл етилди.

Атап айтқанда, Мәжбүрий орынлаў бюросы шөлкемлестирилип, жүзеге келген жағдайды тез пәтлерде жақсылаў бойынша комплексли илажлар көрилгени, соның ишинде, 2,6 миллионнан аслам турақ жай ҳәм адам турмайтуғын объектлер инвентаризация етилгени, энергия ресурсларынан пайдаланыў қағыйдаларын бузыў менен байланыслы көплеген ҳуқықбузарлықлар анықланғанын атап өтиў керек.

Бюро жанында энергия ресурсларынан пайдаланыўды есапқа алыўдың ҳәм қадағалаўдың орынлаў ис жүргизиўиниң анықлығын ҳәм жылдамлығын, сондай-ақ, тийисли мәселелер бойынша ведомстволараралық бирге ислесиўдиң нәтийжелилигин тәмийинлейтуғын Мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизиў орайы дүзилди.

Соның менен бир қатарда, Өзбекистан Республикасы Президентиниң бийлиги менен ЭҚЕАСты буннан былай да енгизиў ҳаққында усыныслар таярлаў бойынша Жумысшы комиссия дүзилди.

Жумысшы комиссия тәрепинен бир қатар жетекши шет елли компаниялар менен республикада ЭҚЕАСты енгизиў жойбарын әмелге асырыў бойынша тиккелей сөйлесиўлер өткерилди.

Сөйлесиўлер процесинде ерисилген келисимлерди әмелге асырыў мақсетинде Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Электр энергиясын ҳәм тәбийғый газди қадағалаўдың ҳәм есапқа алыўдың автоматластырылған системасын жедел енгизиў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.

Қарарға муўапық, дәслепки басқышта 2 миллион дана электр энергиясын ҳәм тәбийғый газди есаплаў үскенелерин, сондай-ақ, бағдарламалық тәмийинат, қосымша әсбап-үскене, басқа да зәрүр техникалық қураллар сатып алынады.

Сондай-ақ, жақын келешекте республикада шет ел компанияларының қатнасыўында жоқарыда көрсетилген есаплаў үскенелерин ҳәм қосымша қуралларды жергиликли ислеп шығарыў шөлкемлестириледи.

Бир ай мүддетте электр жеткерип бериў линиялары ҳәм газ қубырларын модернизациялаў бойынша мәмлекетлик бағдарламалар әмелге асырылыўын, электр ҳәм газ тәмийнаты инфраструктурасының әмелдеги жағдайын, қалалар ҳәм ўәлаятлар орайларының әҳмийетлилигин есапқа алған ҳалда есаплаў үскенелери менен қосымша қуралларды орнатыў кестесин тастыйықлаў режелестирилди.

Қарарға муўапық, жойбар шеңберинде орнатылатуғын есаплаў үскенелериниң мәмлекетлик тексериўи «Өзстандарт» агентлиги тәрепинен ҳәр 10 жылда әмелге асырылады, есаплаў үскенелерин мәмлекетлик тексериўге тапсырыў бойынша жумысларды шөлкемлестириў болса «Өзбекэнерго» АЖ, «Өзтрансгаз» АЖ ҳәм Бюро тәрепинен тәмийинленеди.

Бунда пайдаланыўшыдан мәмлекетлик тексериўден, хызмет көрсетиў ҳәм басқа да жумысларды өткериў ушын шешип алынған есаплаў үскенесиниң орнына тез арада «Өзбекэнерго» АЖ ҳәм «Өзтрансгаз» АЖ қаржылары есабынан басқа тексериўден өткен есаплаў үскенеси орнатылады.

Атап өтиў керек, тек ғана кейинги 2 жылда реал көрсеткишлерди жоқары дәрежеде (20 процентке шекем) бузып көрсететуғын 24,4 миллион АҚШ доллары муғдарындағы  410 мыңнан аслам гөнерген есаплаў үскенелери елимизге алып келинген.

Усы машқаланы шешиў мақсетинде қарар менен буннан кейин республика аймағына жойбардың техникалық параметрлерине сәйкес келмейтуғын есаплаў үскенелерин ҳәм қосымша қуралларды алып кириў қадаған етилди.

Қарарда нәзерде тутылған илажларды әмелге асырыўдың нәтийжелилиги энергия ресурсларынан пайдаланыўды қадағалаў ҳәм есаплаў системасын модернизациялаў, олардан ақылға муўапық пайдаланыў, энергия ресурсларынан пайдаланыў қағыйдаларын бузыў жағдайларының өз ўақтында алдын алыўды ҳәм улыўма тармақты жедел раўажландырыўды тәмийинлейди.