Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Дүнья прогрессине үлкен үлес қосқан ойшыл ҳәм энциклопедист илимпаз Әбиў Райхан Берунийдиң илимий-ағартыўшылық мийрасын халықаралық дәрежеде терең үйрениў ҳәм үгит-нәсиятлаў, жасалма интеллект тараўында әдеп-икрам, инклюзивлик ҳәм мәдений ҳәр түрлиликти хошаметлеў Өзбекстан ҳәм ЮНЕСКО арасындағы илимий-мәдений байланысларды және де кеңейтиў, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 25-августтағы «Уллы ойшыл ҳәм энциклопедист илимпаз Әбиў Райхан Беруний туўылған күниниң 1050 жыллығын халықаралық көлемде кеңнен белгилеў ҳаққында»ғы ПҚ-361-санлы қарарына муўапық:
- Мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў қоры (кейинги орынларда – Қор), ЮНЕСКО ислери бойынша Өзбекстан Республикасы миллий комиссиясы, Сыртқы ислер министрлиги, Илимлер академиясының:
ЮНЕСКО менен биргеликте жасалма интеллект тараўында әдеп-икрамлылықты үгит-нәсиятлаў арқалы илимий қарым-қатнасты хошаметлеў бойынша Әбиў Райхан Беруний атындағы ЮНЕСКО – Өзбекстан халықаралық сыйлығын шөлкемлестириў;
Париж қаласындағы (Франция) ЮНЕСКО бас резиденциясында 2023-жыл 4-8-сентябрь күнлери Әбиў Райхан Берунийдиң өмири ҳәм дөретиўшилигине бағышланған халықаралық көргизбе ҳәм илажларды (кейинги орынларда – Көргизбе) жоқары дәрежеде өткериў ҳаққындағы усыныслары қоллап-қуўатлансын.
- Төмендегилер:
ЮНЕСКО бас резиденциясында Әбиў Райхан Берунийдиң өмири ҳәм дөретиўшилигине бағышланған халықаралық көргизбе ҳәм илажларға таярлық көриў сондай-ақ, оларды өткериў бойынша шөлкемлестириў комитетиниң қурамы 1-қосымшаға муўапық;
ЮНЕСКО бас резиденциясында Әбиў Райхан Берунийдиң өмири ҳәм дөретиўшилигине бағышланған халықаралық көргизбе ҳәм илажларға таярлық көриў сондай-ақ, оларды өткериў бойынша илажлар режеси 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Қор:
Илимлер академиясы менен биргеликте Көргизбеде усыныс етиў ушын дүнья китапханаларында сақланып атырған бийбаҳа қолжазбалар нусқаларынан ибарат Көргизбеге бағышланған арнаўлы каталогтың инглис ҳәм өзбек тиллеринде басып шығарылыўын тәмийинлесин;
Мәденият министрлиги менен биргеликте Көргизбе шеңберинде Өзбекстан мәмлекетлик филармониясының концерт бағдарламасын жоқары дәрежеде шөлкемлестирсин.
- Сыртқы ислер министрлиги Қордың буйыртпасына бола Көргизбеде қатнасыў ушын мирәт етилген Өзбекстан делегациясы ағзалары, халықаралық консультантлар ҳәм илаж мийманларының шығыў ҳүжжетлерин рәсмийлестириў, сондай-ақ, Көргизбени жоқары дәрежеде өткериўге байланыслы шөлкемлестириў жумысларына жәрдемлессин.
- Министрлер Кабинети бир ҳәпте мүддетте Әбиў Райхан Беруний атындағы ЮНЕСКО – Өзбекстан халықаралық сыйлығын шөлкемлестириў ҳәм Көргизбеге таярлық көриў ҳәм оны өткериўге байланыслы қәрежетлерди қаржыландырыў дәреклерин белгилесин, сондай-ақ, оның қәрежетлер сметасын тастыйықласын.
Қор усы қарардың орынланыўы шеңберинде қәрежетлерди қаржыландырыў менен байланыслы қаржылар ажыратылғанға шекем өз қаржылары есабынан шәртнамалар дүзетуғыны ҳәм төлемлерди әмелге асыратуғыны, сондай-ақ, қаржылар ажыратылғаннан соң Қор тәрепинен жумсалған қаржылар қаплап берилетуғыны белгиленсин.
- Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы ҳәм басқа да ғалаба хабар қуралларына усы қарардың орынланыўы шеңберинде әмелге асырылып атырған илажларды ғалаба хабар қуралларында кеңнен сәўлелендириў усыныс етилсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2023-жыл 25-август