Өзбекистан Республикасы Президентиниң

қарары

Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 7-ноябрьдеги «Фармацевтика тармағын басқарыў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы ПП-5229-санлы Пәрманына муўапық, сондай-ақ, жергиликли фармацевтика өнимлериниң өндирислик көлемин көбейтиў ҳәм бәсекиге шыдамлылығын арттырыў ушын қолай шараятлар жаратыў, республикаға дәри қуралларын ҳәм медицина буйымларын алып кириўди буннан былай да тәртипке салыў мақсетинде:

  1. Кәрхананың өзи тәрепинен таярланған дәрилик затлар (субстанциялар) ҳәм комплектлеўши буйымлардан дәри қуралларын ҳәм медицина буйымларын ислеп шығарыў толық технологиялық цикл бойынша дәри қуралларын ҳәм медицина буйымларын ислеп шығарыў есапланатуғыны;

кәрхананың өзи тәрепинен таярланбаған дәрилик затлар (субстанциялар) ҳәм комплектлеўши буйымлардан дәри қуралларын ҳәм медицина буйымларын ислеп шығарыў толық болмаған технологиялық цикл бойынша дәри қуралларын ҳәм медицина буйымларын ислеп шығарыў есапланатуғыны;

дәри қураллары ҳәм дәри қуралларын ҳәм медицина буйымларын ислеп шығарыў ушын мөлшерленген, Өзбекистан Республикасы аймағынан сыртта қадақлаўдан, пайдаланыў орамынан ҳәм маркировка етиўден тысқары барлық технологиялық басқышлардан өткен ҳәр қандай қадақланбаған дәри қуралы ҳәм медицина буйымы «in bulk» өними деп тән алынатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Дәри қураллары ҳәм медицина буйымлары толық ямаса толық болмаған технологиялық цикл бойынша ислеп шығарылған жағдайда олар жергиликли өндирис өними деп тән алынатуғыны;

дәри қураллары ҳәм медицина буйымлары жоқарыдағы өлшемге муўапық болмаған ямаса «in bulk» өними тийкарында ислеп шығарылған жағдайда, олар жергиликли өндирис өними деп тән алынбайтуғыны;

маркировка етиў ҳәм ораўдан тысқары кәрхананың өзи тәрепинен барлық ямаса өз алдына комплектлеўши ҳәм технологиялық бөлеклерди ислеп шығарыў яки маркировка етиў ҳәм ораўдан тысқары комплектлеўши ҳәм технологиялық бөлеклерди, соның ишинде, импорт етилип атырғанларды жыйнаў жолы менен ислеп шығарыў шөлкемлестирилген жағдайларда медицина техникасы жергиликли өндирис өними деп тән алынатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Министрлер Кеңеси Өзбекистан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги менен биргеликте бир ҳәпте мүддетте:

усы қарардың қағыйдаларын есапқа алған ҳалда, Олий Мажлистиң Нызамшылық палатасына «Дәри қураллары ҳәм фармацевтика жумысы ҳаққында»ғы нызам жойбарын;

усы қарардың талапларынан келип шығып, Министрлер Кабинетиниң 2014-жыл 22-декабрьдеги 352-санлы қарары менен тастыйықланған Дәри қуралларын ҳәм медицина буйымларын дизимнен өткериў және дизимнен өткерилгени ҳаққында гүўалық бериў тәртиби ҳаққында»ғы режеге дәрилик затлар (субстанциялар) ҳәм дәрилик өсимлик шийки затын дизимнен өткериў тәртибин буннан былай да жетилистириўди нәзерде тутатуғын өзгерислер менен қосымшаларды киргизсин.

  1. Өзбекистан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги:

2018-жыл 1-февральға шекем шет ел дәри қуралларын ҳәм медицина буйымларын ислеп шығарыўшылардың дизимнен өтиў ҳүжжетлерине олардың арзасына муўапық жыйым өндирмеген ҳалда «in bulk» өниминиң орамы ҳәм маркировкасы ҳаққындағы мағлыўматты көрсетиўге байланыслы бөлимге өзгерислер киргизилиўин тәмийинлесин;

2018-жыл 1-мартқа шекем дәри қураллары, медицина буйымлары ҳәм  медициналық техникаларды усы қарардың 1-ҳәм 2-бәнтлеринде нәзерде тутылған өлшемлер тийкарында жергиликли өндирис өними деп табыў көз қарасынан оларды ислеп шығарыўды технологиялық аудиттен өткерсин.

  1. Дәри қуралларын ҳәм медицина буйымларын толық ҳәм толық болмаған технологиялық цикл бойынша, сондай-ақ, жергиликли өнимлер арасында альтернативи болмаған «in bulk» өними тийкарында дәри қуралларын ҳәм медицина буйымларын ислеп шығарыўшы кәрханаларға мәмлекетлик сатып алыўларға қатнасыўда шет елли ислеп шығарыўшылардың тап усындай өниминиң баҳасынан 20 процент муғдарында баҳа преференциялары берилсин.
  2. 2018-жыл 15-апрельден баслап дәри қураллары ҳәм медицина буйымларының «in bulk» өнимин импорт етиўде, дизимнен өткен толық ямаса толық болмаған технологиялық цикл бойынша ислеп шығарылған тап усындай жергиликли өнимлер бар болған жайдайда, қосымша қун салығы бойынша жеңилликлер қолланылмайтуғыны;

дәри қуралларын ҳәм медицина буйымларын ислеп шығарыўшы кәрханаларға «in bulk» өними тийкарында таярланған өнимлер бөлимине, дизимнен өткен тап усындай жергиликли өнимлер жоқ болған жағдайда, қосымша қун салығы бойынша жеңилликлер 2019-жыл 1-январьға шекем сақлап қалынатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Өзбекистан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте бир ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер менен қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  2. Өзбекистан Республикасы Бас прокуратурасы Өзбекистан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги ҳәм Есап-санақ палатасы менен биргеликте бир ай мүддетте дәри қураллары ҳәм медицина буйымларының айланысы ҳәм ислеп шығарылыўы бойынша сын көзқарастан үйрениў өткерсин және оларды тәртипке салыў бойынша зәрүр илажлар көрсин.
  3. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекистан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекистан Республикасының Бас прокуроры И.Б.Абдуллаевқа жүкленсин.

 

Өзбекистан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2018-жыл 23-январь