Өзбекистан Республикасы Президентиниң пәрманы

Ғәрезсизлик жылларында елимизде ғалаба хабар қураллары, баспа ҳәм полиграфия жумысын раўажландырыў, сөз ҳәм мәлимлеме еркинлигин тәмийинлеў бағдарында 10 нан аслам нызам, 150 ден зыят нызамнан келип шығатуғын ҳүжжетлер қабыл етилип, салада беккем ҳуқықый база жаратылды.

Бүгинги күнде елимизде 1991-жылға салыстырғанда ғалаба хабар қураллары дерлик 4 мәртеге, басылымлар 13 ҳәм полиграфия кәрханалары 12 есеге көбейип, олардың материаллық-техникалық базасы, кадрлардың потенциалы сезилерли дәрежеде жақсыланды.

Соның менен бирге, ғалаба хабар қураллары менен баспалардың жумысын муўапықластырыў, бул тармақта муғдарлық көрсеткишлерди сапа көрсеткишлерине айландырыў, елимиздиң миллий медиа майданында саламат бәсеки орталығын, заманагөй мәлимлеме хызметлери базарын қәлиплестириў, орынларда жумыс ислеп атырған ғалаба хабар қуралларының материаллық-техникалық базасын ҳәм кадрлардың потенциалын беккемлеў мәселелери әҳмийетлилигинше қалмақта.

Талқылаўлар соны көрсетпекте, баспасөз ҳәм мәлимлеме саласында мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыў ҳәм салаға байланыслы мәселелерди шешиў ўәкиллиги берилген Өзбекистан баспасөз ҳәм хабар агентлиги өзине жүкленген ўазыйпаларды толық және нәтийжели әмелге асырмай атырғанлығы себепли базар қатнасықлары шараятында ғалаба хабар қуралларына методикалық жәрдем көрсетиў, олардың жумысын принципиаллық жақтан бақлаў, баҳалаў, талқылап барыў, зәрүрлик туўылғанда қоллап-қуўатлаў ямаса экономикалық, ҳуқықый илажларды көриў сыяқлы әмелий механизмлердиң тәсири дерлик сезилмей атыр.

Соның ақыбетинде ғалаба хабар қураллары ҳәм басылымлар тәрепинен өзиниң нызам талапларына дурыс келмейтуғын, миллий қәдриятларымызға қарама-қарсы, идеялық ҳәм полиграфиялық сапасы төмен өнимлер ислеп шығарыў жағдайларына жол қойылмақта.

Ғалаба хабар қуралларын ҳәм полиграфия кәрханаларын дизимге алыў, баспа жумысын лицензиялаў және олардың жумысын мониторинг етиў бойынша тийисли талаплар менен нормативлер мәлимлеме базарының бүгинги жағдайынан келип шыққан ҳалда ислеп шығылмаған.

Усындай жағдайларға байланыслы тийисли илажларды қолланыў мәселесинде Өзбекистан баспасөз ҳәм хабар агентлигиниң роли ҳәм тәсири дерлик сезилмей атыр.

Өзбекистан баспасөз ҳәм хабар агентлигиниң жумысын түп-тийкарынан жетилистириў, ғалаба хабар қуралларын, баспа ҳәм полиграфияны буннан былай да раўажландырыў, заманагөй мәлимлеме базарын қәлиплестириў және мәлимлеме-китапхана жумысы бағдарындағы жумысларды жаңа басқышқа көтериў мақсетинде:

  1. Өзбекистан баспасөз ҳәм хабар агентлиги (кейинги орынларда – Агентлик деп аталады) ғалаба хабар қураллары, мәлимлеме алмасыў, баспасөз, баспа, полиграфия, мәлимлеме-китапхана жумысы саласындағы бирден-бир мәмлекетлик сиясатты әмелге асыратуғын мәмлекетлик басқарыў уйымы етип белгиленсин.
  2. Төмендегилер Агентликтиң тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

ғалаба хабар қуралларының жумысына байланыслы нызамшылықтың орынланыўын тәмийинлеў;

ғалаба хабар қураллары, баспа, полиграфия ҳәм мәлимлеме-китапхана жумысын раўажландырыў;

ғалаба хабар қураллары, баспа, полиграфия ҳәм мәлимлеме-китапхана жумысында нызам ҳүжжетлерине, мәмлекетлик ҳәм тармақлық стандартларға әмел етилиўи, сөз ҳәм мәлимлеме еркинлиги кепилликлерине әмел етилиўи бағдарында мониторинг ҳәм қадағалаўды әмелге асырыў;

мәлимлеме қәўипсизлигин тәмийинлеўге, мәлимлеме саласындағы қәўип-қәтерлердиң алдын алыўға қаратылған илажларды әмелге асырыўда қатнасыў;

китап оқыўды үгит-нәсиятлаў арқалы халқымыздың руўхый дүньясын арттырыў, китапқумарлық дәстүрлерин кеңнен үгит-нәсиятлаў, электрон ҳәм аудио китапларды дөретиў, китап өнимлерин басып шығарыў және тарқатыў жумысын қоллап-қуўатлаў ҳәм раўажландырыў;

жәмийетлик әҳмийетке ийе болған басылымлардың басып шығарылыўы бойынша мақсетли бағдарламаларды таярлаў ҳәм орынланыўын шөлкемлестириў;

шет елде өзбек тили ҳәм әдебиятын кеңнен үгит-нисиятлаў, баспаларға китап өнимлериниң халықаралық китап базарында өзиниң абыройы менен салмағына ийе болыўына көмеклесиў;

елимиздиң пуқаралары менен юридикалық шахсларының мәлимлемелерди таярлаў, тарқатыў, олардан пайдаланыў саласындағы ҳуқықлары менен мәплерин қорғаўда қатнасыў;

мүлкшилик түрине қарамастан, ғалаба хабар қураллары ушын медиа базарында теңдей шараят жаратыў бойынша зәрүр илажларды ислеп шығыў;

баспа ҳәм полиграфия бағдарындағы техникалық-технологиялық базаны раўажландырыў, оларды заманагөй жақтан жаңалаў, стандартластырыў және сертификатластырыў, салаға инновациялық технологияларды енгизиў илажларын ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў;

ғалаба хабар қураллары, баспа, полиграфия ҳәм мәлимлеме-китапхана жумысы саласында миллий ҳәм халықаралық таңлаўлар, көргизбелер менен ярмаркалар ҳәм басқа да ғалабалық илажларды шөлкемлестириў;

баспасөз ҳәм мәлимлеме, баспа, полиграфия, мәлимлеме-китапхана жумысы салаларына тийисли регионаллық, шет ел ҳәм халықаралық шөлкемлер менен бирге ислесиўди раўажландырыў.

  1. Өзбекистан баспасөз ҳәм хабар агентлиги, Халық билимлендириў министрлиги, Экономика министрлиги менен Қаржы министрлигиниң:

Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетине қараслы Әлийшер Наўайы атындағы Өзбекистан Миллий китапханасын Агентликтиң қурамына өткериў;

Өзбекистан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги ҳәм Өзбекистан баспасөз ҳәм хабар агентлигиниң шөлкемлестириўиндеги «Тонг юлдузи» ҳәм «Класс!» газеталары және «Гулхан» ҳәм «Ғунча» журналларын Өзбекистан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги қарамағына толық өткериў ҳаққындағы усынысларына келисим берилсин.

  1. Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетине еки ҳәпте мүддетте Агентликтиң жумысын шөлкемлестириў ҳаққындағы Өзбекистан Республикасы Президенти қарарының жойбарын таярлап, белгиленген тәртипте киргизсин.
  2. Өзбекистан баспасөз ҳәм хабар агентлиги Әдиллик министрлиги ҳәм басқа да мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте бир ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер менен қосымшалар ҳаққында Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  3. Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Баспасөз ҳәм мәлимлеме саласында басқарыўды жетилистириў ҳаққында»ғы 2002-жыл 3-июльдеги ПП-3103-санлы Пәрманы өз күшин жойытқан деп есаплансын.
  4. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекистан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекистан Республикасының Президентиниң Мәмлекетлик кеңесгөйи Х.М.Султановқа жүкленсин.

 

Өзбекистан Республикасы Президенти                                               Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2017-жыл 11-август

***

Өзбекистан Республикасы  Президентиниң «Баспасөз ҳәм мәлимлеме саласында басқарыўды буннан былай да жетилистириў ҳаққында»ғы  Пәрманына

ТҮСИНИК

 

Ғәрезсизлик жылларында елимизде баспасөз ҳәм ғалаба хабар қуралларын либералластырыў ҳәм раўажландырыў, сөз еркинлигин тәмийинлеўге қаратылған, демократиялық талаплар менен стандартларға толық жуўап беретуғын 10 ға шамалас нызам ҳүжжетлери қабыл етилип, бул бағдарда беккем ҳуқықый база жаратылған.

Ҳәзирги күнде елимизде  1500 ден аслам ғалаба хабар қураллары жумыс ислеп атырғанын, олардың қатарына жақында қосылған, сутка даўамында үзликсиз жумыс ислеп атырған “O’zbekiston 24” телеканалы да миллий мәлимлеме мәканында өзиниң мүнәсип орны менен тамашагөйлерин табып атырғанын, Интернет – глобал тармақта uz доменли веб-сайтлардың, мәлимлеме порталларының саны 400 ден асып кеткенин айрықша атап өтиў зәрүр.

Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев жақында елимиздиң дөретиўши зыялылары менен болып өткен ушырасыўда әдебият, көркем өнер, мәденият саласын буннан былай да раўажландырыў, бул бойынша жумыс нәтийжелилигин арттырыў бүгинги күнниң әҳмийетли ўазыйпаларынан бири екенине айрықша итибар қаратып, усы бағдарда бир қатар пәрманлар менен қарарлар жойбары таярланып атырғанына тоқтап өткени бәршемизге белгили. Әне, усындай әҳмийетли ҳүжжетлерден бири – Өзбекистан Республикасы  Президентиниң «Баспасөз ҳәм мәлимлеме саласында басқарыўды буннан былай да жетилистириў ҳаққында»ғы  Пәрманына қол қойылғаны усы мәжилисте айтылған мақсетлер менен ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша жумыслардың қатаң избе-излик тийкарында әмелге асырылып атырғанын көрсетеди.

Ҳәр қандай мәмлекетте демократиялық, ҳуқықый, инсаныйлық жәмийетти қурыў көп жағынан ғалаба хабар қураллары, баспа ҳәм полграфия жумысының дәрежесине байланыслы екени белгили. Бул бағдарда ғәрезсизлик жылларында Өзбекистанда кең көлемли жумыслар әмелге асырылды. Әсиресе, сөз ҳәм мәлимлеме еркинлигиниң тәмийинленгени, дөретиўшилердиң еркин пикирлеў имканиятына ийе болғаны салада реформаларды әмелге асырыўға шараят жаратты. Өткен жыллар даўамында саланың материаллық-техникалық тийкары беккемленди, жоқары маманлықтағы қәнигелерди таярлаўға айрықша итибар берилди.

Соның менен бирге, соңғы пайытта бул бағдарда бир қатар кемшиликлер менен машқалалардың бар екени де сезиле баслады.  Талқылаўлар соны көрсетеди, бүгинги күнде жумыс ислеп атырған ғалаба хабар қураллары елимиз пуқараларының руўхый дүньясын арттырыў, оларда әтирапамызда жүз берип атырған ўақыялар менен ҳәдийселерди дурыс талқылаў және қалыслық пенен жуўмақ шығарыў көнликпелерин қәлиплестириўде турақлы белсендилик көрсете алмай атыр. Әсиресе, жеке меншик ғалаба хабар қураллары, баспалардың жағдайы аянышлы жағдайда, олар халқымыздың жоқары руўхый-эстетикалық талаплары дәрежесинде жумыс ислемей атыр.

Жеке меншик түриндеги газеталар, радиостанциялар арқалы жәрияланып атырған мазмуны жағынан сайыз, жәмийетлик әҳмийети төмен, «ғалабалық мәденият» руўхындағы материаллар, тилекке қарсы, ўақтында маманлық баҳасын алмай атыр ҳәм оларға байланыслы тийисли нызамлы илажлар қолланылмай атыр. Усы оғада жуўапкершиликли жумысты орынлаўға жуўапкер болған Өзбекистан баспасөз ҳәм хабар агентлиги өзине жүкленген ўазыйпаларды орынлаўда төмен дәрежеде қалмақта.

Президент пәрманына муўапық Баспасөз ҳәм хабар агентлиги ғалаба хабар қураллары, мәлимлеме алмасыў, баспасөз, баспа, полиграфия, мәлимлеме-китапхана жумысы саласындағы бирден-бир мәмлекетлик сиясатты әмелге асыратуғын мәмлекетлик басқарыў уйымы етип белгиленди.

Пәрманда ғалаба хабар қуралларының жумысына байланыслы нызамшылықтың орынланыўын тәмийинлеў, сөз ҳәм мәлимлеме еркинлигин кепилликке алыў, баспа, полиграфия ҳәм мәлимлеме-китапхана жумысын раўажландырыў, сондай-ақ, сөз ҳәм мәлимлеме еркинлиги кепилликлерине әмел етилиўи бойынша мониторинг ҳәм қадағалаўды әмелге асырыў әҳмийетли ўазыйпа сыпатында белгилеп қойылды.

Соның менен бирге, ғалаба хабар қураллары, баспасөз саласысының мәлимлеме қәўипсизлигин тәмийинлеў, мәлимлеме саласындағы қәўип-қәтерлердиң алдын алыўға қаратылған илажларды әмелге асырыўда белсене қатнасыўы зәрүрлигине айрықша итибар қаратылды.

Бәршемизге белгили, бүгинги күнде елимизде китап өнимлерин басып шығарыў ҳәм тарқатыў системасының нәтийжелелигин арттырыў, китапқумарлық мәдениятын жетилистириў сыяқлы әҳмийетли ўазыйпаларды әмелге асырыў ушын елимизде 118 баспа, 1 мың 760 полиграфия кәрханасы, мыңлаған дөретиўшилик ҳәм техникалық хызметкерлердиң жумыс ислеп атырғанын, олардың ис-ҳәрекетлери арқалы ҳәр жылы 7 тилде 60 миллион нусқадан аслам китап басылып шығарылып атырғанын атап өтиў лазым.

Усы пәрманда китап оқыўды үгит-нәсиятлаў арқалы халқымыздың руўхый дүньясын арттырыў, китапқумарлық дәстүрлерин кеңнен үгит-нәсиятлаў, электрон ҳәм аудио китапларды дөретиў, китап өнимлерин басып шығарыў және тарқатыў жумысын қоллап-қуўатлаў ҳәм раўажландырыў, жәмийетлик әҳмийетке ийе болған басылымлардың басып шығарылыўы бойынша мақсетли бағдарламаларды таярлаў ҳәм орынланыўын шөлкемлестириў, сондай-ақ, шет елде өзбек тили ҳәм әдебиятын кеңнен үгит-нәсиятлаў, баспаларға китап өнимлериниң халықаралық китап базарында өзиниң абыройы менен салмағына ийе болыўына көмеклесиў усы салада орынланыўы лазым болған тийкарғы ўазыйпалар екени көрсетип өтилди.

Айрықша итибарға ылайықлы мәселелерден бири соннан ибарат, мүлкшилик түрине қарамастан, ғалаба хабар қураллары ушын медиа базарында теңдей шараятлар жаратыў бойынша белгили бир зәрүр илажларды ислеп шығыў, баспа ҳәм полиграфия бағдарындағы техникалық-технологиялық базаны раўажландырыў, оларды заманагөй жақтан жаңалаў, стандартластырыў және сертификатластырыў, салаға инновациялық технологияларды енгизиў илажларын ислеп шығыў және әмелге асырыў, салада миллий ҳәм халықаралық таңлаўлар, көргизбелер менен ярмаркалар ҳәм басқа да ғалабалық илажларды шөлкемлестириўге айрықша итибар қаратылды.

Президент Пәрманына бола Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетине қарамағындағы Әлийшер Наўайы атындағы Өзбекистан Миллий китапханасы Өзбекистан баспасөз ҳәм хабар агентлигиниң қурамына өткерилди. Сондай-ақ, Халық билимлендириў министрлиги ҳәм Өзбекистан баспасөз ҳәм хабар агентлигиниң шөлкемлестириўиндеги «Тонг юлдузи» ҳәм «Класс!» газеталары және «Гулхан» ҳәм «Ғунча» журналары Халық билимлендириў министрлигиниң қарамағына толық өткерилди.

Улыўма айтқанда, усы Пәрман, елимизде баспасөз ҳәм мәлимлеме саласында алып барылып атырған мәмлекетлик сиясаттың нәтийжелилигин арттырыўда, миллий медиа майданында саламат бәсекилик орталығын қәлиплестириўде, ғалаба хабар қуралларына методикалық жәрдем көрсетиўде айрықша роль атқаратуғынына, пуқараларымыз арасында беккем руўхый орталықты жүзеге келтириўде, олардың социаллық белсендилигин арттырыўға хызмет ететуғынына гүман жоқ.