Өзбекстан Республикасы Президентиниң

пәрманы

Елимизде 9-май улыўмахалықлық байрам – Еслеў ҳәм Қәдирлеў күни өткерилиўин, сондай-ақ, Екинши жер жүзилик урыста қайтыс болғанлардың естелигин мәңгилестириў, бүгин де қатарымызда турып Ўатанның абырой-мәртебесин көтериўге, жасларды руўхый- әдеп-икрамлылық жақтан тәрбиялаўға үлес қосып атырған ветеранларды қәдирлеў және фашизм үстинен ерисилген жеңистиң 73 жыллығының белгилениўи мүнәсибети менен урыс қатнасыўшыларын ҳәм майыпларды материаллық хошаметлеў мақсетинде:

  1. Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшыларына ҳәм майыпларына 5 000 000 (бес миллион) сум муғдарында ақшалай сыйлық белгиленсин.
  2. Усы Пәрманды орынлаўға байланыслы қәрежетлер Өзбекстан Республикасы республика бюджетиниң қаржылары есабынан әмелге асырылсын.
  3. Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлиги, Ишки ислер министрлиги, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети Қаржы министрлиги ҳәм Орайлық банк пенен биргеликте Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшыларына ҳәм майыпларына усы ақшалай сыйлықтың салтанатлы түрде тапсырылыўын тәмийинлесин.
  4. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги, Қорғаныў министрлиги, Ишки ислер министрлиги, Ҳаял-қызлар комитети, Өзбекстан жаслар аўқамы, Өзбекстан Көркем өнер академиясы, Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы, «Нураний» қоры ҳәм «Мәҳәлле» қайырқомлық жәмийетлик қоры, басқа да мәмлекетлик емес коммерциялық шөлкемлер менен биргеликте ўатанымыз азатлығын ҳәм абырой-мәртебесин қорғаўшыларына бағышланған арнаўлы ушырасыўлар ҳәм ағартыўшылық-көркем кешелерди өткерсин.
  5. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                              Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2018-жыл 16-апрель