Өзбекстан Республикасы президентиниң Пәрманы

Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлик жумысын шөлкемлестириўди ҳәм жоқары қосымша баҳалы бәсекиге шыдамлы өнимлер ислеп шығарыўды хошаметлеў арқалы аймаққа инвестицияларды кеңнен тартыў ушын қолайлы шараятлар жаратыў, сондай-ақ, исбилерменлердиң усынысларын тиккелей үйрениў тийкарында алдағы жети жылда раўажландырыўдың белгиленген баслы нәтийжелерге ерисиў мақсетинде:

  1. Тиклениў ҳәм раўажланыў қоры Қарақалпақстан Республикасында ислеп шығарыўды кеңейтиў бойынша инвестиция жойбарларын қаржыландырыў мақсетинде «Өзмиллийбанк» АЖ, «Өзсанаатқурылысбанк» АКБ ҳәм АК «Алоқабанк»ке 100 миллион АҚШ доллар ажыратсын. Бунда, усы қаржылар шеңберинде:

коммерциялық банклери тәрепинен инвестиция жойбарларын қаржыландырыў ушын сырт ел валютасында 5 процент, миллий валютада 12 процент болған жыллық ставкаларда 10 жыл мүддетке шекем 5 жыллық жеңилликли дәўир менен кредит ажыратылады. Бунда, коммерциялық банктиң маржаси валютадағы кредитлер бойынша 1 процент, миллий валютадағы кредитлер бойынша 2 процент муғдарында белгиленеди;

жойбарлар коммерциялық банклер шөлкемлестириўиндеги инвестициялық компаниялары тәрепинен әмелге асырылып, оннан соң олар «таяр жойбар» сыпатында исбилерменлерге сатылады;

коммерциялық банклер тәрепинен инвестициялық жойбарларын қаржыландырыў ушын кредит қаржылары 5 жыллық жеңилликли дәўир менен 10 жыл мүддетке Орайлық банктиң тийкарғы ставкасынан жоқары болмаған муғдарда ажыратылады.

  1. Инвестициялар, санаат ҳәм саўда минстрлиги 2024-жылдың ақырына шекем жаңа жойбарларды қаржыландырыў жумысларын шөлкемлестириў мақсетинде халықаралық финанс институтларынан қосымша 200 миллион АҚШ доллары муғдарында кредит қаржылары тартылсын.

Бунда, усы қаржыларды қаржыландырыў ҳәм жойбарларды әмелге асырыў усы Пәрманның 1-бәнтинде белгиленген шәртлер тийкарында әмелге асырылады.

  1. Қарақалпақстан Республикасында бизнес орталығын және де жақсылаў бойынша усындай тәртип орнатылсын, оған муўапық:

Алдыңғы редакцияға қараң.

Исбилерменлик субъектлериниң жойбарларына 2025-жыл 1-январьға шекем «Исбилерменликти раўажландырыў компаниясы» акционерлик жәмийети тәрепинен, алдыңғысынан басқаша түрде, инвестиция жойбарларын қаржыландырыў ҳәм айланыс қаржыларын қәлиплестириў мақсетлерине миллий ҳәм сырт ел валютасында ажыратылатуғын кредит муғдарының 75 процентине шекем, бирақ 5 млрд сумнан артық болмаған муғдарда, кепиллик шәртнамасын бир тәреплеме бийкарламаў шәрти менен кепиллик көрсетиледи;

(3-бәнттиң екинши абзацы Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жылы 10-ноябрьдеги ПП-193-санлы Пәрмани редакциясында- Нызамшылық мағлыўматлары миллий базасы, 11.11.2023-ж., 06/23/193/ 0844-сан)

киши ҳәм жаслар санаат ҳәм исбилерменлик зоналарында инвестициялық миннетлемелерин орынлаған исбилерменлерге жер участкаларын, имаратларды жеке меншиклестирип бериў тәртиби белгиленеди;

аймақта көтере саўдаларда турған мәмлекет мүлки объектлери 3 ай мүддетте сатылмаған ўақытта оларды электрон таңлаў тийкарында ең жақсы усыныс билдирген талабанға инвестиция киритиў миннетлемеси менен бериў тәртиби енгизиледи;

Алдыңғы редакцияға қараң.

2023-2024-жыллары Қарақалпақстан Республикасының Нөкис қаласында 1 миллион АҚШ доллар, қалған районларда 300 мың АҚШ доллар муғдарында инвестиция киргизиў миннетлемеси менен жойбар интакерлерине, соның ишинде сырт ел инвестициялары қатнасыўындағы кәрханаларға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң қарары тийкарында жер участкаларын тиккелей узақ мүддетли ижара ҳуқықы менен бериў системасы енгизиледи;

(3-бәнтиниң бесинши абзацы Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жылы 18-январьдағы ПП-15-санлы Пәрманы редакциясында –Нызамшылық мағлыўматлары миллий базасы, 19.01.2024-ж., 06/24/15/0050-сан)

Алдыңғы редакцияға қараң.

2023-2024-жыллары Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесине өзиниң қарары тийкарында тоғай фонды жерлери ҳәм аўыл хожалығына мөлшерленген жерлер қурамындағы суўғарылмайтуғын жер участкаларының (жайлаўлар, суў жетип бармайтуғын, өнимдарлығы төмен болған жерлердиң) жер фонды категориясын өзгертиў бойынша, алдыңғысынан басқаша түрде, кепиллик бериледи.

(3-бәнтиниң алтыншы абзацы Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жылы 18-январьдағы ПП-15-санлы Пәрманы редакциясында –Нызамшылық мағлыўматлары миллий базасы, 19.01.2024-ж., 06/24/15/0050-сан)

  1. Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Н. Ариповтың басшылығында Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық раўажландырыў, социаллық ҳәм өндирислик инфраструктурасын жақсылаў, исбилерменлик субъектлериниң жумысында пайда болған машқалаларды сапластырыў бойынша турақлы жумыс алып барыўшы республикалық жумысшы топар (кейинги орынларда -Республикалық жумысшы топары) 1-қосымшаға муўапық қурамда шөлкемлестирилсин.
  2. Республикалық жумысшы топарының басшысы А.Н. Арипов:

ҳәр айда орнына шыққан ҳалда пайда болған машқалаларды үйренсин ҳәм оларды сапластырыў илажларын көрип барсын;

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы А.Т. Орынбаев пенен биргеликте ҳәр шеректиң жуўмағы менен Өзбекстан Республикасы Президентине әмелге асырылып атырған жумыслар дың нәтийжелилиги ҳаққында мәлимлеме берип барсын.

  1. Төмендегилер:

2023 — 2025-жыллары Қарақалпақстан Республикасында үлкен инвестиция жойбарларын әмелге асырыў ҳәм перспективалы жойбарларға сырт ел инвестицияларды шақырыў бойынша киши исшит опары 2-қосымшасына муўапық;

Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлерге қолайлы шараитлар жаратыўға тийисли биргеликтеги илажлар режеси 3-қосымшасына муўапық тастыйқлансын.

Алдыӊғы редакцияға қараӊ.

(7-бәнт) Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2023-жылы 10-ноябрьдеги ПП-193-санлы Пәрманына тийкар өз күшин жоғалтқан – Нызамшылық мағлыўматлары миллий базасы, 11.11.2023 ж., 06/23/193/0844-сан)

  1. Орайлық банк:

а) 2024-жылдан баслап ҳәр жылы коммерциялық банклерине Қарақалпақстан Республикасы ушын шаӊарақлық исбилерменликти раўажландырыў бағдарламалары шеӊберинде кеминде 2 трлн сум кредит қәрежетлери ажыратсын;

б) төмендеги шәртлер тийкарында кредит қәрежетлери ажыратыў системасын жолға қойсын:

шаӊарақлық исбилерменликти раўажландырыў бағдарламалары шеӊберинде жаӊадан шөлкемлестирилген, есап номеринде қәрежет жетерли дәрежеде айланбаған исбилерменлик субъектлерине, финанслық қоллап-қуўатлаў ушын гиреў тәмийнатынан келип шығып, базалық есаплаў муғдарыныӊ 1 000 есесине шекем болған муғдарда;

жасларды кәсип-өнерге үйретиў ҳәм ислеп шығарыў процессиндеги қәнигелерди қайта таярлаў, билим ҳәм потенциалын арттырыў мақсетинде олардыӊ сырт ел мәмлекетлерде билим алыўы ушын 4 жыллық жеӊилликли дәўир менен 10 жыл мүддетте Орайлық банктиӊ тийкарғы ставкасынан жоқары болмаған муғдарда.

  1. Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлиги Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги, Экономика ҳәм финанс министрлиги ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊеси менен биргеликте еки ай мүддетте Хожели районындағы 100 гектар жер майданында «Жаслар социаллық-экономикалық орайы»н (кейинги орынларда – Жаслар орайы) шөлкемлестирсин.

Бунда:

Жаслар орайы аймағында IT-парк, жойбар офислери, стартаплар технопарки, стартап жойбарларды қоллап-қуўатлаў «инновацион топарлары», мәдений ҳәм руўхыйлық орайлар, китапхана ҳәм спорт комплекслери шөлкемлестириледи;

Жаслар орайында жумыс ислеп атырған исбилермен ҳәм жасларға «Мениӊ биринши үйим» жойбары шеӊберинде көп қабатлы ҳәм жеке тәртиптеги турақ-жайлар қурылады;

арнаўлы экономикалық зоналар қатнасыўшылары ушын нызамшылықта белгиленген салық ҳәм бажыхана жеӊилликлери Жаслар орайы аймағында жайласқан исбилерменлик субъектлерине жумыссыз жасларды жумыс пенен тәмийинлеў шәрти менен бериледи;

Экономика ҳәм қаржы министрлиги Жаслар орайында белгиленген объектлерди қурыў ушын Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊесине Өзбекстан Республикасы республика бюджети қәрежетлери есабынан 2023 — 2027-жыллар даўамында 10 жыл мүддетте қайтарыў шәрти менен 1 трлн сум муғдарында ссуда қәрежетлери ажыратыўды нәзерде тутады.

  1. Таў-кән санааты ҳәм геология министрлиги Экономика ҳәм қаржы министрлиги менен биргеликте 2024-жылы 1-январьға шекем:

Қараөзек районы аймағындағы «Беркуттаў» мыс кәнинде геологиялық излеў жумысларын жуўмақласын;

20 перспективалы майданда анықланған (оҳактош), минерал дузлар, қурылыс тасы ҳәм қумлары, бентонит, порфирит резервлерин электрон аукцион саўдаларына жайластырсын.

  1. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊеси бир ай мүддетте тийисли министрлик ҳәм уйымлар менен биргеликте нызамшылық ҳүжжетлерине бул Пәрманнан келип шығатуғын өзгерис ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киритсин.
  2. Пәрман орынланыўын ҳәр шеректе додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер мәкемелер жумысын муўапықластырыў ҳәм бақлаў Өзбекстан Республикасы Бас министри, Республика исшит опары баслығы А.Н. Арипов ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси Баслығы А.Т. Орынбаевқа жүкленсин.

 

 Өзбекстан Республикасы Президенти Ш. МИРЗИЁЕВ

Ташкент қ.,

2023-жылы 8-август,

ПП29-сан