Өзбекистан Республикасы Президентиниң қарары

Олимпиада ҳәм Паралимпия, Азия ойынларында және жәҳән чемпионатларында жоқары нәтийжелерге ерискен, абыройлы халықаралық спорт жарысларында Ўатанымыздың байрағын бәлент көтерип киятырған спортшылар менен олардың тренерлерин хошаметлеў, жас әўладты ўатанды сүйиўшилик руўхында тәрбиялаўда олардың бай турмыслық тәжирийбеси менен потенциалынан кеңнен пайдаланыў, халықаралық спорт байланысларын буннан былай да беккемлеў, дүньяда Өзбекистанның абыройын буннан былай да арттырыў мақсетинде:

  1. Өзбекистан Республикасы Денетәрбиясы ҳәм спорт бойынша мәмлекетлик комитети Өзбекистан жаслар аўқамы, Миллий олимпиада комитети, спорт федерациялары (ассоциациялар) менен биргеликте бир ай мүддетте Өзбекистанның белгили спортшыларын денетәрбиясын ҳәм спорт саласын басқарыўға белсенди көмеклесиўге, жәмийетлик ҳәм спорт жумысларына басқышпа-басқыш тартыўға байланыслы «Үлкен спорттан соңғы жумыс» ҳәрекетлер бағдарламасын ислеп шықсын ҳәм тастыйықлаў ушын Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин.
  2. 2018-жыл 1-январдан баслап абыройлы халықаралық спорт жарысларында жоқары нәтийжелерге ерискен Өзбекистан спортшыларына төленетуғын айлық төлемлер ҳәм олардың тренерлерине берилетуғын бир мәртелик ақшалай сыйлықлар менен хошаметлеўдиң муғдарлары қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  3. Өзбекистан Республикасы Қаржы министрлиги абыройлы халықаралық спорт жарысларында жоқары нәтийжелерге ерискен Өзбекистан спортшыларына төленетуғын айлық төлемлер ҳәм олардың тренерлерине берилетуғын бир мәртелик ақшалай сыйлықлар менен хошаметлеў Өзбекистан Республикасы Дене тәрбиясы ҳәм спорт бойынша мәмлекетлик комитетиниң тийисли жыл ушын Спорт ҳәм ғалабалық денетәрбиясы илажларының календарь режесинде усы мақсетлер ушын нәзерде тутылған қаржылар есабынан төленетуғынын нәзерде тутсын.
  4. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық Олимпиада ҳәм Паралимпия ойынларының жеңимпазлары менен сыйлы орын ийелери жылына бир мәрте өзлери ушын мақул болған мүдддетте Өзбекистан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Өзбекистан Кәсиплик аўқамлары федерациясы, республика мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымларының санатория-саламатландырыў мәкемелеринде саламатландырыў курсынан бийпул пайдаланыў ҳуқықына ийе болады.
  5. Төмендегилер:

Олимпиада ҳәм Паралимпия ойынларында, абыройлы халықаралық спорт жарысларда жеңимпаз және сыйлы орын ийеси болған спортшылар ушын төленетуғын өмирлик айлық төлемлер ҳәм олардың тренерлерине берилетуғын бир мәртелик ақшалай сыйлықлар физикалық шахслардың дәраматларына салынатуғын дәрамат салығысыз әмелге асырылатуғыны;

Спорт ҳәм ғалабалық денетәрбия илажларының календарь режеси ушын Өзбекистан Республикасы Денетәрбиясы ҳәм спорт бойынша мәмлекетлик комитетине ажыратылатуғын Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қаржылары, Миллий олимпиада комитети қаржылары ҳәм нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер Өзбекистан спортшыларына төленетуғын айлық төлемлер ҳәм оларды санатория-саламатландырыў мәкемелерине жибериў жолламалары және жоқары шеберликтеги спортшыларды таярлаған тренерлерге бир мәртелик ақшалай сыйлықларды бериўдиң қаржыландырыў дәреклери есапланатуғыны;

абыройлы халықаралық спорт жарысларында жоқары нәтийжелерге ерискен Өзбекистан спортшыларына төленетуғын айлық төлемлер ҳәм олардың тренерлерине берилетуғын бир мәртелик ақшалай сыйлықлар менен хошаметлеў Өзбекистан Республикасында денетәрбиясын ҳәм ғалабалық спортты буннан былай да раўажландырыў бағдарламасының орынланыўын муўапықластырыўшы  Республикалық комииссия (А.Н.Арипов) тәрепинен көрип шығылатуғыны ҳәм усынысқа бола Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетиниң бийлигине тийкарланып әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети:

еки ай мүддетте Олимпиада  ҳәм Паралимпия ойынларының жеңимпазлары менен сыйлы орын ийелери ушын төленетуғын өмирлик айлық төлемлер ҳәм жоқары шеберликтеги спортшыларды таярлаған тренерлерге төленетуғын бир мәртелик ақшалай сыйлықларды бериў тәртиби ҳаққындағы ҳәм Олимпиада ҳәм Паралимпия ойынлары жеңимпазлары менен сыйлы орын ийелелериниң саламатлығын санатория-саламатландырыў мәкемелеринде беккемлеў тәртиби ҳаққындағы режелерди ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын;

еки ай мүддетте Өзбекистаның жоқары маманлықтағы спорт қәнигелерин ҳәм белгили спортшы ўатанласларымызды елимизге шет еллерден алып келиў, оларды денетәрбиясын ҳәм ғалабалық спортты буннан былай да раўажландырыў жумысларына тартыў, оларға зәрүр шараятлар жаратыў, мийнетин материаллық жақтан хошаметлеў илажлары бағдарламасын таярласын;

үш ай мүддетте Олимпиада ҳәм Азия ойынларының, жәҳән ҳәм Азия чемпионатларының, елимиздиң абыройлы спорт жарысларының жеңимпаз ҳәм сыйлы орынды ийелеген спортшылары тренерлик жумысы менен шуғылланыўы ушын Денетәрбиясы ҳәм спорт бойынша қәнигелерди илимий-методикалық тәмийинлеў, қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў орайында олар ушын 3 ҳәм 6 айлық қысқа мүддетли арнаўлы оқыў курсларын шөлкемлестирсин;

үш ай мүддетте Тренерлик жумысы менен шуғылланыў бойынша аттестациядан өткериў бойынша Республикалық комиссия тәрепинен арнаўлы оқыў курсларын питкерген Өзбекистанның белгили спортшыларына тренерлик жумысы менен шуғылланыўы ушын жеңилликли түрде руқсат бериў тәртибин енгизсин;

еки ай мүддетте Өзбекистаның атақлы спортшыларын жеке меншик спорт мәкемелерин шөлкемлестириўге көмеклесиў, бириктирилетуғын қәўендер шөлкемлердиң әмелий жәрдем бериў түрлери (имарат ҳәм объектлерден бийпул пайдаланыў, қаржылар ҳәм спорт әнжамлары менен тәмийинлеў ҳ.т.б.) бойынша усыныслары менен басламаларын қоллап-қуўатлаў механизмин белгилейтуғын системаны жаратыў бойынша илажлар көрсин;

бир ай мүддетте Республикалық жоқары спорт шеберлик мектеплери, қәнигелестирилген балалар-жас өспиримлер спорт мектеплеринде ҳәм Республикалық спорт мектеплеринде «Спортшы» лаўазымын енгизиў, оларға айлық мийнет ҳақы ҳәм үстемелер белгилеўди өз ишине алған Ҳүкиметлик қарарды қабыл етсин.

  1. Өзбекистан Республикасы Денетәрбиясы ҳәм спорт бойынша мәмлекетлик комитети, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги еки ай мүддетте Өзбекистан мәмлекетлик денетәрбиясы институтында 2018/2019 оқыў жылынан баслап сыртқы бөлимди шөлкемлестириў бойынша усынысларды Министрлер Кабинетине киргизсин.
  2. Олимпиада ойынларында жеңимпаз ҳәм сыйлы орынға ийе болған спортшылар жеке меншик спорт мәкемелелерин шөлкемлестириўи ушын Өзбекистан Республикасы Денетәрбиясы ҳәм спорт бойынша мәмлекетлик комитетиниң усынысына тийкарланып:

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери, Өзбекистан Республикасы Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети спорт бағдарындағы жумысты сақлап қалыў шәрти менен, орнатылған тәртипте «ноль»лик баҳасында бос имаратлар менен объектлердиң берилиўин ҳәм халық тығыз жайласқан аймақлардан жер участкалары ажыратылыўын тәмийинлесин;

коммерциялық банклер тәрепинен жеңилликли ҳәм узақ мүддетли кредитлердиң ажыратылыўы усыныс етилсин.

  1. Өзбекистан Республикасы Денетәрбиясы ҳәм спорт бойынша мәмлекетлик комитети Өзбекистан жаслар аўқамы, Миллий олимпиада комитети, спорт түрлери бойынша федерациялар (ассоциациялар) менен биргеликте бир ай мүддетте Олимпиада ҳәм Паралимпия, Азия ойынлары және жәҳән чемпионатлары жеңимпазлары менен сыйлы орын ийелериниң бай турмыслық тәжирийбеси менен потенциалынан кеңнен пайдаланыў, оларды жас әўладты ўатанды сүйиўшилик руўхында тәрбиялаў процесслерине белсенди тартыў, халықаралық спорт шөлкемлери менен байланысларды буннан былай да беккемлеў, дүньяда Өзбекистанның абыройын буннан былай да арттырыўда олардың ролин күшейтиў бойынша биргеликтеги комплексли илажларды тастыйықласын.
  2. Өзбекистан Баспасөз ҳәм хабар агентлиги Денетәрбиясы ҳәм спорт бойынша мәмлекетлик комитети, Өзбекитстан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекистан электрон ғалаба мәлимлеме қураллары милий ассоциациясы, Өзбекистан Миллий мәлимлеме агентлиги, Миллий олимпиада комитети ҳәм басқа да мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте Олимпиада ҳәм Азия ойынларында, жәҳән ҳәм Азия чемпионатларында жеңимпаз ҳәм сыйлы орынға ийе болған Өзбекистан спортшыларының қатнасыўындағы реклама өнимлерин жеңилликли орналастырыў тәртибин ислеп шықсын ҳәм 2018-жыл 1-январьдан енгизилиўин тәмийинлесин.
  3. Өзбекистан Республикасы Денетәрбиясы ҳәм спорт бойынша мәмлекетлик комитети мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте еки ай мүддетте Өзбекистанның талантлы спортшыларын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў, жетекши шет ел спорт мәкемелеринде шәртнама тийкарында маманлығын арттырыўын шөлкемлестириў, халықаралық спорт байланысларын беккемлеў мақсетинде «Өзбекистан спорт агентлери ҳәм селекционерлери ассоциациясы»н шөлкемлестириў ҳәм оның жумысы ушын зәрүр шараятлар жаратыўға байланыслы барлық мәселелердиң шешилиўин тәмийинлесин.
  4. Өзбекистан Республикасы Мәлимлеме технологияларын ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги, Өзбекистан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекистан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекистан Баспасөз ҳәм хабар агентлиги жоқары шеберликтеги спортшылардың ҳәм олардың тренерлериниң жумысын және ерискен табысларын жас әўладқа өрнек етип көрсетиў мақсетинде баспа ҳәм электрон ғалаба хабар қуралларында, соның ишинде, Интернет жәҳән мәлимлеме тармағы арқалы халық арасында турақлы ҳәм кеңнен сәўлелениўин тәмийинлесин.
  5. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекистан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекистан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик кеңесгөйи А.Н.Юнусходжаевқа жүкленсин.

     Өзбекистан Республикасы

            Президенти                                               Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2017-жыл 10-август

***

 

 

Өзбекистан Республикасы  Президентиниң «Абыройлы халықаралық спорт жарысларында жоқары нәтийжелерге ерискен Өзбекистан спортшыларын жәмийетлик ҳәм спорт жумысларына кеңнен тартыў және спортшыларды ҳәм олардың тренерлерин хошаметлеў ҳаққында»ғы  қарарына

ТҮСИНИК

Ғәрезсизлик жылларында Өзбекистан миллий сайланды командалары спортшыларының Олимпиада ҳәм Азия ойынларында, жәҳән ҳәм Азия чемпионатларында және халықаралық жарысларда жоқары нәтийжелерди қолға киргизиўи, дүньяда Өзбекистанның абырой-мәртебеси, спорт потенциалы менен табысларының системалы түрде артып барыўын тәмийинлеўге бағдарланған кең көлемли жумыслар әмелге асырылды.

Елимизде жаслар арасында барған сайын ғалаба ен жайып атырған «Үмит нәлшелери», «Бәркамал әўлад», Универсиада спорт жарысларын өзинде жәмлеген үш басқыштан ибарат бир пүтин система жаратылды. Бул система арқалы абыройлы халықаралық майданларда Ўатанымыздың байрағын бәлент көтерип киятырған белгили спортшылар жетилисип шықпақта.

Бүгинги күнде жоқары маманлықтағы спортшыларды таярлаўда машақатлы мийнет пенен үлкен күштиң талап етилиўин инабатқа алған ҳалда спортшылардың өз шеберликлерин турақлы арттырып барыўы, физикалық ҳәм руўхый жақтан жетиклигин тәмийинлеў менен бирге, оларды социаллық қорғаў және материаллық жақтан қоллап-қуўатлаў системасын жетилистирип барыў зәрүр.

Усы саладағы бар кемшиликлерди шешиў мақсетинде Өзбекистан Республикасы  Президентиниң «Абыройлы халықаралық спорт жарысларында жоқары нәтийжелерге ерискен Өзбекистан спортшыларын жәмийетлик ҳәм спорт жумысларына кеңнен тартыў және спортшыларды ҳәм олардың тренерлерин хошаметлеў ҳаққында»ғы  қарары қабыл етилди.

Усы қарарға муўапық кең көлемдеги анық мақсетли жумыслар әмелге асырылыўы нәзерде тутылған.

Соның ишинде, Өзбекистанның белгили спортшыларын денетәрбиясы ҳәм спорт саласын басқарыўға белсенди көмеклесиўге, жәмийетлик ҳәм спорт жумысларына басқышпа-басқыш тартыўға байланыслы «Үлкен спорттан соңғы жумыс» ҳәрекетлер бағдарламасы ислеп шығылыўы белгиленген.

Абыройлы халықаралық спорт жарысларында жоқары нәтийжелерге ерискен Өзбекистан спортшыларына төленетуғын айлық төлемлер ҳәм олардың тренерлерин бир мәртелик ақшалай сыйлықлар менен хошаметлеў муғдарлары белгиленген. Сондай-ақ, Олимпиада ҳәм Паралимпия ойынларында, абыройлы халықаралық спорт жарысларында жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелеген спортшылар ушын өмирлик төленетуғын айлық төлемлер ҳәм олардың тренерлерине берилетуғын бир мәртелик ақшалай сыйлықлар физикалық шахслардың дәрәматларына салынатуғын дәрамат салығысыз әмелге асырылыўы нәзерде тутылған.

Жоқары шеберликтеги спортшылар үзликсиз түрде оқыў-шынығыў процесинде болыўын тәмийинлеў мақсетинде 2018/2019 оқыў жылынан баслап Өзбекистан мәмлекетлик денетәрбиясы институтында сыртқы бөлим ашыў бойынша анық усыныс киргизиў белгиленди. Бул, өз гезегинде, спортшыларға шынығыў ҳәм жарысларға байланыслы жумысларынан ажыралмаған ҳалда билим алыўына және денетәрбиясы ҳәм спорт салаларындағы билимин арттырыўға ҳәм келешекте тренерлер қатарына қосылыўына имканият жаратады.

Қарарға муўапық, Олимпиада ҳәм Паралимпия ойынларының жеңимпазлары менен сыйлы орын ийелери жылына бир мәрте өзлери ушын мақул болған мүддетте санатория-саламатландырыў мәкемелеринде саламатландырыў курсынан бийпул пайдаланыў ҳуқықына ийе болады.

Олимпиада ҳәм Азия ойынларының, жәҳән ҳәм Азия чемпионатларының, елимиздиң абыройлы спорт жарысларының жеңимпаз ҳәм сыйлы орынды ийелеген спортшыларының тренерлик жумысы менен шуғылланыўы ушын Денетәрбиясы ҳәм спорт бойынша қәнигелерди илимий-методикалық тәмийинлеў, қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў орайында 3 ҳәм 6 айлық қысқа мүддетли арнаўлы оқыў курсларының  шөлкемлестирилиўи ҳәм Өзбекистанның белгили спортшыларына тренерлик жумысы менен шуғылланыўы ушын жеңилликли түрде рухсат бериў тәртиби енгизилиўи нәзерде тутылған.

Өзбекистанның белгили спортшыларына жеке меншик спорт мәкемелерин қурып, өзлериниң шеберлик мектеплериниң жумысын кеңнен жолға қойыў имканиятын жаратыў мақсетинде оларға «ноль»лик баҳасындағы имаратларды бериў, жер ҳәм банклерден кредитлер ажыратыў, басқа да жеңилликлер бериў бойынша зәрүр илажлар көриў белгиленди.

Усы қарар Өзбекистанда спортшылар менен тренерлерди материалық жақтан хошаметлеў системасын буннан былай да жетилистириў, дүньяға белгили спортшыларымызға жеке меншик спорт мәкемелерин ашыў жолы менен абыройлы халықаралық жарысларда табыслы қатнасатуғын спортшылардың резервин таярлаўда мүнәсип үлесин қосыўға имканият жаратады.

Қарар шеңберинде белгиленген илажлардың әмелге асырылыўы денетәрбия ҳәм ғалабалық спорттың жәмийетлик турмыстағы ролин буннан былай да күшейтиў, спорт жарысларында жоқары нәтийжелерге ерискен Өзбекистан спортшыларын жәмийетлик ҳәм спорт жумысларына кеңнен тартыў және спортшылар менен олардың тренерлериниң мийнетин мүнәсип хошаметлеў, қалаберсе, абыройлы халықаралық майданларда Ўатанымыздың байрағын бәлент көтерип киятырған белгили спортшыларымыздың қатарын барған сайын кеңейтиўге хызмет етеди.