Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ пәрманы
Мәмлекетимизде 9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни улыўмахалықлық байрамы сыпатында кеӊнен белгилениўи, сондай-ақ, Екинши жер жүзилик урыста қайтыс болған ата-бабаларымыздыӊ естелигин мәнгилестириў, бүгин де қатарымызда турып, Ўатанымыздыӊ абырай-мәртебесин көтериўге, жасларды руўхый ҳәм әдеп-икрамлылық жақтан тәрбиялаўға үлес қосып атырған ветеранларымызды қәдирлеў ҳәм фашизм үстинен ерисилген жеӊистиӊ 79 жыллығы мүнәсибети менен урыс қатнасыўшылары ҳәм майыпларын материаллық хошаметлеў ҳаққында:
- Екинши жер жүзилик урыс қатнасўшылары ҳәм майыпларыныӊ ҳәр бирине 20 000 000 (жигирма миллион) сум муғдарында бир мәртелик ақшалай сыйлық белгиленсин.
- Усы Пәрманды орынлаў менен байланыслы болған қәрежетлер Өзбекстан Республикасыныӊ республика бюджети қаржылары есабынан әмелге асырылсын.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери Қорғаныў министрлиги, Миллий гвардия, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети, Ишки ислер министрлиги, Экономика ҳәм қаржы министрлиги, Мәденият министрлиги, Өзбекстан мәҳәллелер ассоциациясы, Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы, Өзбекстан ветеранларыныӊ социаллық жумысын қоллап-қуўатлаў “Нураний” қоры менен биргеликте Екинши жер жүзилик урыс қатнасўшылары ҳәм майыпларына усы ақшалай сыйлықлар байрам кейпиятында салтанатлы түрде тапсырылыўын тәмийинлесин.
- Усы Пәрманныӊ орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасыныӊ Бас министри А.Н. Ариповқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2024-жыл 16-апрель