Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Елимизде аўыл хожалығының жедел раўажланыўы ҳәм елимиздиң азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў имканиятын беретуғын аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыўшыларға механизация ҳәм сервис хызметлерин көрсетиў системасын жетилистириў бойынша комплексли илажлар әмелге асырылмақта.

2016-жылы аўыл хожалық техникасын ислеп шығарыў, жеткерип бериў ҳәм сервис хызметин көрсетиў және аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыўшыларға механизация хызметлерин көрсетиўдиң бирден-бир өз-ара байланыслы системасының жаратылыўы аўыл хожалығы кәрханаларын, «Өзагросервис» АЖ шөлкемлериниң сервис кәрханаларын ҳәм машина-трактор парклерин қайта үскенелеўди тәмийинлеў имканиятын берди.

Соның менен бирге, бул тараўда өткерилген таллаўлар, аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыўшыларға механизация ҳәм сервис хызметлерин көрсетиў системасында бир қатар системалы машқалалар сақланып атырғанын көрсетти. Олардың қатарында:

биринши, «Өзагротехсанаатхолдинг» АЖ, «Өзагросервис» АЖ ҳәм олардың қурамындағы кәрханалардың, атап айтқанда, машина-трактор парклериниң жуўмақлаўшы қаржы көрсеткишлери ҳәм жумысының нәтийжесиз шөлкемлестирилгени бул шөлкемлердиң жумысын ҳәм басқарыў системасын жетилистириў бойынша кешиктирип болмайтуғын илажлар көрилиўин талап етпекте;

екинши, исбилерменлик субъектлериниң машина-трактор парклериниң жумысына тартылмағаны оларды раўажландырыў ҳәм модернизациялаўдың нәтийжелигине кери тәсир етпекте;

үшинши, жеке тәртиптеги исбилерменлерге механизация ҳәм сервис хызметлерин көрсетиўшилер бойынша шеклеўлер усы хызметлер базарының жедел раўажланыўына ҳәм аўыл хожалығы жерлериниң зәрүр техника менен кең көлемде қамтып алыўына тосқынлық етпекте;

төртинши, механизация ҳәм сервис хызметлерин көрсететуғын шөлкемлердиң жумысын нәтийжели шөлкемлестириўде жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымлары мәпдарлығының төмен дәрежеде екени олардың қаржы турақлылығына кери тәсир етпекте;

бесинши, айырым лаўазымлы шахслардың механизация ҳәм сервис хызметлерин көрсететуғын исбилерменлик субъектлериниң жумысына араласыўлары жеке меншикке қол қатылмаслық кепилликлериниң бузылыўына ҳәм бул жумысты әмелге асырыўдағы тартымлылықтың төменлеўине алып келмекте;

алтыншы, агро техникалық илажларды шөлкемлестириўде айрықша көзқарастың жоқ екени, соның ишинде, аймақлардың өзине тәнлигинен келип шықпаўы, сондай-ақ, зүрәәтлилиги төмен жерлерде механизация хызметлерин көрсетиў тараўында мәмлекетлик қаржы көмегиниң жоқ екени машина-трактор парклеринде сезилерли дәрежеде қарыздарлықлар пайда болыўының тийкарғы себеплеринен бири болып қалмақта;

жетинши, аўыл хожалығы техникасы ҳәм оның аўысық бөлеклерине болған баҳаларды оптималластырыў, сондай-ақ, өз-ара мәпдарлық шәртлери тийкарында елимизге жаңа алдынғы ислеп шығарыўшыларды тартыў бағдарындағы жумыслардың зәрүр дәрежеде әмелге асырылмағаны механизация ҳәм сервис хызметлери базарының раўажланыўына тосқынлық етпекте, аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыўшылардың наразылығын келтирип шығармақта ҳәм машина-трактор парклери жумысының нәтийжелилигин төменлетпекте.

Аўыл хожалығы техникасынан пайдаланыўдың нәтийжелигин тәмийинлеў, аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыўшыларға көрсетилип атырған механизация ҳәм сервис хызметлерин көрсетиў дәрежесин ҳәм сапасын арттырыў мақсетинде:

  1. Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң Сыртқы саўда жумысын, экспорт потенциалын, машина қурылысы, автомобиль, электро техника, қорғаныў, пахтаны қайта ислеў санаатын, жеңил санаатты раўажландырыў, өнимлерди стандартластырыў мәселелери комплексиниң басшысына (Н.С.Отажоновқа) Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2016-жыл 17-ноябрьдеги ПҚ-2658-санлы «Өзагротехсанаатхолдинг» акционерлик жәмийетиниң жумысын шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы қарары 7-бәнтиниң «Автосанаат Агротехсервис» ЖШЖ ҳәм «Өзагросервис» АЖ машина-трактор парклери системасын оптималластырыў бөлими орынланбағаны қатаң көрсетип өтилсин.

«Өзагросервис» АЖ «Өзавтосанаат» АЖ ҳәм «Агробанк» АКБ менен биргеликте еки ай мүддетте «Автосанаат Агротехсервис» ЖШЖ ҳәм «Өзагросервис» АЖ машина-трактор парклери системасын оптималластырыў бойынша ҳүкиметлик қарардың жойбарын Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин ҳәм оптималластырыўдың барлық процесслерин 2018-жылдың 1-октябрине шекем жуўмақласын.

  1. Өзбекстан Республикасы Экономика министрлиги, Қаржы министрлиги, Аўыл хожалығы министрлиги, Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети, «Өзагротехсанаатхолдинг» АЖ, «Өзавтосанаат» АЖның:

2018-жыл 1-июльден «Өзагросервис» АЖны  «Өзагротехсанаатхолдинг» АЖ шөлкемлестириўшилик структурасынан шығарыў;

«Өзагросервис» АЖ устав қорындағы «Өзагротехсанаатхолдинг» АЖға тийисли болған үлести «Өзагротехсанаатхолдинг» АЖ устав қорын өткерилип атырған үлестиң баланс нырқына азайтқан ҳалда мәмлекет қарамағына өткериў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.

  1. Өзбекстан Республикасы Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети «Өзагротехсанаатхолдинг» АЖ ҳәм «Өзагросервис» АЖ менен биргеликте еки ай мүддетте «Өзагросервис» АЖны «Өзагротехсанаатхолдинг» АЖның шөлкемлестириўшилик структурасынан шығыўына байланыслы барлық шөлкемлестириў илажлары көрилиўин тәмийинлесин.
  2. Қупыя.
  3. «Өзагросервис» АЖ Бақлаў кеңесиниң қурамы 1-қосымшаға муўапық мақуллансын.

«Өзагросервис» АЖ Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң Сыртқы саўда жумысын, экспорт потенциалын, машина қурылысы, автомобиль, электротехника, қорғаныў, пахтаны қайта ислеў санаатын, жеңил санаатты раўажландырыў, өнимлерди стандартластырыў мәселелери комплексиниң қурамына киретуғыны;

«Өзагросервис» АЖ бас директоры жәмийет акционерлериниң улыўма мәжилиси тәрепинен сайланатуғыны, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен лаўазымға тастыйықланатуғыны ҳәм статусына бола министрге теңлестирилетуғыны;

«Өзагросервис» АЖ бас директорының орынбасарлары жәмийеттиң Бақлаў кеңеси тәрепинен сайланатуғыны, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен лаўазымға тастыйықланатуғыны ҳәм статусына бола министр орынбасарына теңлестирилетуғыны белгилеп қойылсын.

  1. «Өзагросервис» АЖ еки ай мүддетте:

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаят ҳәкимликлери және Өзбекстан Республикасы Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети менен биргеликте «Өзагросервис» АЖ шөлкемлериниң бос турған ҳәм пайдаланылмай атырған имаратлары менен объектлерин толық хатлаўдан өткерсин және олардың шөлкемлерин Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорлар алдындағы қарыздарлықларын тийисли түрде азайтқан ҳалда баланс нырқы бойынша жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларына өткериў ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин;

«Өзагротехсанаатхолдинг» АЖ, Өзбекстан Республикасы Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети, коммерциялық банклер менен биргеликте Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине машина-трактор парклериниң «Өзагротехсанаатхолдинг» АЖ ҳәм оның қурамына киретуғын шөлкемлердиң кепиллигинде берилген кредитлер бойынша миннетлеме тәмийинатын (кепиллик, мүлк гиреўи) алмастырыў ҳаққында усыныслар киргизсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги, Қаржы министрлиги, «Өзагросервис» АЖ, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаят ҳәкимликлериниң 2018-жыл 1-ноябрьден төмендегилер арқалы машина-трактор парклерин басқарыўдың ең нәтийжели түрин таңлаў бойынша эксперимент (кейинги орынларда – эксперимент) өткериў ҳаққындағы усынысына келисим билдирилсин:

«Өзагросервис» АЖның 2-қосымшаға муўапық 26 машина-трактор паркин исбилерменлик субъектлерине сатыў;

«Өзагросервис» АЖның 3-қосымшаға муўапық 3 машина-трактор паркин мәмлекетлик унитар кәрханаларға (кейинги орынларда – «Районлық МТП» МУК) айландырыў.

  1. а) «Өзагросервис» АЖ машина-трактор парклерин сатыў Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаят ҳәкимликлери тәрепинен 2018-жыл 31-декабрьге шекем төмендегилер арқалы тәмийинлетуғыны белгиленсин:

баҳалаў бойынша жумыслардың қәрежетлерин тийисли машина-трактор парклериниң қаржылары есабынан қаплаған ҳалда машина-трактор парклериниң мүлкин ҳәм мүлк ҳуқықларын баҳалаў;

бир ямаса бир неше исбилерменлик субъектлери тәрепинен тийисли машина-трактор парклериниң устав қорындағы шөлкемлестириўшиниң үлесин елиў бир проценттен жүз процентке шекем базар баҳасында сатып алыў бойынша ең жақсы усыныслар таңлаўын жәриялаў ҳәм өткериў;

машина-трактор парклериниң устав қорындағы жүз процент үлес сатып алынған ўақыттан баслап еки жыл даўамында шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый түр ҳәм тийкарғы жумыс түрин (механизация ҳәм сервис хызметлерин көрсетиў) сақлап қалыў шәрти менен «Өзагросервис» АЖ ҳәм исбилерменлик субъектлери арасында тийисли шәртнама дүзиў;

машина-трактор парклериниң устав қорларындағы шөлкемлестириўшиниң үлесин сатыўдан келип түскен барлық қаржыларды «Өзагросервис» АЖ шөлкемлериниң қарыздарлықларын қаплаўға қаратыў;

б) шөлкемлестириўшиниң тийисли машина-трактор парклериниң устав қорларындағы үлесин баҳалаў нырқы бойынша сатыў имканияты болмаған жағдайда, «Өзагросервис» АЖ сатыўға қойылған активлердиң баҳаларын Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2014-жыл 3-июльдеги ПҚ-2200-санлы «Мәмлекетлик мүлк объектлерин киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик субъектлерине сатыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарында нәзерде тутылған тәртипте басқышпа-басқыш төменлетиў механизмин қолланыў ҳаққында қарар қабыл етиўге ҳақылы;

в) «Өзагросервис» АЖ машина-трактор парклерин «Районлық МТП» МУКқа айландырыў тийисли ўәлаятлар ҳәкимликлери тәрепинен 2018-жылдың 31-декабрине шекем төмендегилер арқалы тәмийинленеди:

машина-трактор парклериниң устав қорларындағы үлесин кейин ала оларды «Районлық МТП» МУКқа айландырған ҳалда тийисли район ҳәкимлерине баланс нырқы бойынша өткериў;

«Өзагросервис» АЖ устав қорындағы мәмлекетлик үлести район ҳәкимликлерине өткерилип атырған үлестиң баланс нырқына азайтыў;

тийисли район ҳәкимликлери тәрепинен «Районлық МТП» МУК уставларын тастыйықлаў, сондай-ақ, оларды маман кадрлар менен толықтырыў;

г) исбилерменлик субъектлерине сатылған машина-трактор парклери, сондай-ақ, «Районлық МТП» МУК тийисли түрде «Өзагросервис» АЖның сатылатуғын ҳәм қайта шөлкемлестирилетуғын машина-трактор парклериниң барлық ҳуқықлары ҳәм миннетлемелери бойынша ҳуқықый мийрасқорлары есапланады;

д) тийисли район ҳәкимлиги «Районлық МТП» МУКтың шөлкемлестириўшиси есапланады ҳәм усы кәрхананың мүлки жеткиликли болмаған жағдайларда оның миннетлемелери бойынша субсидиар тәризде жуўапкер болады;

е) исбилерменлик субъектлерине сатылған машина-трактор парклери ҳәм «Районлық МТП» МУКларға Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2016-жыл 17-ноябрьдеги ПҚ-2658-санлы «Өзагротехсанаатхолдинг» акционерлик жәмийетиниң жумысын шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы қарарының 14-бәнти менен «Өзагротехмаш» АЖ ҳәм «Өзагросервис» АЖ шөлкемлери ушын белгиленген барлық бажыхана, салық жеңилликлери ҳәм преференциялар, босаған қаржыларды қарыздарлықты жабыўға қарата отырып, енгизиледи.

  1. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығына ҳәм ўәлаят ҳәкимлерине эксперименттиң табыслы өткерилиўи ушын жеке жуўапкершилик жүкленсин.
  2. 2019-жылы «Районлық МТП» МУКларға аўыл хожалығы техникасын жеткерип бериўдиң мақсетли параметрлери 4-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  3. Қупыя.
  4. Экспериментке қатнасатуғын шөлкемлерге төмендегилерди тәмийинлеў усыныс етилсин:

машина-трактор парклери тәрепинен көрсетилетуғын механизация ҳәм сервис хызметлериниң дизимин кеңейтиў, соның ишинде, жүк ҳәм жеңил автотранспорт қуралларына және техниканың басқа да түрлерине сервис хызметлерин көрсетиўди жолға қойыў;

машина-трактор парклериниң жумысына инвесторларды, соның ишинде, оларға бөлмелер, имарат ҳәм объектлерди ижараға бериў және машина-трактор парки аймағында биргеликте исбилерменлик жумысын алып барыў жолы менен тартыў;

тийисли машина-трактор парклериниң үскенелерин модернизациялаў, сондай-ақ, механизация ҳәм сервис хызметлерин көрсетиў ушын зәрүр болған үскенелердиң жаңа заманагөй түрлерин сатып алыў.

  1. 13. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети:

2020-жыл 1-январьға шекем өткерилген эксперимент нәтийжелери бойынша машина-трактор парклерин басқарыўды шөлкемлестириўдиң ең нәтийжели түрин қолланыў бойынша тийкарланған усыныс киргизсин;

2020-жылға Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик бюджетин қәлиплестириўде зүрәәтлиги төмен жерлерге хызмет көрсететуғын «Өзагросервис» АЖ машина-трактор парклери ушын аўыл хожалығы техникасын сатып алыўға субсидиялар ажыратыўды нәзерде тутсын.

  1. 14. 2018-жыл 1-июльден жеке тәртиптеги исбилерменлерге аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыўшыларға механизация ҳәм сервис хызметлерин көрсетиў жумысын әмелге асырыўға руқсат берилсин.

Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат палатасы ҳәм Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңесине аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыўшыларға механизация ҳәм сервис хызметлерин көрсетиў ушын жумысқа тартыў бойынша кең көлемли түсиник жумысларын алып барыў, сондай-ақ, оларға өз жумысларын шөлкемлестириўде әмелий жәрдем көрсетиў усыныс етилсин.

  1. 15. Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы экперимент өткериўде нызамшылыққа әмел етилиўи және мәмлекетлик уйымлардағы лаўазымлы шахслардың машина-трактор парклериниң, фермер хожалықлары ҳәм исбилерменлик субъектлериниң нызамлы жумысларына араласыўына жол қоймаў үстинен қатаң қадағалаў орнатылыўын тәмийинлесин.
  2. 16. Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңесине аўыл хожалығы техникасын жеткерип бериў, оңлаў және механизациялаў ҳәм сервис хызметлерин көрсетиў бойынша шәртнама миннетлемелериниң орынланыўы үстинен системалы мониторинг ҳәм жәмийетлик қадағалаўды алып барыў, олардың нәтийжелери бойынша фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелериниң мәплерин гөзлеп судларға даўа арзаларын киргизиў усыныс етилсин.
  3. 17. Өзбекстан Республикасы Сыртқы саўда министрлиги Экономика министрлиги ҳәм Инвестциялар бойынша мәмлекетлик комитети менен биргеликте аўыл хожалығы техникасы ҳәм олардың аўысық бөлеклери баҳаларының жәҳән конъюнктурасын үйрениў ҳәм талқылаў тийкарында еки ай мүддетте Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине төмендегилер бойынша анық усыныслар киргизсин:

аўыл хожалығы техникасы ушын импорт етилетуғын аўысық бөлеклерди тиккелей өндирисшилерден сатып алыў системасын енгизиў;

өз-ара пайдалы шәртлер тийкарында Өзбекстан Республикасы аўыл хожалығы техникасының жаңа алдынғы ислеп шығарыўшыларды тартыў.

  1. 18. «Өзагросервис» АЖ:

бир ай мүддетте Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги менен биргеликте «Өзагросервис» АЖ ҳәм оның шөлкемлери хызметкерлериниң мийнет ҳақы фондының муғдарын арттырыў бойынша анық илажлар көрсин;

еки ай мүддетте Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги ҳәм Мәлимлеме технологияларын ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги менен биргеликте реал ўақыт режиминде механизация хызметлерин көрсетиўдиң бирден-бир электрон есабын жүргизиў ҳәм мониторинг етиўди енгизиў илажларын көрсин, онда бул системаның «Өзагросервис» АЖ ушын ашық-айдын болыўын тәмийинлеўди нәзерде тутсын;

2019-жыл 1-январьға шекем тийисли ҳуқықлар менен миннетлемелерди «Өзагросервис» АЖға өткере отырып «Агросервис МТП» ЖШЖларды «Өзагросервис» АЖ қурамына қосып жибериўдиң мақсетке муўапықлығы ҳаққындағы мәселени көрип шықсын.

  1. 19. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 4-январьдағы ПҚ-3459-санлы «Аўыл хожалығының техникалық тәмийинелениў дәрежесин буннан былай да арттырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарының 12-бәнти өз күшин жойытқан деп есаплансын.
  2. 2 «Өзагротехсанаатхолдинг» АЖ мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте еки ай мүддетте Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине:

«Өзагротехмаш» АЖ ҳәм «Өзагротехсанаатхолдинг» АЖлардың бир-бирин тәкрарлайтуғын функцияларын ҳәм структураларын, оларды бирлестириў және «Өзагролизинг» АЖны «Өзагротехсанаатхолдинг» АЖның шөлкемлестириўшилик структурасынан шығарыў жолы менен оптималластырыў ҳаққында;

нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер менен қосымшалар ҳаққында усыныслар киргизсин.

  1. 21. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети, Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети, «Өзагротехсанаатхолдинг» АЖ, «Өзагросервис» АЖ, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаят ҳәкимликлери ҳәр шеректе Өзбекстан Республикасы Президенти аппаратының Реформаларды ҳуқықый тәмийинлеў ҳәм ҳуқық қорғаў жумысын муўапықластырыў хызметине усы қарардың орынланыў жағдайы ҳаққында мәлимлеме киргизип барсын.
  2. 22. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Бас прокуроры О.Б.Мурадовқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Мәмлекетлик Кеңесгөйиниң биринши орынбасары Б.М.Мавлоновқа жүкленсин.

 

Өзбекстан Республикасы

Президенти   Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2018-жыл 29-май