Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Қарақалпақстан Республикасында мәденият ҳәм көркем өнер тараўының ўәкиллери ҳәм дөретиўшилерди материаллық ҳәм руўхый жақтан қоллап-қуўатлаў, өзбек ҳәм қарақалпақ халықларының бай ҳәм ески мәдениятын өз-ара байланыслы ҳәм үнлес түрде раўажландырыў, сондай-ақ, көркем жәмәәтлердиң жергиликли ҳәм сырт ел гастроль сапарларын шөлкемлестириў жумысларын турақлы қаржыландырыў системасын жаратыў мақсетинде:

  1. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанында юридикалық тәреп статусына ийе болмаған Мәдениятты қоллап-қуўатлаў қоры (кейинги орынларда – Қор) шөлкемлестирилсин.
  2. Төмендегилер:

а) Қордың қаржыларын қәлиплестириў дәреклери етип белгиленсин:

Қарақалпақстан Республикасы республикалық бюджеттиң қосымша дереклери ҳәм Қарақалпақстан Республикасы район (қала)ларының жергиликли бюджетлеринде қәлиплескен қосымша дереклер есабынан ҳәр шеректе ажыратылатуғын қаржылар;

халықаралық қаржы шөлкемлери ҳәм сырт еллердиң грантлары ҳәм техникалық жәрдем қаржылары;

Қордың ўақтынша бос турған қаржыларын коммерциялық банклердеги депозитлерге жайластырыўдан алынатуғын дәраматлар;

мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында алынатуғын дәраматлардың бөлистирилиўинен түсетуғын қаржылар;

физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң қайырқомлық қәўендерликлери;

нызамшылық ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дереклер;

б) Қор қаржыларынан пайдаланыў бағдарлары етип белгиленсин:

мәденият ҳәм көркем өнер тараўының ўәкиллери, қәбилетли дөретиўшилерди әсиресе, жасларды материаллық қоллап-қуўатлаў;

аўыр экономикалық жағдайға түсип қалған, социаллық қорғаўға мүтәж мәденият ҳәм көркем өнер хызметкерлерин анықлаў, оларға мәнзилли социаллық ҳәм материаллық жәрдем көрсетиў илажларын шөлкемлестириў ҳәм қаржыландырыў;

мәденият ҳәм көркем өнер шөлкемлериниң жумысын материаллық қоллап-қуўатлаў;

дөретиўшилер, дөретиўшилик ҳәм көркем өнер жәмәәтлериниң жергиликли ҳәм сырт ел гастроль сапарларын шөлкемлестириў;

мәденият шөлкемлериниң имаратлары ҳәм мәденият объектлеринде қурылыс-монтажлаў жумысларын алып барыў, олардың жумысына заманагөй мәлимлеме технологиялары ҳәм алдыңғы инновацияларды енгизиў;

нызамшылық ҳүжжетлеринде нәзерде тутылған басқа да қәрежетлерди қаплаў.

  1. Мәденият ҳәм туризм министрлиги Қорға Өзбекстан Республикасы республикалық бюджеттен 2023-жыл ушын Мәденият ҳәм туризм министрлигине ажыратылған қаржылар есабынан 20 миллиард сум ажыратылыўын тәмийинлесин.
  2. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Қорға Қарақалпақстан Республикасы республикалық бюджеттиң қосымша дереклери есабынан қаржылар ажыратыў бойынша Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине усыныслар киргизип барсын.
  3. Министрлер Кабинети бир ҳәпте мүддетте Қор ҳаққындағы режени ҳәм оның оның қайырқомлық кеңесиниң қурамын тастыйықласын.
  4. Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип мәденият ҳәм туризм министри О.А.Назарбеков ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.У.Эрманов белгиленсин.

Қарардың орынланыўын додалап барыў, жуўапкер шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти               Ш.МИРЗИЁЕВ,

Ташкент қаласы,

2023-жыл 10-июль