Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы
Елимизде аўыл ҳәм суў хожалығын раўажландырыў ушын зәрүр экономикалық ҳәм шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый тийкарлар жаратыў бойынша кең көлемли жумыслар алып барылмақта. Структуралық өзгерислерди әмелге асырыў ҳәм базар қатнасықлары механизмлерин енгизиўде фермер хожалықлары ушын қосымша шараятлар жаратыўға айрықша итибар қаратылмақта.
Аўыл хожалығы тармағының жедел раўажланыўы, өз гезегинде, суў ресурсларынан тутыныўдың артып барыўына алып келеди, бул жағдай жүзеге келип атырған бийәдеплик ҳәм қәўип-қәтерлерге өз ўақтында илажлар көрилмеген жағдайда, елимиздиң азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеўге унамсыз тәсир етиўи мүмкин.
Аўыл ҳәм суў хожалығы басқармасы тараўында узақ ўақыт даўамында шешилмей киятырған системалы машқалалардың бар екенлиги бул жағдайды және де күшейтпекте, соның ишинде:
бириншиден, азық-аўқат қәўипсизлигин ўәкилликли уйымлардың өз-ара бирге ислесиўиниң тәсиршең механизмисиз тәртипсиз жағдайда режелестириў ҳәм тәмийинлеў қабыл етилип атырған қарарлар және анық нәтийжелерге ерисиў ушын жуўапкершиликтиң төменлеўине алып келмекте;
екншиден, аўыл ҳәм суў хожалығында узақ мүддетли пуқта сиясаттың қәлиплестирилмегенлиги себепли бул тараўларды және де раўажландырыўдың анық бағдарлары белгиленбеген;
үшиншиден, жүзеге келип атырған машқалалар бойынша жедел қарарлар қабыл етиўде ўәкилликли уйымлардың нәтийжели муўапықластырыўшы роли ҳәм инталылығы жоқ;
төртиншиден, жуўапкер ведомстволар тәрепинен исенимли мәлимлемени топлаў, талқылаў ҳәм алмасыў механизминиң дурыс жолға қойылмағанлығы себепли өзлерине жүкленген ўазыйпалар нәтийжесиз әмелге асырылмақта;
бесиншиден, аўыл хожалығы, азық-аўқат қәўипсизлиги ҳәм суўдан пайдаланыў тараўларында еркин қадағалаў жоқ, соның нәтийжесинде тармақларды модернизациялаў ҳәм техникалық тәмийинлеў жумысларына жетерлише итибар қаратылмай атыр, инновациялық технологияларды ҳәм қолланбаларды енгизиў дәрежеси төменлигинше қалмақта.
Аўыл хожалығы, азық-аўқат қәўипсизлиги ҳәм суўдан пайдаланыў тараўларында ҳақыйқый жағдайды ҳәм раўажланыў преспективаларын терең талқылаў тийкарында оларды стратегиялық режелестириў сиясаты бойынша тәсиршең жумысларды жолға қойыў, бул бағдарлар бойынша басқарыў системасын түп-тийкарынан жетилистириў мақсетинде, сондай-ақ, 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында ҳәм Өзбекстан Республикасында Ҳәкимшилик реформалар концепциясында белгиленген ўазыйпаларға муўапық:
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 12-февральдағы «Аўыл ҳәм суў хожалығы мәмлекетлик басқарыў системасын түп-тийкарынан жетилистириў бойынша шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы ПП-5330-санлы Пәрманына муўапық Өзбекстан Республикасы Аўыл ҳәм суў хожалығы министрлиги тийкарында Аўыл хожалығы министрлиги ҳәм Суў хожалығы министрлиги шөлкемлестиргенлиги мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- Төмендегилер Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлигиниң тийкарғы ўазыйпалары ҳәм жумыс бағдарлары етип белгиленсин:
аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат қәўипсизлиги тараўында тармақты комплексли модернизациялаўға, аўыл хожалығында илим ҳәм техниканың жетискенликлерин, ресурсларды үнемлейтуғын заманагөй ҳәм интенсив агротехнологияларды, алдынғы тәжирийбелерди енгизиўге бағдарланған бирден-бир сиясатты әмелге асырыў;
Өзбекстан Республикасы азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў тараўында мәмлекетлик уйымлар, хожалық басқарыў уйымлары ҳәм басқа да шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў;
бәсекиге шыдамлы өнимлерди ислеп шығарыў арқалы экономика тармақларының экспорт потенциалын арттырыў, базар конъюнктурасы бойынша терең маркетинг изертлеўлерди өткериў, шет ел инвестицияларын ҳәм бийғәрез техникалық көмек қаржыларын (грантлар) тартыў;
халықты жыл даўамында ҳәм үзликсиз түрде турақлы баҳаларда тәмийинлеў ушын зәрүр болған көлемде аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат өнимлери резервин қәлиплестириўди шөлкемлестириў;
аўыл хожалығы өнимлерин терең қайта ислеў, мәмлекетлик-жеке меншик шериклиги механизмлерин жетилистириў, сондай-ақ, аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыўда исбилерменлик субъектлериниң қатнасын хошаметлеўди тәмийинлеў;
аўыл хожалығын избе-из ҳәм турақлы раўажландырыў, елимиздиң азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў, аўыл халқының бәнтлик дәрежесин ҳәм дәраматларын арттырыў, ишки базарда азық-аўқат өнимлери баҳаларының турақлы дәрежесин сақлап қалыўға бағдарланған комплексли мақсетли, тармақлық ҳәм аймақлық бағдарламаларды ислеп шығыў;
билимлендириў, илим ҳәм аўыл хожалығы өндирисин системалы тийкарда тығыз интеграциялаўды, аўыл хожалығы тармақларының жоқары маман тараў қәнигелерине болған ағымдағы ҳәм перспективадағы талапларын есапқа ала отырып, кадрлар таярлаўды, қайта таярлаўды ҳәм олардың маманлығын арттырыўды тәмийинлеў.
- Төмендегилер Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министрлигиниң тийкарғы ўазыйпалары ҳәм жумыс бағдарлары етип белгиленсин:
суў ресурсларын басқарыў тараўында бирден-бир сиясатты әмелге асырыў, сондай-ақ, суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм оларды қорғаў, суўлардың зыянлы тәсириниң алдын алыў және сапластырыў тараўында мәмлекетлик уйымлар, хожалық басқарыў уйымлары ҳәм басқа да шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў;
аймақларды ҳәм экономика тармақларын суў ресурслары менен турақлы және ақылға уғрас тәмийинлеў, жерлердиң мелиоративлик жағдайының жақсыланыўын ҳәм турақлылығын тәмийинлеў бойынша илажлар көриў;
ирригация ҳәм мелиорация системалары, суў сақлағышлар, насос станциялары ҳәм басқа да суў хожалығы және гидротехника қурылмаларының исенимли жумыс ислеўин тәмийинлеў, суў хожалығының ири ҳәм оғада әҳмийетли объектлериниң қорғалыўын шөлкемлестириў;
суў ресурсларынан үнемли ҳәм ақылға уғрас пайдаланыў ушын суўдан пайдаланыўшылар ҳәм суў тутыныўшыларының жуўапкершилигин арттырыў, олардың суўдан пайдаланыў мәдениятын жоқарылатыў;
суў хожалығы тараўында илим ҳәм техниканың жетискенликлерин, заманагөй суўды үнемлейтуғын технологияларды, алдынғы тәжирийбелерди, суў хожалығын ҳәм суўдан пайдаланыўды басқарыў системасында инновациялық усылларды енгизиў;
суў хожалығы тараўында қәнигелердиң маманлығын арттырыў системасын шөлкемлестириў, суў хожалығы шөлкемлери менен билимлендириў ҳәм илимий мәкемелер арасындағы интеграцияны күшейтиў, илим жетискенликлерин әмелиятқа енгизиў илажларын көриў;
трансшегаралық суў ресурсларын басқарыў ҳәм олардан пайдаланыў бойынша мәмлекетлераралық қатнасықларды раўажландырыў, шет ел инвестицияларын ҳәм техникалық көмек қаржыларын (грантлар) тартыў, сондай-ақ. суў хожалығы тараўындағы халықаралық шөлкемлердиң жумысында белсене қатнасыў.
- Төмендегилер:
агросанаат комплекси ҳәм азық-аўқат қәўипсизлиги жағдайы, усы тараўда нызам ҳүжжетлери және нормативлик ҳүжжетлер талапларының орынланыўы үстинен қадағалаўды әмелге асырыў ушын жуўапкер болған Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Агросанаат комплекси ҳәм азық-аўқат қәўипсизлиги тәмийинлениўи үстинен қадағалаў инспекциясы (кейинги орынларда Инспекция деп аталады);
2018-жыл 1-июльден Аўыл хожалығы кәрханаларын структуралық қайта дүзиў агентлиги ҳәм Аўыл ҳәм суў хожалығында инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў бойынша орай негизинде жойбарлар, соның ишинде, инвестициялық жойбарларды ислеп шығыў және әмелге асырыўға көмеклесиў ушын жуўапкер болған, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң Инвестициялар, инновациялық раўажландырыў. еркин экономикалық ҳәм киши санаат зоналарының жумысын муўапықластырыў, туризм мәселелери комплекси қурамына киретуғын Агросанаат комплекси ҳәм азық-аўқат тәмийнаты тараўындағы жойбарларды әмелге асырыў агентлиги (кейинги орынларда Агентлик) шөлкемлестирилсин.
Агентлик аўыл хожалығы кәрханаларын структуралық қайта дүзиў агентлиги ҳәм Аўыл ҳәм суў хожалығында инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў бойынша орайдың ҳуқықлары, миннетлемелери ҳәм шәртнамалары бойынша ҳуқықый мийрасқоры есапланатуғыны мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- 2018-жыл 1-августтан төмендегилер:
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Мәмлекетлик дән инспекциясы;
Машина ҳәм әсбап-үскенелердиң техникалық жағдайын қадағалаў бас мәмлекетлик инспекциясы;
Шарўашылықта нәсилшилик жумыслары бас мәмлекетлик инспекциясы;
«Ўзсувназорат» республикалық суў инспекциясы;
«Ўздавуруғназоратмарказ» аўыл хожалығы егинлериниң туқымын сертификациялаў ҳәм сапасын қадағалаў мәмлекетлик орайы сапластырылсын.
Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги сапластырылып атырған ведомство ҳәм мәкемелердеги хызметкерлердиң бәнтлигин тәмийинлеўге көмеклессин.
- Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Инспекция менен биргеликте еки ай мүддетте машина ҳәм әсбап-үскенелердиң техникалық жағдайын қадағалаў бас мәмлекетлик инспекциясының ўазыйпалары менен функцияларын қайта бөлистириў бойынша Министрлер Кабинетине усыныс киргизсин.
- Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлиги, «Ўзпахтасаноат» АЖ ҳәм «Ўздонмаҳсулот» АК ның:
Пахта туқымгершилиги республикалық орайы ҳәм Масақлы дән егинлери туқымгершилиги республикалық орайы негизинде, туқымлар, соның ишинде, пахта ҳәм масақлы дән егинлери туқымларын таярлаў және олардан пайдаланыўдың бирден-бир ҳәм заманагөй системасын қәлиплестириў ушын жуўапкер болған Инновациялық раўажланыў министрлиги жанындағы Туқымгершиликти раўажландырыў орайын шөлкемлестириў;
туқым тарялаў бойынша қәнигелестирилген шөлкемлерде туқым алыў мақсетинде жетистирилген пахта ҳәм масақлы дән егинлерин кейин ала бөлек сақлаў шәрти менен қайта ислеў тәртибин енгизиў ҳаққындағы усыныслары қабыл етилсин.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети «Ўзпахтасаноат» АЖ ҳәм «Ўздонмаҳсулот» АК менен биргеликте еки ай мүддетте туқым таярлаў бойынша айрықша шөлкемлердиң, цех ҳәм қоймаханалардың пахта және масақлы дән егинлериниң туқымлары ушын қәнигелестирилиўин, сондай-ақ, оларды басқышпа-басқыш Туқымгершиликти раўажландырыў орайына бериў боынша усыныслар киргизилиўин тәмийинлесин.
Инспекция пахта ҳәм масақлы дән егинлери туқымгершилигиниң буйыртпасы, таярланыўы, айрықша қайта ислениўи ҳәм сақланыўы бойынша талапларға әмел етилиўи үстинен қатаң қадағалаўды тәмийинлесин.
- Аўыл ҳәм суў хожалығы министрлигиниң илимий-изертлеў мәкемелери берилген ҳалда, Өзбекстан аўыл хожалығы илимий-өндирислик орайы негизинде Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат тәмийнаты илимий-өндирислик орайы шөлкемлестирилсин.
Орай елимиздиң илимий-изертлеў ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелери тәрепинен аграр илими тараўында алып барылатуғын илимий-изертлеўлерди муўапықластырып баратуғыны белгилеп қойылсын.
Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлиги Бас прокуратура, Аўыл хожалығы министрлиги, Суў хожалығы министрлиги менен биргеликте үш ай мүддетте аўыл ҳәм суў хожалығы тараўындағы илимий-иезртлеў мәкемелериниң жумысын әҳмийетли бағдарлар бойынша жаңа идеяларды және қолланбаларды көрип шығыў зәрүрлигин инабатқа алған ҳалда жетилистириў бойынша Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Өзбекстан Республикасы Аўыл ҳәм суў хожалығы министрлигиниң материаллық-техникалық базасын раўажландырыў, инновациялық технологияларды енгизиў ҳәм хызметкерлерди хошаметлеў қоры негизинде:
Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги жанында Аўыл хожалығын раўажландырыў ҳәм азық-аўқат тәмийнаты қоры;
Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги жанында Суў хожалығын раўажландырыў қоры шөлкемлестирилсин;
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети бир ай мүддетте шөлкемлестирилип атырған қорлардың жумысын шөлкемлестириў тәртибин тастыйықласын.
- Аўыл ҳәм суў хожалығы мәмлекетлик басқарыў системасында жаңадан шөлкемлестирилип атырған ведомство ҳәм мәкемелердиң жумысын шөлкемлестириў бойынша Комиссия қосымшаға муўапық қурамда дүзилсин.
Комиссия (З.Т.Мирзаев);
сапластырылып атырған ведомство ҳәм мәкемелердиң, соның ишинде, Өзбекстан Республикасы Аўыл ҳәм суў хожалығы министрлигиниң мүлкин ҳәм ақша қаржыларын ақылға уғрас бөлистириў мақсетинде оларды хатлаўдан өткериўди.
усы Пәрманға муўапық ведомство ҳәм мәкемелерди сапластырыў, сондай-ақ, жаңадан шөлкемлестирилип атырған структуралардың материаллық-техникалық базасын жаратыў, олардың жымысын нәтийжели шөлкемлестириў ушын зәрүр болған компьютер техникасы, байланыс қураллары менен, соның ишинде, сапластырылып атырған ведомство ҳәм мәкемелердиң имаратларын және материаллық-техникалық базасын бериў арқалы үскенелеўге байланыслы илажларды шөлкемлестириўди;
жаңадан шөлкемлестирилип атырған ведомство ҳәм мәкемелерди, олардың аймақлық бөлимлерин жайластырыў, сондай-ақ, олардың жумысын шөлкемлестириўге байланыслы басқа да мәселелерди шешиўди;
жаңадан шөлкемлестирилип атырған ведомстволарды маман кадрлар менен, соның ишинде, сапластырылып атырған ведомстволар ҳәм мәкемелердиң хызметкерлери есабынан толықтырыўды белгиленген тәртипте тәмийинлесин.
- Усы Пәрманда нәзерде тутылған ведомство ҳәм мәкемелерди шөлкемлестириў Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги, Суў хожалығы министрлиги және сапластырылып атырған ведомстволар менен мәкемелердиң штат бирликлерин оптималластырыў есабынан әмелге асырылатуғыны мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- Өзбекстан Республикасында Ҳәкимшилик реформалар концепциясын әмелге асырыў бойынша Комиссия бир ай мүддетте жаңадан дүзилип атырған ведомстволар ҳәм мәкемелердиң жумысын шөлкемлестириў, сондай-ақ, олардың тийкарғы ўазыйпаларын, функцияларын ҳәм жумыс бағдарларын белгилеп бериў бойынша қарарлардың жойбарлары киргизилиў тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги, Суў хожалығы министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас прокуроры О.Б.Мурадовқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш. МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2018-жыл 17-апрель