Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы
«Өзбекстан – 2030» стратегиясында нәзерде тутылған тийкарғы ўазыйпаларды избе-из әмелге асырыў, соның ишинде, миллий экономиканың потенциалын жүзеге шығарыў, оның глобаллық өндирис ҳәм қосымша қун шынжырына интеграциясын және де тереңлестириў, еркин базар принциплерин әмелде енгизиўди кеңейтиў ҳәм Өзбекстанның Жәҳән саўда шөлкемине ағзалығына ерисиўин жеделлестириў мақсетинде:
- Нызамшылық пенен усынылған төмендеги арнаўлы (эксклюзив) ҳуқықлар бийкар етилсин:
а) 2025-жыл 1-январьдан баслап:
«Өзметкомбинат» АЖның республика аймағында жоқары металл ломы ҳәм шығындыларды таярлаў (сатып алыў) ҳуқықы;
«Өзекилемширеңлиметалл» АЖның республика аймағында реңли металл ломы ҳәм шығындыларды таярлаў ҳәм экспорт етиў ҳуқықы;
«Өзтрейд» АЖның консигнация шәртлеринде азық-аўқат уны ҳәм бийдайды, сондай-ақ, киши бизнес ҳәм жеке меншик исбилерменлик субъектлери, дийқан ҳәм фермер хожалықлары өнимлерин банк кепилликлери ямаса сиясий ҳәм коммерциялық қәўип-қәтерлерден экспорт шәртнамаларын қамсызландырыў полислерин усынбастан экспорт ететуғын өнимлерди саўда үйлери мәнзиллерине түсириў ҳуқықы;
«Өзхимияимпекс» ЖШЖның «Өзбекхимиясанаат» АЖ шөлкемлери химиялық өнимлер экспорты ҳәм олардың өндирис талаплары ушын үскенелер, аўысық бөлеклер, комплектлеўши буйымлар, шийки зат ҳәм материаллар импортын әмелге асырыўдағы бирден-бир агент ҳуқықы;
б) 2026-жыл 1-июльдан баслап:
«UzGasTrade» АЖның тәбийғый газди бирден-бир экспорт етиўши ҳәм импорт арқалы сыртқы дәреклерден орайласқан тәртипте сатып алыў бойынша бирден-бир оператор сыпатындағы ҳуқықы;
«Өзэнергосатыў» АЖның электр энергиясының экспорты ҳәм импортын орайласқан тәртипте әмелге асырыў ҳуқықы.
- 2025-жыл 1-январьдан баслап:
қара ҳәм реңли металл ломы ҳәм шығындыларды таярлаў (сатып алыў), қайта ислеў ҳәм реализациялаў, сондай-ақ, тәбийғый газ ҳәм электр энергиясының көтере ҳәм усақлап сатыў жумысларын лицензиялаў тәртиби енгизилетуғыны;
мобиль ҳәм (ямаса) сымлы телекоммуникация тармақларына ийе Өзбекстан Республикасы аймағында жумыс алып баратуғын телекоммуникация операторларына оператив-излеў жумысы, мәлимлеме ҳәм киберқәўипсизлик системаларының талапларына толық әмел еткен ҳалда сынақ тәризинде халықаралық Интернет тармақларына өзиниң коммерциялық талаплары ушын тиккелей жалғаныў ҳуқықы берилетуғыны белгиленсин.
Таў-кән санааты ҳәм геология министрлиги ҳәм Энергетика министрлиги Экономика ҳәм қаржы министрлиги ҳәм басқа да мәпдар уйымлар менен биргеликте 2024-жыл 1-сентябрьге шекем қара ҳәм реңли металл ломы ҳәм шығындыларын таярлаў (сатып алыў), қайта ислеў ҳәм реализациялаў, сондай-ақ, тәбийғый газ ҳәм электр энергиясының көтере ҳәм усақлап сатыў тәртибин нәзерде тутатуғын нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларын Министрлер Кабинетине киргизсин.
Санлы технологиялар министрлиги 2024-жыл 1-октябрьге шекем мәлимлеме ҳәм миллий қәўипсизликтиң толық тәмийинлениўин нәзерде тутқан ҳалда телекоммуникация операторларының сынақ тәризинде халықаралық Интернет тармақларында өзиниң коммерциялық талаплары ушын тиккелей жалғаныўы ҳәм басқышпа-басқыш басқа да операторларға халықаралық Интернет каналларын шөлкемлестириў бойынша хызметлерди көрсетиў тәртибин тастыйықлаў ушын Министрлер Кабинетине киргизсин.
- 2026-жыл 1-январьдан баслап биржа саўдаларында сатып алынған мыс катоды ҳәм мыс катанкасын экспорт етиўге шеклеўлер бийкар етилсин. Онда мыс катоды ҳәм катанкасы экспорты төмендеги шәртлер тийкарында әмелге асырылатуғыны белгиленсин:
экспортқа бағдарлаў мақсетинде биржа саўдаларында сатып алынға мыс катоды ҳәм мыс катанкасының сатып алыў баҳасына белгиленген шегирме ҳәм хожалық жүргизиўши субъектлерге төлемди кешиктириў жеңиллиги қолланылмайды;
мыс катоды ҳәм мыс катанкасын «экспорт» бажыхана режимине жайластырыў ушын оның экспортқа бағдарланған көлемине биржа саўдалары сатып алыў баҳасына қолланылған шегирме суммасының қайтарылғаны ҳәм төлемниң кешиктирилген бөлеги толық төленгени ҳаққында Өзбекстан Республикасы товар-шийки зат биржасының мағлыўматы берилиўи шәрт.
- Транспорт министрлиги ҳәм «Өзбекстан темир жоллары» АЖ Экономика ҳәм қаржы министрлиги менен биргеликте 2024-жыл 1-сентябрьге шекем төмендегилерди нәзерде тутатуғын қарар жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин:
2024-жыл 1-октябрьден баслап басқышпа-басқыш 2025-жыл 1-апрельге шекем республика аймағында темир жол транспортында жүк тасыўда усынылып атырған шегирмелер бериў әмелиятын бийкарлаў;
темир жол арқалы жүклерди тасыўда экспорт ҳәм импорт тасыў хызметлери ушын тарифлерди 2030-жылға шекем басқышпа-басқыш бир түрге енгизиў.
- 2026-жыл 1-июльдан баслап Өзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик сатып алыўлар ҳаққында»ғы нызамы менен тәртипке салынатуғын корпоратив буйыртпашылар тәрепинен әмелге асырылатуғын сатып алыўларда жергиликли ислеп шығарыўшыларға усынылған жеңилликлер ҳәм преференциялар, соның ишинде, жергиликли ислеп шығарылған товарларға импорт товарларының DDP (Өзбекстан) баҳасынан 15 проценттен аз болмаған муғдардағы преференциясы ҳәм жергиликли ислеп шығарылған электротехника ҳәм электротурмыслық өнимлерге 20 процентке шекем баҳа преференциясы бийкар етилсин.
Экономика ҳәм қаржы министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте 2024-жыл 1-ноябрьге шекем усы бәнттен келип шығып, тийисли нызам жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Мәмлекетлик сатып алыўларды әмелге асырыўда саламат бәсеки орталығын тәмийинлеў мақсетинде 2025-жыл 1-январьдан баслап:
бюджет буйыртпашылары тәрепинен, соның ишинде, бюджеттен тысқары қаржылар есабынан дүзилетуғын шәртнамалар бойынша төлемлер тийисли тәртипте Ғазнашылық хызмети бөлимлеринде дизимнен өткерилгеннен (есапқа алынғаннан) кейин әмелге асырылатуғыны;
мәмлекетлик буйыртпашылар болған мәмлекетлик басқарыў уйымлары ҳәм хожалық бирлеспелериниң басшыларына мәмлекетлик сатып алыўларды әмелге асырыўда тараўға байланыслы нызамшылық ҳүжжетлерине қатаң әмел етиўи, сондай-ақ, мәмлекетлик сатып алыўлардың ашық-айдынлығын тәмийинлеў ушын жеке жуўапкершилик жүкленетуғыны;
белгиленген тәртипте тастыйықланған жойбар ҳүжжетлери (жумысшы жойбар, жумыс ҳүжжетлери, жойбарлаў-смета ҳүжжетлери) болмағанда ямаса жойбарлаў ҳүжжетлерин таярлаў қурылыс-монтажлаў жумыслары менен параллель түрде алып барылғанда, консолидацияласқан бюджет қаржылары ҳәм басқа да орайласқан дәреклер, сондай-ақ, мәмлекетлик банклер ҳәм мәмлекет қатнасыўындағы кәрханалар есабынан қәрежетлерди әмелге асырыў ҳәм жумысларды орынлаў қадаған етилетуғыны белгиленсин.
- Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги Экономика ҳәм қаржы министрлиги ҳәм басқа да мәпдар уйымлар менен биргеликте этил спирти импорты операцияларын Жәҳән саўда шөлкеми келисимлериниң қағыйдалары тийкарында тәртипке салыў бойынша 2024-жыл 1-сентябрьге шекем Министрлер Кабинетине усынысларды киргизсин.
- Миллий нызамшылықты Жәҳән саўда шөлкеминиң Субсидиялар ҳәм компенсация илажлары ҳаққындағы келисимине (ASCM) муўапықластырыў мақсетинде 2024-жыл 1-октябрьге шекем:
Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги Экономика ҳәм қаржы министрлиги ҳәм басқа да мәпдар уйымлар менен биргеликте экспортты қоллап-қуўатлаў мақсетинде усынылып атырған субсидия ҳәм преференцияларды, соның ишинде, товарларды (хызметлерди) экспортқа реализациялаўдан алынған дәраматлар бойынша пайда салығы, айланыстан алынатуғын салық, транспорт қәрежетлериниң бир бөлегин қаплап бериўге байланыслы жеңилликлерди 2025-жыл 1-январьдан бийкарлаўды, сондай-ақ, ЖСШ қағыйдалары менен қадаған етилмеген қоллап-қуўатлаў илажларын;
Экономика ҳәм қаржы министрлиги Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги, Әдиллик министрлиги ҳәм Салық комитети менен биргеликте нәтийжеси төмен болған салық ҳәм бажыхана жеңилликлерин 2025-жыл 1-январьдан бийкарлаўды нәзерде тутатуғын тийисли нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Экономика ҳәм қаржы министрлиги Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги менен биргеликте Өзбекстан Республикасы аймағына импорт етилетуғын ҳәм ислеп шығарылатуғын акциз салығы төленетуғын товарлар ушын акциз салығы ставкаларын төмендеги ең ақырғы мүддетлерге шекем басқышпа-басқыш бир түрге енгизилсин:
2026-жыл 1-январь – темеки өнимлери ушын;
2027-жыл 1-январь – алкоголь өнимлери ҳәм қумшекер ушын.
- Миллий нызамшылықты Жәҳән саўда шөлкеминиң Саўдаға байланыслы инвестиция илажлары ҳаққындағы келисимге (TRIMs), соның ишинде, локализациялаў ямаса экспорт етиў бойынша миннетлемелерди қолланбаў талапларына бейимлестириў мақсетинде 2024-жыл 1-августқа шекем:
Энергетика министрлиги Таў-кән санааты ҳәм геология министрлиги, Экономика ҳәм қаржы министрлиги ҳәм Әдиллик министрлиги менен биргеликте Өзбекстан Республикасы тәрепинен қол қойылған барлық өним бөлистирилиўине байланыслы келисимлердиң толық хатлаўын;
Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги Әдиллик министрлиги, Энергетика министрлиги, «Өзбекнефтьгаз» АЖ ҳәм «Өзбексанаат» АЖ менен биргеликте Өзбекстан Республикасы Ҳүкимети тәрепинен қол қойылған барлық инвестициялық келисимлердиң хатлаўын жуўмағына жеткерсин және олардың жуўмақлары бойынша анық усынысларды Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына киргизсин.
- Өзбекстан Республикасында әмелде болған бажыхана бажысы, жыйымлары ҳәм баҳасын Жәҳән саўда шөлкеминиң Тарифлер ҳәм саўда бойынша бас келисими (GATT 1994) талапларына бейимлестириў мақсетинде:
2025-жыл 1-январьдан баслап енгизилетуғын бажыхана жыйымларының фискаль мақсетлерде өндирилмейтуғыны белгиленсин;
Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги Экономика ҳәм қаржы министрлиги ҳәм басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте айырым түрдеги товарларды экспорт етиўде өндирилетуғын жыйымларды қайта көрип шығып, 2024-жыл 1-августқа шекем тийисли усынысларды Министрлер Кабинетине киргизсин;
Бажыхана комитети 2024-жыл 1-августқа шекем бажыхана шегарасы арқалы алып өтилетуғын товарлардың бажыхана баҳасын анықлаў бойынша нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Жәҳән саўда шөлкеми менен ислесиў бойынша уйымлараралық комиссия (Ж.Ходжаев) 2024-жыл 1-августқа шекем:
саўда-экономикалық қатнасықларда ең көп қолайлық бериў режими (MFN) нәзерде тутылмаған мәмлекетлерде ислеп шығарылған ямаса ислеп шығарылған мәмлекети анықланбаған товарларға байланыслы бажыхана бажыларын қолланыў бойынша әмелдеги нызамшылықты қайта көрип шығып, оның нәтийжелилигин арттырыў бойынша усынысларды;
импорт бажыхана бажылары ставкаларының қолланылыў нәтийжелилигин арттырыў ҳәм ашық-айдынлығын тәмийинлеў мақсетинде әмелдеги бажыхана тарифлерин Өзбекстан Республикасы Сыртқы экономикалық жумыс товар номенклатурасының 2022-жылғы редакциясына муўапықластырыў бойынша қарар жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Жәҳән саўда шөлкеми менен ислесиў бойынша уйымлараралық комиссияның Жәҳән саўда шөлкеминиң Санитариялық ҳәм фитосанитариялық илажлар ҳаққындағы келисими (SPS Agreement) талапларынан келип шығып Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги жанындағы Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийетлик саламатлық комитетиниң орайлық аппаратында 3 штат бирлигинен ибарат санитариялық ҳәм фитосанитариялық илажлар бойынша Мәлимлеме орайын шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
Онда Мәлимлеме орайына 2 штат бирлиги Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети ҳәм Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў агентлигиниң биреўден штат бирлигин оптималластырыў есабынан ажыратылатуғыны белгиленсин.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым ҳүжжетлерине 1-қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.
- 2025-жыл 1-январьдан баслап Өзбекстан Республикасы Президентиниң ҳәм Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниң айырым ҳүжжетлери 2-қосымшаға муўапық өз күшин жойытқан деп есаплансын.
- Әдиллик министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Бас министрдиң орынбасарлары Ж.А.Ходжаев ҳәм Ж.А.Қўчқоров:
Усы пәрманның орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип белгиленсин;
ҳәр айдың жуўмағы менен әмелге асырылып атырған жумысларды Жәҳән саўда шөлкеми менен ислесиў бойынша уйымлараралық комиссия мәжилислеринде биргеликте додалап барсын.
- Усы пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2024-жыл 3-июнь