Өзбекистан Республикасы Президентиниң қарары

Республика экономикасының базалық тармақларындағы жойбарлаў жумысларының жағдайы қәнигелестирилген жойбарлаў институтларында маман инженер-жойбарлаўшылардың жетиспеўшилигинен, бул тараўда жумысларды шөлкемлестириў заманагөй инновациялық усыллардың енгизилиўи зәрүр дәрежеде емеслигинен ҳәм соның ақыбетинде ислеп шығарылып атырған жойбарлаў ҳүжжетлери сапасының төмен екенлигинен дәрек бермекте.

Нәтийжеде инвестициялық жойбарларды әмелге асырыўда шет ел инжиниринг компанияларының қатнасыўына күшли зәрүрлик жүзеге келди, бул болса көрсетилетуғын хызметлерге ҳақы төлеў ушын үлкен муғдарда валюта қаржыларының жумсалыўына себеп болмақта.

Кадрлар таярлаўдың әмелдеги системасы қәнигелестирилген жоқары билимлендириў мәкемелериниң питкериўшилерин жойбарлаў институтлары ҳәм инжиниринг шөлкемлериниң белсенди өндирислик жумысына тез тартыў имканиятын бермей атыр. Жас қәнигелер технологиялық системаларды жойбарлаў, конструкторлық ҳүжжетлерди таярлаў ҳәм жойбарларды басқарыўдың дәслепки көнликпелерине ийе емес.

Экономиканың базалық тармақларында инвестициялық ҳәм инфраструктуралық жойбарлар бойынша жойбаралды ҳәм жойбарлаў ҳүжжетлерин ислеп шығыў бағдарында тийкарғы жумысты бөлип алып ислеўши есапланатуғын Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы «ӨзИнжиниринг» Республикалық жойбарлаў институты (кейинги орынларда «ӨзИнжиниринг» Республикалық жойбарлаў институты деп аталады) хызметкерлери санының шекленгенлиги жумысларды шөлкемлестириўдиң заманагөй инновациялық усылларын нәтийжели енгизиў ҳәм инженер-жойбарлаўшыларды таярлаў системасын жетилистириў имканиятын бермейди.

Жойбарлаў жумысларының сапасын ҳәм оларды жергиликлилестириў дәрежесин арттырыў, усы тараўда жоқары маман кадрларды таярлаў, сондай-ақ, «ӨзИнжиниринг» Республикалық жойбарлаў институтының жумысын буннан былай да жетилистириў мақсетинде:

  1. Экономиканың базалық тармақларындағы жойбарлаў жумысларын буннан былай да раўажландырыўдың тийкарғы бағдарлары етип төмендегилер белгиленсин:

жойбарлаў ҳәм жойбарды басқарыў саласында инженер кадрларды таярлаў системасын жетилистириў, шет ел билимлендириў мәкемелеринен ҳәм инжиниринг компанияларынан жетекши қәнигелерди ҳәм инженер-жойбарлаўшыларды оқыў процесине кеңнен тартыў;

Ислам Кәримов атындағы Ташкент мәмлекетлик техника университети, Ташкент қаласындағы Инха университети, Ташкент химия-технология институты, Ташкент архитектура-қурылыс институты, Наўайы мәмлекетлик кәншилик институты (кейинги орынларда – қәнигелестирилген жоқары билимлендириў мәкемелери) студентлери экономиканың базалық тармақларындағы кәрханаларда ҳәм жойбарлаў институтларында (кейинги орынларда – жойбарлаў институтлары) мәжбүрий стажировкадан өтиў әмелиятын енгизиў, сондай-ақ, оларда әмелий сабақлар өткериў;

Өзбекстан Республикасын раўажландырыў мәмлекетлик бағдарламалары шеңбериндеги жойбарларды әмелге асырыўда жойбарлаў жумысларын жергиликлилестириў дәрежесин арттырыў ҳәм шет ел инжиниринг компаниялары хызметлериниң орнын басқышпа-басқыш ийелеў;

елимиздеги инженер – жойбарлаўшыларды ҳәм басқа да қәнигелерди жойбарлаўдың заманагөй стандартларына әмелий үйретиў мақсетинде экономиканың базалық тармақларындағы объектлерде контрактлер бойынша жойбарлаў жумысларын әмелге асырып атырған шет ел инжиниринг компаниялары тәрепинен жойбарлаў институтларында жойбарлаў топарлары шөлкемлестирилиўин әмелиятқа енгизиў;

жойбарлаў жумысларын сапалы орынлаў ушын жойбарлаў институтларын зәрүр заманагөй шөлкемлестириўшилик техника ҳәм әсбап-үскенелер, шет елдиң илимий-техникалық әдебиятлары, дүньядағы қәнигелестирилген баспалардың өнимлери, сондай-ақ, алдынғы бағдарламалық өнимлер менен тәмийинлеў.

  1. «ӨзИнжиниринг» Республикалық жойбарлаў институты экономиканың базалық тармақларында жойбарлаў жумысларын раўажландырыўдың тийкарғы бағдарларын белгилейтуғыны, сондай-ақ, қәнигелестирилген жоқары билимлендириў мәкемелери, экономиканың базалық тармақларының кәрханалары ҳәм жойбарлаў институтлары арасында жоқары маман инженер-жойбарлаўшыларды таярлаў мәселелери бойынша бирге ислесиўши уйым есапланатуғыны белгиленсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги жоқары, соның ишинде, шет ел билимлендириў мәкемелериниң жойбарлаўға байланыслы әмелдеги оқыў бағдарламаларын үйрениў тийкарында:

2018/2019 оқыў жылы даўамында жоқары билимлендириў мәкемелериниң экономиканың базалық тармақларының объектлерин жойбарлаў саласындағы жаңа қәнигелик талапларын, оқыў режелерин ҳәм бағдарламаларын ҳәр тәреплеме талқыласын ҳәм олардың үстинен мониторинг өткерсин, сондай-ақ, оларды буннан былай да жетилистириў бойынша илажлар көрсин;

қәнигелестирилген жоқары билимлендириў мәкемелериниң оқыў режелерине ҳәм бағдарламаларына, соның ишинде, усы қарардың 1-бәнтиниң үшинши хатбасында белгиленген талапларды есапқа алған алған ҳалда жойбарлаўды басқарыў ҳәм жойбарлаў тийкарлары бойынша сабақларды киргизсин;

қәнигелестирилген жоқары билимлендириў мәкемелерин жойбарлаўды басқарыў ҳәм жойбарлаў тийкарлары бойынша жаңа әўлад оқыў әдебиятлары менен тәмийинлеўге байланыслы, усы мәкемелердиң студентлери ушын авторлық шынығыўлар ҳәм мастер-класслар өткериў ушын шет ел изертлеў, билимлендириў мәкемелеринен ҳәм инжиниринг компанияларынан жетик қәнигелерди және инженер-жойбарлаўшыларды тартыўға байланыслы әмелий илажлар режесиниң әмелге асырылыўын тәмийинлесин;

«ӨзИнжиниринг» Республикалық жойбарлаў институтына ҳәм жойбарлаў инситутларына қәнигелестирилген жоқары билимлендириў мәкемелери питкериўшилери арасынан талантлы инженер-жойбарлаўшыларды таңлап алыўда турақлы түрде әмелий жәрдем берсин.

  1. Экономиканың базалық тармақларының кәрханалары – инвестициялық ҳәм инфраструктураға тийисли жойбарлар буйыртпашыларына шет ел инжиниринг компаниялары ҳәм жумысты бөлип алып ислеўшилер менен дүзилген шәртнамаларға жойбарлаў институтларында усы қарардың 1-бәнти бесинши хатбасында белгиленген жойбарлаў топарларын дүзиў бойынша шәртлерди киргизиў усыныс етилсин.

Жойбарлаў топарлары өз жумысын Өзбекстан Республикасындағы резидент емес турақлы мәкеме статусысыз әмелге асыратуғыны белгиленсин.

  1. Жойбарлаў институтларына төмендегилер руқсат етилсин:

шет елдиң жоқары маман қәнигелерин тиккелей пуқаралық-ҳуқықый шәртнамалар тийкарында жойбарлаў жумысларын орынлаўға тартыў ҳәм оларға халықаралық әмелиятта қабыл етилген баҳаларға ҳәм муғдарларға муўапық ҳақы белгилеў;

шет ел шөлкемлери ҳәм қәнигелери менен ислескенде ҳәр бир техникалық ҳәм коммерциялық ҳүжжетлер және мәлимлемеден биргеликте пайдаланыў, оған мәмлекетлик сырлардан ҳәм нызам менен қорғалатуғын басқа да сырдан ибарат мағлыўматлар кирмейди.

  1. Өзбекстан Республикасы Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети халықаралық ҳәм шет ел қаржы институтларының:

«ӨзИнжиниринг» Республикалық жойбарлаў институты ҳәм басқа да жойбарлаў институтларының инженер-жойбарлаўшыларын, сондай-ақ, қәнигелестирилген жоқары оқыў орынларының профессор-оқытыўшылары қурамын жойбарлаўды басқарыў ҳәм жойбарластырыўдың заманагөй усылларына оқытыў, олардың жетекши шет ел жоқары оқыў орынларында, жойбарлаў институтларында, өнидирислик ҳәм инжиниринг компанияларында тәжирийбе арттырыўын ҳәм маманлығын жетилистириўин шөлкемлестириўге;

Жойбарлаў жумысларын сапалы орынлаў ушын жойбарлаў институтларын зәрүр заманагөй шөлкемлестириўшилик техника ҳәм әсбап-үскенелер, шет елдиң илимий-техникалық әдебиятлары, дүньядағы қәнигелестирилген баспалардың өнимлери, сондай-ақ, алдынғы бағдарламалық өнимлер менен тәмийинлеўге бағдарланған грантларын турақлы тийкарда тартсын.

  1. «ӨзИнжиниринг» Республикалық жойбарлаў институты Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң Инвестициялар, инновациялық раўажландырыў, еркин экономикалық ҳәм киши санаат зоналарының жумысын муўапықластырыў, туризм мәселелери комплекси қурамына киретуғыны белгиленсин.
  2. «ӨзИнжиниринг» Республикалық жойбарлаў институты басқармасы, өндирислик ҳәм техникалық хызметкерлериниң саны 300 бирликтен ибарат жаңаланған структурасы 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

«ӨзИнжиниринг» Республикалық жойбарлаў институты директорына:

Институт штат кестесин еркин түрде тастыйықлаў ҳәм оған хызметкерлердиң белгиленген улыўма саны шеңберинде өзгерислер киргизиў;

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң Инвестициялар, инновациялық раўажландырыў, еркин экономикалық ҳәм киши санаат зоналарының жумысын муўапықластырыў, туризм мәселелери комплекси басшысы менен келисип, зәрүр жағдайларда Институт хызметкерлериниң санына ҳәм структурасына өзгерис киргизиў ҳуқықы берилсин.

  1. Сыртқы ислер министрлиги Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, қәнигелестирилген жоқары оқыў орынлары, жойбарлаў институтлары ҳәм инвестициялық жойбарлар буйыртпашыларының буйыртпасына тийкарланып орнатылған тәртипте жетекши шет ел жоқары билимлендириў мәкемелериниң профессор-оқытыўшылары қурамы ҳәм қәнигелерине, соның ишинде, олардың шаңарақ ағзаларына кириў визаларын консуллық жыйымларды алмай рәсмийлестириўди тәмийинлесин, мирәт етилип атырған тәреп төлейтуғын әмелий қәрежетлерди қаплаўға тийисли жыйымлар буған кирмейди.
  2. Ишки ислер министрлиги Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, қәнигелестирилген жоқары билимлендириў мәкемелери, жойбарлаў институтлары ҳәм инвестициялық жойбарлар буйыртпашыларының буйыртпаларына тийкарланып жетекши шет ел жоқары билимлендириў мәкемелериниң профессор-оқытыўшылары қурамы ҳәм инжиниринг компаниялары қәнигелерине, соның ишинде, олардың шаңарақ ағзаларына мәмлекетлик бажыларды өндирмей орнатылған тәртипте көп мәртелик визалар бериўди ҳәм мүддетин созыўды, сондай-ақ, ўақтынша жасаў орны бойынша ўақтынша дизимнен өтиўди тәмийинлесин.
  3. Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, қәнигелестирилген жоқары билимлендириў мәкемелери, жойбарлаў институтлары ҳәм инвестициялық жойбарлар буйыртпашыларына республикаға жоқары маман шет ел қәнигелерин тартыўға руқсатнамалар бериўди (созыўды), сондай-ақ, олардың Өзбекстан Республикасы аймағында мийнет етиў менен шуғылланыў ҳуқықын тастыйықлайтуғын ҳүжжетлер берилиўин тәмийинлесин.
  4. «ӨзИнжиниринг» Республикалық жойбарлаў институты:

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң Инвестициялар, инновациялық раўажландырыў, еркин экономикалық ҳәм киши санаат зоналарының жумысын муўапықластырыў, туризм мәселелери комплекси басшысы менен келискен ҳалда «ӨзИнжиниринг» Республикалық жойбарлаў институтының жаңаланған режесин бир ай мүддетте тастыйықласын;

қәнигелестирилген жоқары билимлендириў мәкемелери менен биргеликте үш ай мүддетте магистратураның талантлы студентлерин хошаметлеў ҳәм мотивациялаў, оларды «ӨзИнжиниринг» Республикалық жойбарлаў институты ҳәм басқа да жойбарлаў институтларына жумысқа қабыл етиў бағдарламасын тастыйықласын.

  1. 13. Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым ҳүжжетлерине 2-қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.
  2. 14. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары С.Р.Холмуродовқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлигиниң директоры Ш.М.Садиқовқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                                Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2018-жыл 22-февраль