Өзбекстан Республикасы Президентиниң

б и й л и г и

1941-1945-жыллардағы Екинши жер жүзилик урыста көп миллетли Өзбекстан халқы саўаш майданларында ҳәм фронт артында үлкен мәртлик ҳәм батырлық көрсетип, фашизм үстинен ерисилген жеңисти тәмийинлеўге мүнәсип үлес қосты. Урыста қатнасқан  1,5 миллионнан аслам өзбекстанлылардың ярым миллионнан асламы қайтыс болды, 133 мыңға шамаласы бийдәрек жоғалды, 60 мыңнан асламы майып болып қайтты.

Сол жүдә аўыр ҳәм қыйын дәўирде елимиз фронттың беккем тәмийнат базасына айланды, бул жердеги санаат кәрханалары әскерий тараўға бейимлестирилип, олардың жумысы фронт талаплары ушын бағдарланды. Өзбекстанға эвакуация етилген жүзден аслам завод ҳәм фабрикаларды тиклеўде пуқараларымыз бар күш ҳәм имканиятларын жумсады.

Урыс оты ишинде қалған аймақлардан елимизге 1 миллионнан аслам адам көширилип келинди. Олардың  200 мыңы балалар еди. Халқымыз оларға баспана бериб, бир тислем нанын да тең бөлисип, ата-анасынан ажыралған балаларды өз перзентлери қатары тәрбиясына алып, пүткил дүньяға ҳақықый адамгершилик пазыйлетлерин көрсетти.

Тилекке қарсы, Өзбекстан халқының бул қанлы урыс дәўиринде фронтта ҳәм фронт артында өткен аўыр ҳәм машақатлы турмысы, фашизм үстинен ерисилген жеңиске қосқан үлкен үлесин өзинде ҳәр тәреплеме сәўлелендиретуғын тутас илимий-тарийхый китап ямаса ҳүжжетлер топламы усы ўақытқа шекем жаратылмаған. Урыс жылларында халқымыз тәрепинен әмелге асырылған уллы ислерди, оның күшли ерк-ықрарын ҳәм қаҳарманлығын, сол дәўирдиң ҳақыйқый турмысын келешек әўладларға анық мысаллар тийкарында жеткериў, оларды ўатансүйиўшилик ҳәм мәртлик руўхында тәрбиялаў бойынша бундай дәреклер жүдә үлкен әҳмийетке ийе.

Халқымыздың 1941-1945-жыллардағы Екинши жер жүзилик урыста ерисилген уллы жеңиске туўысқан мүнәсип үлесин тарийхый ҳүжжетлер тийкарында көрсетиў, фашизмге қарсы урысларға қатнасқан ўатанласларымыздың атларын мәңгилестириў, жас әўладты мәртлик, Ўатанға меҳир ҳәм садықлық руўхында тәрбиялаў мақсетинде:

  1. Өзбекстан Баспасөз ҳәм хабар агентлиги, Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлиги, Ишки ислер министрлиги, Сыртқы ислер министрлиги, «Өзархив» агентлиги, Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы, Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамы, республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы, Өзбекстан Көркем өнер академиясы, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекстан ветеранларының социаллық жумысын қоллап-қуўатлаў «Нураний» қоры, «Мәҳәлле» қайырқомлық жәмийетлик қоры және кең жәмийетшиликтиң Екинши жер жүзилик урыста фашизм үстинен ерисилген жеңиске Өзбекстан халқының қосқан мүнәсип үлеси және усы тарийхый ўақыяның 2020-жылы белгиленетуғын 75 жыллығына бағышланған китап-альбомды таярлаў ҳәм басып шығарыў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
  2. Екинши жер жүзилик урыста фашизм үстинен ерисилген жеңиске Өзбекстан халқының қосқан мүнәсип үлесине бағышланған китап-альбомды таярлаў ҳәм басып шығарыў жумысларын муўапықластырыў бойынша шөлкемлестириў комитетиниң (кейинги орынларда Шөлкемлестириў комитети деп аталады) қурамы қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  3. Төмендегилер Шөлкемлестириў комитетиниң тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

Екинши жер жүзилик урыста фашизм үстинен ерисилген жеңиске Өзбекстан халқы көрсеткен мәртлик ҳәм батырлық, ел-халқымыздың жеңиске қосқан мүнәсип үлеси ҳаққында тарийхый ҳақыйқатлықты тиклеў ҳәм оны келешек әўладларға жеткериў;

республикамыздағы ҳәм сырт еллердеги архив ҳәм музейлерде сақланып атырған темаға тийисли тарийхый ҳүжжетлерди топлаў ҳәм үйрениў;

Екинши жер жүзилик урыс дәўиринде фронтта қатнасқан ҳәм фронт артында  пидайы мийнет еткен ўатанласларымыздан олардың еске түсириўлерин жазып алыў, жеке альбомларында ҳәм китапханаларында сақланып атырған тарийхый материалларды жыйнаў;

халықтың жеке китапханаларында сақланып атырған, тарийхый әҳмийетке ийе болған ҳүжжетлер, сол дәўирге тийисли  бийбаҳа сүўретлерди жыйнаў ҳәм баспаға таярлаў;

урыс жылларында Өзбекстанның экономикалық жағдайы, елимизге көширип келтирилген және жаңадан қурылған завод ҳәм фабрикалар ҳаққында мағлыўматлар жыйнаў;

халқымыз тәрепинен урыс дәўиринде Өзбекстанға эвакуация етилген инсанларға, соның ишинде, ата-анасыз балаларға көрсетилген мийрим шәпәәтти, ўатанласларымыздың адамгершилик пазыйлетлерин сәўлелендириў;

урыс дәўиринде фронтта қатнасқан ҳәм фронт артында пидайы мийнет еткен, жеңиске өзиниң мүнәсип үлесин қосқан ўатанласларымызға бүгинги күнде мәмлекетимиз ҳәм жәмийетимиз тәрепинен көрсетилип атырған жоқары итибарды анық дәлиллер, фактлер ҳәм санлар арқалы көрсетиў.

  1. Шөлкемлестириў комитет китап-альбомды жоқары дәрежеде таярлаў ҳәм басып шығарыў ушын министрликлер, ведомстволар, хожалық басқарыў уйымлары басшыларын ҳәм қәнигелерин, экспертлерди, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасының сырт еллердеги дипломатиялық ўәкилликли уйымларының ўәкиллерин тартыў ҳуқықы берилсин.
  2. Китап-альбомды таярлаў ҳәм баспадан шығарыўға байланыслы барлық қәрежетлер Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң резерв қоры қаржылары есабынан қапланатуғыны белгилеп қойылсын.
  3. Өзбекстан Баспасөз ҳәм хабар агентлиги китап-альбомды басып шығарыўға байланыслы қәрежетлер ҳәм оның баҳасын Өзбекстан Республикасы Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети ҳәм Қаржы министрлиги менен белгиленген тәртипте келискен ҳалда тастыйықласын.
  4. Усы бийликтиң орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик кеңесгөйи Х.Султоновқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                              Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2018-жыл 31-май