Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Мәмлекетимизде соңғы жыллары аналар ҳәм балалар саламатлығын қорғаў ҳәм халықтың репродуктивлик саламатлығын және де беккемлеў бағдарында кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, 2017-2022-жыллары аналар өлимшилиги көресеткиши 1,5 есеге, нәрестелер өлими болса 1,3 есеге азайыўына ерисилди.

Аз ушырасатуғын (орфан) ҳәм басқа да расалық-генетикалық кеселликлерге шатылған балаларды бийпул дәри қураллары, медициналық әсбап-үскенелер ҳәм арнаўлы азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеў енгизилип, оларға медициналық ҳәм социаллық жәрдем көрсетиў көлеми кеңейтилди.

Район (қала)лық медицина бирлеспелеринде балалар анестезиология-реанимация бөлимлери сондай-ақ, күни-түни қыстаўлы медициналық жәрдем көрсетиўши педиатрия постлары, сондай-ақ, поликлиникаларда балалар бөлимлери шөлкемлестирилди.

Барлық «медицина бригадалары» қурамына биргеликтеги педиатрия мийирбийкеси ҳәм акушер  штатлары ажыратылды. Балалар, ҳәмиледар ҳәм туўыў жасындағы ҳаялларды зәрүр витамин комплекслери, йод препараты, темир ҳәм фолий кислотасы менен бийпул тәмийинлеў енгизилди.

Халықтың репродуктивлик саламатлығын беккемлеў, аналар ҳәм балалар саламатлығын қорғаў, медицина мәкемелериниң нәтийжели басқарыў системасын жаратыў мақсетинде:

  1. Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң 2023-жыл 1-октябрьден баслап:

Республикалық қәнигелестирилген акушерлик ҳәм гинекология илимий-әмелий медицина орайы, Республикалық халықтың репродуктивлик саламатлығы орайы, Республикалық «Ана ҳәм бала скрининг» орайы тийкарында Республикалық қәнигелестирилген ана ҳәм бала саламатлығы илимий-әмелий медицина орайын (кейинги орынларда – Орай);

аймақлық перинатал, халықтың репродуктивлик саламатлығы сондай-ақ, «Ана ҳәм бала скрининг» орайлары тийкарында Орайдың 14 аймақлық филиалларын шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысларына келисим берилсин.

  1. Төмендегилерди нәзерде тутыўшы аналар саламатлығын қорғаўдың жетилистирилген медициналық профилактика ҳәм патронаж системасы енгизилсин:

а) басланғыш медициналық-санитариялық жәрдем мәкемелеринде «медицина бригадалары»:

өзлерине бириктирилген аймақларда ҳәмиледар ҳаялларды анықлайды, оларды есапқа алыў ҳәм күнделикли тексериўден өтиўин шөлкемлестиреди;

район (қала)лық көп тармақлы орайлық поликлиникаларының «Ҳаял-қызлар мәсләҳәтханасы» бөлими менен биргеликте ҳәмиледар ҳаяллардың жағдайын турақлы мониторинг етип барады ҳәм қәўипли факторлары анықланғанда Орайдың аймақлық филиалларына жибереди;

туўыўдан кейинги дәўирде ана ҳәм баланың күнделикли патронажын алып барады ҳәм қәлемеген ҳәмиледарлықтың алдын алыў илажларын көреди;

репродуктивлик жастағы халық ҳәм ҳәмиледар ҳаяллар арасында медициналық мәденият, кеселликлер профилактикасы ҳәм саламат шаңарақты режелестириў бойынша үгит-нәсиятлаў жумысларын алып барады;

б) Орайдың Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласындағы аймақлық филиаллары:

қәўипли факторлары анықланған ҳаялларды медициналық тексериўден өткереди, оларды емлейди ҳәм зәрүр жағдайларда республика дәрежесиндеги медицина мәкемелерине бағдарлайды;

некелениўшилер, ҳәмиледар ҳәм туўыў жасындағы ҳаяллар ҳәм нәрестелерди молекуляр медициналық-генетикалық тексериўлерден өткереди;

расалық кеселликлер анықланған балаларды арнаўлы дәри қураллары ҳәм азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлейди;

саламат шаңарақты режелестириў ҳәм қәлемеген ҳәмиледарлықтың алдын алыў илажларын әмелге асырады;

в) Республикалық перинатал орайы:

ерте туўыў қәўпи болған ҳәмиледарларға, сондай-ақ, мүддетине жетпестен (22-28 ҳәптелик) туўылған нәрестелерге барлық түрдеги медициналық хызметлер көрсетеди;

айрықша медициналық көрсетпелерге тийкарланып ҳәмиледар ҳәм нәрестелерге Орайдың аймақлық филиалларында консультатив жәрдем береди сондай-ақ, зәрүр жағдайларда оларға медициналық стационар жәрдем көрсетеди;

г) Орай:

республикалық, аймақлық медицина мәкемелери ҳәм район (қала)лық медицина бирлеспелеринде ҳәмиледар ҳаяллар ҳәм жаңа туўылған балалар скрининги, сондай-ақ, репродуктивлик жастағы халық арасында экстрагентал, туўма ҳәм расалық кеселликлер профилактикасы, диагностикасы, емлеў ҳәм реабилитациясы бойынша қәнигелестирилген ҳәм жоқары технологиялық диагностика ҳәм емлеў әмелиятларын енгизеди;

акушерлик-гинекология, медициналық-генетикалық мәсләҳәт, саламат шаңарақты режелестириў, молекуляр-генетикалық тексериў, пластикалық ҳәм эстетикалық гинекология, жәрдемши репродуктивлик технологиялар хызметлерин қурайды ҳәм бул бағдардағы жумысларды муўапықластырады;

репродуктивлик жастағы халық, ҳәмиледар ҳаяллар ҳәм жаңа туўылған балаларға маман медициналық хызмет көрсете алатуғын кадрлар таярлаў ҳәм қайта таярлаўда қатнасады;

репродуктивлик жастағы халық, ҳәмиледар ҳаяллар, жаңа туўылған балалар кеселликлери бойынша фундаменталь, әмелий ҳәм инновациялық илимий излениў ҳәм изертлеўлер алып барыў, олардың нәтийжелерин кеңнен енгизиў бойынша усыныслар ислеп шығады;

жас өспиримлер арасында репродуктивлик ағзалар патологиясының алдын алыў бойынша медициналық-профилактикалық илажларын шөлкемлестиреди;

сырт ел илимий-изертлеў медицина орайлары, клиника ҳәм билимлендириў мәкемелери менен биргеликте биргеликтеги илимий жойбарларды әмелге асырады;

саламат шаңарақты қәлиплестириў, аналар ҳәм балалар саламатлығын қорғаўда алдыңғы усыллар ҳәм технологияларды жолға қойыў, туўма ҳәм расалық кеселликлерди ерте пренатал ҳәм неонатал дәўирде анықлаў, балалар өлими ҳәм туўма майыплықтың алдын алыў илажларын көреди.

Денсаўлықты сақлаў министрлиги 2023-жыл 1-октябрьден баслап басланғыш медициналық-санитариялық жәрдем мәкемелериниң қәнигелерин енгизилип атырған жаңа система бойынша оқытыўды шөлкемлестирсин.

  1. Орай Республикалық халықтың репродуктивлик саламатлығы орайы, Республикалық «Ана ҳәм бала скрининг» орайы сондай-ақ, Республикалық қәнигелестирилген акушерлик ҳәм гинекология илимий-әмелий медицина орайының;

Орайдың аймақлық филиаллары тийислисинше аймақлық перинатал, халықтың репродуктивлик саламатлығы сондай-ақ, «Ана ҳәм бала скрининг» орайларының барлық ҳуқықлары, миннетлемелери ҳәм шәртнамалары бойынша ҳуқықый мийрасхоры болып есапланатуғыны;

б) Орай ҳәм оның аймақлық филиаллары туўыўға жәрдемлесиў тараўындағы медицина мәкемелериниң жумысына методикалық жақтан басшылық ететуғыны;

в) жаңадан шөлкемлестирилип атырған Орай қурамындағы халықтың репродуктивлик саламатлығы ҳәм Республикалық «Ана ҳәм бала скрининг» орайы ушын әмелде белгиленген қаржыландырыў тәртиби сақлап қалынатуғыны;

г) Орайдың электрон гезек тийкарында емлениўге қаратылатуғын ҳәм жеңиллетилген категорияға кириўши наўқасларды емлеў қәрежетлери Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры арқалы қаплап берилетуғыны белгиленсин.

  1. Төмендегилер:

Аналар ҳәм балалар сондай-ақ, халықтың репродуктивлик саламатлығын қорғаў хызметин және де раўажландырыў бойынша илажлар бағдарламасы 1-қосымшаға муўапық;

2023-2027-жыллары балаларда туўма ҳәм расалық кеселликлерди ерте анықлаў бағдарламасы 2-қосымшаға муўапық;

2023-2027-жыллары туўыў комплекслеринде қосымша киргизилетуғын туўыў орынларының саны 3-қосымшаға муўапық;

Аймақлық медициналық мәкемелер ушын салып алыныўы режелестирилген медициналық үскенелердиң бөлистирилиўи 4, 4а-4о-қосымшаларына муўапық тастыйықлансын.

  1. Аймақларда аналар ҳәм балалар саламатлығын қорғаў, халықтың репродуктивлик саламатлығын беккемлеў илажлары бағдарламасын әмелге асырыў бойынша айрықша «жол карталары» тастыйықланғанлығы мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлерине «жол карталары»нда белгиленген илажларды өз ўақтында ҳәм нәтийжели орынлаў бойынша жеке жуўапкершилик жүкленсин.

  1. Денсаўлықты сақлаў министрлиги 2024-жыл 1-сентябрьге шекем Орайда заманагөй ҳәм халықаралық стандартларға жуўап беретуғын ең алдыңғы диагностика ҳәм емлеў стандартларын әмелиятқа енгизип, жәрдемши репродуктивлик технологиялар усылларын жолға қойсын.
  2. Орай жәрдемши репродуктивлик технологиялар усылларын қолланыў бойынша заманагөй клиникалық протоколлар ҳәм стандартлар ислеп шығатуғыны ҳәм усы бағдардағы барлық медицина шөлкемлериниң жумысын методикалық жақтан муўапықластыратуғыны;

2024-жыл 1-октябрьден баслап ҳәр жылы 100 ге шекем жеңиллетилген категорияға кириўши шахсларға мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес медицина шөлкемлери тәрепинен жәрдемши репродуктивлик технологиялар усыллары табыслы қолланылғанда бул әмелиятты әмелге асырыўға байланыслы қәрежетлер Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры арқалы қаплап берилетуғыны белгилеп қойылсын.

Денсаўлықты сақлаў министрлиги үш ай мүддетте нәсилсизлик себепли перзентсиз болған шаңарақларға, соның ишинде, жеңиллетилген категорияға кириўши шахсларға жәрдемши репродуктивлик технологиялар усылларын қолланыў тәртибин Министрлер Кабинетине киргизсин.

  1. Денсаўлықты сақлаў министрлиги Өзбекстан Миллий телерадиокмпаниясы менен биргеликте саламат шаңарақты қәлиплестириў, аналар ҳәм балалар саламатлығын қорғаў, туўма ҳәм расалық кеселликлерди ерте пренатал ҳәм неонатал дәўирде анықлаў, балалар өлими ҳәм туўма майыплықты азайтыў, туўма ҳәм расалық кеселликлерге шатылған балалар туўылыўының алдын алыўдың әҳмийети ҳәм зәрүрлиги ҳаққында халық арасында кеңнен түсиник жумысларын шөлкемлестириў илажларын көрсин.
  2. Төмендегилер 2026-жыл 1-январьға шекем бажыхана бажысынан азат етилсин:

усы қарарға 1 ҳәм 2-қосымшаларға муўапық тастыйықланған бағдарламалар шеңберинде Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм «Саламат әўлад ушын» ҳүкиметке қараслы болмаған халықаралық қайырқомлық фонды тәрепинен Өзбекстанда ислеп шығарылмайтуғын, белгиленген тәртипте тастыйықланған дизим бойынша шеттен алып кирилетуғын жоқары технологиялық диагностика медицина үскенелери, комплектлеўши буйымлар, реагентлер, зәрүр материаллар, дәри қураллары ҳәм балалар ушын арнаўлы азық-аўқат өнимлери;

фенилкетонурияға шатылған балалар ушын Өзбекстан Республикасында ислеп шығарылмайтуғын арнаўлы азық-аўқат өнимлери.

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым қарарларына 5-қосымшаға муўапық өзгерислер киргизилсин.
  2. Денсаўлықты сақлаў министрлиги мәпдар министрлик ҳәм уйымлар менен биргеликте бир ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  3. Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип денсаўлықты сақлаў министри А.Ш.Иноятов ҳәм денсаўлықты сақлаў министриниң орынбасары И.Э.Боситханова белгиленсин.

Қарардың орынланыўын додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Ариповқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                       Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2023-жыл 8-сентябрь