Б.Рауповты «Дўстлик» ордени менен сыйлықлаў ҳаққында

162

Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Мәмлекетимизде исбилерменлерге жаратылып атырған кең имканиятлардан үнемли пайдаланып, өзиниң излениўшеңлиги ҳәм исбилерменлиги менен тараўға алдыңғы баслама ҳәм инновациялық идеяларды нәтийжели қолланып киятырғаны, импорттың орнын басыўшы өнимлер ислеп шығарыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў бағдарында көпшиликке ибрат ҳәм үлги болып атырғаны, аймақта экономикалық реформаларды табыслы әмелге асырыў, халықтың абаданлығын жоқарылатыўға қосып атырған мүнәсип үлеси ҳәм жәмийетлик турмысқа белсене қатнасы ушын Сурхандәрья ўәлаяты Термиз қаласындағы «Surkhon Sandwich» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң шөлкемлестириўшиси Раупов Баҳром Қаюмович «Дўстлик» ордени менен сыйлықлансын.

Өзбекстан Республикасы

Президенти            Ш.Мирзиёев