Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Соңғы жыллары республика экономикасына ҳәм халыққа транспорт хызметин көрсетиўди жақсылаў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылғанлығы атап өтилсин. Жолаўшы тасыў жөнелислери тармағы 2006-жылға салыстырғанда 1,4 есеге артты, республикада 117 жолаўшы автовокзал ҳәм автостанция жумыс ислемекте, тасыўлардың қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша илажлар әмелге асырылмақта.
Соның менен бирге, автотранспорт хызметлери тараўын жедел раўажландырыўдың бар имканиятларынан ҳәм резервлеринен толық пайдаланылмай атыр. Автотранспорт хожалықларын модернизациялаў заман талаплары дәрежесинде емес, тараўда алдынғы мәлимлеме-коммуникация технологиялары ҳәм интеллектуал транспорт системалары жетерли дәрежеде енгизилмей атыр. Аўыр жүк тасыўшы автотранспорт қуралларының ҳәрекеттеги қурамы паркиниң гөнергенлиги жоқарылығынша қалмақта. Елимиздиң автотранспорт хызметлери экспортын ҳәм транзитин арттырыў потенциалының имканиятлары менен резервлеринен толық пайдаланылмай атыр.
Тасыў процесслерине, қатнаў кестелерине әмел етилиўи, жолаўшылар тәрепинен жол ҳақыны электрон тәризде төлеў нәтийжелилиги, түсимниң жыйналыўы ҳәм толықлығы үстинен орайластырылған диспетчерлик басқарыў ҳәм қадағалаў системасы жоқ. Өзбекистан автомобиль ҳәм дәрья транспорты агентлиги әмелге асырып атырған жумыслар регионлардағы жолаўшы транспортын басқарыў бойынша арнаўлы ўәкилликли уйымлар тәрепинен дерлик қайталанбақта.
Автомобильде тасыўларды ҳәм жол ҳәрекети қәўипсизлигин тәмийинлеў ушын қадағалаў илажларының түп-тийкарынан күшейтилиўи жолаўшылар автотранспортында айрықша жағдайлардың алдын алыў бойынша профилактикалық илажлар көриўди талап етеди.
Автомобиль транспортын басқарыў системасын буннан былай да жетилистириў, автомобиль транспортында тасыўлардың қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм автотранспорт хызметлери базарын қәлиплестириў ҳәм раўажландырыў мақсетинде:
- Өзбекстан автомобиль ҳәм дәрья транспорты агентлигиниң дәрья транспорты тараўындағы мәмлекетлик басқарыў бойынша ўәкиллиги Өзбекстан Республикасы Айрықша жағдайлар министрлигине өткерилсин.
- Өзбекстан автомобиль ҳәм дәрья транспорты агентлиги, Өзбекстан автомобиль транспорты агентлиги (кейинги орынларда «Өзавтотранс» агентлиги деп аталады) болып қайта аталсын.
- Төмендегилер «Өзавтотранс» агентлигиниң тийкарғы ўазыйпалары ҳәм жумыс бағдарлары етип белгиленсин:
автомобиль транспорты объектлери ҳәм жолаўшылардың қәўипсизлигин тәмийинлейтуғын перспективалы мәлимлеме-коммуникациялық технологияларды ҳәм инновациялық қатнасларды кеңнен қолланған ҳалда жаңа басқарыў системаларын енгизип, автомобиль транспорты тараўында бирден-бир техника сиясатын жүргизиў;
автомобиль тасыўларында нормативлик-ҳуқықый ҳәм методикалық базаны жетилистириў, автомобиль транспорты тасыўлар қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша машқалалар бойынша халықаралық нормалар, илимий-тексериў, жойбарлаў-конструкторлық, технологиялық жумысларды инабатқа ала отырып, техникалық тәртипке салыў тараўында нормативлик ҳүжжетлердиң бирден-бир мағлыўматлар базасын ислеп шығыў ҳәм қәлиплестириў;
экономика тармақлары ҳәм халықтың тасыўларға болған талабын ҳәм автомобиль транспорты қәўипсизлигин тәмийинлеў илажларын инбатқа алған ҳалда, аўыллық елатлы пунктлерди, қалалар, ўәлаят ҳәм район орайларын байланыстыратуғын жаңа жөнелислерди ашыў, автомобиль транспортын раўажландырыў бойынша комплексли бағдарламаларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў;
жолаўшыларға кең көлемли хызметлер көрсетиў ушын шараят жаратыў, соның ишинде, заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын кеңнен қолланып, автовокзаллар ҳәм автостанциялардың жумысын орайласқан ҳалда басқарыў ҳәм муўапықластырыў системасын енгизиў;
автовокзаллар менен автостанцияларды ҳәм жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары қарамағында болған улыўма пайдаланыўдағы жолаўшы тасыў жөнелислериндеги тоқтаў бәндиргилерин жойбарластырыў, қурыў, реконструкциялаў ҳәм оңлаўды шөлкемлестириў;
тасыў процесслерине, қатнаў кестелерине әмел етилиўи, жолларда ҳәрекет етиў тезлиги мониторинги, ҳәрекет жөнелиси схемасына әмел етилиўи ҳәм халыққа реал ўақыт тәризиндеги мағлыўматлар хызметиниң кең көлемли дизими усынылыўы бойынша орайласқан диспетчерлик басқарыў ҳәм қадағалаў системасын енгизиў;
тасыў жөнелислерин тендер тийкарында жайластырыў, жолаўшы тасыўдың сапасын ҳәм қәўипсизлигин арттырыў, тендерлерди шөлкемлестириўшилердиң жумысын муўапықластырыў механизмлерин енгизиў арқалы автомобиль транспорты хызметлери базарында базар қатнасықларын ҳәм бәсекилик орталығын раўажландырыў ушын қолайлы шараятлар жаратыў;
шет мәмлекетлер ҳәм халықаралық шөлкемлер менен белсене сөйлесиў арқалы автомобиль транспорты тараўында халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыў, шет мәмлекетлердиң ўәкилликли уйымлары менен келисе отырып, жаңа турақлы халықаралық автобус жөнелислерин ашыў ҳәм халықаралық автомобиль тасыўлары тараўындағы халықаралық шәртнамалар бойынша миннетлемелердиң орынланыўын тәмийинлеў, бул тараўдағы әмелдеги шәртнамаларды қайта көрип шығыў ҳәм жаңаларын дүзиў, халықаралық жүк тасыўларын әмелге асырыў ушын руқсатнамалар бланкаларын өз-ара алмасыў;
автомобиль транспортында жолаўшы ҳәм жүклерди тасыў жумысын лицензиялаў, автомобиль транспортында жолаўшы ҳәм жүклерди тасыў қағыйдаларына әмел етиў, автомобильде тасыўлардың қәўипсизлигин тәмийинлеў талапларына, аўырлық ҳәм габарит көрсеткишлерине және айдаўшылардың мийнет ҳәм дем алыў режимлерине әмел етилиўин қадағалаў;
Өзбекстан Республикасының халықаралық шәртнамаларында нәзерде тутылған Өзбекстан Республикасы аймағында автомобильде халықаралық тасыўларды әмелге асырыў шәртлерине әмел етилиўин қадағалаў (Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик шегарасы арқалы өткериў пунктлери буған кирмейди);
Автомобиль транспортында, бәринен бурын, транспорт қәўипсизлигин тәмийинлеў мәселелери бойынша кадрлардың маманлығын арттырыў ҳәм қайта таярлаўды системалы шөлкемлестириў;
«Өзавтотранс» агентлигине жүкленген ўазыйпалар ҳәм жумыс бағдарларының сапалы ҳәм толық орынланыўы ушын жеке жуўапкерлик «Өзавтотранс» агентлиги баслығына жүкленсин.
- Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласындағы қалалық жолаўшы транспортын басқарыў бойынша арнаўлы ўәкилликли уйымлар «Өзавтотранс» агентлигиниң тийисли аймақлық басқармаларына бирлестирилсин ҳәм оларға арнаўлы ўәкилликли уйымлар ҳәм департаментлердиң ҳуқықлары, миннетлемелери, штат бирликлери ҳәм мүлклери 1-қосымшаға муўапық дизим бойынша берилсин.
Қалалық жолаўшы транспортын басқарыў бойынша арнаўлы ўәкилликли уйымларды ҳәм департаментлерди «Өзавтотранс» агентлигиниң тийисли аймақлық басқармаларына бирлестириў бойынша комиссия қурамы 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Автомобиль ҳәм дәрья транспортын раўажландырыўды нормативлик- техникалық тәмийинлеў Республикалық орайы «Өзавтотранстехника» илимий-өндирислик орайы» МК;
«Автодәрьятранс-илим» кәсиплик маманлығын арттырыў мәмлекетлик илимий-методикалық орайы «Автомобиль транспорты кадрларының маманлығын арттырыў ҳәм оларды қайта таярлаў институты» МК деп қайта аталсын.
- Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң Нөкис автомобиль жол-хожалығы ҳәм хызмет көрсетиў кәсип-өнер колледжин, Әндижан транспорт ҳәм хызметлер көрсетиў кәсип-өнер колледжин ҳәм Самарқанд автомобиль ҳәм жоллар кәсип-өнер колледжин, олардың тәмийнатын Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қаржылары есабынан қаржыландырыў тәртибин сақлап қалған ҳалда, «Өзавтотранс» агентлиги қурамына өткериў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
- Төмендегилер:
Өзбекстан автомобиль транспорты агентлигиниң шөлкемлестириўшилик структурасы 3-қосымшаға муўапық;
Өзбекстан автомобиль транспорты агентлиги орайлық аппараты структурасы оның хызметкерлериниң шекленген улыўма санын 80 адам, соның ишинде, басқарма хызметкерлерин 62 адам етип, 4-қосымшаға муўапық;
Өзбекстан автомобиль транспорты агентлиги аймақлық басқармаларының үлги структурасы ҳәм хызметкерлериниң саны 5 ҳәм 5 «а» қосымшаларына муўапық;
Автомобиль транспортын басқарыў системасына мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизиў бағдарламасы 6-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине автомобиль транспортын басқарыў системасына мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизиў бағдарламасын әмелге асырыў нәтийжелерин ҳәр тәреплеме талқылаў тийкарында бағдарлама параметрлерине өзгерислер киргизиў ҳуқықы берилсин.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар, районлар ҳәм қалалардың ҳәкимликлери «Өзавтотранс» агентлиги менен биргеликте қала ҳәм районларда жаңадан шөлкемлестирилип атырған автомобиль тасыўларын муўапықластырыў секторларының қала ҳәм районларда жайластырылыўын тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 10-январьдағы ПҚ-2724-санлы қарары менен тастыйықланған 2017-2021-жылларда қалаларда ҳәм аўылларда автотранспорт хызметлерин буннан былай да раўажландырыў бағдарламасына төмендегилерди нәзерде тутатуғын өзгерислер киргизилсин:
жаңа автобус жөнелислерин шөлкемлестириў ҳәм автовокзаллар менен автостанциялар қурылысы ҳәм реконструкцияланыўының 2018-2021-жылларда республика экономикасы ҳәм шетки регионлардағы халықтың тасыўларға болған талапларын есапқа алған ҳалда жаңаланған мақсетли көрсеткишлери 7-8-қосымшаларға муўапық;
2018-2021-жылларда автомобильде халықаралық тасыўларды әмелге асырып атырған миллий тасыўшылардың үлкен көлемдеги жүк автотранспорт қураллары паркин жаңалаўдың болжаў көрсеткишлери 9-қосымшаға муўапық.
2017-2021-жылларда қалалар менен аўылларда автотранспорт хызметлерин буннан былай да раўажландырыў бағдарламасында нәзерде тутылған илажлардың өз ўақтында ҳәм толық әмелге асырылыўы бойынша жуўапкершилик Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығына, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлерине және «Өзавтотранс» агентлиги басшылығына жүкленсин.
- Илимий-изертлеў жумыслары, жолаўшы автовокзаллары ҳәм автостанциялары, сондай-ақ, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларына қараслы болған улыўма пайдаланыўдағы жолаўшы жөнелислериниң аралық бәндиргилерин қурыў, реконструкциялаў ҳәм оңлаў бойынша бағдарламалар, автотранспорт қуралларын сатып алыў ҳәм автомобиль транспортын басқарыў системасына мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизиў, «Өзавтотранс» агентлигин сақлаўды қаржыландырыў мақсетлери ушын юридикалық шахс статусына ийе болмаған Өзбекстан автомобиль транспорты агентлигиниң Автомобиль транспортын раўажландырыў қоры (кейинги орынларда Қор деп аталады) шөлкемлестирилсин.
Қорды қаржыландырыў дәреклери етип төмендегилер белгиленсин:
қала, қала әтирапы, қалалараралық ҳәм халықаралық автомобильде жолаўшылар ҳәм жүк тасыўларды әмелге асырыўға лицензиялар бериў ҳәм олардың әмел етиў мүддетин созыў ушын төленетуғын мәмлекетлик бажы қаржыларының 100 проценти;
«Өзавтотранс» агентлигиниң аймақлық басқармалары инспекторлары тәрепинен автомобиль тасыўлары тараўында дүзилген ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар ҳаққындағы баянламалар бойынша өндирилетуғын жәриймалар суммасының 84 проценти;
Қорға жүкленген ўазыйпаларды әмелге асырыў ушын тартылатуғын халықаралық қаржы институтлары, шет елдеги ҳүкиметлик шөлкемлер ҳәм басқа да донорлардың кредитлери (заёмлары) ҳәм грантлары;
Мәмлекетлик ҳәм жеке меншик шериклик шеңбериндеги жеке меншик инвестициялар ҳәм нызамшылықта қадаған етилмеген басқа да дәреклер.
«Өзавтотранс» агентлиги Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги менен келисилген ҳалда еки ай мүддетте Қор ҳаққындағы Режени ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын.
- 2022-жылдың 1-январына шекемги мүддетке:
Лизинг компаниялары ҳәм халықаралық тасыўларды әмелге асыратуғын миллий тасыўшылар Өзбекстан Республикасына алып кирилип атырған ҳәм елимизде ислеп шығарылып сатып алынып атырған жүк автотранспорты қуралларын Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги уйымларында дизимнен өткериўде Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Республикалық жол қорына өндирилетуғын жыйымлар төлеминен;
тийкарғы жумысы автобусларда жолаўшы тасыўды әмелге асырыў болған улыўма пайдаланыўдағы қалалық жолаўшы транспорты шөлкемлери жер салығы төлемлеринен азат етилсин.
- «Өзавтотранс» агентлиги баслығына:
автобусларда жолаўшы тасыў (соның ишинде халықаралық) хызметин көрсететуғын, жүклерди автомобильде тасыўлар ҳәм транспорт-логистика жумысын әмелге асыратуғын, тоқтаў бәндиргилерин қурыў, реконструкциялаў, оңлаў ҳәм басқа да автомобиль транспорты тараўында жумыс ислейтуғын унитар кәрханалар түриндеги бийғәрез арнаўлы кәрханаларды шөлкемлестириў;
«Өзавтотранс» агентлиги структурасындағы унитар кәрханаларды бирлестириў ҳәм сапластырыў ҳуқықы берилсин.
- «Өзавтотранс» агентлигине ҳәм ол тәрептен шөлкемлестирилетуғын арнаўлы кәрханаларға Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң Аймақларды комплексли раўажландырыў ҳәм коммуналлық тараў, экология, қоршаған орталықты қорғаў, транспорт, капитал қурылыс ҳәм қурылыс индустриясы мәселелери комплексиниң басшысы менен келисип, тендер саўдаларын өткермей, ең мақул усынысларды сайлап алыў жолы арқалы автобуслар менен микроавтобуслардың жумысларын аралықтан онлайн түринде бақлаў ҳәм жолаўшылар транспортында жол ҳақысын нақ пулсыз төлеў системасын енгизиў ушын арналған автотранспорт қураллары, бағдарламалық өнимлер, үскенелер, механизмлер, материаллар, аўысық бөлеклерди ислеп шығаратуғын заводлар (жеткерип бериўшилер) ямаса олардың рәсмий дилерлери (дистрибьюторлары) менен тиккелей шәртнамалар дүзиўге руқсат етилсин.
- «Өзавтотранс» агентлиги ҳәм ол тәрептен шөлкемлестирилетуғын жаңа арнаўлы кәрханалар тийкарлаў талабы болғанда техникалық-экономикалық тийкарлаў негизинде 2023-жылдың 1-январына шекемги мүддетте:
барлық түрдеги салықлардан ҳәм мақсетли мәмлекетлик қорларға өткерилетуғын мәжбүрий төлемлерден азат етилсин, онда босаған қаржылар жаңадан шөлкемлестирилетуғын арнаўлы шөлкемлердиң материаллық-техникалық базасын беккемлеў ушын мақсетли жумсалыўы;
Өзбекстан Республикасына белгиленген тәртипте тастыйықланған дизимлер бойынша алып кирилетуғын транспорт қураллары, аўысық бөлеклер, үскенелер, әсбаплар және приборлар, машина ҳәм механизмлер, компьютер және диагностикалық техникалар бажыхана төлемлеринен азат етилиўи белгилеп қойылсын (бажыханада рәсмийлестириўшилер ушын жыйымлар буған кирмейди);
«Өзавтотранс» агентлиги ҳәм оның шөлкемлестириўиндеги жаңа арнаўлы шөлкемлер арасында, сондай-ақ, шөлкемлердиң өзлери арасында қайтарып жибермеў шәрти тийкарында тапсырылып атырған және қабыл етилип атырған жеке мүлк шахслардың қосымша қун ҳәм дәрамат салығы бойынша салыққа тартыў объекти болып есапланбайтуғыны белгилеп қойылсын.
- «Өзавтотранс» агентлиги хызметкерлери хызмет ўазыйпаларын атқарыўда ведомстволық формалы кийим кийип жүриўи белгиленсин.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 27-февральдағы «Өзбекстан Республикасы министрликлери, ведомостволары ҳәм шөлкемлериниң формалы кийимлерин ислеп шығыў, стандартлаў, тастыйықлаў ҳәм таярлаў механизмин тәртипке салыў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-2800-санлы қарарының 1-қосымшасындағы «Ведомстволық формалы кийим» бабына төмендеги мазмундағы 6-бәнт қосылсын:
«6. Өзбекстан автомобиль транспорты агентлиги».
- Өзбекстан Республикасы Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен бирге еки ай мүддетте «Өзавтотранс» агентлиги ҳәм оның шөлкемлестириўиндеги жаңа ғәрезсиз шөлкемлерге мәмлекет ийелигиндеги автовокзаллар, автостанциялар, имаратлар ҳәм өндирис майданшаларын бериў бойынша Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети Өзбекстан Республикасында автомобиль транспортын басқарыў системасын жетилистириў бойынша шөлкемлестириў илажлары ҳаққындағы ҳүкиметлик қарарды еки ҳәпте мүддетте қабыл етсин.
- «Өзавтотранс» агентлиги, Өзбекстан Республикасы Айрықша жағдайлар министрлиги Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги ҳәм басқа да мәпдар министрликлер және ведомостволар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Халыққа транспорт хызметин көрсетиў және қалалар ҳәм аўылларда автобусларда жолаўшыларды тасыў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы 2017-жыл 10-январьдағы ПҚ-2724-санлы қарарының 1- ҳәм 4-қосымшалары өз күшин жойытқан деп есаплансын.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң биринши орынбасары – «Өзбекстан темир жоллары» АЖ басқармасы баслығы А.Ж.Раматовқа ҳәм Өзбекстан автомобиль транспорты агентлигиниң баслығы Д.Т.Деҳқоновқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2018-жыл 6-март
* * *
Өзбекстан Республикасы Президентиниң
“Автомобиль транспортын басқарыў систамасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында”ғы қарарына
ТҮСИНИК
Соңғы жыллары республика экономикасы ҳәм халқына автотранспорт хызметин көрсетиўди жақсылаў бойынша үлкен жумыслар әмелге асырылды. Жолаўшы тасыў бағдарлары тармағы көлеми 1,4 есеге артты, республика бойынша 117 жолаўшы автовокзалы ҳәм автостанциясы хызмет көрсетпекте.
Ҳәрекеттеги қурамды заманагөй, қолайлы автобуслар, микроавтобуслар, жүк автомобиллери менен жаңалаў, жөнелислерди ақылға уғрас шөлкемлестириў ҳәм кеңейтиў, тасыўлар қәўипсизлиги илажларын күшейтиў есабынан халықтың автомобиль тасыўларына талабын имканы болғанынша толық тәмийинлеў автомобиль транспортын раўажландырыўдың тийкарғы бағдары болып табылады.
Усы факторларды есапқа ала отырып төмендеги илажлар әмелге асырылды:
бириншиден, тараўда киши исбилерменликти раўажландырыў ушын нызамшылық дәрежесинде қолайлы шараятлар жаратылды;
екиншиден, жолаўшылар автовокзаллары менен автостанцияларын қурыў ҳәм реконструкциялаў, жаңа жолаўшы жөнелислерин ашыў, автомобиль транспорты ҳәрекеттеги қурамын жаңалаў бойынша зәрүр илажлар көрилмекте;
үшиншиден, тасыўлар жөнелислерин тендер арқалы жайластырыў механизмлерин енгизиў жолы менен автомобиль транспорты хызметлери базарында базар қатнасықларын ҳәм бәсекилик орталығын раўажландырыў ушын қолайлы шараятлар жаратылмақта;
төртиншиден, автомобиль тасыўларын басқарыў системасына исбилерменлер тәрепинен тийисли мәмлекетлик хызметлерди алыўда руқсат бериў ҳәм лицензия процесслерин максимал дәрежеде әпиўайыластырыў, талап етилип атырған ҳүжжетлер санын, оларды усыныў мүддетлерин қысқартыўды нәзерде тутатуғын бирден-бир мәлимлеме-интегралласыў системасы енгизилген.
Соның менен бирге, автотранспорт хызметлери тараўын жедел раўажландырыўдың бар имканиятларынан ҳәм резервлеринен толық көлемде пайдаланбай атыр. Автотранспорт хожалықларын модернизациялаў заман талаплары дәрежесинде емес, тараўда мәлимлеме-коммуникация технологиялары ҳәм интеллектуал транспорт системалары жетерли дәрежеде енгизилмей атыр, автотранспорт хызметлери экспорты-импорты ҳәм транзит потенциалынан пайдаланыў дәрежеси төменлигинше қалмақта.
Автомобиль транспортын басқарыў системасын буннан былай да жетилистириў, шөлкемлестириўшилик ҳәм институционаллық өзгерислерди нәтийжели әмелге асырыў, автотранспорт хызметлери базарын қәлиплестириў ҳәм раўажландырыўға көмеклесиў ҳәм автомобиль тасыўлардың қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде томендегилерди нәзерде тутатуғын Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Автомобиль транспортын басқарыў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди:
биринши – Агентликтиң кемешилик Регистри тәрепинен дәрья транспортының мәмлекетлик басқарыўы ҳәм тәртипке салыў функциялары Өзбекстан Республикасы Айрықша жағдайлар министрлигиниң киши көлемли кемелер бойынша Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик инспекциясы функциялары менен уқсаслығы инабатқа алынып, Агентликтиң кемешилик Регистри Өзбекстан Республикасы Айрықша жағдайлар министрлиги басқармасына өткерилмекте;
екинши – автотранспорт тараўында ўәкилликли мәмлекетлик басқарыў уйымларының артықша тәкирарлаўшы процесслери бийкарланбақта;
үшинши – 2018-2021-жылларда 437 жаңа жолаўшы жөнелислерин шөлкемлестириў ҳәм 84 автовокзал ҳәм автостанцияны қурыў және реконструкциялаўдың, экономика тараўлары ҳәм халықтың республиканың шетки регионларында тасыўларға болған талапларын инабатқа ала отырып, жаңаланған мақсетли көрсеткишлери, сондай-ақ, жүклерди халықаралық автомобильде тасыўларды әмелге асыратуғын миллий тасыўшылардың аўыр жүк тасыўшы 3824 автотранспорт қураллары паркин жаңалаўдың болжаў көрсеткишлери тастыйықланбақта;
төртинши – автомобиль тасыўларына байланыслы мәселелерди жедел шешиў ушын қалалар ҳәм районларда автомобиль тасыўларын муўапықластырыў секторлары шөлкемлестирилмекте;
бесинши – автомобиль транспортын басқарыў системасына интеллектуал транспорт системасы инновация жойбарларының зәрүр элементлерин енгизиўди нәзерде тутатуғын, улыўма нырқы шама менен 90 миллиард сумды қурайтуғын мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизиў Бағдарламасы тастыйықланбақта, соннан:
улыўма пайдаланыўдағы жолаўшылар тасыўларын әмелге асырыўды онлайн тәризде автоматластырылған мониторинг етиў системасын оператив хызметлер системалары менен интегралласқан жағдайда жаратыў ҳәм енгизиў;
улыўма пайдаланыўдағы қалалық жолаўшылар транспортында бирден-бир автоматластырылған жол ҳақы төлеми системасын енгизиў;
белгиленген ўазыйпалар ҳәм функцияларды орынланыўдың тезлигин ҳәм сапасын арттырыўға ҳәм көрсетилип атырған интерактив мәмлекетлик хызметлер дизимин кеңейтиўге имкан жарататуғын “Өзавтотранс” агентлиги хызметиниң автоматластырылған мәлимлеме системаларын жаратыў;
алтыншы – тасыў процеси, автовокзаллар ҳәм автостанциялар жумысларының орайласқан диспетчерлик қадағалаў және басқарыў системасын жаратыў ҳәм енгизиў нәзерде тутылмақта;
жетинши – орынлардағы жергиликли мәмлекетлик уйымлар қарамағында болған улыўмалық пайдаланыўдағы жолаўшы жөнелислериндеги тоқтаў бәндиргилерин қурыў, реконструкциялаў ҳәм оңлаў нәзерде тутылмақта;
сегизинши – тараўды және де раўажландырыў бойынша бағдарламалық илажларды қаржыландырыў мақсетлери ушын Өзбекстан автомобиль транспорты агентлигиниң Автомобиль транспортын раўажландырыў қоры шөлкемлестирилмекте.
тоғызыншы – Автомобиль транспорты тараўын жас қәнигелер менен тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги қурамындағы 3 (Нөкис автомобиль жол хожалығы ҳәм хызмет көрсетиў кәсип-өнер колледжи, Әндижан транспорт ҳәм хызмет көрсетиў кәсип-өнер колледжи ҳәм Самарқанд автомобиль ҳәм жоллар кәсип-өнер колледжи) «Өзавтотранс» агентлиги қурамына өткерилмекте.
«Өзавтотранс» агентлиги жанында автомобильде жолаўшылар ямаса жүклерди тасыў, транспорт-логистика жумысларын әмелге асыратуғын бийғәрез қәнигелескен, юридикалық шахс хуқықлары тийкарында кәрханалар шөлкемлестириледи.
Автотранспорт қуралларының аўырлық ҳәм габаритлик көрсеткишлери қадағалаўын енгизиў бойынша стационарлық және қосымша орынларды әмелде енгизиў илажлары режелестирилмекте.
Усы қарардың орынланыўын тәмийинлеў Өзбекстан Республикасында автомобиль транспортын шөлкемлестириў системасын жетилистириў, мәмлекетлик басқарыў ҳәм тәртипке салыў функцияларын анық белгилеп алыў, шөлкемлестириўшилик ҳәм институционаллық өзгерислер, хызмет көрсетиў базары ҳәм автомобиль тасыўларының қәўипсизлигин қәлиплестириў ҳәм раўажландырыў мәселелерин шешиўде арнаўлы ўәкилликке ийе мәмлекетлик уйым болып есапланатуғын Өзбекстан автомобиль транспорты агентлиги жумысларының нәтийжелилигин арттырыўға имканиятлар жаратады.